cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Билимлендириў жаңалықлары

Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз. Мүрәжат: @bilimlendiriwbot Реклама: @channeladdsbot

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
20 281
Suscriptores
-14224 horas
-1 0237 días
+6 77130 días
Distribuciones de tiempo de publicación

Carga de datos en curso...

Find out who reads your channel

This graph will show you who besides your subscribers reads your channel and learn about other sources of traffic.
Views Sources
Análisis de publicación
MensajesVistas
Acciones
Ver dinámicas
01
💰 Нөкисте мектеп директоры 2,5 млн сум пара менен қолға түсти Нөкис қаласындағы 12-санлы мектептиң директоры Е.Г. пуқара С.А.ны усы мектепке жумысқа киргизип бериў есесине 2,5 млн сум пулды пара сыпатында алған ўақтында қолға алынды. Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 210-статьясы, 2-бөлими, «в» бәнти менен жынаят иси ашылған. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
1 43535Loading...
02
❗️Ата-ана қарамағынан айырылған балаларға 50 процент көбирек стипендия бериледи 📃 Нызамшылыққа көре, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады. ✅Оларға техинкум, колледж, академиялық лицей яки ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси ( 1 млн 700 мың сом) муғдарында субсидия бериледи. ✅Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде оларға стипендия 50 процентке көбейтилген ҳалда төленеди. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
3 2698Loading...
03
⚡️Тест сынақларының өткерилиў сәнеси анық болды ✅2024/2025-оқыў жылы ушын ЖООға кириў тест сынақлары 2024-жыл 14-июлдан 28-июлға шекем өткерилиўи режелестирилген. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
6 323111Loading...
04
🧑‍🏫Жоқарыдағы тәлим бағдарларына сыртқы бөлимге қабыллаў әмелге асырылмайды ▪️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-июндагы ПҚ-289-санлы қарары 1-қосымшасында 2023/2024-оқыў жылынан баслап педагогикалық кадрлар таярлаўшы ЖООда сыртқы тәлим формасына қабыллаў әмелге асырылмайтуғын тәлим бағдарлары келтирилген. Оған бола, сүўретте корсетилген жөнелислерге сыртқы тәлимге қабыллаў болмайтуғынлығы белгиленген болып, бул мәмлекетлик ЖОО яки жеке болыўына қарамастан әмел етеди. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
6 36675Loading...
05
Жеңиллик пенен ЖООға киргенлерге грант оқыўды тамамлайман дегенше бериледи ▪️ Социаллық қоллап-қуўатлаўшы грант алғанлар, яғный, мақсетли қабыллаў ҳәм жеңиллик тийкарында қабыл етилген студентлерге мәмлекет гранты толық оқыў дәўири ушын бериледи.
5 97021Loading...
06
💰 Мектеп сабақлығын жойтып алсаңыз жәрийма төлейсиз 📚 Мектеплерде оқыў жылы жуўмақланыўы мүнәсибети менен бир жыл алдын алынған сабақлықлар қайтарылыўы керек. Егер оқыўшы сабақлықты жойтып алса ямаса оны пайдаланыўға жарамсыз жағдайға келтирсе, оның ушын тап сондай сабақлық пенен оның орнын қаплаўы керек. 📑 Ямаса китаптың басланғыш ҳүжжетлерде көрсетилген суммасын төмендеги муғдарларда төлейди, яғный: 🔹 1-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлығы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын — 340 мың сум; 🔹 2-4-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлығы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын — 680 мың сум; 🔹 5-11-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлығы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын — 1 млн 300 мың сум. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
12 181311Loading...
