МИЛЛИЙ БАЛАЛАР ОЙЫНЛАРЫ
Қарақалпақ халқының мәдений мийрасларының ишинде балалар ойынлары ~терең мазмунлылығы, тәрбиялық тәсириниң күшлилиги менен өзгешеленип турады. Балалардың ойлап табыўшылығы шексиз, ойнап отырған қәлеген 2-3 бала аяқ астынан жаңа ойын түрин шығарып, ойнаўы мүмкин. Бул ойын соңынан көпшиликке кеңннен тарап, балалар ойынларының бир бөлегине айланады. Мине, усындай себептен Қарақалпақ мәдений мийрасларында балалар ойынларының оғада көп түрлерин санап шығыўға болады.
Мысалы: <<Түлкишек>>, <<Ҳәкке қайда?>>, <<Ҳә, түйелер, түйелер>>, <<Әўлемен-дүўелемен>> ойынлары~баланың сөйлеў тилин раўажландырыў менен бирге ҳәрекетшеңлигин, зейинлилигин, шаққанлығвн қәлиплестиреди. <<Соқыр теке бақ-бақ>>, <<Маңлай шертпек>>, <<Жасырынбақ>> ойынлары баланың сезгирлигин, шаққанлығын раўажландырады.
Балалар ойынларының көпшилик түрлери балалардың уйымласып, аўыз бирлик пенен ойнайтуғын ойынлар болып табылады. <<Ақ терек пе, көк терек>>, <<Сен тур, сен шық>>, <<Қашарман>>, <<Жүзик салмақ>> ойынлары еки топарға бөлинип ойнаў арқалы өтеди. Бундай топарларға бөлинип ойнайтуғын ойынларда ул балалар ҳәм қыз балалар араласып ойнай береди. Тек ул балалар ойнайтуғын ойынларға: <<Шүллик>>,'<<Қазық>>, <Аңғалақ>>, <<Ҳаўа таяқ>> ойынлары киреди. Сондай-ақ, қызлардың да тек өзлери ойнайтуғын ойынлары бар: <<Теппек>>, <<Арпа-гүрпе>>, <<Бекташ (бес тас), <<Секирмек>>, <<Ийт қуйрық>> ҳәм т.б.
Балалар ойынларының ишлеринде ерте дәўирлерде әмелде болған, ҳәзирги ўақытта пүткиллей умытылып кеткен ойынлар да ушырасады, бирақ, айырым элементлери ҳәзирги заманагөй ойынларда тәкирарланғанын көриўге болады. <<Шүллик>>, <<Аңғалақ>>, <<Ҳаўа таяқ>>, <<Қазық>> ойынларын атап көрсетиў мүмкин.
Балалар турмысында өз әҳмийетин жойытпай, еле ойналып киятырған ойынларға <<Жасырынбақ>>, <Ләңги>>, <<Теппек>>, <<Бестас>>, <<Қашарман>>, <<Маңлай шертпек>> ҳәм т.б ойынларды атап көрсетиўге болады.
ҲАЎА ТАЯҚ~бул ойын балалардың шаққанлығын, епшиллигин ҳәм дыққатлылығын қәлиплестириў менен бирге, мергенликке үйрениўинде үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳаўа таяқ ойыны ҳәзирги ўақытта да балалар арасында сийрек те болса ойналып турады. Бул ойынды негизинен естиярлаў, 10-15 жастағы балалар арасында өткерилип, бала саны шекленбейди, 2 бала болса да ойнаў бериўине болады.
Ҳаўа таяқ ойыны қағыйдалары бойынша ашық далада өткериледи.
Ойында балалар қолланылатуғын қурал~80-90 см узынлығындағы таяқ. Ойынды баслаўшы бала таяқты ҳаўалатып ылақтырады, екинши бала да өз таяғын ылақтырып таяқты қағып түсириў керек. Таяқты тийгизе алмаған бала утылған деп есапланады, Утқан бала қайтадан ойынды баслап таяқты ылақтырады. Таяқты қағып түсире алған бала ойынды баслаўшы болып таяқ ылақтырыў ҳуқықына ийе болады. Ойынға қатнасыўшы бала көп болса, утылған бала ойыннан шығады, гезек екинши балаға бериледи. Қатнасыўшы саны аз болса утылған балаға 3 ке дейин, оннан да көп гезек бериледи,.Ойын солай даўам ете береди.
ҲАЎА ТОП~<<ҳаўа таяқ>> ойынын түрлендирип, таяқ орнына топ пайдаланыўға да болады. Баслаўшы топты ҳаўалатып ылақтырады, екинши бала таяғы менен топты қағып түсиреди. Ойынның бул түри таяқты қағып түсириўден қыйынырақ, баладан дыққатлы, шаққан болыўды талап етеди. Топ пенен ойналатуғын бул түри~<<ҳаўа топ>> деп аталады.
СОҚЫР ТЕКЕ БАҚ--БАҚ~ойыны баланың бақлаў, зийреклик, дыққатлылық көнликпелерин қәлиплестиреди.
5-6 бала қурамында ойыншылар топары бирлесип, ортасынан бир баланы <<соқыр теке>> етип таңлап, көзин орамал менен байлайды. Ойын өткерилетуғын жердиң кеңислиги белгиленип, балаларға сол шегаpaдан шықпаў ескертиледи. Қалған балалар дөгереклеп айланып турады. Ойын басланыўдан балалар соқыр текени қолы менен түртип қашып, белгиленген шеңбер ишинде услатпаўға ҳәрекет етип қашып жүреди. Көзи байланған бала балалардың биреўин услап алып, көзи байлаўлы ҳалда:--"Сен Азатсаң, Муратсаң",---деп таныўы керек. Сол ўақытта "соқыр теке"ниң көзиндеги байлаў шешилип, услаған баланы таныған--танымағаны анықланады. Егер дурыс таппаса қайтадан көзи байланып "соқыр теке" болады.