cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

"sputnik"《КARAКALPAKSTAN》

Владелец: @ Жоллыбай Бекназаров. Привязанная группа: СпутникКАРАКАЛПАК чат.

Show more
Advertising posts
280
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Live Nókis waqıyaları boyınsha sud prosesin tómendegi sılteme arqalı koriwiñiz mumkin 👇👇👇👇👇👇👇👇 https://youtu.be/5UzsSw--EH8 @sputnikKARAKALPAK
Show all...
LIVE: Nukus voqealari bo‘yicha sud. 3-kun. / Суд по нукусским событиям. День 3.

Sud ishiga ta’sir ko‘rsatmaslik maqsadida izohlar o‘chirilgan. Ovozlar yaxshi eshitilmayotgani bizga bog’liq emas. / Во избежание влияния на судебный процесс комментарии отключены. Проблемы со звуком не зависят от нас.

00:09
Video unavailableShow in Telegram
Қайырлы кун! Басланып атырған сәршемби күниңиз әўметли ҳәм мол ырысқы несийбеге бай болып келсин! Бахытлы жасаў бәршеңизге несийп қылсын! Аллаҳ таала бәршени өз панасында асырасын! 👉 Каналға қосылыў @sputnikKARAKALPAK
Show all...
1.44 MB
НАҲАҚТАН ТӨГИЛГЕН ҚАН VI-БӨЛИМ Көп узамай Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының баслығы Сабыр Камаловтың атына А.Досназаровтың ақланғанлығы ҳаққында Аўқам Жоқарғы суды әскерий коллегиясы секретариатының баслығы, юстиция полковниги В.Чикиннен ҳәм Аўқам прокуратурасының жуўаплы хызметкери Г.Васильевтен қуўанышлы хат келди.  1968-жылдың 27-сентябринде Аўқам Жоқарғы судының пленумы өзиниң қарары менен бурынғы бийликлерин бийкар етти. Бул оғада әҳмийетли ҳүжжетте былай жазылған еди:   СССР ЖОҚАРҒЫ СУДЫ ПЛЕНУМЫНЫҢ ҚАРАРЫ N 468-68 1968 жыл 27 сентябрь    СССР Жоқарғы Суды баслығының орынбасары ж. В.М.Теребиловтың басшылығында. СССР Бас Прокурорының орынбасары ж. М.П.Маляровтың қатнасыўы менен.   А.Г.Кузнецовтың секретарьлығында.   ДОСНАЗАРОВ Аллаяр Қоразовичтиң иси бойынша СССР Бас Прокурорының протести   СССР Жоқврғы Суды Әскерий Коллегиясының 1935-жыл 8-апрельдеги бийлиги бойынша- ДОСНАЗАРОВ Аллаяр Қоразович, 1896-жылы туўылған, Қарақалпақстан АССРы Тахтакөпир районы №10-аўылының турғыны, қамалғанға шекем-1935-жылдың 25-январына дейин, Москва қаласындағы «Металлострой» трести басқарыўшысының орынбасары- РСФСР Жынаят Кодексиниң 58-8 статьясы бойынша мүлкин конфискалаўсыз 10-мүддетке еркинен айрылған. Ленинград областы УНКВДсы айрықша үшлигиниң 1937-жыл 10-ноябрьдеги қарары менен Досназаров атылған. Досназаров 1934-жылдың екинши ярымында партия басшылығына ҳәм оның Қарақалпақстан АССРында жүргизип атырған сиясатына наразылықларын айтқаны ушын айыплы, деп табылған. С.М.Кировтың өлтирилиўине байланыслы Досназаров қамалған ҳәм атылған террористлер жөнинде аяныш пикирлерин билдирген. Досназаровтың бул антисоветлик гәплери соңғылығында партия басшыларына қарсы террористлик нийетке айланған. Ис материалларын қарап шығып ҳәм СССР Бас Прокурорының Досназаровтың исин тоқтатыў усыныс етилген протестин додалай отырып, СССР Жоқарғы Судының Пленумы протестти тийкарлы, деп табады. Материаллардан көринип турғанындай, Ибниаминов, Джаксымуратов