Мираддин Мириад
Open in Telegram
Miraddin Miriad'tıń jeke dóretiwshilik Telegram kanalı • Miraddin Miriad's personal creative Telegram channel #miriad @miraddinmiriadbot | @miroslavmiromir meгιτoκгaτιя, дoκιmaсιя, квιнτэссенцιя 𝓜𝓲𝓻𝓪𝓭𝓭𝓲𝓷 𝓜𝓲𝓻𝓲𝓪𝓭
Show more215
Subscribers
No data24 hours
-37 days
-1430 days
Data loading in progress...
Similar Channels
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
September '26
September '26
+3
in 0 channels
August '26
+4
in 0 channels
Get PRO
July '26
+6
in 0 channels
Get PRO
June '26
+5
in 0 channels
Get PRO
May '26
+6
in 0 channels
Get PRO
April '26
+21
in 0 channels
Get PRO
March '26
+15
in 0 channels
Get PRO
February '26
+17
in 0 channels
Get PRO
January '26
+29
in 1 channels
Get PRO
December '25
+26
in 0 channels
Get PRO
November '25
+18
in 0 channels
Get PRO
October '25
+27
in 0 channels
Get PRO
September '25
+95
in 2 channels
Get PRO
August '25
+17
in 2 channels
Get PRO
July '25
+15
in 2 channels
Get PRO
June '25
+13
in 0 channels
Get PRO
May '25
+20
in 0 channels
Get PRO
April '25
+17
in 0 channels
Get PRO
March '25
+16
in 0 channels
Get PRO
February '25
+25
in 2 channels
Get PRO
January '25
+31
in 0 channels
Get PRO
December '24
+19
in 0 channels
Get PRO
November '24
+18
in 1 channels
Get PRO
October '24
+44
in 1 channels
Get PRO
September '24
+49
in 3 channels
Get PRO
August '24
+4
in 0 channels
Get PRO
July '24
+2
in 0 channels
Get PRO
June '24
+14
in 2 channels
Get PRO
May '24
+64
in 0 channels
Get PRO
April '240
in 2 channels
Get PRO
March '24
+85
in 0 channels
| Date | Subscriber Growth | Mentions | Channels | |
| 09 September | 0 | |||
| 08 September | 0 | |||
| 07 September | +1 | |||
| 06 September | 0 | |||
| 05 September | 0 | |||
| 04 September | +1 | |||
| 03 September | 0 | |||
| 02 September | +1 | |||
| 01 September | 0 |
Channel Posts
Сумбиле соңында үш күн пияда, Юрфактан төрт пада адамнан алды. Үйден үйге кирип, тексерип қыяда, Катёллар көрип Қанлыға юристлер барды.👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad
| 2 | ↪️Сүўретлердеги сыр
Толқынланар шашың, гөззал периште,
Жарқырайды көзлер сәўле таратып.
Кеўиллерге жағып, әжайып кеште,
Мәстана етип жүректи, өзиңе тартып.
Ақ халатың кийсең, нурлы қуяшсаң,
Қара көйлек пенен, айдай толасаң.
Мәңгиликке жақын, әзиз сырлассаң,
Гөззаллықтың бийик, шыңы боласаң.
Нықап артынан да, көзлериң күлер,
Назлы гүлдей жайнап, меҳир төгесең.
Шын сулыўлық сырын, тек жүрек билер,
Кеўиллерге бахыт, нурын егесең.
Ҳәрбир келбетиңде, өзгеше бир наз,
Илҳамнан жаралар, ең жарық сөзлер.
Қеўлимде мәңгилик, жарқырайды жаз,
Мийрим менен қарап, күлимлер көзлер.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 63 |
| 3 | <...>
Мийзан ақшамында Айдан сорайман,
Бир дуўхтар дийдарын көптен күтемен.
Аўҳалын сораўға хатлар жоллайман,
Жақсы хабарынан үмит етемен.
«Жақсыман» дегени кеўилди ашты,
Жүректиң төринде мийрим оянды.
Ақшам самаллары сәўлесин шашты,
Жағымлы сезимге кеўлим боянды.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 61 |
| 4 | ↪️➕
Сейдин сейил сүрсеңиз,
Сезикли сегбир он сегиз,
Себепсиз себил сүрсеңиз,
Сәҳәтли селдир сергиз.
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
↪️Түсиндирме сөзликтен
🔘Сейдин (келбетлик) – сайланды, артықмаш, жақсы. Билесең бе пахтаға жердиң сейдини керек (Б.Қайыпназаров). Қазанның не сүлейли сейдини усы отаўлардан шықты (К.Султанов).
