cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Қарақалпақтың Күйеў Баласы

"Макаренко Эффекти" каналының қарақалпақ версиясы Автор: Никита Макаренко Өзбек тилинде оқың: @makarenko_uz Орыс тилинде оқың: @makarenko_channel FB: http://shorturl.at/enA27 Inst: http://shorturl.at/ajvRT

Show more
Advertising posts
1 271
Subscribers
-124 hours
-107 days
-6230 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
🇺🇿 Өзбекстан өзиниң пайтахты менен дүньядағы ең патас мәмлекетлердиң төртлигинен орын алды. Ура! «Хызмет көрсеткен қурылысшы»ларымызға және еки орден берейик те, «қаламызды раўажландырыўымыз керек» деп жар салыўда даўам ете берейик. @krmakarenko
Show all...
🤯 19😁 16👍 8 1
«Сәршемби күни таңда саат 8:00 де Ташкент ҳаўасында РМ2,5 қурамы 67,5 мкг/м3 ди қурады, бул Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми белгилеп берген нормалардан 18,7 есе жоқары» деп хабар береди @gazetauz. Егер сиз Googleдан PM2.5 бизиң организмимизге қандай тәсир көрсететуғынлығын излеп көрсеңиз, затларыңызды жыйнастырып, Ташкенттен тап ҳәзир кетип қалғыңыз келеди. Ҳәзиллесип атырған жоқпан. Ири қалалардың турғынларында сынап көрилген бир қанша изертлеўлер бар. Олар Жәҳан ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен мақулланған мәмлекетлердиң сайтларында орын алған. Мәселен, Гонконг қаласы турғынларында қандай изертлеўлер өткерилген? 3 жыл даўамында 66 мың адам тексерип көрилген. PM2.5 тың жол қойылған муғдарынан асып кетиўи рак пенен кеселлениў қәўпин 22% ке асырады екен. Аўқат сиңириў процесси рак кеселлигинен жүз беретуғын өлимшиликти 42% ға, көкирек бези ракинен 80% ға, өкпе ракинен өлимшиликти 36% ға шекем барады екен. Оның үстине аденокарценоманың раўажланыўы, иммунологиялық системаның ыдыраўы, қайтарып болмайтуғын генетикалық өзгерислер жүз береди. Қытай илимпазлары 2023-жылы қызық изертлеў алып барған. Олар өкпе раки клеткаларын 24 саат даўамында PM2.5 менен тәсирлендирген. Рак клеткалары раўажланып баслаған. Тышқанларда өткерилген тәжирийбеде PM2.5 менен 90 күн даўамында тәсирленген клеткаларда метастаздың тез пәтлер менен өсиўи гүзетилген. Буны Чернобыль деп атаса да болады. Бизлер Ташкентте әсте-ақырын, бирақ анық болған өлим менен өлип атырмыз. Бизлерди гөрге көметуғынлар – автомобильлер ҳәмде жәмийетлик транспортты жоқ қылған ақмақлар, Девеломпент Мурат Гранд Кишлок Группқа қусаған қурылыс кәрханалары ҳәмде шөлистанға айланыў процесси болып табылады. Ақыры не болады? Қандай режелеримиз бар? @krmakarenko
Show all...
🤯 7👍 4
Photo unavailableShow in Telegram
Yuksalish ҳәрекети лаўазымлы шахслар, мәмлекетлик хызметкерлер, ҳәкимлер, министрлер, мәкеме, комитет ҳәм парламент ўәкиллери арасында сораўнама өткерип, олар қайсы блогерлерди оқып баратуғынлығын анықлады. Топ-10 лықтан орын алғаныма қуўанышлыман. Демеr, көпшилик мәселелерден орны менен қозғап киятырған екенмен. Ҳүрметли министрлер, ҳәкимлер, депутатлар, мәмлекетлик хызметкерлер. Егер ҳәзир оқып атырған болсаңыз, сизлерге сәлемимди жоллап қаламан. Арасында болса да тыңлап, қулақ салып турғаныңыз ушын рахмет. @krmakarenko
Show all...
🔥 8👎 3
❗️2024-жыл "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы деп жәрияланды. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң Жаңа жыл қутлықлаўында айтып өтти. @krmakarenko
Show all...
🔥 6👍 3😁 3
02:49
Video unavailableShow in Telegram
❤️ Ҳүрметли досларым ҳәм сүйикли оқыўшыларым! Сизлерди кирип киятырған Жаңа жылыңыз бенен қутлықлайман! Биз биргеликте көп жумысларды әмелге асырдық. Алдында еле қанша әмелге асырыўымыз тийис болған жумыслар күтпекте. Бирге екенимизден оғада қуўанышлыман! 🇺🇿 Мен сүйикли Өзбекстаныма, оның менен бирге өзлеримиздиң де раўажланып, алға илгерилеўимизди тилеп қаламан. Дәстүр бойынша Раъно менен қосық айтып беремиз. Быйыл Тоҳир Содиқовтың «Хаёлим сенда» қосығы. Жаңа жыл столында қосылып айтайық. Барлығыңызды баўырыма басаман! @krmakarenko
Show all...