07
☄️ Нөкис инновациялық институтына қабыллаў басланды ✔️ Қарақалпақстан Республикасындағы ең заманагөй жеке-меншик жоқары оқыў орнында оқыўды қәлейсизбе? Бир ўақыттың өзинде Европа, Америка ҳәм Азия континентиниң абырайлы шет ел жоқары оқыў орынларында әмелият өтеп, оқыўды-ше? Тек ғана Нөкис инновациялық институты Сизге сондай мүмкиншиликлерди усынады! 📣 Нөкис инновациялық институтының 2024-2025-жылғы оқыў жылы ушын рәсмий қабыллаў процеси басланды! ✅ Қарақалпақстандағы биринши санлы мәмлекетлик емес жоқары оқыў орнында Сиз төмендеги жөнелислер бойынша жоқары билимдендириўге ийе болыўыңыз мүмкин: ➖Тарийх; ➖Экономика; ➖Психология; ➖Педагогика; ➖Программалық инжиниринг; ➖Баслаўыш тәлим; ➖Мектепге шекемги билимлендириў; ➖Филология ҳәм тиллерди оқытыў; ➖Бухгалтерия есабы ҳәм аудит; ➖Финанс ҳәм финанслық технологиялар. 📌 Ҳәзирги ўақытта Нөкис инновациялық институтында 100 ге жақын илимий дәрежеге ийе профессор -оқытыўшылар студент-жасларға жоқары билим берип атыр. Биз ҳәзирги күнге шекем 20 ға жақын жәҳәнниң абырайлы жоқары оқыў орынлары менен шериклик байланысларын жолға қойып, меморандумларға қол қойдық. ⚡️ Олардың көпшилиги дүнья рейтингинде #ТОП_500, #ТОП_1000 лық дизимнен орын алған. Бул Сизге 2+2 бағдарламасы арқалы еки дипломлы болыў имканиятын бериўи мүмкин. ❗️Қабыллаў процесслери бойынша толық мағлыўматларды төмендеги номер ҳәм бетлерден алыўыңыз мүмкин: Сайт Телеграм Инстаграм 61-225-65-66 99 -295-00-12 🖥 Асығың! Ҳүжжетлериңизди Нөкис инновациялық институтының рәсмий nukusii.uz сайты арқалы да онлайн тапсырыўыңыз ямаса қабыллаў бөлиминиң өзине келиўиңиз де мүмкин. 📍Мәнзил: Нөкис қаласы, "Қарақалпақстан" көшеси, 10 -үй. 📍 Бағдар: "Қырық қыз" рестораны, ески НУКУС ПАЙТАХТ орны, ҳәзирги НӨКИС ИННОВАЦИЯЛЫҚ ИНСТИТУТЫ. Реклама 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
7 07460Loading...
08
Жаңа оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў ўақты жәрияланды 2024-2025-оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў 20-июннан басланады. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
8 662108Loading...
09
‼️Қабыллаў 2024: Ҳүжжет тапсырыўда билиўиңиз керек мағлыўматлар Бүгиннен баслап абитуриентлер my.uzbmb.uz сайты арқалы онлайн дизимнен өтиўи мүмкин. Әҳмийетли жерлери: ➖ абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда олар тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тили ҳәм тест тапсырыў аймағын таңлайды тек; ➖ кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик ЖОО таңлайды. Бунда әйне өзи кирмекши болған ЖООда дөретиўшилик имтихан тапсырыўы шәрт емес. Мысалы, кимдир Өзбекстан журналистика ҳәм ғалабалық коммуникация университетине кирмекши болса, дөретиўшилик имтиханды қәлеген аймақта, мысалы, Бухара ямаса Әндижанда тапсырса болады; ➖ Тест тапсырыў аймағы бөлегинде Сох ҳәм Денов районы да бар. Яғный Сох районындағылар Ферғана қаласына, Денов ҳәм де оның әтирапындағы районлар Термиз қаласына келиўи шәрт емес; ➖ Алдынғы жылларда питкергенлер тестке кириў ушын 170 мың сом муғдарында пул төлеўи керек болады. Төлемди 25-июньға шекем бөлип төлеў де мүмкин, оннан кешиксе, тестке киритилмейди; ➖ пикири өзгерип қалған абитуриент 25-июньға шекем қайта арза тапсырса болады. 25-июньнан кейин арзаны өзгертиўге рухсат берилмейди; ✅ Имтиханлар июль-август айларында өткериледи. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
12 112170Loading...
10
💰 Айырым абитуриентлер тест тапсырыў ушын 170 мың сум пул төлейди ✅ Хабарыңыз бар, 5-июнь сәнесинен баслап абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды. 📱 Онлайн дизимге алыў процеси усы жылдың 25-июнь сәнесине шекем, яғный, 25-июнь күни де даўам етеди. ❓ Қайсы категориядағы абитуриентлер тест сынағын тапсырыў ушын төлем төлемейди? ➡️ Олар: ▪️тест сынақлары өткерилип атырған жылда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер; ▪️майыплығы болған шахслар; ▪️толық мәмлекет тәмийнатындағы шахслар (меҳрибанлық үйи ҳәм балалар қалашасының питкериўшилери); ▪️«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери; ▪️«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар; ▪️жеңиллик тийкарында тиккелей студентликке усыныс етилетуғын абитуриентлер төлемди әмелге асырмайды. ☑️ Еслетип өтемиз, жоқарыдағы категорияларға кирмейтуғын абитуриентлер ушын быйылғы төлем муғдары – 170 мың сум. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
12 53360Loading...
