en
Feedback
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Open in Telegram

Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓 Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Show more
937
Subscribers
-124 hours
-37 days
-1530 days

Data loading in progress...

Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
July '26
July '26
+4
in 1 channels
June '26
+26
in 1 channels
Get PRO
May '26
+18
in 0 channels
Get PRO
April '26
+23
in 2 channels
Get PRO
March '26
+27
in 1 channels
Get PRO
February '26
+63
in 2 channels
Get PRO
January '26
+57
in 2 channels
Get PRO
December '25
+33
in 3 channels
Get PRO
November '25
+42
in 3 channels
Get PRO
October '25
+28
in 3 channels
Get PRO
September '25
+24
in 0 channels
Get PRO
August '25
+26
in 2 channels
Get PRO
July '25
+37
in 2 channels
Get PRO
June '25
+130
in 3 channels
Get PRO
May '25
+40
in 0 channels
Get PRO
April '25
+40
in 1 channels
Get PRO
March '25
+40
in 1 channels
Get PRO
February '25
+23
in 0 channels
Get PRO
January '25
+63
in 1 channels
Get PRO
December '24
+67
in 1 channels
Get PRO
November '24
+41
in 2 channels
Get PRO
October '24
+58
in 1 channels
Get PRO
September '24
+45
in 1 channels
Get PRO
August '24
+39
in 2 channels
Get PRO
July '24
+31
in 0 channels
Get PRO
June '24
+40
in 4 channels
Get PRO
May '24
+55
in 0 channels
Get PRO
April '24
+71
in 1 channels
Get PRO
March '24
+53
in 0 channels
Get PRO
February '24
+60
in 1 channels
Get PRO
January '24
+120
in 1 channels
Get PRO
December '23
+81
in 2 channels
Get PRO
November '23
+52
in 0 channels
Get PRO
October '23
+69
in 0 channels
Get PRO
September '23
+56
in 0 channels
Get PRO
August '23
+52
in 0 channels
Get PRO
July '23
+149
in 0 channels
Get PRO
June '23
+68
in 0 channels
Get PRO
May '23
+106
in 0 channels
Get PRO
April '23
+127
in 0 channels
Get PRO
March '23
+66
in 0 channels
Get PRO
February '23
+91
in 0 channels
Get PRO
January '23
+151
in 0 channels
Get PRO
December '22
+73
in 0 channels
Get PRO
November '22
+105
in 0 channels
Get PRO
October '22
+98
in 0 channels
Get PRO
September '22
+64
in 0 channels
Get PRO
August '22
+104
in 0 channels
Get PRO
July '22
+155
in 0 channels
Get PRO
June '22
+305
in 0 channels
Get PRO
May '22
+304
in 0 channels
Get PRO
April '22
+352
in 0 channels
Get PRO
March '22
+387
in 0 channels
Get PRO
February '22
+267
in 0 channels
Get PRO
January '22
+486
in 0 channels
Date
Subscriber Growth
Mentions
Channels
23 July0
22 July0
21 July0
20 July+1
19 July0
18 July0
17 July0
16 July0
15 July0
14 July0
13 July+1
12 July0
11 July0
10 July0
09 July0
08 July0
07 July+1
06 July0
05 July0
04 July0
03 July0
02 July+1
01 July0
Channel Posts
АТА-АНАМЫЗ Бүгин бизлер өзимизше данамыз, Негизинде дана емес шаламыз. Билмесеңлер билип қойың яранлар, Биз ушын жасады ата-анамыз. Олар барда кир болмады жағамыз, Байланбады ҳеш ўақытта сағамыз. Жалған дүнья жалғанына алданып, Биз ушын жасады ата-анамыз. Олар барда жақын еди арамыз, Питер еди тез арада жарамыз. Шыбын жанын қыйнап бес күн жалғанда, Биз ушын жасады ата-анамыз. Қыйналғанда болды бизиң панамыз, Олар барда ойланбады санамыз. Қатарынан кем болмасын балам деп, Биз ушын жасады ата-анамыз. Ер жетсекте биз оларға баламыз, Олар барда қырда жүрер шанамыз. Ҳеш ўақытта ядыңыздан шығармаң, Биз ушын жасады ата-анамыз. Ансатбай Каражанов 19.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai

2
АТА-АНАМЫЗ Бүгин бизлер өзимизше данамыз, Негизинде дана емес шаламыз. Билмесеңлер билип қойың яранлар, Биз ушын жасады ата-анамыз. Олар барда кир болмады жағамыз, Байланбады ҳеш ўақытта сағамыз. Жалған дүнья жалғанына алданып, Биз ушын жасады ата-анамыз. Олар барда жақын еди арамыз, Питер еди тез арада жарамыз. Шыбын жанын қыйнап бес күн жалғанда, Биз ушын жасады ата-анамыз. Қыйналғанда болды бизиң панамыз, Олар барда ойланбады санамыз. Қатарынан кем болмасын балам деп, Биз ушын жасады ата-анамыз. Ер жетсекте биз оларға баламыз, Олар барда қырда жүрер шанамыз. Ҳеш ўақытта ядыңыздан шығармаң, Биз ушын жасады ата-анамыз. Ансатбай Каражанов 19.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
403
3
Ақ қара ҳаққында. Өмирде боясаң қара деп ақты, Өмир жолың болмас ҳеш қашан жақты. Қараны ақ, ақты қара дегенлер, Перзентлери өлип қудайдан тапты. Тәрези дүзеў болса қолыңдағы, Мақсетиң иске асар ойыңдағы. Ақлығын билип турып қара демеў, Парыз да, қарыз да сол мойындағы. Қудайдан таўып кетер жала жаўған, Талайлар жала жаўып ери аўған. Ақ адамды қара деп таныўшылар, Өмирде ҳеш озбаған, артта қалған. Дәўран меники деп қаттыға кетип, Ақты қара дейип басына жетип. Жүргенлер бес күнлик жалған дүньяда, Қыйналып жүрипти жанларын сөтип. Ең әдил қызы бул, билсеңлер ўақыт, Сабырлы адамға берилер бахыт. Кеўил көзи соқыр, надан адамлар, Төсек тартып қалар соңында жатып. Менде бир әўлиедей келер айтқаным, Көзим көрди дәўлетлиниң қайтқанын. Ақты биле тура қара деўшилер, Тәғдир сизлергеде қояр қақпанын. Кимдур көрип отыр қосықтан өзин, Ялған болса айтың, мениң бул сөзим. Ақты ақ деп тән алмасаң өмирде, Май басқаны болар маңлайда көзин. Ансатбай Каражанов 18.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
343
4
https://t.me/Soz_marjani
486
5
No text...
535
6
No text...
516
7
No text...
550
8
ШАҢАРАҚ Перзент пенен шаңарағың толады, Ол муңайса кеўилиңде солады. Дана адам ең биринши орынға, Билсеңизлер шаңарағын қояды. Шаңарақты муқаддес деп таныған, Сәл нәрсеге оны ўайран етпейди. Бала емес, өзин әке таныған, Балаларын таслап үйден кетпейди. Шаңараққа қозғаў салған оңбайды, Бахыт қусы ушса қайтып қонбайды. Үйим, жайым шаңарағым дегенлер, Шаңарағын ҳәр бәледен қорғайды. Шаңарақ бул кишкене бир мәмлекет, Талап етер сеннен ол тек ҳәрекет. Ҳәрекетти дурыс жолда ислесең, Шаңарақта болар екен берекет. Биз бендемиз қәтеликте қыламыз, Қәте қылсақ жанып өшер шырамыз. Сөндирмейик шаңарақтың шырасын, Шаңарақ бул өнип өскен уямыз. Ансатбай Каражанов 12.07.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
492
9
ӨМИР БЕС КҮН Көплер өлмеймен деп ойлайды өзин, Сонлықтан ойланбай сөйлейди сөзин. Ҳәтте жақынында танымай қалар, Адамзат семирип май басса көзин. Қәсийет шықпайды айтқаннан өсек, Аўызы былшырап, тиллерин төсеп. Байда, камбағалда өлгеннен кейин, Топырақ болады ылай я кесек. Жанымыз аманат, өзимиз қонақ, Иманымыз ақсап болдық биз шолақ. Бийшара адамлар жылап жүрипти, Өзинен өзгеге инсапты сорап. Ҳәммеде өледи, қалмайды ҳеш ким, Жалғаннан ибарат бул дүнья бес күн. Дүнья терисине айланыў мүмкин, Кепил болалмайды бул иске ҳеш ким. Умытпаса адам кешеги күнин, Кеселеп сөйлемес ҳеш қашан тилин. Соңғы мәнзилеңе кетер ўағыңда, Ҳәмме менен бирдей кийесең қийим. Ансатбай Каражанов 27.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
1 004
10
No text...
