es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 813 suscriptores, ocupando la posición 4 306 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 443 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 813 suscriptores.

Según los últimos datos del 04 julio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -287, y en las últimas 24 horas de -14, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 27.16%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.71% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 111 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 708 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 44.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 05 julio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 813
Suscriptores
-1424 horas
-817 días
-28730 días
Archivo de publicaciones
photo content

Ҳә баламә-ә!   Ҳә  баламаә ,баламаә.                     Телефон алма қолыңа. Қоңсының балларын, Ертип алсаңо соңыңа, Шақасынан таллардың. Тайлар қылып шапсаңа, Қашарман топ қызық дым, Топты шаққан атсаңа, Жер танабын қуўырып. Жеткизбей,қызық,қашсаңа       Ләңкини тепкен балалар, Бир аяқлап ҳәккелер, Қәне илип алып  көр, Өзиңди бир сынап көр. Епшиллик қолыңнан келер, Зериксең және ойын көп.         Сызып алып дөңгелек, Қыздырың ойын "қазанды." Қызлар теппек ойнасын, Алыстан қарап жүргейсең. Ана бир  бала тентеклеў,      Үкеңе, көз қулақ бол. Шашынан тартып қоймасын, Ойының ойнап болғасын. Айланып кел тез балам. Оқы китап, ертеклер, Сабағың  қалып қоймасын. Балалық дәўран   қызықлы, Қызығынан бос  қалма. Үйретемен, түрли ойын көп. Киятырғо  жаз жайнаған. Айлы түнде дым қызық, "Пышық -тышқан  ойнаған. Услай Алмай жетеалмай, Күлкилериң жаңлаған. Телефон қурғыр алмасын, баламаў ақыл есиңди. Таза ҳаўада шынығып, Жас ўақтан жыйна күшиңди.       Автор Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler

БИЙТӘКИРАР БҮЛБИЛИ ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ (Халқымыздың сүйикли қосықшысы,Қарақалпақстан халық артисти Бийбираба ӨТЕПБЕРГЕНОВА ның 80 жыллығына) Жаслайыңнан уғып халықтың дәстанын, "Азат қылды"ң ҳақ кеўлиңниң аспанын. Сен дегенде шағлап "Аўылласларым", Ағылар "Қуўаныш тойларыңызға". Шықты"Даңқың сениң" дәслеп "Айна"дан, Хош ҳаўаз қыз болдың "Гүл"дей жайнаған. Соң халықтың бүлбили болдың сайраған, Жәҳән ашық бүгин "Бойларыңызға". Түркменше,кәрисше,немисше жырлап, Жети тилде қосық айттың бағырлап. Қойған яңлы қулақларды сыйқырлап, Журт сүйсинер қәдем жайларыңызға. "Катюша*,"Торади","Бари гал" десең, "Саржайлаўың"көзге көринер ҳәсем. "Кеўлиңди қыймайман"деп"Бийбисәнем, Нурлар қуйған кеўил сарайыңызға. "Қызлар көтериң сандық"ты айтқандай, "Гүлайым", "Той вальси"нен қайтқандай, Хош ҳаўазың жәҳәнди оятқандай, Журтлар ҳәўес жүрген жайларыңызға. Пириң санап Бердибектей ағаны, Мәрт қосықшы болдың бала-шағалы. Ғайбар минез-дарақсаң  мың шақалы, Журт үйирсек өскен жайларыңызға. "Айналайын"ың бир айтқан сөзиңде, Меҳир-муҳаббатың жәмдур көзиңде. Арқаң қозып қосық айтқан гезиңде, Халқың жанын төсер пайларыңызға. "Бәҳәр муқамы"на кеўил бөлейин, "Сайра дуўтар","Язларым бар","Дөнейин". "Бийбижан"ды "Лейла"менен көрейин, Сексен жасқа шыққан тойларыңызда. "Не көрдиң қара ат"деп қысса жолына, "Сайра дуўтар"ыңды туттың қолыңа. "Бир  заман","Назлының"шығып оңына, Жан енгиздиң ығбал  айлаўыңызға. Жаңласа "Еллерим барды","Дағлары", Қызлардың"Төрт өрим шашлы"шағлары. Гүл жайнап "Бозатаў","Ешбай"бағлары, Суўлар сылдырлайды сайларыңызда. "Жан әке","Айрылдым"мен деп үн қатсаң, Ул-қызларың"Анашым"деп тил қатқан. Аналық бахытын сыйлап Яратқан, Барын инам еткен жайлаўыңызға. Қосықшылық бағын зада әйледиң, Мекке зияратын ада әйледиң. Бүгин ақ пейлиңдей аппақ  көйлегиң, Жарасып турыпты бойларыңызға. Ийели апамсыз еркеси Ҳақтың, Батыр Гүлайымға мегзейди тахтың. Бийтәкирар бүлбили қарақалпақтың, Оң болсын айтайын тойларыңызға! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 4 апрель,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