🔘Сейил (атлық) – қыдырыспа, сәрўан, кеўил көтериспе. Бағларда сейил етип дәрди даўасын, тапсам деп ықласым кетип турыпты (А.Дабылов). Көрген бийҳум болур аны шул заман, Сейил етип беҳиштен шыққан яңлыды (Әжинияз).
🔘 Сейил = Сәйир
🔘Сегбир (рәўиш) – азап шегип жүриў, излеў, гезиў, жол тартыў, азап көриў, қыйыншылық шегиў. Сегбир етип Байсары, үш айшылық жол тартты («Алпамыс»). Ҳақ безерген йолға шықса ярашар, күн-түн сегбир қатып дағ шөлден ашар («Әжинияз»).
🔘Сезик (келбетлик) – қәўетер, гүман, аң, гүдик. Бирақ ҳеш сезик таппаған соң изине қайта айналды (Т.Қайыпбергенов). Қара көрген жерден нусқа бер ярым, Сен қандай нәрсениң сезигин таптың («Мәспатша»).
🔘Сезикли (келбетлик) – қәўетерли, гүманлы, гүдикли. Сезикли секирер, шекпенли отырар («Қарақалпақ халық нақылы»).
🔘Селдир (келбетлик) – 1. Сийрек, алағат. Орта бойлы, селдир сақал, қызыл жүз, биреўлерге усап турғой түр-түси (И.Юсупов). 2. Суйық, жарамас.
🔘Сәҳәт = сәтли
Сәтли (келбетлик) – 1. Иси келискен, жолы болған; 2. Дурыс болған, кеўилдегидей, ҳақыйқат; 3. Қолайлы, оң. Сәрсенби күн сәтли күн, Таза жолға басланған күн (К.Ирманов).
🔘Себил (рәўиш) – 1. Ийесиз, пайдасыз. Өлгенсоң сени ким ядлар, Себил қалар бедеў атлар (И.Юсупов). Алғаныңның айтар саған арзы сол қайда айдадың себил қалған малыңды («Алпамыс»). 2. Қаңғырып қалыў, қаңғырыў, сергиздан болыў. 3. Қыдырыў, излеў.
🔘Сергиздан (рәўиш) – себил, ҳайран, әўере. Қырымнан қуўған соң сергиздан болып, тум-тустан дәкки жеп, мәкансыз қалды (К.Ирманов).
Дерек: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 4-том. О—Я. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1992, 193, 194, 195, 197, 201-бетлер.
#️⃣#Miriad #Túsindirme_sózlik
🧑🎨 @miraddinmiriad
🧑💻 https://t.me/boost/miraddinmiriad
↪️➕
Сейдин сейил сүрсеңиз,
Сезикли сегбир он сегиз,
Себепсиз себил сүрсеңиз,
Сәҳәтли селдир сергиз.
P.S. Соның менен бул төрт қатарды ким түсинди? 😉 | 107 |
| 5 | <...>
Өмирдиң мәңгилик сырлы айнасы,
Кеўилдиң тереңин ашып көрсетер.
Жақсылық — адамның ең бас баҳасы,
Ол әўладтан-әўладқа мийрас боп өтер.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 91 |
| 6 | No text... | 101 |
| 7 | ↪️«Өңимдеги әрман»
Түсимде қасымда, меники өзиң,
Өңимде қол жетпес бийик әрмансаң.
Кеўилге қуўаныш ҳәр айтқан сөзиң,
Жүрекке муҳаббат отын салғансаң.
Аралап көзлердиң терең сырларын,
Жарқырап сәўледей нурың төгесең.
Сездирмей жүректиң назлы жырларын,
Үмиттиң гүллерин мәңги егесең.
Уйқыдан оянып қарасам таңда,
Жарықлық таратып атқан қуяшсаң.
Қыяллар ушады бийик аспанға,
Шынлық ишинде жалғыз сырлассаң.
Кешлерин самалдан хабар күтемен,
Мәңгилик бахыттың жолын тилеймен.
Түсимде қолыңнан услап өтемен,
Өңимде көзлерге бағып сөйлеймен.
Ай шыққан аспаннан сорайман сени,
Бахыттың нурында мәңги қалармыз.
Жанымның ең жақын, назлы деми,
Өңимде әжайып жоллар табармыз.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 91 |
| 8 | ↪️Ақ халатлы периште
Ақ халат ишинде периштедейсең,
Шыпакер қолыңнан меҳир тарайды.
