cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Не ЖАНАЛЫК

En songi janaliq tek " Не ЖАНАЛЫК " kanalinda bizlerden uzaqlaspan! Kanal reklamasi ushin: @Hello_were

Show more
Advertising posts
5 640
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Шоманайда жаӊа шыпакерлик пункти ашылды Шоманай районындағы  “Мамый” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан аўыллық шыпакерлик пункти қолы гүл қурылысшылар тәрепинен қайта оӊлаўдан шығарылып, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Бул медицина имаратының ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм сектор басшылары қатнасып, олардыӊ ишки имканиятлары менен жақыннан танысты. Енди бул пунктте аўыл турғынлары ушын 2 шыпакер, 9 мийирбийке, 4 киши буўын медицина хызметкерлери хызмет көрсетеди. Адилбай Оразов, Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы ➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
Show all...
Кегейлиде 31 пуқараның 142 миллион сумлық мийнет ҳақысы ҳәм үстемелери өндирип берилди Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының 26-ноябрь, 2021-жылдағы орынлаў ҳүжжетине тийкар, қарыздар район аймағында жайласқан шөлкемнен, 31 пуқара пайдасына жәми 142 миллион сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген дәраматларды өндириў белгиленген. Усы орынлаў ҳүжжети Бюроның Кегейли районлық бөлими жумыс жүргизиўине келип түскен болып, сол күнниң өзинде орынлаў жумысы жүргизиўи ашылған ҳәм тәреплерге таныстырылған. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздардың барлық есап номерлерине тыйым салынып, келип түскен пуллар есабынан қарыздардың есап номерлеринен 142 миллион сумлық пул қаржылары толық өндирип берилген. Сол себепли, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясы 1-бәнтине тийкар орынланыўы әмелде жуўмақланды. Makan.uz ➡️ @NE_JANALIQ LIVE жаңалықлар!
Show all...
Брокер, трейдер, биржа, форекс, криптовалюта, бинанс, токен сөзлери күнделикли турмысымызға кирип келмекте. Трейдерлик кәсиби маманы болып заманагɵй түрде пул ислеўди қәлейсизбе? Бул имканият енди Нɵкис қаласында. Заманагɵй түрде халықаралық базарларда саўда ислеў мүмкиншилигине FOREXClub Partner компаниясының оқыў курслары арқалы ийе болың. Ең табыслы тараўлардан бирин өзлестириң ҳәм биз бенен бирге финанслық еркинликке шығың. Мәнзил: Татыбаев көшеси. Бағдар: "Сладкий Мир" ☎️+99890-706-57-75 @ForexClub_xat_bot https://t.me/ForexClub_Nukus_Chat https://t.me/ForexClub_Nukus https://www.instagram.com/forexclub_nukus/
Show all...
Нөкис районында нызамға қарсы түрде валюта алмастырыў искерлиги менен шуғылланып келген пуқара усланды Бас прокуратура қасындағы, Департамент ҳәм де ИИБниң Нөкис районы бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илажда, пуқара А.С. 2,8 мың АҚШ долларын 31,2 млн сумға пуқара С.ға сатқан ўақтында усланып, илаж даўамында оның қасындағы жәми 3 мың АҚШ доллары, 34,8 мың Россия рубли, 10 евро, 100 БАӘ динари, 5 түрк лирасы ҳәм 1,2 млн сум дәлил болатуғын буйым ретинде алынған. Сондай-ақ, жоқарыдағы пуқаралардың ҳәрекетлери бойынша алып барылған оператив гүзетиўлерде олар турақлы түрде валюта қымбатлықларын нызамға қайшы түрде алмастырыў искерлиги менен шуғылланып келгенликлери мәлим болған. Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 177˗статьясы (валюта қымбатлықларын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте. ➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
Show all...
🥳Tayyormisilar? Unday bo’lsa MEDIAPARKdan eng shov shuvli loyihani qarshi oling! 🔥MEDIAPARK BATTLE!🔥 🏆O’zbekistondagi eng kuchli 10 bloger orasidan faqatgina bir donasi loyiha g’olibiga aylanadi Ushbu loyiha Mediaparkning Instagram sahifasida o’tkaziladi. Instagram: @mediapark_uzb Start: 12.06.22 Mediaparkning instagram tarmog’ini kuzatib boring va o’z blogeringizga ovoz bering! @mediapark_support (Тг) ☎️ 71 203 3333 🌐 mediapark.uz
Show all...
Австрия ҳәм Дания ортасындағы ойын электр тәмийнатындағы машқала себеп 1,5 саат кеш басланды Миллетлер Лигасы шеңбериндеги ойында Венадағы «Ernst Ҳаппел» стадионында Ташкент ўақыты менен 23:45 те басланыўы керек еди. Айтылыўына қарағанда, стадион жайласқан Вена аймағының үлкен бөлеги электр тәмийнатысыз қалған. Электр үзилиси себеплери ашықланбаған. Нәтийжеде Австрия ҳәм Дания ортасындағы ушырасыў бир ярым саат кешигиў менен — 01:15 те басланды. Ушырасыўда Дания Ҳёйбьерг ҳәм Ларсенниң голлары менен жеңиске еристи. Австрия футболшысы Шлагер өз есабына гол жаздырып қойды. ➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
Show all...
Қырғыз-өзбек шегарасында еки мәмлекетти байлаўшы тағы бир жасырын туннел анықланды Ҳәзирги ўақытта усы туннелди ким ҳәм не ушын қазығаны анықланбақта ➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
Show all...
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 207 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды e-auksion.uz 🔷Нөкис қаласы 11 (көриў) 🔷Әмидәрья районы 15 (көриў) 🔷Беруний районы45 (көриў) 🔷Бозатаў районы 64 (көриў) 🔷Қараөзек районы 77 (көриў) 🔷Кегейли районы 105 (көриў) 🔷Қоңырат районы 240 (көриў) 🔷Қанлыкөл районы 41 (көриў) 🔷Мойнақ районы 79 (көриў) 🔷Нөкис районы 103 (көриў) 🔷Тақыятас районы 62 (көриў) 🔷Тахтакөпир районы 32 (көриў) 🔷Төрткүл районы 88 (көриў) 🔷Хожели районы 144 (көриў) 🔷Шымбай районы 58 (көриў) 🔷Шоманай районы 21 (көриў) 🔷Еллиқала районы 22 (көриў) Қарақалпақстан кадастр ➡️ @NE_JANALIQ LIVE жаңалықлар!
Show all...
Ҳәзирги азық-аўқат дағдарысына Россия айыплы. Тек Россия. Кремлдың барлық өтириклери ҳәм дезинформацияға қарамай – Европа кеңеси Президенти Шарл Мишел. ➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
Show all...
Интеллектуал мүлк агентлиги контрафакт шампун өнимлери ҳаққында ескертти ➡️ @NE_JANALIQ LIVE жаңалықлар!
Show all...