  -Сорама,яшуллы.Мен-әм светлерди өширтип,шыра жағып отырағойсам ба екен деймен.Ай сайын светке жигирма мың сом,газге отыз-отыз бес мың төлеймен.Өзи айлығым жигирма сегиз мың сом.   -Енди сол ғой,мениң-әм айтажағым.Егер былай-былай сүйистиретуғын жолы болса көрес-соңо балам.Өзи бары-жоғы пенсиям отыз еки мың сом.   -Қәнекей,илажы болса,мен-әм соны пул екен деп жүргеним жоқ.Нәмнаған хожалық баслығына жигирма сегиз мың сом деген....   -Яғаў,былайынша қарасаң үп-үлкен пул-аў,бирақ отыз еки мың сом базарға бир кирип -шығыўға жетер-жетпес.    -Аўа,күйип кетесең ғо.Болмаса жигирма сегиз мың-әм әнейи емес.    -Ҳе?! Аўа! Мен-әм жаңағы отыз еки мыңды...    -Айтаман ғо! Жигирма сегиз мың сом деген.....    -Отыз еки мың деп аўыз толтырып...    -Жигирма сегиз мың ..    -Отыз еки...    -Жигирма.     -Отыз.     -Жигир.   Үҳ-ҳ! Басыңызды аўыртып не қылайын? Мийим ғыр-р болып кетти.Трубканы жабыўым менен басымды услап отырып қалыппан.Собестиң баслығы да бәле екен,шеше алмайман деп айтпады,өзимди шаршатып қойдырды.    Айтпақшы,жаңа гөне жылдың барлық пенсиясын жыйып берип атыр деп еди ғо.Бай-бай,оннаншы соған барайын.Бүгин ақлық қыз келеди Нөкистен,газден,тоқтан,суўдан,телефоннан қарыз тағы бар... М.Нызанов. 2003-ж декабрь. 👉https://t.me/ibratli_sozler 👉https://t.me/ibratli_sozler

