cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Билимлендириў жаңалықлары

Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз. Мүрәжат: @bilimlendiriwbot Реклама: @channeladdsbot

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
18 892
Suscriptores
-4924 horas
-5647 días
-1 35130 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

👍 26🥰 1
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Оқыўды көшириў бойынша өтиў баллары тастыйықланды Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министриниң тийисли буйрығы менен 2024/2025-оқыў жылы ушын сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан оқыўын мәмлекетлик ЖООларға көшириў бойынша өткерилетуғын арнаўлы сынақлардың өтиў баллары тастыйықланды. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 6
02:39
Video unavailableShow in Telegram
⚡️Екинши ҳәм оннан кейинги тәлим бойынша оқыўға кириў ушын онлайн дизимнен өтиў басланды ✅2024/2025-оқыў жылында екинши ҳәм оннан кейинги тәлим (екинши қәнигелик) ушын талабанларды дизимнен өткериў Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң my.edu.uz порталы арқалы усы жылдың 10-август сәнесине шекем онлайн формада әмелге асырылады. Мағлыўмат ушын, екинши ҳәм оннан кейинги жоқары тәлим бойынша қабыллаў параметрлери жоқары оқыў орынларының илимий-педагогикалық потенциалы ҳәм материаллық-техникалық базасы есапқа алынған ҳалда жоқары оқыў орынлары кеңеси тәрепинен белгиленеди. ❗️Екинши ҳәм оннан кейинги тәлимде оқытыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
Ikkinchi_va_undan_keyingi_ta’lim_bo’yicha_o’qishga_kirish_uchun.mp46.20 MB
👍 10😁 1
⚡️ Қарақалпақстанда тест сынақлары 5 имаратта болып өтеди 🏢 Билимди баҳалаў агентлигиниң рəсмий сайтында 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳəм профессионал билимлендириў мəкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары өткерилетуғын имаратлар дизими жәрияланды. ☑️ Оған бола, Нөкис қаласында болып өтиўи күтилип атырған тест сынақлары 4 орында (5 имаратта) өткериледи. Олар: ▪️ 1-2-имарат: Нөкис олимпия ҳəм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы; ▪️ 3-имарат: Республикалық ойын түрлери ҳəм жеңил атлетика бойынша қəнигелестирилген балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеби; ▪️ 4-имарат: Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң  спорт сарайы; ▪️ 5-имарат: Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының спорт залы. Тест сынақлары қайсы имаратларда өткерилетуғыны жоқарыдағы фотоларда анық түсиндирилген. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 29 2🔥 2😱 2👏 1
⚡️Қарақалпақстанда тест сынақлары 5 имаратта болып өтеди 🏢 Билимди баҳалаў агентлигиниң рəсмий сайтында 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳəм профессионал билимлендириў мəкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары өткерилетуғын имаратлар дизими жәрияланды. ☑️ Оған бола, Нөкис қаласында болып өтиўи күтилип атырған тест сынақлары 4 орында (5 имаратта) өткериледи. Олар: ▪️ 1-2-имарат: Нөкис олимпия ҳəм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы; ▪️ 3-имарат: Республикалық ойын түрлери ҳəм жеңил атлетика бойынша қəнигелестирилген балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеби; ▪️ 4-имарат: Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң  спорт сарайы; ▪️ 5-имарат: Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының спорт залы. Тест сынақлары қайсы имаратларда өткерилетуғыны жоқарыдағы фотоларда анық түсиндирилген. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Қызлардың контракт пуллары төлеп бериледи 2024-жылда да магистратураға киретуғын ҳаял-қызлардың контрактын мәмлекет төлеп бериўи режелестирилген. ❓Буның тәртиби қандай: Магистратурада оқып атырған ҳаял-қызлар ҳәр жылы 15-сентябрге шекем өзлери оқып атырған ЖОО ректоры атына арза менен мүрәжат етеди. Бул сәнеден кешиккенлердиң контракты төленбейди. Талабанлардың арзалары жыйналып, ЖОО тийисли болған министрликке жибериледи. 15-октябрге шекем ЖООлардың ректорлары талабанлардың контракт пулларын төлеп бериў ҳаққында буйрық қабыл етеди. Еслетип өтемиз, магистратураға қабыллаў 30-июльге шекем даўам етеди. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 13
Photo unavailableShow in Telegram
Абитуриент имтиханға формада барыўы керек пе? ✔️Имтихан ушын анық белгиленген форма жоқ. Абитуриент имтихан күни өзине қолай қәлеген кийимде барыўы мүмкин. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 16
02:36
Video unavailableShow in Telegram
Жуўаплар бетин қалай бояў керек? 🔰Тестке кириўден алдын барлық абитуриентлер билиўи керек болған мағлыўматлар: ➖Жуўаплар бети сизге тийисли екенлигин тексериң; ➖Тест тапсырмаларындағы пәнлер менен абитуриент руқсатнамасындағы пәнлер жыйнағы бирдей екенлигин тексериң; ➖Тест тапсырмалары китабының нуқсансыз екенлигин тексериң; ➖Тест тапсырмалары китабының сапалы басып шығарылғанлығын тексериң; ➖Қандай да бир нәрсе жүз берсе, топар бақлаўшысына хабар бериң! 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
Test materiallaridan foydalanish.mp418.94 MB
👍 17
01:32
Video unavailableShow in Telegram
Имтиханға кешиккен абитуриент тестке киргизилмейди ❗️Билимлерди баҳалаў агентлиги ескертеди: 📋Абитуриентлер тест сынағына паспорт (ID-karta) ҳәм абитуриент руқсатнамасы менен белгиленген ўақыттан кешикпеген ҳалда келиўи керек. 🔹Паспорт нусқасы яки басқа ҳүжжетлер менен, сондай-ақ, кешигип келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди. Бул видео бираз алдынғы, бирақ ондағы фактлер - актуал. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
4. Test sinoviga kechikkan abituriyent.mp45.68 MB
👍 10
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️ Абитуриентлерге рухсатнамаларды бериў басланды ✅ 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳəм профессионал оқыў орынларына кириў ушын онлайн дизимнен өткен абитуриентлерге «Абитуриент рухсатнамасы»н бериў басланды. 👨🏻‍💻 Абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын «Абитуриент рухсатнамасы»н my.uzbmb.uz сайтына жеке идентификация номери, паспорт сериясы ҳəм номерин киргизген ҳалда алыўы мүмкин. 📋 Абитуриентлер тест сынағына паспорт (ID-карта) ҳəм абитуриент рухсатнамасы менен белгиленген ўақыттан кешикпеген ҳалда келиўи керек. ❗️ Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлер менен келген, соның менен бирге, кешигип келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Mostrar todo...
👍 8
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.