Сен инсан кеўилине үмит егесең,
Бәри де ҳүрмет пенен саған қарайды.
Қараңғы дүньяға сәўлелер қуйып,
Көзлердиң нурына айландың бүгин.
Жақсылық ислейсең кеўилге түйип,
Тарқатып сырқаттың азаплы жүгин.
Илимниң шыңына басып қәдемди,
Студент дәўриниң ақырғы жыллары.
Күлкиң менен жылытып бар әлемди,
Ашық тур алдыңда өмир жоллары.
Адамның көзлерин емлейсең күнде,
Шайырдың кеўлине шыпакер өзиң.
Жулдызлар жарқырап көринсе түнде,
Қуяштай нур шашар назлы бир сөзиң.
Айсара, өмириң нурларға толсын,
Ақ халат жарасып гүлдей жайнағыл.
Сүйген кәсибиңде әўметлер болсын,
Бәҳәрги бүртиктей мәңги яйрағыл.
Жақыннан танысып сырласар ўақыт,
Келер ме жүрекке қуўаныш тасып.
Шын кеўил аңласыў әжайып бахыт,
Өмирдиң жолында қатарлас басып.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 100 |
| 9 | Ақ жүзиңде меҳир нуры тараған,
Йош оятар күлкиңниң ҳәр сеси де.
Сулыўсаң сен, назлылықтан жаралған,
Айланасаң илҳәм периштесине.
Разы болып қарайман мен жүзиңе,
Ақ халатың жарасады өзиңе.
Алтыншы курс, питкериў де жақынлап,
Йадлап алдың медицина илмин сен.
Сырқатлардың жағдайларын абайлап,
Алып шықтың кеселликтиң зилинен.
Разы етип үмит еткен талайды,
Адамлар да меҳир менен қарайды.
Айдын етип көрмей қалған көзлерди,
Йошқа бөлеп клиниканың ишинде.
Сәўле қуйып жақтырасаң жүзлерди,
Адамлардың қалып мәңги есинде.
Разы болғай, Мириадтың хатына,
Айсара қыз, айландың жыр атына.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 95 |
| 10 | Қарақалпақ тилинде денеге түскен жараның тез өрмелеўи, етин жеўи, гангрена (өли ет) мәнисин аңлатыўшы сөзи табың. | 125 |
| 11 | ↪️«Өмир мазмуны»
Өткенниң саясы қапласа кеўил,
Бүгинги күнинде мазмун болмайды.
Тек өтмиш сөзи менен жасайды гей бир,
Бүгинги өмири қуўаныш толмайды.
Мазмунлы жасалған бахытлы сағат,
Еслеп турылса – үлкен бир қуўаныш.
Жүректи тербетер өмирлик мақсет,
Өткеннин өзи де жайнаған бир нағыс.
Инсанлар өмирине қуўаныш бағышла,
Өмирге мазмун бер, ҳарыма бир де.
Мийримиңди аямай ҳәркүнди қарсыла,
Жақсылық нурлары жылтырар тилде.
Өмирдин мәниси – бахытқа бөлеў,
Басқаның кеўлине жарық нур сылаў.
Шаршамай жақсылық жолында өтиў,
Мәңгилик дүньяда из қалдырып жүриў.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 133 |
| 12 | ↪️«Саядағы көлеңке»
Жарық түспес саяның қатпарында,
Көлеңкелер фон менен бирлеседи.
Өзге күштиң мәңгилик тасасында,
Билинбеген излердиң сыры шешиледи.
Көлеңкеси инсанның – өз таңбасы,
Жарық көрмей өзлигин жоғалтқан жан.
Өзгелердиң көзқарасы, арбаўы,
Жарыққа шықпай өмирден өткен әрман.
Сыр ишинде жасырынған сыр болып,
Тереңликте жатады шын ҳақыйқат.
Көринбеген қорқыныш жүрекке толып,
Тилсиз қалған ишки бир уллы тақат.
Сая түскен жерлерде көлеңке болмас,
Бул парадокс өмирдиң ағымындай.
Бийкар ҳәрекеттен ҳеш пайда болмас,
Самалды қуўған жалған сағымдай.
Гейде сая қорғайды қәўип-қәтерден,
Күшлиниң панасында тыныш жасар.
Жарық күнниң сынынан қорқып кеткен,
Жалған тынышлық пенен күни атар.
Жарық дүнья ашқанда өз сырларын,
Көлеңке де ақыры жарық табар.