11
‼️ Абитуриент дизимнен өткеннен соң телефон номерин жойтып алса, не болады? Мысалы, бүгин дизимнен өткен абитуриент ертең телефон номерин жойтып алса, онда ол Билимлерди баҳалаў агентлигиниң аймақлық бөлимлерине мүрәжат етиўи керек. Оның абитуриент екенине исенген агентлик хызметкери телефон номерин өзгертип береди. Бундай жағдайда абитуриенттиң өзи номерди өзгерте алмайды. Бирақ, қабыллаў басланыўынан алдын агентлик сайтында дизимнен өткен номери жоғалса, оның орнына жаңа номер менен дизимнен өтиўи мүмкин. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
10 01736Loading...
12
❓Мектеп оқыўшысы қашан класстан классқа қалдырылады? Нызамшылыққа бола, мектеп оқыўшысы тек бир жағдайда ғана класста қалдырылыўы мүмкин. Яғный оқыўшының жыллық баҳалар яки жуўмақлаўшы аттестат нәтийжелери қанаатландырарсыз деп баҳаланған болса, сол класста оқыўға қалдырылыўы мүмкин. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
11 38247Loading...
13
Қарақалпақстанда 91 пуқараға лицензиясы жоқ техникумнан диплом алып бериўди ўәде еткен шахс қолға алынды 2023-2024-жыллар аралығында лицензиясы болмаса да «Гиппократ» мәмлекетлик емес техникумының медицина тараўы бойынша арнаўлы диплом алып бериўди ўәде етип, 91 пуқарадан жәми 311 млн 238 мың сум пулларды алдаўшылық жолы менен алған С.А. қолға алынды Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы, 4-бөлими, «а» бәнти менен жынаят иси ашылған. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
9 69914Loading...
14
❓Президент мектепке ҳүжжет тапсырыў ушын оқыўшының баҳаларына қандай талап қойылады? ✅ Талабанның математика ҳәм тәбияттаныў пәнлеринен 4-класстағы жыллық баҳасы 5 (айрықша) болыўы керек. Басқа пәнлерге бул критертя қолланылмайды. Баҳалар табелиниң нусқасы мектеп директоры тәрепинен тастыйықланған болыўы шәрт. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
9 88737Loading...
15
#Муғаллимлерге_тарқатың ❓Мектеплерди оңлаўға қаржы қайерден ажыратылады? Нызамшылыққа тийкар, мектеп қурыў, реконструкция қылыў, оңлаў ҳәм үскенелеў төмендеги қаржылар есабынан әмелге асырылады: ➖социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар; ➖Мәмлекет бюджети қаржылары; ➖халық аралық финанс институтларының кредитлери ҳәм грантлары; ➖қәўендерлик, жеке-меншик шериклер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери қаржылары. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
12 07841Loading...
16
⚡️ 2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў басланды ✅ 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды. 📱 Абитуриентларни онлайн дизимге алыў my.uzbmb.uz сайтының «Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылып атыр. 📆 Дизимге алыў 2024-жыл 5-июннан 25-июньға шекем (сол күни де) даўам етеди. 📹 Жоқарыдағы видеоқолланба арқалы дизимнен өтиў бойынша толық мағлыўматқа ийе болыў мүмкин. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
9 00588Loading...
17
Малайзияның абырайлы оқыў орны менен қоспа тәлим бағдарламасын ашыў бойынша шәртнамаға қол қойылды Алдын хабар бергенимиздей, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Рахат Ешмуратов басшылығындағы институт делегациясы әмелий сапар шеңберинде Малайзияның Lincoln University College оқыў орнында болды. Сапардан гөзленген мақсет «THE World University Rankings» халықаралық рейтинги бойынша дүньяның «ТОП-300»лик жоқары оқыў орынлары қатарына кирген усы оқыў орны менен билимлендириў ҳәм илимий-изертлеўлер бағдарында бирге ислесиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат еди. Әҳмийетлиси, Lincoln University College оқыў орнының президенти ҳәм проректорлары менен болып өткен рәсмий ушырасыў нәтийжесинде анық ҳәм тәбийий пәнлерди оқытыў методикасы (биология) магистратура қәнигелиги, соның менен бирге, шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили бакалавр тәлим бағдары ҳәм магистратура қәнигелиги бойынша қоспа тәлим бағдарламасын ашыў ҳаққында шәртнамаға қол қойылды. Соның менен бирге, ушырасыўда институт профессор-оқытыўшылары ушын Малайзияда стажировка алып барыў, сондай-ақ, бул жердеги профессор-оқытыўшыларды институттағы оқыў процесине бириктириў ҳәм биргеликте халықаралық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланып, еки оқыў орны арасында еки тәреплеме бирге ислесиўди басқышпа-басқыш раўажландырып барыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, институтта Малайзияның Lincoln University College оқыў орны менен 2022-2023-оқыў жылында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша қоспа тәлим бағдарламасы жолға қойылған еди. НМПИ баспасөз хызмети.