АЙЛЫҚ ҲӘМ ПЕНСИЯ. Қудайға шүкир,ҳүкимет қартайдың деп далаға таслап атырған жоқ.Пенсия берип қойыпты.Оны гейде жылында,гейде еки жылда бир көбейтип атыр.Лекин,бендешилик-болған сайын болғың келеди екен.Оның үстине мына қымбатшылық,көрпени басыңа тартсаң аяғың ашық қалады.Аяғыңды қымтасаң басың...   Қулласы,ҳәр жер-ҳәр жерде усыны айтқышлайтуғын болдық.Бир күни азырақ оқымыслырақ жигитлердиң биреўи маған ақыл үйретти.   -Аға,тақанның түрли-түрли былғаўы бар деген,жағдайыңды айтып райсобеске барсаң,көп емес,пенсияңа үш-төрт мың қосып бериў қолынан келеди,деди.   Қапылғыр,дүньяны ким жек көреди.Сол мәсләҳәт жатсам-турсам қулағымнан кетпей қойды.Арза жазып барайын десем,нәмнәған ғаррыман-уялдым.Әй бир күни буның-әм есабын таптым-аў.Райсобестиң баслығының телефонын таптым.Телефонда онша тартынбайсаң ғо,түриңди көрип турған жоқ.   -Баслық иним,дедим телефоннан,-тыңласаңыз бир-еки аўыз арзым бар еди.   -Айтабериң,тыңлайман,-деди -Тыңласаң қарағым,мениң пенсиям отыз еки мың сом.Ол ҳеш нәрсеге жетпейди.Соны азымаз көбейтип берсең-о.Мысал етип айтайын,кешегиниң алдыңғы күни Нөкисте оқып атырған үлкен ақлық қызым келди. -Ата,қысқы имтиханлар басланайын деп атыр.Соған ақша керек,-деди. О неси? Имтиханға да пул керек болама екен?-дедим. -Керек!-деди -Ҳәр имтиханға еки мыңнан ,бесеўине он мың сом,жети зачёт бар,оларға мың сомнан жети мың сом.Жәми он жети мың сом керек деди.   Енди ойлап көреғой иним.Мениң бир пенсиям қаяғына жетеди-өзи отыз еки мың сом.Және,ол қызы түспегир ҳәпте ортасына ишип-жеўге деп 6-7 мың тағы алып кетеди.Өзи пенсиям отыз еки мың сом.   -Ақсақал,жылағанның алдынан өкирген шығады ,-деген деди трубкадан-Сеники отыз еки мың болса тәўир екен.Мениң айлығым жигирма сегиз мың.Үлкен балам Ташкентте оқыйды.Ай сайын елиў мың сом барыўшы-келиўшиден жиберемен де тураман.Өзи айлығым жигирма сегиз мың сом.Оның үстине кешениң алдындағы ҳәпте мамасына қоңыраў етипти ,Паханға айт,жетпис мың сом пул жиберсин-депти.Неғыламан,дүзде жүрген бала,жағдай айтсам қапа болады.Аэропортқа шығып биреўден берип жибердим.Көрип атырсаң ғо,я аныяғына жетпейди,я мынайағына.Өзи айлығым жигирма сегиз мың сом.   -Дурыс ғой,ним.Сонда да еплеп пенсиямды көбейтиўге жәрдем етпесең....Мына шақырық дегенлер-әм диңкемди қуртып тур.Үлкен шаңарақ атымыз бар.Пенсионер екен деп айтпай кетпейди.Өзи пенсиям отыз еки мың сом.Ертеңине үлкен қызымның қоңсысының тойына шақырды.Оған кетти еки мың сом.Өзи пенсиям отыз еки мың сом.Кейин Айтмурат шобытшының баласы үйленди,Генжебайдың кемпириниң жыл садақасына бардым.Садақа да ҳеш гәп екен,тойларда бир ойыншы қызлар шығады алдыңнан бултаңлап.Сақал қоймағанға мени ғарры емес деп ойлайма?Еки жүз сом берсем алмайды.Оған қалай бес жүзлик беремен.Өзи пенсиям отыз еки мың сом.Қызымның қоңсысының тойында алмасаң алма деп тура берип едим,бир ўақта абайсыз қалыппан,шеп жағымнан келип бөксеси менее берип жиберди,оң жағымдағы салманың ишине жалп ете қалдым.Қапылғыр жан деген татлы екен,соннан бери тойға барсам бес жүз сомды қалтама салып қояман,жетпеген жағы турсын деп,болмаса пенсиям отыз еки мың сом.   -Тап сенде бар саўда мениң -әм басымда бар,-деди трубкадан.Өткен айда он алты шақырыққа бардым .Мың сом еки мың сом бизлерге уят,жоқтан жонып ,кимине үш мың-,кимине бес мың апардым.Ойыншылар бизлерден мыңлық бермесең алмайды.Өлимнен уят күшли-беремен.Өзи айлығым жигирма сегищ мыңьсом.Оның үстине кешегиде бир достым тойының қонағын берди.Бир ящик арақ,үш шийше коньяк ,еки шийше маршный вино,үш  кило қазыүш кило колбаса,еки кило сыр,ғоза-позаларын,бақай менен халадеслерин айтпай-ақ қояйын.Қулласы,шала шабылып қалдым.Өзи айлығым жигирма сегиз мың сом. -Ой -бу қарағым-ай,бир қатын бир қатынды бийкеш дейди екен.Сол айтқандай,сен-әм мениң сыңарым болып шықтың ғо.Сонда да саған айтпай кимге айтаман.Күни кеше тоқтан адам келип кетти.Қарызым он төрт мың болыпты.Газден қарызым он жети мың сом.Бүгин азанда телефоным ,бул рақам" болып қалған екен,үйдеги тийин-тебенди қурастырып барып төлеп келдим.Өзиң бир есаплап көр ,айнанайын.Мен қаяғына жеткеремен,өзи пенсиям отыз еки мың сом.

