cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Shımbay hawazı gazetası

Shımbay hawazı gazetasının rásmiy telegram kanalı!✅ Múrájat hám baylanıs ushın: Redaktor : Aynura Uteniyazova 61 444 10 61 @uteniyazovaaynura

Show more
Advertising posts
268
Subscribers
No data24 hours
-27 days
+4830 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Бала нызамға тийкарланбаған ҳалда услап турылыўы, иркилиўи, қамаққа алыныўы мумкин емес. Мәмлекет баланын жеке, турақ жайына қолқатылмаслығы, хат-хабарлардың сыр тутылыўын тәмийнлейди ҳәм баланы эксплуатацияның барлық көринислериндеги, соның менен бир қатарда физикалық, руўхый, жынсый зорлық, қыйнаўға салыўлардан яки жаўызларша, қопал ямаса инсан қадир-қымбатын кемситиўши басқа көринистеди қатнасықлардан (ҳәрекет, ҳәрекетсизлик) жынайы ҳәрекетте, қоспашылық пенен шуғылланыўға мәжбүрлеўден қорғаўды әмелге асырады. Баланың қорғаўға (қорғаныўға) болған ҳуқықы кепилленген өган көре ҳәр бир бала оның ҳуқықлары еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик органлардың, пуқаралардың өзин-ози басқарыў органлары ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң нызамға қарсы қарарлары, олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы ҳәрекетлери (ҳәрекет, ҳәрекетсизлик) ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди. Баланың шаңарақлық орталығына болған ҳуқықы кепилленеди. Ҳәр бир бала шаңарақта жасаў ҳәм тәрбияланыў, ана-анасын таныў ҳәм билиў, олар менен бирге жасаў ҳәм олардың ғамхорлықларынан пайдаланыў ҳуқықларына йие. Оның мәплерине қарсы болған ҳаллар буннан тысқары. Баланың ата-анасы болмағанда, олар ата-аналық ҳуқықынан айырылғанда ҳәмде бала ата-ана қарамағынан айырылған басқа ҳалларда оның шаңарақта жасаў ҳәмде тәрбияланыў ҳуқықы қәўендерлик ҳәм әменгерлик бөлими тәрепинен кепилленеди. Б.О.Торебаев Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының баслығы
Show all...
Бала ҳуқықлары кепилликлериниң нызамшылық тийкарлары Мәмлекетимизде балалардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мәмлекет сиясатының баслы бағдарларының бири болып есапланады. Бүгинги күнде оның толық ҳуқықый тийкарлары жаратылған. Сондай-ақ, бала ҳуқықлары кепилликлериниң нызамшылық тийкарлары Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Шаңарақ кодекси, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы, «Қайырқомлық ҳәм қәўендерлик» уйымлары ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм басқа бир қатар нызам ҳужжетлеринде өз сәўлелениўин тапқан. Оларда баланың ҳуқыклары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, баланың өмири ҳәм денсаўлығы, қәдир-кымбатын қорғаў, оның кемситилиўине жол қоймаў, жас әўладты физикалық ҳәм де интеллектуаллық жақтан жетик инсанлар болып камалға келиўине жәрдемлесиў оның баслы бағдарлары сыпатында белгилеп берилген. Балалардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы миллий нызамшылығымыздың тийкарлары төмендеги өзине тән өзгешеликлерге ийе екенлиги менен ажыралып турады: Бириншиден, усы нызамшылық тийкарлары балаларды қорғаў тараўындағы ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары ҳәм принциплерине толық сай келеди. Бунда, Инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық декларация ҳәм Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияда белгилеп берилген қағыйдалардың миллий нызамшылығымызда толық өз сәўлелениўин тапғанлығын айтып өтиў орынлы. Екиншиден, Өзбекстан Республикасының Конституциясында белгилеп берилген инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлери толығы менен балаларға да тийисли болады; Үшиншиден, усы тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыў барысында мәмлекет ата-анасы ғамхорлығынан айырылған, сондай-ақ жетим балалардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепиллиги сыпатында саўлеленеди. Төртиншиден, мәмлекет балалардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы искерликти алып баратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң искерлиги турақлы түрде хошаметленип барылып, олардың искерлигине көмеклесиледи ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап қуўатланады. Балалардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы нызам ҳүжжетлери бала ҳуқыкларының нызамлы кепилликлери айрықша белгилеп қойылғанлығын атап өтсек болады. Оған тийкарланып, ҳәр бир балаға инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тийисли болады ҳәм де мәмлекет тәрепинен кепилленеди. Соның менен бирге, емлеў-профилактикасы тийкарында төмендегилер нәзерде тутылады: Ҳәр бир балаға жасаў ҳуқықы кепилленеди. Бунда жасаў ҳуқықы ҳәр бир баланың үзликсиз ҳуқықы есапланады, бала өмирине қол жумсаў ең аўыр жынаят есапланады; Ҳәр бир бала денсаўлығын сақлаў ҳуқықына ийе. Мәмлекет саў-саламат бала туўылыўын тәмийнлеў ушын оның денсаўлығын сақлаў шараятларын жаратады ҳәмде балаларға нызам ҳүжжетлерине муўапық көлемде бийпул медициналық жәрдем көрсетилиўин шөлкемлестириў, баланың, оның ата-анасының саламатлығын бақлап барыў ҳәм балалар кеселликлери профилактикасын алып бариў, балалар ҳәм өспиримлерди емлеў-профилактика уйымларында диспансер бақлаўды алып барыў ҳәмде емлеў киби жоллар менен тәмийнленеди; Ҳәр бир бала билим алыў ҳуқықына ийе. Мәмлекет баланың бийпул мәжбүрий орта тәлим жәнеде орта арнаўлы кәсип-өнер тәлимин алыўды кепиллейди. Буннан тысқары, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамға муўапық бала ҳуқықларының төмендеги кепилликлери беккемлеп койылған. Баланын индивидуаллықка ҳәм оны сақлап қалыўға болған ҳуқықы кепилленген. Оған көре ҳәр бир бала туўылған ўақтынан баслап фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын алыўы, миллети ҳәм пуқаралығына ийе болыў ҳуқықына, сондай-ақ оларды сақлап қалыў ҳуқықына ийе. Баланың еркинлик ҳәм жеке қолқатылмаслық ҳуқықы кепилленген. Оған көре ҳәр бир бала еркинлик, шахсый қолқатылмаслық турақ жайына ҳәм хат хабарлардың сыр тутылыўына ийе. Ҳәр бир бала өз абройы ҳәм қадир-қымбатына келтирилген нызамсыз ҳәрекетлерден, шахсый өмирине нызамға қайшы араласыўлардан қорганыў ҳуқықына ийе.