9 21613Loading...
18
⚡️Қәнигелестирилген мектеплерге қабыллаў квоталары тастыйықланды 2024-2025-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынлары системасындағы қәнигелестирилген мектеплерге қабыллаў параметрлери тастыйықланды. Оған бола, 3 қәнигелестирилген мектепке жәми 210 квота ажыратылды. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
8 85438Loading...
19
😍 Хош хабар: Нөкис районы қәнигелестирилген мектебине оқыўшыларды қабыллаў басланды Хабарыңыз бар, Нөкис районы қәнигелестирилген мектебине 2024-2025-оқыў жылы ушын оқыўшыларды қабыллаў 1-июнь сәнесинен басланды. Ата-аналар ҳәм оқыўшыларға турақлы мағлыўмат берип барыў ушын мектепте арнаўлы штаб жумысы жолға қойылды. Егер ҳүжжетлерди тапсырыўда қандай да бир машқала жүзеге келген жағдайда ҳәр күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем штабтың 55 106-03-95 телефон номерине хабарлассаңыз болады. Еслетип өтемиз, ҳүжжетлер ariza.piima.uz сайты арқалы 20-июнь сәнесине шекем қабылланады. Мектеп администрациясы. ☑️ Сиз де усындай хабарларды каналымыз арқалы сәўлелендириўди қәлесеңиз @bilimlendiriwbot'қа жоллаң. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
10 11632Loading...
20
⚡️ Тест сынағында қатнасыў ушын абитуриенттен 3 мағлыўматты киргизиў талап етиледи • Пәнлер комплекси: биринши ҳәм екинши қәнигелик пәнлери; • Тәлим тили: тест тапсыратуғын тил; • Тест сынағын тапсыратуғын (өзи ушын қолайлы) аймақ. Екинши басқышта ҳүжжет тапсырыўға 15 күн бериледи. Бунда абитуриент бесеўге шекем бағдар, таңлаў үстемлиги, тәлим формасын таңлайды. Қабыллаў жуўмақланғаннан кейин, 1 ҳәптеден кейин жуўмақлаўшы мандат жәрияланады. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
11 442144Loading...
21
⚡️Нөкис районындағы шетки мектептиң 7 оқыўшысы мүддетинен алдын грантқа кирди Нөкис районындағы МШҳМБне қараслы 8-санлы мектептиң усы жылғы питкериўшилери арасында 7 оқыўшы Россия ҳәм Корея университетлерине грант жеңип алды. Оқыўшылардың класс басшысы Асия Жомартованың мәлим етиўинше, усы жылы мектепти 12 оқыўшы питкерген. Олардан 6 оқыўшы Россия мәмлекетине толық грантты қолға киргизген болса, 1 оқыўшы Ташкент қаласында жайласқан Корея менен шерикликтеги Ажоу университетине 50% лик грантты утып алған. Қалған оқыўшылар усы жылғы ЖООна болатуғын тест имтиханларында қатнасыўы күтилмекте. ☑️ Сизиң мектебиңизде де усындай жетискенликлер болса @bilimlendiriwbot'қа жоллаң. Биз оны каналымызда сәўлелендиремиз. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
17 174103Loading...
22
⚡️Нөкис районындағы шетки мектептиң 7 оқыўшысы мүддетинен алдын грантқа кирди Нөкис районындағы МШҳМБне қараслы 8-санлы мектептиң усы жылғы питкериўшилери арасында 7 оқыўшы Россия ҳәм Корея университетлерине грант жеңип алды. Оқыўшылардың класс басшысы Асия Жомартованың мәлим етиўинше, усы жылы мектепти 12 оқыўшы питкерген. Олардан 6 оқыўшы Россия мәмлекетине толық грантты қолға киргизген болса, 1 оқыўшы Ташкент қаласында жайласқан Корея менен шерикликтеги Ажоу университетине 50% лик грантты утып алған. Қалған оқыўшылар усы жылғы ЖООна болатуғын тест имтиханларында қатнасыўы күтилмекте. ☑️ Сизиң мектебиңизде де усындай жетискенликлер болса @bilimlendiriwbot'қа жоллаң. Биз оны каналымызда сәўлелендиремиз. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
10Loading...