Mensaje de voz02:47

"Адам болып адам қәдирин билмеген". 🎙 Айымхан Шамуратова https://t.me/ibratli_sozler

Ҳүрметли каналымыз ағзалары! Сизлердиң баҳалы пикирлериңиз бенен бүгинги екшемби күнимиз мазмунлы өтти. Сизлерден Алла разы б
Ҳүрметли каналымыз ағзалары!           Сизлердиң баҳалы пикирлериңиз бенен бүгинги екшемби күнимиз мазмунлы өтти. Сизлерден Алла разы болсын!      Ҳәмийше елимиз аман, журтымыз тыныш, баўырымыз пүтин, үйимиз берекетли болсын!       Уйқымыз татлы , ертеңги дүйшемби күнимиз сәтли болсын әзизлер!      ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!! https://t.me/ibratli_sozler

ЕКИ ҚОҢСЫ    Салмадан бир талай шығынды ағып келди. Биринши қоңсы кейингисине бел менен әсте ийтерип өткерип жиберди. Екинши қоңсы:       - Қоңсы, оны ийтерип жибергенше, салмадан шығарып, суўды тазалап қоймайсыз ба? Өзиңиздиң балаларыңыз да усы суўда ойнайды, бала-шағаң суў алып себеди,- деди.    Биринши қоңсы:      - Сиз де әсте өткерип жибериң, соның менен қутыламыз,- деди. Екиншиси:       - Яқ, ата-анам маған бундай тәрбия бермеген, биреўге азар бериў - бул үлкен гүна,- деди, ҳәм салманы шығындыдан тазалап қойды. https://t.me/ibratli_sozler