Show all...
Қорақалпоғистонда 2023- йил қайси туман раҳбари фаол ҳаракат қилиб, муаммоларни тезда ҳал қилиб, фаол ишлаган, аҳолининг талаб ва истакларини  амалга оширишда етакчи бўлган «ЭНГ ФАОЛ ҲОКИМ 2023 » аниқланг! Сўровномада энг кўп овоз тўплаган 1 нафар номзод кейинги (2-босқич )босқичида қатнашади 2-босқич cўровнома ғолибига сертификат, махсус статуэтка ва қимматбаҳо совға топширилади Сўровнома 10- Декабрь 23:59гача давом этади 👉 ОВОЗ БEРИШ
Show all...
374 Зайтов Зияутдин (Нукус т)
180 Қурбонов Данияр (Тахиатош т)
148 Эрмашев Женис (Хўжайли т)
496 Бекзод Мадаминов (Қўнғирот т)
560 Менглибеков Бахтияр (Мўйноқ т)
163 Янгибаев Бахадир (Шўманой т)
635 Султанов Бахрам (Қонликўл т)
32 Узамбетов Узақберген (Қораўзак т)
316 Адилов Жамбул (Тахтакўпир т)
46 Камалов Айбек (Кегейли т)
226 Тажетдинов Айбек (Чимбой т)
3024 Шамуратов Рустам (Тўрткўл т)
2252 Авезов Сейдемат (Элликқала т)
36 Камал Алланиязов (Бўзатов т)
134 Сапарбаев Атабек (Беруний т)
221 Данияров Абатбай (Нукус ш)
78 Собир Хўжаметов (Амударё т)
Қутлықлаймыз! 1-декабарь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен районымыздағы 30-санлы улыўма билим бери мектебиниң қарақалпақ тили муғаллими Оспанова Рысгүл "Ибратлы ҳаял" кѳкирек белгиси менен сыйлықланды.
Show all...
Repost from Shimbay.uz
«Шымбай ҳаўазы»н Шаңарақ ағзаларыңыз бенен биргеликте оқып барың Районымыздың жәмийетлик-сиясий газетасына 2023-жыл даўамында жазылыўды шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткени ушын районлық Медицина бирлеспеси, районлық Абаданластырыў бөлими менен 5-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәтлери район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланды.
Show all...
Жазылыў-2024 «Шымбай ҳаўазы» жәмийетлик-сиясий газетасына 2023-жыл даўамында жазылыўды шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткени ушын районлық Медицина бирлеспеси, районлық Абаданластырыў бөлими менен 5-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәтлери район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланды.
Show all...
Қәбилетли оқыўшылар сыйлықланды Бүгин район ҳәкимлиги мәжилислер залында «Шымбай ҳаўазы» газетасы редакциясы тәрепинен шөлкемлестирилген Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен районымыздағы улыўма билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында «Ана тилим – сен басқадан айырмам» атамасындағы шығармалар таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Таңлаўға районымыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринен 50 ден артық шығарма жумыслары келип түсип, олар төреши ағзалары тәрепинен әдил түрде баҳаланды. Оның жуўмағында сыйлы 1-орынды 9-санлы мектеп оқыўшысы Мадреймова Фарида, 2-орынды 41-санлы мектеп оқыўшысы Тәўекелова Улбосын ҳәм 44-санлы мектеп оқыўшысы Жумабаева Айнура, 3-орынды 31-санлы мектеп оқыўшысы Жақсымуратова Дилдора, 16-санлы мектеп оқыўшысы Рахманбергенова Мияссар ҳәм 4-санлы мектеп оқыўшысы Рахманбергенова Гулмиралар ийеледи. Сондай-ақ, таңлаўда белсене қатнасқаны ушын 17-санлы мектеп оқыўшысы Атабаева Жарқынай, 7-санлы мектеп оқыўшысы Сапарбаева Жансая ҳәм 49-санлы мектеп оқыўшысы Сағынбаева Шаҳзодалар ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Show all...
Repost from Shimbay.uz
"Шымбай ҳаўазын" шаңарақ ағзаларыңыз бенен биргеликте оқып барың
Show all...
Repost from Shimbay.uz
1-декабрь – Қарақалпақ тили байрамына бағышланады Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
👍 1