23
💰 Мектеп питкериўшилерине бақшаларда жумыс ислеўге рухсат бериледи 📑 Мектепти питкерген оқыўшыларға мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ислеў ҳуқықын беретуғын сертификат бериледи. ☑️ 2024-2025-оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта биреўден улыўма билим бериў мектебиниң 10-11-класс оқыўшыларын педагог кәсибине таярлаў ушын тәжирийбе-сынақ тийкарында педагогикалық класслар шөлкемлестириледи. 👨‍💻 Педагогикалық классты питкерген питкериўшилерге аттестат ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияшы жәрдемшиси кәсиби бойынша ислеў ҳуқын бериўши мәмлекетлик үлгидеги сертификат бериледи. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
17 377173Loading...
24
⚡️ 2 мың грант ушын ҳаял-қызларға усыныснама бериў басланды Мүтәжлиги бар шаңарақлардағы ҳаял-қызларға қосымша қабыллаў параметрлери шеңберинде ажыратылған орынлар ушын усыныснама алыў мақсетинде талабанлардан арзалар 30-майдан баслап 8-июньға шекем xotin-qizlar.uz платформасы арқалы электрон формада қабыл етиледи. Усыныснама кимлерге бериледи? • Кем тәмийинленген шаңарақ перзенти болған қызларға; • Ата-анасынан бири ямаса екеўи де қайтыс болған шаңарақ қызларына; • Майып перзенти болған, мүтәжлиги бар шаңарақлардағы ҳаял-қызларға; • 14 жасқа шекемги 2 ҳәм оннан артық бала тәрбиялап атырған жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлерине; • Ата-анасының майыплығы болған қызларға; • Перзентин жалғыз тәрбиялап атырған аналарға. Усыныснама қашан жеткерип бериледи? Арзалар 10-июньға шекем көрип шығылады ҳәм 14-июньға шекем электрон формада таярланады. 15-июньға шекем усыныснамаға ылайық көрилген талабанларға усыныснамасы жеткерип бериледи. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
16 481379Loading...
25
Қарақалпақстанда неше оқыўшы мүддетинен алдын студент болғанына анықлық киргизилди Қарақалпақсиан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң орынбасары Айбек Дәўлетбаевтың мәлим етиўинше, быйыл 22 245 оқыўшы улыўма орта билим бериў мектеплерин питкерген. Соннан, 649 оқыўшы алтын медаль, 188 оқыўшы гүмис медаль ийеси болған. Буннан тысқары, 1 649 оқыўшы C1 ҳәм B2 дәрежедеги миллий және халықаралық сертификат пенен жоқары оқыў орынларына тапсырыў имканиятына ийе болды. Атап өтилиўинше, және 267 оқыўшы дүньядағы ең раўажланған ЖООларға мүддетинен алдын оқыўға кириўге миясар болды. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
10 78245Loading...
26
jumis
10Loading...
27
⚡️@bilimlendiriw_uz каналында реклама баҳалары: 👉 1 күн (20 минут ТОП, 24 саат лента) = 400 000 сум = 300 000 сум; 👉 7 күн (15 минут ТОП, 24 саат лента) = 2 000 000 сум = 1 500 000 сум; 👉 30 күн (15 минут ТОП, 24 саат лента) = 9 000 000 сум = 6 000 000 сум. ▪️Реклама 100% нәтийже береди дегени емес, бул сизиң рекламаңызға ҳәм реклама етип атырған өнимиңиздиң сапасына да байланыслы. ▪️Реклама баҳалары арзанластырылмайды ҳәм шегирмелер жоқ. ▪️Админге тек ғана реклама бойынша байланысыў соралады. ✅ Төлемлер: Click, Payme 👨‍💻 Байланыс: @channeladdsbot
10 0963Loading...