Инсан өзи таңлаған өз жолларын,
Ҳақыйқаттың нурына қарап табар.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 110 |
| 13 | ↪️«Саядағы көлеңке»
Жарық түспес саяның қатпарында,
Көлеңкелер фон менен бирлеседи.
Өзге күштиң мәңгилик тасасында,
Билинбеген излердиң сыры шешиледи.
Көлеңкеси инсанның – өз таңбасы,
Жарық көрмей өзлигин жоғалтқан жан.
Өзгелердиң көзқарасы, арбаўы,
Жарыққа шықпай өмирден өткен әрман.
Сыр ишинде жасырынған сыр болып,
Тереңликте жатады шын ҳақыйқат.
Көринбеген қорқыныш жүрекке толып,
Тилсиз қалған ишки бир уллы тақат.
Сая түскен жерлерде көлеңке болмас,
Бул парадокс өмирдиң ағымындай.
Бийкар ҳәрекеттен ҳеш пайда болмас,
Самалды қуўған жалған сағымдай.
Гейде сая қорғайды қәўип-қәтерден,
Күшлиниң панасында тыныш жасар.
Жарық күнниң сынынан қорқып кеткен,
Жалған тынышлық пенен күни атар.
Жарық дүнья ашқанда өз сырларын,
Көлеңке де ақыры жарық табар.
Инсан өзи таңлаған өз жолларын,
Ҳақыйқаттың нурына қарап табар. | 1 |
| 14 | ↪️Ўатан қорғаны
Жәҳән жүзи түнек,
Ўатан қымбат жер.
Қәўип келип қырдан,
Майдан гезер ер.
Ғаўға басқан үлке,
Жүрек төгер қан.
Мәрдлер қорған елге,
Ата мәкан — жан.
Жаўын төгер булт,
Күн шашады нур.
Қәўетердиң суўын ишкен,
Мәрдлер қорғайды ел.
Жарасқан маңлайға,
Дәўир айтар жыр.
Жаўдың оты жүрген,
Қарсы турар қыр.
Ғайрат берген таўлар,
Жүрек болған тас.
Жаўға тикке қарап,
Турған батырлар бас.
Өмир ушын жанған,
Көзден төкпес жас.
Ата сөзи болған,
Мәңги алға бас.
Ата жолы ашық,
Атар жаңа таң.
Кең дүньяға тасып,
Күш алар Ўатан.
Қараңғылық кетип,
Қарсы көрер түн.
Мәрдлер жүрегине,
Ҳешбир нәрсе тең.
Ата-баба сөзи қонған жүрекке,
Душпан қәдеми турмас топырақта.
Мәрдлер шығар мәңгилик бийик көкке,
Ўатан қәдири бийик ҳәр сабақта.
Қараңғылық кетер, жарық таң атар,
Ўатан аты жанар мәңги көкте.
Мәрдлик оты кеўиллерди оятар,
Жеңис нуры тарайды шын жүрекке.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 91 |
| 15 | «Мәңгилик қорған»
Жер жүзи отта жанып күл болар,
Ўатанын сүйген жүрек кеўли келер кең.
Душпан келсе алға бир сапар турар,
Мәрдлик қушағында ҳәрбир жүрек тең.
Ата мәкан топырақ көздей сақланар,
Мәўсимлер алмасып таңлар ағарар.
Ҳақыйқат салтанат шамдай жанар,
Әўладлар қолында жарыққа барар.
Мәңгилик руўхына сәжде қылынар,
Жүректиң төринде муҳаббат қалар.
Шын кеўил нурына халық табынар,
Мәўж урған өмирде бахытлы жасар.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 96 |
| 16 | ↪️Мийрим илими
Мийрими өзгеше, кеўли дәрьядай,
Назлы сөзлеринен мийрим тамады.
Илими жарқырар нурлы қуяштай,
Гүли наз жүректиң дүрсил қағады.
Ҳуқық әлеминде мақсети анық,
Илимниң шыңына басып қәдемди.
Кеўли де ҳәрқашан таңлардай жарық,
Меҳири қуўантар пүткил әлемди.
Жақсылық тилеги қуўаныш шашты,
Жүрекке ең әзиз сезим таралды.
Кеўилдиң төринен бүртиклер ашты,
Сөзлерден жаңа бир илҳам жаралды.
Өмирдиң ҳәркүни нурларға толсын,
Илимниң бийиги мәңги жайнасын.