"Бир,  еки, үш, жүзигим мениң түс",--деген ўақытта, алақанына жүзик салынған адам шаққанлық пенен ушып турады.  Егер қасындағы қоңсысы алақанында жүзик бар екенин билсе, оны турғызбай услап қалады. Ямаса, тез турып кете алмай,  қозғалған ўақытта қоңсысы услап қалса, айыпқа тартылады.  Ал керисинше,  қоңсысы услай алмай қалса,  ол айыпқа тартылады. Айып түрлери:  қосық айтып береди,  ойын ойнап береди,  ямаса қызықлы,  күлдирги әңгимелер таўып айтып,  отырғанлардың кеўлин көтериўи керек. ТӘКИБАЙ АЛЫЎ~бул ойын емес, бирақ ойын шәртлерине муўапық, ойында қолланылатуғын усыл, шәрт, ойыннан утылып қалғанларға қолланылатуғын жаза түрине киреди.         Тәкибай алыўды гейде "тәкимай алыў",--деп те айтады. Тәкимай аламан дегенде "басыңның майын аламан",--деген мәниде қолланылып басланған болыў керек. Себеби, тәкимай алған адам жазалының еңбеги я төбесине бас бармағының тырнағын батырып турып, таўлап жибереди, бундай да шаштың түбири, бас териси аўырады.        <<Түсиндирме сөзликте:>> ~Тәкибай. ат. Балалар ойынында утылғанның басынан қол менен нуқып алынатуғын ойын шәрти>>---деп түсиник берилген. [IV том,  293-бет,  Нөкис. <<Қарақалпақстан>>, 1992-жыл]        Тәкибай сөзин қарақалпақ жазыўшы шайырларының шығармаларынан да ушыратыўға болады.       ~"Ким бурын тапса, меннен тәкибай алады" (Т.Қайыпбергенов]           Ҳеш қандай ойын болмай-ақ,  дайылар жийенлерин көргенде басынан тәкибай алып ойнайды, сонлықтан, бул жерде еркелетиў,--мәнисинде қолланылады. =======даўамы бар====== Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Услаған баланы дурыс тапса, сол усланған бала "соқыр теке" болады. Ойын солайынша даўам ете береди.        <<Соқыр теке>>~ойыны үйде де, далада да ойнаўға болатуғын ойын түрине киреди. Ойынға ул бала да, қыз бала теңдей қатнаса алады. <<МАҢЛАЙ ШЕРТПЕК>>~бул ойынды ойнаў арқалы балалар зийрек, шаққан ҳәм дыққатлы болыўға үйренеди.        Ойын қурамына ер балалар да, қыз балалар да теңдей қатнаса алады. Қатнасыўшылар еки топарға (командаға) бөлинип, ҳәр топар өзлериниң ишинен баслаўшыларын сайлап алады. Ҳәр топардың баслаўшысы өз қарамағындағы ойыншылардың қулағына сыбырлап өз атынан басқа ат қояды.        Қайсы топар ойынды биринши баслаўы кереклигин жеребе таслаў арқалы шешип алады. Мәселен алақанына шөп , теңге жасырыў, ямаса топар басшысының аты жазылған қағазды жасырыў арқалы белгилейди.        Ойынды баслайтуғын команда белгиленип алынғаннан кейин сол баслаўшы 2-топарға барып, бир баланың көзин басып, өз тәрепинен қойған аты менен ойыншылардың биреўин шақырады. Шақырылған бала қайсы тустан шыққанлығын билдирмеў ушын әстелик пенен жүрип, басқа тустан келип, көзи басыўлы баланың маңлайынан шертип кетеди. Ол бала орнына барып отырған соң баслаўшы баланың көзин ашып, маңлайына шерткен баланы табыўды буйырады. Егер дурыс тапса ол баланы өз топарына қосып алады, таба алмаса қарсылас  топарға барып қосылады.         