👍 18👎 6 3🔥 2
Photo unavailableShow in Telegram
❗️ 7 жастан 30 жасқа шекемги жасларымыз! Туризм комитети 1-январьдан 10-январьға шекем сизлердиң Өзбекстан бойынша саяхатыңыз ушын «Жаслар туризми ҳәптели»гин шөлкемлестирмекте! Буның ушын Uzbekistan Airways ишки жөнелислердеги эконом-класс билетлери ушын 20% шегирме усынбақта. Ал, студентлер болса «Т» тарифи ҳәмде оннан жоқарылар ушын 50% шегирмеден пайдаланыўлары мүмкин. Билетлерди компания сайтынан ҳәмде кассаларынан алыўыңыз мүмкин. @krmakarenko
Show all...
👍 6 1🔥 1
17:05
Video unavailableShow in Telegram
«O’zbekiston 24» телеканали Uzbekistan's Club. көрсетиўиниң кешки прайм-таймдағи эфири ҳаққында хабар берип өтти. Елимиздиң алдағы ҒМҚ бизлердиң жойбарымызға үлкен қызығыў билдирип атырғанлығына оғада қуўанышлыман. 1-январьдан баслап жаңа қаҳарманлар, жаңа материаллар тийкарында және де жоқары дәрежеде «америка сезоны»н баслаймыз. Тез арада экранларда! Жаңалықлардан өз ўақтында хабардар болып турыў ушын @uzbekistansclub каналына қосылың. @krmakarenko
Show all...
👎 4🔥 4👍 2
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️ Риэлторлар Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине басып өткерип атырма? Нызамшылық актлерин баҳалаў системасында «Риэлторлық искерлик ҳаққында»ғы жаңа нызам жойбары пайда болды. Бул барып турған бомбаның өзи. Агентлик турар жай ийелерине Интернет арқалы өзлерине тийисли турар жайларды сатыў ҳәм ижараға бериў бойынша жәриялаўды қадаған етип қоймақшы. Буны тек риэлторлар арқалы ғана әмелге асырыўға болады екен. Көз алдыңызға келтирип көриң. Өзлеримиздиң мүлкимизди өзимиз ийелик етиў, басқарыў ҳуқықын бериўши Пуқаралық кодекси нормалары қаяқта қалды? Менимше, халық ҳәм Конституция мәплерине қарсы бул нызамды қабыл етиўден гөзленген еки мақсет бар. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги баслығы Акмалхон Ортиқовтың ағайын-туўысқанларының атында бир-еки риэлторлық фирмалар бар ямаса риэлторлар оған бир-еки чемодан доллар апарып берген. Басқаша болыўы мүмкин емес. Нызамшылық актлерин баҳалаў системасы арқалы өзиниң нызамын өткерип алыўға ҳәрекет етип атырған Акмалхон Ортиқовға сайт арқалы өз пикириңизди билдириўге шақырып қаламан. 29-декабрьге шекем. @krmakarenko
Show all...
🤯 4👍 3
02:39
Video unavailableShow in Telegram
Экология министри мәсләҳәтшиси Расул Кушербаевтың пикиринше, ҳаўаның паталасланыўына байланыслы адамлар тез арада ғалабалық түрде Ташкенттен кетип баслайды: «Ташкентте ҳаўаны жақсылаў бойынша тез арада ҳәм кескин илажлар көрмесек болмайды. Бул өлим ҳәм өмир мәселеси. Врачлардың айтыўынша, Ташкенттеги балалардың аллергиялық кеселликлерге шалыныўы жоқары дәрежеде екен». Супер, барлығы ҳақыйқат! Сизиң министрлигиңиз де таза ҳаўа ушын алып барылып атырған гүреске қосылағойса зор болар еди. Бирақ ҳәзирше бул мәселеге ҳеш қандай итибар қаратылып атырған жоқ. Бул бойынша ҳеш қандай режелер, шешимлер, жойбарлар, қарарлар, ҳәрекетлер жоқ. Сиз тез ҳәрекет етпесек болмайды деп атырсыз. Дурыс, ҳәрекетти баслаўымыз керек. @krmakarenko
Show all...
🔥 6👍 4😁 2
03:36
Video unavailableShow in Telegram
Магнус Карлсен шапан кийип алды: Самарқандда Рапид ҳәмде блиц-шахмат бойынша Жәҳән чемпионаты басланып атыр. Шахматшыларымызға табыслар тилеп қаламыз. Алтын медальға барлық имканиятлар бар. Дерек: UzChess @krmakarenko
Show all...
👍 6👎 3🔥 2