Жақсылық жоллары бахытлы болсын,
Жүректе қуўаныш нуры ойнасын.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 97 |
| 17 | ↪️«Ўақыт қәдири»
©️Мираддин Мириад | Suno
🔗 Қосық тексти:
👉https://t.me/miraddinmiriad/1178
👤Мираддин Мириад ➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 159 |
| 18 | ↪️«Таңлаў»
©️Мираддин Мириад | Suno
🔗 Қосық тексти:
👉https://t.me/miraddinmiriad/1179
👤Мираддин Мириад ➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 166 |
| 19 | ↪️Таңлаў
Қәтелес, сүй, гейде жығыл, қайта тур,
Өз жолыңды өзиң ғана сайлап жүр.
Басқалардың «идеалы» – жат кийим,
Өз таңлаўың – жыртық болса да, кийип жүр!
Сонда ғана өкпелемей жасайсаң,
Ҳәр күнди сен жақсылыққа байлайсаң.
Идеал емес, «ең қолайлы» жол менен,
Келешекке үмит пенен қарайсаң.
Басқаның сөзлери жүректи алдар,
Адасқан кеўилде жалғанлық қалар.
Өмирдиң сүрлеўин өзиң излеп тап,
Өз жолын тапқанлар ҳақыйқат табар.
Өзиңниң жолыңда тикенлер батсын,
Қыйналған жүректе азаплар жатсын.
Биреўдиң гүлинен өз шөбиң артық,
Мийнетиң артынан жаңа таң атсын.
Кәмиллик излеме адамзатынан,
Қәтелер өтеди өмир хатынан.
Жасалған қәтеңнен сабақлар алып,
Бахытты табасаң өзиң атыңнан.
Ўақыттың кәрўаны тоқтамай өтер,
Өзгениң пикири самалдай кетер.
Кеўилдиң даўысын тыңласаң ғана,
Инсанның қәлби де мәнзилге жетер.
Өмирдиң сапары мәңгилик дастан,
Ҳәркимге берилген өзинше аспан.
Қәтелер ишинен шынлық оянып,
Ҳақыйқат жолына қәдем бас, инсан!
Өзгениң «бахытын» көширип алма,
Жалғанлық ишине кеўилди салма.
Қәтесиз болмайды инсан тәғдири,
Шынлықтың сүрлеўин таслап қамалма.
«Минсизлик» даўысы – тек ғана елес,
Өмирдиң сапары тегис жол емес.
Жүректиң түбинде жатады бахыт,
Өз жолын тапқанлар шегиниў билмес.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 153 |
| 20 | ↪️Ўақыт қәдири
Ким билер алдыңда не күтип турған,
Ўақыттың қәдирин адамлар билмес.
Қыялы қараңғы ойларға толған,
Надан жақсылықтың сырына жетпес.
Бир күни қуўрайды өмир дәрьясы,
Мийримсиз жүрекке нур ҳеш толмас.
Ғапылда өтеди инсан дүньясы,
Өкинсең де кеткен ўақыт қайтпас.
Жақсылық нурларын шашың кеўилге,
Мәңгилик сапарға кетпестен бурын.
Ҳақыйқат гүллерин егиң өмирге,
Аялап сақлаңыз жүректиң нурын.
Байлыққа мәс болып көзи гөр болар,
Өмирдиң баҳасын арзан санайды.
Жазына мақтанып гүллери солар,
Жалғанлық ишинен бахыт қалайды.
Жаслықтың дәўраны тез өтип кетер,
Артқа қайрылыўға жоллар бермейди.
Жыллардың кәрўаны мәнзилге жетер,
Өткен күнлерине қайтып келмейди.
Жақсылық қылыўға асығың дослар,
Адамның қәдирин билип қалыңыз.
Пәк кеўил ийеси жақсылық баслар,
Мәңгилик сапардан енши алыңыз.
Тәкаббир болыўдан пайда табылмас,
Өмирдиң нурына қарап өтиңиз.
Мийримли кеўилдиң көзи жабылмас,
Жақсылық жолына келип жетиңиз.
Инсаннан қалады жақсылық изи,
Сөзлери мәнили даналық болсын.
Жарқырап көринер ҳақыйқат жүзи,
Жүректиң ишине қуўаныш толсын.
Ўақыттың кәрўаны тоқтап қалмайды,
Өмирдиң мәнисин излеп барыңыз.
Жаманлық жүректен орын алмайды,
Таза кеўил ишинен мәнзил табыңыз.
👤Мираддин Мириад➡️@miraddinmiriad 🏳️#miriad | 113 |