ҳәм басқалар менен сөйлескенде Досназаров жумыссыз қалғанына наразылықлар билдирген, Қарақалпақстан республикасында миллий мәселеге дыққат аз аўдарылады деген, Қара-Қалпақстан АССРы Халық Комиссарлар Советиниң председатели Әўезов туўралы қарсы пикирлерди айтқан, оны имам шаңарағынан шыққан, деп есаплаған. Досназаровтың бул пикирлери өзиниң мазмуны ҳәм бағдары бойынша антисоветлик болып есапланбайды. Досназаровты террористлик нийетте гәп айтқан, деген айыпқа келетуғын болсақ, ол ис бойынша обьектив дәлиллер менен тастыйықланбайды.  1937-жылы Досназаров жөнинде жынайы ис қозғалмаған, оператив материаллар тексерилмеген ҳәм Ленинград областы УНКВДсы айрықша үшлигиниң қарары ҳештеңе менен тийкарланбаған. Баян етилген жағдайларда Досназаровты айыплаў тийкарсыз, деп таўып, СССР Жоқарғы Суды Пленумы протест пенен келисе отырып ҳәм СССР Жоқарғы Суды ҳаққындағы қәдениң 9-статьясы «а» пунктин басшылыққа алып ҚАРАР ЕТЕДИ:  СССР Жоқарғы Суды Әскерий Коллегиясының 1935-жыл 8-апрельдеги бийлиги ҳәм Ленинград областы УНКВДсы айрықша үшлигиниң 1937-жыл 10-ноябрьдеги Досназаров Аллаяр Қоразович жөниндеги қарары бийкар етилсин ҳәм ол ҳаққындағы ис қылмыс қурамының болмаўы себепли тоқтатылсын.   Председатель- В.Теребилов. Секретарь- А.Кузнецов. А.Султанов @sputnikKARAKALPAK
Show all...
Неге дәркар, айтың халқым?!... Сәтсизлик не ушын керек?! Бетер жаныў ушын жүрек, Туўған елиң - уллы тирек, Сол тирекке асыл, халқым. Жаў алдында реҳим күтип, Бир - бириңди шуқлап, түртип, Ишкен антыңызды жутып, Ҳасла қарсыласпаң, халқым. Қәте кетсе шалаңызда, Не айып бар балаңызда, Шуғыллар жүр араңызда, Сергек болың бәрҳә, халқым. Ҳүждан азабы дым жаман, Жаныңызды қоймас аман, Қарақалпақ ҳеш бир заман, Пәс болған ба, дана халқым?! Манаўсырап ғапыл көкирек, Дир - дир етсе қоян жүрек, Бундай өмир неге керек?! Уйқыңды аш, байғус халқым. Жаў қанжары түртпеди ме?! Сүйегиңнен өтпеди ме?! Қабырғаңды сөтпеди ме?! Ҳақ тәрепин айтың, халқым. Парқы бардур күннен күнниң, Ийт болғысы келер кимниң, Әдира кетсин ғәплет түниң, Түңлиги серпилип, халқым. Әйтеўир бир күнлер көрис, Ылайық па, усы жүрис?! Бул не жатыс, бул не турыс?! Жуўап бериң, дана халқым. Ошақ басы текетирес, Тилиң менен салған гүрес, Бир тыйынға керек емес, Наўа шықпас оннан, халқым. "Аўырыўына шыдағанлар, Мың жасасын" деген сөз бар... Еркинликсиз өмир заңғар, Неге дәркар, айтың халқым?! Немқурайды думанлыққа, Бүгин ғәлет уранлыққа, Түк бийпайда шыдамлыққа, "Рекорд" қойдың, әне, халқым. Оянбастай бирликли ар, Қанымызда бир иллет бар. Тек көтерер ақ қағазлар, Дәбдебе сөзиңди, халқым. Ертең не болар еркимиз?! Өлип кеткен бе, етимиз?! Шыдап жүр ғой, бул бетимиз, Қап қалың боп, ўаҳ - әй, халқым! "Темир тор" артында, қараң, Сени ойлап жатыр балаң, Бизлер жүрмиз, алаң - алаң, Гөдектей алданып, халқым. Батыр улың өлсе, қуллас, Енди жүз жылда да туўмас, Көзди ашпасаңыз, саррас, Сергек болып, әзийз халқым. Басын бир көтерип қойған, Қәбирдеги ата - бабаң, Руўҳы оның азан - ғазан, Тынышсыз боп жатыр, халқым. Билмедим - аў, сөзим қалай, Яки айттым ба, нақолай, Ески тонды жамай - жамай, Есиң кетер, дана халқым. Егер де мен жаман болсам, Көре берерсең аман болсаң, Тап батса да, ертең қулсаң, Үн шықпаса бүгин, халқым. Өтинишим, жан халайық, Санамызды тазалайық, Болайық биз, дым ылайық, Мәрт бабама, дана халқым. Автор : Азат Даўышбаев. @sputnikKARAKALPAK
