cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Каракалпакстан 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24TVтелеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @MADRID_333

Show more
Advertising posts
291
Subscribers
No data24 hours
-77 days
-2230 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Пүткил Өзбекстан бойлап "метан заправка"лар ашылмақта. 👉 @Karakalpak24
Show all...
👍 1
❗️Ucell компаниясына шағым Баслаўшы Қыдырнияз Бабаниязов ҳәзирги ўақытта Ucell компаниясында байланыс төменлеп кеткенлиги бойынша шағым етип видеомүрәжат жоллады. 👉 @Karakalpak24
Show all...
👍 1
❗️Жоқары оқыў орнына оқыўға кириўде кимлерге жеңиллик бериледи? Төмендеги абитуриентлер жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде жеңилликке ийе: 🟢 Қураллы Күшлер әскерий хызметкерлериниң перзентлери; 🟢 Халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар ҳәм жарыслар жеңимпазы болған питкериўшилер; 🟢 Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреатлары; 🟢 «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийелери; 🟢 «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» республикалық таңлаўының жеңимпазлары; 🟢 Медицина мәкемелери мийирбийкелериниң «Мийирбийке» республикалық таңлаўы жеңимпазлары; 🟢 «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары; 🟢 Өзбекстан жаслар аўқамы республикалық комиссиясы (педагогика бағдарларына) берген усыныснама ийелери; 🟢 Қураллы Күшлер қатарында әскерий хызметти өтеп, әскерий усыныснамаға ийе болғанлар; 🟢 Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги В2 ҳәм оннан жоқары дәрежели сертификатқа ийе абитуриентлер; 🟢 Әскерий бөлим командирлиги ҳәм Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми усыныснамасына ийе болғанлар; 🟢 Исҳоқхон Ибрат атындағы шет тиллерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының пүткил оқыў дәўирин айрықша баҳаларға оқыған питкериўшилери; 🟢 Қәнигелиги бойынша 5 жыл жумыс стажына ийе ҳаял-қызлар; 🟢 Мүтәжлиги бар шаңарақлардағы ҳаял-қызлар; 🟢 Ишки ислер уйымларында 3 жылдан артық жумыс стажына ийе профилактика (аға) инспекторлары; 🟢 Экономика тармақларында кеминде 5 жыл жумыс стажына ийе пуқаралар; 🟢 Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети жанындағы академиялық лицейдиң питкериўшилери. 👉 @Karakalpak24
Show all...
👍 1
Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босата алмайды? ❗️Мийнет кодексиниң 163-статьясына бола, төмендеги жағдайларда жумыс бериўши хызметкерди жумыстан босата алмайды: 🔸усы Кодексте ямаса басқа нызамларда көрсетилмеген тийкарлар бойынша; 🔸усы Кодекстиң мийнет ҳәм жумыс тараўында кемситиўди қадаған етиўши талапты бузатуғын болса; 🔸хызметкердиң ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде; 🔸хызметкер мийнет дем алысында болған дәўирде; 🔸хызметкер мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлемелерин орынлап атырғанлығы себепли жумыста болмаған дәўиринде; 🔸хызметкер хызмет сапарында болған дәўиринде; 🔸ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа шекемги баласы бар хызметкерлер ушын белгиленген кепилликлер бузылғанда. ☝️Бирақ, егер кәрхана жабылғанда ямаса жеке исбилермен жумысын тоқтатқанда 3-7-бәнтлердеги жағдайлар бойынша хызметкерлерди босатыўға болады. ⚠️ Егер Сизди нызамға қайшы түрде босатып жиберсе ямаса басқа мийнет ҳуқықларыңыз бузылса, жасаў жериңиздеги Мийнет инспекциясына (71-200-06-00) ямаса Әдиллик бөлимине (қысқа номери 1008) ямаса прокуратураға (қысқа номери 1007) шағым етиң. 👉 @Karakalpak24
Show all...
⚡️ “Bir Qadam”: Jo’natmalarni O‘zbekiston bo‘ylab 1 KUNda yetkazib berish xizmati! UzPost milliy pochta operatorida qulay “Bir Qadam” xizmati mavjud. U orqali atigi 1 KUN ichida O'zbekiston viloyatlari o'rtasida jo’natmalar yetkazib beriladi. Batafsil: https://uz.post/uz _ ⚡️ «Bir Qadam»: Услуга доставки по всему Узбекистану за 1 ДЕНЬ! У Национальной почтовой службы UzPost есть удобная услуга «Bir Qadam». С ней можно доставить отправления между областями Узбекистана всего за 1 ДЕНЬ. Подробнее: http://uz.post Реклама
Show all...
❗️Алматыда 5 баллы жер силкиниў болды. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Қарақалпақстан Республикасынан “Зульфия” сыйлығын қолға кириткенлер: Худайбергенова Гулшинар Жангабаевна — Нөкис қаласындағы 1-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық жөнелиси оқытыўшысы Коканова Нурсулыў Женисбай қызы — Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллери факультети филология жөнелиси 4-басқыш студенти. 👉 @Karakalpak24
Show all...
👍 1
⛽️ АИ-80 маркалы бензин АИ-92 ямаса АИ-95 деп сатылса төмендеги исеним телефон нөмерлерге шағым етсеңиз болады: ▪️“Энергияинспекция” исеним телефон номери: +99871200-02-86 ▪️“O‘zbekneftgaz” исеним телефон номери: +99871233-28-88 ▪️”Қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў” комитетиниң исеним телефон номери: +99871207-48-00 ▪️Энергетика министрлигиниң исеним телефон номери: +99871231-81-18 👉 @Karakalpak24
Show all...
🗓 Март айында 13 күн дем алыс бериледи Халық аралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен 8-март жума, оннан кейин 9 ҳәм 10-март шемби ҳәм екшемби күнлери дем алыс күни. 21-март күни Наўрыз байрамы ҳәм сол мүнәсибет пенен 21, 22, 23 ҳәм 24-март күнлери дем алыс болыўы күтилмекте. Буннан тысқары, ай даўамында тағы үш рет шемби ҳәм екшемби күнлери бар екенин есапқа алсақ, бес күнлик жумыс ҳәптесине ийе болғанлар март айында 13 күн, алты күнлик жумыс ҳәптесине ийе болғанлар болса 9 күн дем алады. 👉 @Karakalpak24
Show all...
👍 2
❗️Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми хызметкерлери ис ҳақынан 1 % социаллық салық төлейди 2030-жыл 1-январға шекем мектепке шекемги ҳәм мектеп тәлими системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң (министрлик орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлеринен тысқары) бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерге социаллық салық ставкасы 1 % муғдарында белгиленеди. 👉 @Karakalpak24
Show all...
👍 1