28
💰 Тийкарғы пәнлер олимпиадасының жеңимпазларын таярлаған оқытыўшыларға 107 млн сумнан аслам пул сыйлықлары берилди Хабарыңыз бар, усы жылдың 24-27-март күнлери тийкарғы пәнлер олимпиадасының жуўмақлаўшы IV басқышы Қарақалпақстан Республикасында өткерилген еди. Өткерилген пән олимпиадасында 8 оқыўшы жеңимпаз болды. Усы оқыўшылардың устазлары Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен пул сыйлықлары менен хошаматленди. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
15 42931Loading...
29
⚡️ Нөкис инновациялық институтында өткерилген илимий-теориялық конференцияда тараўлардағы актуал мәселелер додаланды ▶️ Нөкис инновациялық институтында «Заманагөй шараятта жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўдың инновациялық бағдарлары: машқала ҳәм шешимлер» темасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. ▪️Конфренцияның тийкарғы мақсети жоқары маманлыққа ийе жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўдың актуал мәселелери ҳәм инновациялық бағдарларды додалаў тийкарында тараўға заманагөй илим жетискенликлериниң алдыңғы тәжирийбелерин әмелиятқа енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыўдан ибарат. ▪️ Конференцияда Нөкис инновациялық институты ректоры Анвар Аъзамов ҳәм бир қатар мийманлар сөзге шығып, өткерилип атырған конференцияның мақсети ҳәм әҳмийети, бүгинги күндеги жоқары билимлендириў системасындағы кемшиликлер ҳәм машқалаларға тоқталды. ▪️Институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Алишер Юлдашев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң ўәкиллери, Туркиядағы Эгей университети профессоры Пинар Фидакар ханым және Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты директоры Атабек Қайыпбергеновлар өзлериниң қутлықлаў сөзинде конференцияның жумысына әўмет тиледи. ▪️Конфренция даўамында Нөкис инновациялық институты ректоры Анвар Аъзамов, институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры Алишер Юлдашев, Эгей университети профессоры Пинар Фидакар ханым, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры Атабек Алимовлар ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине берген интервьюларында айтып өткениндей, конференция жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары ушын оғада әҳмийетли болды. 📃 Нөкис инновациялық институты Баспасөз хызмети 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
9 77312Loading...
30
⚡️Рәсмий: Енди мектеп ҳүжжетлери толық электрон формада жүргизиледи Информациялық-коммуникациялық технологиялар имканиятларынан пайдаланған ҳалда мектеп билимлендириў процесин артықша қағазбазлықтан азат етиў арқалы нәтийжелиликке ерисиледи ҳәм басқарыў процесслериниң ашықлығы тәмийинленеди. Атап айтқанда, электрон баҳалар табели «emaktab.uz» платформасында автоматластырылған түрде қәлиплеседи ҳәм ата-аналар ушын системадан жүклеп алыў имканияты жаратылады. Нәтийжеде табельдеги баҳаларды өзгертиў ҳәм қолдан жасаўдың алды алынады. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
15 80697Loading...
31
💎 NOTCOIN satip alamiz, qansha bolsada , suwrettegidey! 🪙  5.000 - 200.000 soʻm 🪙  10.000 - 400.000 soʻm 🪙  20.000 - 900.000 soʻm 👛🟠Кошелок dagi notcoinlardida alamiz ✅ 5-10 minut ishinde profilinizden o'tkizip alamiz, pul 10 minut ishinda o'tedi! Qimbat sataman dep aldanip qalman! Bizge mu'rojat etin ! 🔥 Qimbat baxa tek mashkalarda boladi🔥 Isbatlar kanali: @NotcoinSends ✈️ Satip aliwshi: @NotcoinXizmeti
10 23542Loading...
32
❗️ Кейинги жылдан баслап шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына сертификат алыў мәжбүрий болады ☑️ 2025-2026-оқыў жылына қабыллаўдан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады. 📑 Яғный келеси жылдан баслап, қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,2 балл) болса, сол бағдарға тек сертификаты барларғана ҳүжжет тапсыра алады. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
13 539134Loading...
33
💰 Пенсия ушын ең кеминде неше жыл жумыс стажы болыўы керек? 📑 Жасқа байланыслы пенсия алыў ҳуқықына: 🔹 Еркеклер — 60 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болған жағдайда; 🔹 Ҳаяллар — 55 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда ийе болады. ☑️ Пенсия тайынлаў ушын жетерли жумыс стажына ийе болмаған шахсларға жасқа байланыслы пенсиялар кеминде 7 жыл жумыс стажы бар болған жағдайда, бар стажға пропорционал муғдарда тайынланады. ✅ @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
10 38437Loading...
