cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Taxtakópir rayonı Mádeniyat bólimi

Taxtakópir rayonı Mádeniyat bólimi kanalı Húrmetli kanal aģzaları!!! Taxtakópir rayonı Mádeniyat bóliminde, - 🌐 tarawda alıp barılıp atırģan jumıslar 🔊 tarawdaģı jańalanıwlar 📢 jańalıqlar 🏅 nátiyjeler ⁉️ soraw hám juwaplar

Show more
Advertising posts
383
Subscribers
No data24 hours
-47 days
-2130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

#Фоторепортаж Тахтакөпир районында 1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» кең түрде белгиленди Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Show all...
Тахтакөпир районында 1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» кең түрде белгиленди Бүгин Тахтакөпир районы Мәденият орайы алдында 1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанның бахтияр балалары!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти. Илажға район ҳәкими Ж.Адилов, сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, ғәрезсиз елимиздиң бахытлы балаларын бүгинги байрам сәнеси менен қутлықлады. Илаж даўамында бир қатар тараў пидайылары ҳәм жетискенликке ерисип киятырған балаларға район ҳәкимлиги ҳәм де қәўендерлер тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды. Байрам илажы районлық Мәденият бөлиминиң көркем-өнер хызметкерлери ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламалары менен даўам етти. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Show all...
Show all...
#Аязий_дөретпелеринен. И. Юсупов. Өмирбек лаққы.

#Фоторепортаж Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Show all...
Show all...
Шамурат –шоу : Сиз сағынған дийдарлар

Уллы тулға Шамурат Өтемуратов быйыл 90 жаста ------------------------ MEGALINE – SOCIAL MEDIA [KAR] Youtube:

https://youtube.com/megalineuz

Telegram:

https://t.me/megaline

Instagram:

https://www.instagram.com/megaline.uz

Facebook:

https://www.facebook.com/megaline.uz

Бизге Телеграм арқалы видео жибериң:

https://t.me/megalineplaza

Шамурат Өтемуратов Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артисти, Қарақалпақстан халық артисти, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты (1929 - 2006)   Шамурат Өтемуратов 1929-жыл 1-июнь күни Тахтакөпир районында дүньяға келеди.  1955-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүӯретшилик институтын питкергеннен соң ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында актер болып өзиниң мийнет жолын баслады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы театрда хызмет етти.  Ш.Өтемуратов театр сахнасында айрықша өз жолына ийе мектеп жаратты.  Ол театрда жүзге шамалас образлар дөретти. Олар ҳәр қыйлы жанрларда, ҳәр қыйлы характердеги образлар болып, кең диапазонға ийе актер еди. Комик актер сыпатында халқымыз меҳрин қазанды, драмалық образларды да шеберлик пенен атқарды.  Солардан: Мольердиң «Скапенниң ҳийлеси»инде Скапен, Ж.Аймурзаевтың «Раӯшан»да Саттар, А.Бегимов, Т.Алланазаровлардың «Ғәрип ашық» да Молла, С.Хожаниязовдың «Сүймегенге сүйкенбе»де Шыраз молла, К.Рахмановтың «Келин»инде Дарымбет, «Жаралы жүреклер» де Сапар ата, О.Әбдирахмановтың «Өжет» де Матирза, Т.Минулинниң «Әзирейлини алдаған адам» да Әльмендер, Г.Горинниң «Аты өшсин» де Тессаферин қусаған образларын айрықша атап өтиӯ орынлы.  Ол Қарақалпақстан радиосында берилетуғын «Тикенек» сатиралық журналының ҳәм телевидениеде телеминатюралардың тийкарын салыӯшылардың бири болды.  Шамурат Өтемуратов мийирман, өмирин Қарақалпақ көркем өнерине арнаған, жаслардың устазы еди. Оның Қарақалпақ театр көркем өнериниң раӯажланыӯына қосқан үлеслери өз ӯақтында баҳаланып барды. Оған 1957-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артисти, 1963-жылы Қарақалпақстан халық артисти, 1977-жылы Өзбекстан халық артисти  ҳүрметли атақлары берилди.  1986-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Бир неше мәртебе Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Тахтакөпир районы Мәденият бөлими. КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ: 📱Telegram           📱Facebook 📱Instagram          📱Youtube
Show all...
Taxtakópir rayonı Mádeniyat bólimi

Taxtakópir rayonı Mádeniyat bólimi kanalı Húrmetli kanal aģzaları!!! Taxtakópir rayonı Mádeniyat bóliminde, - 🌐 tarawda alıp barılıp atırģan jumıslar 🔊 tarawdaģı jańalanıwlar 📢 jańalıqlar 🏅 nátiyjeler ⁉️ soraw hám juwaplar

Photo unavailableShow in Telegram
#Бүгин_туўылған_күн Қарақалпақстанныӊ XX  әсирдеги Өмирбеги атанған уллы тулға Шамурат Өтемуратов бүгин арамызда болғанда 95 жасын нышанлаған болар еди. Тахтакөпир районы Мәденият бөлими. КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ: 📱Telegram           📱Facebook 📱Instagram          📱Youtube
Show all...
#Дөгерек_жумыслары Тахтакөпир районы Мәденият бөлимине қараслы мәденият орайларында шөлкемлестирилген дөгерек ҳәм жәмәәтлердиң бүгинги искерлиги менен танысың. Мағлыўмат ушын телефон:     (93) 771-22-23     (93) 845-70-72     (93) 209-09-87 Тахтакөпир районы Мәденият бөлими. КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ: 📱Telegram           📱Facebook 📱Instagram          📱Youtube
Show all...
👍 1
Go to the archive of posts