Буннан соң ойынды 2-топар баслаўшысы баслайды. Ойыншыларды утып, өз топарын көбейткен тәреп утқан болып есапланады. Ойын усылайынша даўам етеди, утқан, утылған топарлар қайтадан бөлинип, ойынды қайтадан баслап даўам еттириўге де болады. ДОСТЫҢ КИМ?~ойынның бул түри ҳәзил-дәлкекке бейимленген болып, жас өспирим ул-қызлардың қатнасыўы менен өтеди.  Ойынды үйде де, дүзде де өткериўге болады.        Ортадан бир баслаўшы таңланып, қатнасыўшылар дөгерек жасап отырады. Баслаўшы ҳәр қатнасыўшының қулағына  ҳәр түрли ат қойып сыбырлап шығады. Қойылатуғын атларға  ҳайўанлардың атлары таңланады:  ешек, гүрре, торай, маймыл, қарақулақ, сағал, түлки ҳәм т.б.         Баслаўшы ойыншылардың ҳәр бирине қызықлы атларды қойып болғаннан кейин, өзи ортада отырып ойынды баслайды, ойынға қатнасыўшыларға биримлеп сораў таслай баслайды: ~Ал ойын қатнасыўшылары өзиңизге қойылған атты умытып қалмадыңыз ба, онда ойынды баслаймыз. Баслаўшы: ~Абат, кеше сен китапханаға биреў менен кирип баратыр едиң, ол ким еди, алыстан таный алмадым? Абат: ~Ол маймыл еди ғой. Баслаўшы: ~Гүлжан, партада ким менен  отыратуғын едиң, сени тазадан келген оқыўшы менен отырады,--десип атыр ғой. Гүлжан: ~Гүрре менен отыраман. Баслаўшы: ~Мурат, сен кеше биреўди арқалап бақшаға баратыр едиң, үкең бе еди? Мурат: ~Яғаў, ол шошқа еди ғой.        Гейпара қатнасыўшылар ойынның шәртин түсинбей, ямаса баслаўшының сораўы өз ҳәрекетине сәйкес келип, дурысын айтып қойыўы да мүмкин, бул да қатнасыўшыларда күлки пайда етеди. Мәселен: Баслаўшы кеше суўға барғанда биреў менен сөйлесип тур едиң, ол ким?--десе: Қатнасыўшы: ~Ҳе, ол класстағы Айсулыў ғой,--дегендей. Баслаўшы менен қатнасыўшы арасындағы сораў-жуўапларға  қатнасыўшылар  күлисип, ойын усылай ҳәзил-дәлкек пенен даўам етеди. ЖҮЗИК САЛМАҚ~бул ойынды той-мереклерде жигит-қызлар ойнайды. Соның менен бирге бул ойын балалар арасында да кең таралған. Ул балалар қыз балалар араласып ойнаўына болады. Жүзик салмақ ойыны  бир жерде отырып ойнайтуғын,  мазмун-мәниси күлкили,  ҳәзил-дәлкеги басым ойынларды,  әдеп-икрамлылық мәнисиндеги,  тапқырлық, зийрекликти,  шаққанлықты талап етеди ОЙЫН ҚАҒЫЙДАСЫ: «Жүзик салмақ» ойынына қатнасатуғын балалар екиге бөлинип қатарласып отырады. Ойын баслаўшы  ортаға шығады. Ойын баслаўшының қолында жүзиги болады. Ол сол жүзикти қатара қолларын тутып отырған балалардың қолларына бирме-бир жуўыртып,  отырғанлардың биреўиниң алақанына салыўы керек. Алақанына жүзик салынған адам қасындағы қоңсысына сездирмеўи керек. Жүзик салып шығыў  бөлими тамамланған соң,  ойын баслаўшы ортада турып:

МИЛЛИЙ БАЛАЛАР ОЙЫНЛАРЫ         Қарақалпақ халқының мәдений мийрасларының ишинде балалар ойынлары  ~терең мазмунлылығы, тәрбиялық тәсириниң күшлилиги менен өзгешеленип турады. Балалардың ойлап табыўшылығы шексиз, ойнап отырған қәлеген 2-3 бала аяқ астынан жаңа ойын түрин шығарып, ойнаўы мүмкин. Бул ойын соңынан көпшиликке кеңннен тарап, балалар ойынларының бир бөлегине айланады. Мине, усындай себептен Қарақалпақ мәдений мийрасларында балалар ойынларының оғада көп түрлерин санап шығыўға болады.         Мысалы: <<Түлкишек>>, <<Ҳәкке қайда?>>, <<Ҳә, түйелер, түйелер>>, <<Әўлемен-дүўелемен>> ойынлары~баланың сөйлеў тилин раўажландырыў менен бирге ҳәрекетшеңлигин, зейинлилигин, шаққанлығвн қәлиплестиреди. <<Соқыр теке бақ-бақ>>, <<Маңлай шертпек>>, <<Жасырынбақ>> ойынлары баланың сезгирлигин, шаққанлығын раўажландырады.           Балалар ойынларының көпшилик түрлери  балалардың уйымласып, аўыз бирлик пенен ойнайтуғын ойынлар болып табылады. <<Ақ терек пе, көк терек>>, <<Сен тур, сен шық>>, <<Қашарман>>, <<Жүзик салмақ>> ойынлары еки топарға бөлинип ойнаў арқалы өтеди. Бундай топарларға бөлинип ойнайтуғын ойынларда ул балалар ҳәм қыз балалар араласып ойнай береди. Тек ул балалар ойнайтуғын ойынларға:  <<Шүллик>>,'<<Қазық>>, <Аңғалақ>>, <<Ҳаўа таяқ>> ойынлары  киреди. Сондай-ақ, қызлардың да тек өзлери ойнайтуғын ойынлары бар:  <<Теппек>>, <<Арпа-гүрпе>>, <<Бекташ (бес тас), <<Секирмек>>,  <<Ийт қуйрық>> ҳәм т.б. Балалар ойынларының ишлеринде ерте дәўирлерде әмелде болған, ҳәзирги ўақытта пүткиллей умытылып кеткен ойынлар да ушырасады, бирақ, айырым элементлери ҳәзирги заманагөй ойынларда тәкирарланғанын көриўге болады. <<Шүллик>>, <<Аңғалақ>>, <<Ҳаўа таяқ>>, <<Қазық>> ойынларын атап көрсетиў мүмкин.          Балалар турмысында өз әҳмийетин жойытпай, еле ойналып киятырған ойынларға <<Жасырынбақ>>, <Ләңги>>,  <<Теппек>>, <<Бестас>>, <<Қашарман>>,  <<Маңлай шертпек>>  ҳәм т.б ойынларды атап көрсетиўге болады. ҲАЎА ТАЯҚ~бул ойын балалардың шаққанлығын, епшиллигин ҳәм дыққатлылығын қәлиплестириў менен бирге, мергенликке үйрениўинде үлкен әҳмийетке ийе.           Ҳаўа таяқ ойыны ҳәзирги ўақытта да балалар арасында сийрек те болса ойналып турады. Бул ойынды негизинен естиярлаў, 10-15 жастағы балалар арасында өткерилип, бала саны шекленбейди, 2 бала болса да ойнаў бериўине болады.         Ҳаўа таяқ ойыны қағыйдалары бойынша ашық далада өткериледи.        Ойында балалар қолланылатуғын қурал~80-90 см узынлығындағы таяқ. Ойынды баслаўшы бала таяқты ҳаўалатып ылақтырады, екинши бала да өз таяғын ылақтырып таяқты қағып түсириў керек. Таяқты тийгизе алмаған бала утылған деп есапланады, Утқан бала қайтадан ойынды баслап таяқты ылақтырады.  Таяқты қағып түсире алған бала ойынды  баслаўшы болып таяқ ылақтырыў ҳуқықына ийе болады.  Ойынға  қатнасыўшы бала көп болса, утылған бала ойыннан шығады, гезек екинши балаға бериледи. Қатнасыўшы саны аз болса утылған балаға 3 ке дейин, оннан да көп гезек бериледи,.Ойын солай даўам ете береди.    ҲАЎА ТОП~<<ҳаўа таяқ>> ойынын түрлендирип, таяқ орнына топ пайдаланыўға да болады. Баслаўшы топты ҳаўалатып ылақтырады, екинши бала таяғы менен топты қағып түсиреди. Ойынның бул түри таяқты қағып түсириўден қыйынырақ, баладан  дыққатлы,  шаққан болыўды талап етеди. Топ пенен ойналатуғын бул түри~<<ҳаўа топ>> деп аталады. СОҚЫР ТЕКЕ БАҚ--БАҚ~ойыны баланың бақлаў, зийреклик, дыққатлылық көнликпелерин қәлиплестиреди.         5-6 бала қурамында ойыншылар топары бирлесип, ортасынан бир баланы <<соқыр теке>> етип таңлап, көзин орамал менен байлайды.  Ойын өткерилетуғын жердиң кеңислиги белгиленип, балаларға сол шегаpaдан шықпаў ескертиледи. Қалған балалар дөгереклеп айланып турады. Ойын басланыўдан балалар соқыр текени қолы менен түртип қашып, белгиленген шеңбер ишинде услатпаўға ҳәрекет етип қашып жүреди. Көзи байланған бала балалардың биреўин услап алып, көзи байлаўлы ҳалда:--"Сен Азатсаң, Муратсаң",---деп таныўы керек. Сол ўақытта "соқыр теке"ниң көзиндеги байлаў шешилип, услаған баланы таныған--танымағаны анықланады. Егер дурыс таппаса қайтадан көзи байланып "соқыр теке" болады.