Photo unavailableShow in Telegram
💰 Нөкисте мектеп директоры 2,5 млн сум пара менен қолға түсти Нөкис қаласындағы 12-санлы мектептиң директоры Е.Г. пуқара С.А.ны усы мектепке жумысқа киргизип бериў есесине 2,5 млн сум пулды пара сыпатында алған ўақтында қолға алынды. Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 210-статьясы, 2-бөлими, «в» бәнти менен жынаят иси ашылған. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 11👏 2
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ата-ана қарамағынан айырылған балаларға 50 процент көбирек стипендия бериледи 📃 Нызамшылыққа көре, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады. ✅Оларға техинкум, колледж, академиялық лицей яки ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси ( 1 млн 700 мың сом) муғдарында субсидия бериледи. ✅Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде оларға стипендия 50 процентке көбейтилген ҳалда төленеди. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 11
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Тест сынақларының өткерилиў сәнеси анық болды ✅2024/2025-оқыў жылы ушын ЖООға кириў тест сынақлары 2024-жыл 14-июлдан 28-июлға шекем өткерилиўи режелестирилген. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 20
Photo unavailableShow in Telegram
🧑‍🏫Жоқарыдағы тәлим бағдарларына сыртқы бөлимге қабыллаў әмелге асырылмайды ▪️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-июндагы ПҚ-289-санлы қарары 1-қосымшасында 2023/2024-оқыў жылынан баслап педагогикалық кадрлар таярлаўшы ЖООда сыртқы тәлим формасына қабыллаў әмелге асырылмайтуғын тәлим бағдарлары келтирилген. Оған бола, сүўретте корсетилген жөнелислерге сыртқы тәлимге қабыллаў болмайтуғынлығы белгиленген болып, бул мәмлекетлик ЖОО яки жеке болыўына қарамастан әмел етеди. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 20
Photo unavailableShow in Telegram
Жеңиллик пенен ЖООға киргенлерге грант оқыўды тамамлайман дегенше бериледи ▪️ Социаллық қоллап-қуўатлаўшы грант алғанлар, яғный, мақсетли қабыллаў ҳәм жеңиллик тийкарында қабыл етилген студентлерге мәмлекет гранты толық оқыў дәўири ушын бериледи.
Mostrar todo...
👍 22 2
00:53
Video unavailableShow in Telegram
💰 Мектеп сабақлығын жойтып алсаңыз жәрийма төлейсиз 📚 Мектеплерде оқыў жылы жуўмақланыўы мүнәсибети менен бир жыл алдын алынған сабақлықлар қайтарылыўы керек. Егер оқыўшы сабақлықты жойтып алса ямаса оны пайдаланыўға жарамсыз жағдайға келтирсе, оның ушын тап сондай сабақлық пенен оның орнын қаплаўы керек. 📑 Ямаса китаптың басланғыш ҳүжжетлерде көрсетилген суммасын төмендеги муғдарларда төлейди, яғный: 🔹 1-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлығы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын — 340 мың сум; 🔹 2-4-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлығы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын680 мың сум; 🔹 5-11-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлығы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын — 1 млн 300 мың сум. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
IMG_0935.MP410.25 MB
👍 15
01:58
Video unavailableShow in Telegram
☄️ Нөкис инновациялық институтына қабыллаў басланды ✔️ Қарақалпақстан Республикасындағы ең заманагөй жеке-меншик жоқары оқыў орнында оқыўды қәлейсизбе? Бир ўақыттың өзинде Европа, Америка ҳәм Азия континентиниң абырайлы шет ел жоқары оқыў орынларында әмелият өтеп, оқыўды-ше? Тек ғана Нөкис инновациялық институты Сизге сондай мүмкиншиликлерди усынады! 📣 Нөкис инновациялық институтының 2024-2025-жылғы оқыў жылы ушын рәсмий қабыллаў процеси басланды! ✅ Қарақалпақстандағы биринши санлы мәмлекетлик емес жоқары оқыў орнында Сиз төмендеги жөнелислер бойынша жоқары билимдендириўге ийе болыўыңыз мүмкин: ➖Тарийх; Экономика; Психология; Педагогика; Программалық инжиниринг; Баслаўыш тәлим; Мектепге шекемги билимлендириў; Филология ҳәм тиллерди оқытыў; Бухгалтерия есабы ҳәм аудит; Финанс ҳәм финанслық технологиялар. 