2 888
Suscriptores
-424 horas
+307 días
-1830 días
Archivo de publicaciones
Eger aramızda baslawısh klass oqıtıwshıları bar bolsa, ustazımızdıń jaratqan tapsırmalarınan paydalansa boladı. Kommentariy bóliminde jaratqan tapsırmalarınan ayrımları bar
Aldın kanalımızda Pedagogikalıq sheberlik orayında óziniń kásiplik sheberligin arttırıp ketken Qonırat rayonı 41-sanlı mektep baslawısh klass oqıtıwshısı Urazbaeva Gulbanu haqqında maǵlıwmatlar berip ótken edim. Bunday ustazlarımız haqqında sabaqlarımda tıńlawshılarımız ushın úlgi etiwden sharshamayman. Búgin jáne ustazımızdıń tájriybelerin sizler menen bólispekshimen. Sebebi bul ustazımız bizden úyrengen platformalar menen toqtap qalmastan, óz ústinde jumıs islep, júdá kóp platformalarda úyrenip alıp, sabaqlarında nátiyjeli paydalanıp atırǵanlıǵın kóriwimiz múmkin. Óz sabaqlarında hátteki AR texnologiyalarınan (Tolıqtırılǵan reallıq) paydalanıp joqarıdaǵı videodan kórseńiz boladı. Hátte ustazımız óz tájriybeleri menen kásiplesleri menende bólisetuǵın eken.
Tınıp tınshımas, hár bir sabaǵı ushın jańalıq alıp kiriwge tırısatuǵın Ustazǵa tabıslar tilep qalamız, bunnanda jaqsı nátiyjelerge erise beriwin, jas áwladtı tárbiyalawda sharshamawına tileklespiz.
Barkamal awlad balalar mektebi dogerek bashilari tarepinen jaratilgan shinigiwlar
Ассалаўма алейкум!
Бүгин «Билимлендириўде санлы технологиялар» модули бойынша музыка ҳәм сүўретлеў өнери оқытыўшылары менен әмелий сабақ өттик. Лекцияда жаңалықлар, онлайн платформалар, жасалма интеллект ҳаққында сөз қозғап, әмелий сабағымызда оларды ислеп көретуғынлығымызды айтканық едик.
Тилекке қарсы, компьютер ханасындағы интернетте насазлықлар бақланғаннан кейин, устазлар платформаларды телефон арқалы үйренип, өз оқыўшылары ушын тренажёр шынығыўлар жарата алды. Олардың дөретиўшилиги ҳәм жаңалыққа қызығыўшылығы мени таң қалдырып, илҳамландырады.
Компьютер болмағанда да, өз қәсибине пидайы устазларымыздың телефон арқалы үйрениўи – үлкен жетискенлик!
Бундай дөретиўши ҳәм жаңашыл устазлар менен ислесиў – үлкен мәртебе. «Билимлендириўде санлы технологиялар» модулының ҳәр бир сабағы пайдалы болғанынан қуўанышлыман!
🎓 Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық Шеберлик орайының Телеграм каналына Қосылың!
📢 Муғәллимлер менен педагоглар ушын!
Биз сизлерди кәсиплик раўажланыўға арналған ресурслар, тренинглер хәм пайдалы материаллар менен бөлисиў мақсетинде орайымыз рәсмий телеграм каналына мирәт етемиз!
✅ Сизлерге усынылатуғын имканиятлар:
• Жаңа оқытыў методлары
• Замангөй билим бериў технологиялары
• Семинарлар хәм вебинарлар
• Пайдалы мақалалар менен оқытыў ресурслары
• Орайдағы ең соңғы жаңалықлар
🔗 Силтеме арқалы қосылың: https://t.me/malakanews