Show all...
Әумийн айтқаныңыз келсин, Алла яр болып ақланып шыққай Дәулетмуратта жигитлерде!
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақға қарақалпақтың жаны ашымайды. Басшылар барлығы жеке ғамын ойлап жур. Ҳүкимет халықты ойламайды. Ҳалықта жерден шыққан замарық емес. Ҳалықты ойлаған адамға ҳалық еш нәрсе бермейди. Басшыға жағынғанға ҳәмел береди. Ҳәмел берген адам ертең тахттан кетсе сен бәри бир ҳалық пенен қаласаң. Дурыс ҳалық сени қутқара алмайды. Ҳалық саған тек дуўасын ғана бере алады. Дәўлет ҳалықтың дуўасын алған адам. Дуўа менен Инша Алла ақланып шығар деген үмит менде еле жоқ емес. Д.Тажимуратов керегинен артығын ислеп таслады ҳалық ушын сонлықтан ҳәр қандай мақтаўға ылайық инсан. Заманласым Д.Тажимуратов сени Алланың өзи қолласын. Биз қарапайым пухара дуўа етиуден басқасына жарамаймыз биз сизден разымыз. @sputnikKARAKALPAK
Show all...
11.56 MB
8.05 MB
10.24 MB
7.21 MB
8.66 MB
9.70 MB
Бухара ўәлаят судында 2022 жыл 1-2 июль күнлери Нөкис қаласында әмелге асырылған ғалабалық тәртипсизликлер бойынша 22 дана сотланиўшине тийисли жынаят жумысын көрип шығыў даўам еттирилип, суд тергеўи өткерилип атыр. Сотланыўшылар Б. Қадирбергенов, С. Медетов, Л. Қаллиханова, С. Қаипов, П. Шамшетов көрсетпе бериў процессинен видеолар. @sputnikKARAKALPAK
Show all...
23.31 MB
4.00 MB
9.88 MB
12.58 MB
1.10 MB
6.24 KB
13.56 MB
1.89 MB
7.07 MB
5.62 MB
Қарақалпақстандағы ўақыялар бойынша судтың екинши күни қалай өтти? Бүгин гүманланыўшылардың көрсетпелерин еситиў басланды. Еситиў Турдановтың күтилмеген баянаты менен басланды: барлық гүманланыўшылар атынан Тәжимуратовты олардан бөлеклеўди сорады. Тәжимуратовты, қалғанларды “сатқынлар”, “қорқақлар” деп айтып, гүманланыўшылар арасында жәнжелге себеп болыўы мүмкинлигин ескертти. Суд, ишки ислер хызметкерлерин тәртипти сақлаўға тайын екенлигин айтып, өтиништи бийкарлады. Гүманланыўшы сөйлеп болғанға шекем тоқтатылып атырғаны жоқ. Қыйын ҳәм аўыр орталық… Тәжимуратов гүманланыўшыларға сораў бериў ҳуқықынан жүдә нәтийжели пайдаланып атыр, дерлик барлық көрсетпелерден кейин гүманланыўшыларға онлаған сораў берди. Ертең көрсетпелерди тыңлаў даўам еттириледи. Алишер Қодиров - 2022 жыл июль айында Қарақалпақстан Республикасында жүз берген жағдай ҳәм ўақыяларды үйрениў бойынша комиссия ағзасы. @sputnikKARAKALPAK
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Суд процесси ертең азанғы уақыт саат 09:00 ге қалдырылды 👇 @sputnikKARAKALPAK
Show all...
Choose a Different Plan

Your current plan allows analytics for only 5 channels. To get more, please choose a different plan.