793
11
ИЙТ Көшеде ийтлер көп мақсетсиз жүрген, Мезгил жоқ, мәкан жоқ, үргени үрген. "Атып таслаў керек" деп айтар маған, Ашыўлы адамлар олардан күйген. Ийт пенен ийт болып өткермей ўақыт, Излегениң мақул өмирден бахыт. Ийтлердиң кеўили кир ылас болар, Сениң кеўлиң мисли маржандай яқут. Ийтлер үреберсин өзиниң иси, Бәлким қышығандур аўзында тиси. Мениң билгенлерим усы болып тур, Итибар бермейди ақыллы киси. Ийтлер ийтлик қылар аяқтан тартып, Бир ийттен бир ийт жоқ ҳәзирде артық, Бул гәпимди ядда сақлаң яранлар, Ийтлер ийтлик қылса, қылмайды айтып. Ийтиң дос болғаны жақсы бирақта, Достың ийт болғаны бәринен жаман. Қалдырып ол сени үлкен уятқа, Ҳәммениң алдында етеди тамам. Қартайсада ийт ийтлигин қылады, Ийтлер себеп талай адам жылады. Ийтке қарсы адам гүрескенинде, Талай ийтлер бийиклерден қулады. Буның бәри шын ҳақыйқат, дәрт емес, Соның ушын ийтлик қылыў шәрт емес. Бир нәрсени ядда сақлаң яранлар, Ийтлик қылған негизинде мәрт емес. Ансатбай Каражанов 21.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
1 201
12
Ҳәлзиз болсаң ҳәр бир күниң ўақытдур, Шүкир етиўшиге ҳәр күн бахытдур. Ақыллыға ҳәр бир күн бул имканият, Аңсатбайжан ҳақыйқатты айтып тур. Ансатбай Каражанов Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
670
13
ЖАСА Жаса, жигитликте дәўранды сүрип, Шағлап дослар менен ойнап ҳәм күлип. Базыларға мениң айтқым келеди, "Жүргеннен пайда жоқ ийт киби үрип". Болсын десең ертең мәртебем бийик, Болғаны жақсыдур минезиң ийик. Алған едим менде бала ўақтымда, "Жақсы нийетлерди кеўлиме түйип". Жаса! тарлық етпей, бәрҳә кең болып, Дәрьядай толқынлап, тасып ҳәм толып. Пәслер "пәслик" етип отыраберсин, Гүнаңды көтерип, өсек сөз шолып. Жаса! мәртлик етип, нәмәртлик етпей, Атқа мингениңде өзиңнен кетпей. Абайла! әўметте кетиўи мүмкин, Өзиң ҳеш гәп, ҳәтте көшеңнен өтпей. Жаса! жигит болып ҳәмде мәрт болып, Қалмасын ҳеш жүреклерде дәрт толып. Жигитке жараспас бес күн жалғанда, Жүргени налынып, жүзлери солып. Ансатбай Каражанов 20.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
726
14
ҚАЙ ЖАҚҚА Китап емес телефонлар қолымызда, Не барлығын қарамаймыз жолымызда, Билмей қалдым, шаламызба, толымызба, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Көтерилген мийрим шәпәәт арамыздан, Қызғанамыз барымызды анамыздан, Шығарайық болмас исти санамыздан, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Шығып кетип үйден ҳәр ким талапқа, Кими кетти Россия ҳәм қазаққа, Дуўшар болып жолда түрли азапқа, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Исенемен биз шығамыз жарыққа, Сабырлы бол ҳеш ўақытта ҳаўлықпа, Бир сөзим бар айтар мениң халыққа, Баратырмыз бизлер өзи қай жаққа. Парқы қалмай атыр қыз ҳәм баланың, Бузылғаныма бул ақыл сананың, Тәрбияны алмаң ҳасла көшеден, Алың тәрбиясын ата-ананың. Ансатбай Каражанов 26.01.2024 Жиззах қаласы архивтен Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
745
15
Соңына қарата шаптырып атты, Жүзимизди қылғылғыл ҳәмийше жақты. Күлдирмей бизлерге бийгана жатты, Я Алла мәдет бер Өзбекстанға.
616
16
⚡️Аббосбек Файзуллаев голды баслап берди! Колумбия ва Ўзбекистон 1-1.
⚡️Аббосбек Файзуллаев голды баслап берди! Колумбия ва Ўзбекистон 1-1.
735
17
Ҳәр бир заттың болғанындай мүддети, Инсанда бир заман жасап өтеди. Сол дәўирде болса иззет, ҳүрмети, Өлседе билгенлер ҳүрмет етеди. Ансатбай Каражанов 13.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
928
18
Қулғада қул керек ҳәзирги күнде, Жумыслар исленип атыр тек тилде. Я Алла жалынып сорайман сизден, Жолдас қылма мени кеўили кирге. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
757
19
Еркек өсек айтса қудай урғаны, Шайтан болар оған қулақ бурғаны, Асықпасаң бәрин көребересең, Болғанында сол өсектиң қурбаны. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
589
20
Танымай өзгениң жүр атын сатып, Қаламан деп ойлап байлыққа батып. Бир күн келип өтиригиң ашылып, Қалма ҳей бирадар уўмаққа батып. Ансатбай Каражанов 12.06.2026 Каналға ағза болыў ушын: http://t.me/Ansatbai
482