📌 Ҳәзирги ўақытта Нөкис инновациялық институтында 100 ге жақын илимий дәрежеге ийе профессор -оқытыўшылар студент-жасларға жоқары билим берип атыр. Биз ҳәзирги күнге шекем 20 ға жақын жәҳәнниң абырайлы жоқары оқыў орынлары менен шериклик байланысларын жолға қойып, меморандумларға қол қойдық. ⚡️ Олардың көпшилиги дүнья рейтингинде #ТОП_500, #ТОП_1000 лық дизимнен орын алған. Бул Сизге 2+2 бағдарламасы арқалы еки дипломлы болыў имканиятын бериўи мүмкин. ❗️Қабыллаў процесслери бойынша толық мағлыўматларды төмендеги номер ҳәм бетлерден алыўыңыз мүмкин: Сайт Телеграм Инстаграм 61-225-65-66 99 -295-00-12 🖥 Асығың! Ҳүжжетлериңизди Нөкис инновациялық институтының рәсмий nukusii.uz сайты арқалы да онлайн тапсырыўыңыз ямаса қабыллаў бөлиминиң өзине келиўиңиз де мүмкин. 📍Мәнзил: Нөкис қаласы, "Қарақалпақстан" көшеси, 10 -үй. 📍 Бағдар: "Қырық қыз" рестораны, ески НУКУС ПАЙТАХТ орны, ҳәзирги НӨКИС ИННОВАЦИЯЛЫҚ ИНСТИТУТЫ. Реклама 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
IMG_1207.MP443.15 MB
👍 29🔥 2🤩 2
Photo unavailableShow in Telegram
Жаңа оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў ўақты жәрияланды 2024-2025-оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў 20-июннан басланады. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 11🔥 1
04:57
Video unavailableShow in Telegram
‼️Қабыллаў 2024: Ҳүжжет тапсырыўда билиўиңиз керек мағлыўматлар Бүгиннен баслап абитуриентлер my.uzbmb.uz сайты арқалы онлайн дизимнен өтиўи мүмкин. Әҳмийетли жерлери: ➖ абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда олар тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тили ҳәм тест тапсырыў аймағын таңлайды тек; ➖ кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик ЖОО таңлайды. Бунда әйне өзи кирмекши болған ЖООда дөретиўшилик имтихан тапсырыўы шәрт емес. Мысалы, кимдир Өзбекстан журналистика ҳәм ғалабалық коммуникация университетине кирмекши болса, дөретиўшилик имтиханды қәлеген аймақта, мысалы, Бухара ямаса Әндижанда тапсырса болады; ➖ Тест тапсырыў аймағы бөлегинде Сох ҳәм Денов районы да бар. Яғный Сох районындағылар Ферғана қаласына, Денов ҳәм де оның әтирапындағы районлар Термиз қаласына келиўи шәрт емес; ➖ Алдынғы жылларда питкергенлер тестке кириў ушын 170 мың сом муғдарында пул төлеўи керек болады. Төлемди 25-июньға шекем бөлип төлеў де мүмкин, оннан кешиксе, тестке киритилмейди; ➖ пикири өзгерип қалған абитуриент 25-июньға шекем қайта арза тапсырса болады. 25-июньнан кейин арзаны өзгертиўге рухсат берилмейди; ✅ Имтиханлар июль-август айларында өткериледи. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
IMG_0938.MP426.00 MB
👍 33 4
01:08
Video unavailableShow in Telegram
💰 Айырым абитуриентлер тест тапсырыў ушын 170 мың сум пул төлейди ✅ Хабарыңыз бар, 5-июнь сәнесинен баслап абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды. 📱 Онлайн дизимге алыў процеси усы жылдың 25-июнь сәнесине шекем, яғный, 25-июнь күни де даўам етеди. ❓ Қайсы категориядағы абитуриентлер тест сынағын тапсырыў ушын төлем төлемейди? ➡️ Олар: ▪️тест сынақлары өткерилип атырған жылда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер; ▪️майыплығы болған шахслар; ▪️толық мәмлекет тәмийнатындағы шахслар (меҳрибанлық үйи ҳәм балалар қалашасының питкериўшилери); ▪️«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери; ▪️«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар; ▪️жеңиллик тийкарында тиккелей студентликке усыныс етилетуғын абитуриентлер төлемди әмелге асырмайды. ☑️ Еслетип өтемиз, жоқарыдағы категорияларға кирмейтуғын абитуриентлер ушын быйылғы төлем муғдары170 мың сум. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
oqiw480.mp48.12 MB
👍 17