Миллий балалар ойынлары.
Миллий балалар ойынлары.

#Қайғыра берме Дүньяның қайғысын қайғыра берме! Ахыр ол бар  еди бизден де бурын, Ол еки жүзли емес, қатыгез,бир сөз, Бир жерге қояды патшасын, қулын. Ҳәттеки Искендер шахының барын, Көрген гуўалар да сақлаған иште. Бендеси қараны ақ деген менен Ҳақыйқат китабын жазар периште. Әлемди илимде қалдырған қайыл, Данышпанларға да тасты атқан бар. Арқасында оқтың ийесин билмей, Саўал-жуўап күнин күтип жатқан бар. Дүняның кайғысын қайғыра берме, Адамсыз болмаған өмир базары, Келгенге кетпеклик болса да тайын, Толғанын көрдиң бе оның мазары? Дүньяның қайғысын қайғыра берме... Мақсетке жеткерсин өмир гузары.       Зульфия  Жийемуратова. https://t.me/ibratli_sozler

- Соншама дəртти қəлб қалай көтереди ? - Көзлериңе қара ! Қаншама киши , бирақ ол пүткил əлемди көрип тур ... Ж. Румий. https
- Соншама дəртти қəлб қалай көтереди ? - Көзлериңе қара ! Қаншама киши , бирақ ол пүткил əлемди көрип тур ... Ж. Румий. https://t.me/ibratli_sozler

Не ушын аналардың аяқлары аўыратуғынын билесиз бе? Аллаҳ таала ананың жатырындағы суйықлықты ҳәдден тысқары шор етип жаратқан. Соның нәтийжесинде, жатыр ишиндеги ҳәмиле салмақсыз ҳалатта болады. Ол ҳәмийше суйықлықтың жоқарғы бөлегинде турады. Балаға азықлық киндиги арқалы анаға жалғанған нәрсе арқалы аңсат келип турады. Ҳәмиледар ҳаял тойып аўқатланбаса ямаса көп ўақыт аш қалса, ҳәмилеге келетуғын азықлық ананың тислери ҳәм сүйеклериниң ериўи есабынан қапланады. Соның ушын көпшилик ҳаяллардың жасы өткен сайын тислериниң түсиўи, дизе ҳәм аяқларының аўырыўы бақланады. Соның ушын ҳәмиледар ҳаяллардың өз ўақтында ҳәм тойып аўқатланыўы өзлериниң келешекте саламат болыўында жүдә әҳмийетли. Егер перзент анасының дизеси ямаса аяғы не ушын аўырып атырғанын билгенинде еди, тек өзин ойлаўдың орнына, анасын разы қылыўды ойлаған болар еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бийкарға: «Жәннет – аналардың аяғы астында», деп айтпаған. Пазыйлет уз.каналынан алынды https://t.me/ibratli_sozler

Əкем өзи мехир көрмегени ушын бизге де мехир бериуди билмеди... Негизинде бизлерди қатты жақсы көреди. Бирақ , қушақлап еркел
Əкем өзи мехир көрмегени ушын бизге де мехир бериуди билмеди... Негизинде бизлерди қатты жақсы көреди. Бирақ , қушақлап еркелетпейтуғын еди. Бауырына баспас еди. Билесизбе сол күни не болғанын? Мейит жууындырылып кепинге оралғанында , əкем " оны маған бер, мен аламан" деди. Үкемди қушағына алды да жыламсырап сондай деди : - Рапат , мен сени мазарға емес , базарға апарып шалбар əпережақ едим. Балам , тур кетейик .... Мен қатты жыладым. - Əкем бул сөзлерди қəнекей үкем тири уағында айтқанында...Биз əкемиздиң усындай мехирли сөзлерин еситкимиз келер еди. Бирақ хешқашан еситпеген сөзлерди , үкеме ,енди ол еситпейтуғын бир уақытта бақырып , дат салып айтып атыр еди.... * * * Бүгин балалар бизден таба алмаған нəрсесин телефоннан , интернеттен излейди. Шығасыға ийеси себепши дегендей балаларымыздың мийримсиз , тасбауыр болыуына өзимиз себепши болмайық .... https://t.me/ibratli_sozler

Билсең де қайтпасын бул күн қайтысқа, Мойныңды бурамай ўақыт байғусқа Кеттиңлер ме енди өрип тум-тусқа, Турмыс қазанында қайн
Билсең де қайтпасын бул күн қайтысқа, Мойныңды бурамай ўақыт байғусқа Кеттиңлер ме енди өрип тум-тусқа, Турмыс қазанында қайнаўыңызға. Басын тек сәждеге қойған жигитим, Көтер руўҳыңнан қайғы "түбитин", Қоллайды ертеңге болған үмитиң, Кеўлиңнен түскинлик айдаўыңызға. Естен шықпай үрп-әдети, салтымыз, Қызды сыйлап қысыр болдық жалпы биз, Бар екен сизлердей ҳаял халқымыз, Биз еркек тилеклес жайнаўыңызға. Қос арыс, бахытлы жан бар ма буннан, Бахытты,әўметти ашқандай тыңнан, Кеўилим,жүрегим исенер шыннан, Садықлық, ўапаны сайлаўыңызға. Азамат Бекназаров 5.04.2026. https://t.me/ibratli_sozler