cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

Нақылды бир айтпаса, Ақылсыз айтпайды. Ақыллы адам аңгимесин, Нақылсыз айтпайды. Нақыл мақаллар жөнинде сораўлар ҳәм усынысларыңыз болса төмендеги телеграм ботымызға жолласаңыз болады. @QrBaylanis_bot Канал 07.02.2020. да өз искерлигин баслады.

Show more
Advertising posts
957
Subscribers
No data24 hours
-37 days
+1730 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Repost from Jas dóretiwshiler
MENNEN ALIS KETTI TAǴÍ O muhabbat, dártiń jaman! Haslıń nedur, bilalmadım. Túńilsem de sennen muda, Sensiz jasap júralmadım. Sergizdan etti ıshqı baǵı, Hayran etti kewil daǵı. Mennen alıs ketti taǵı , Ketpe, janım, deyalmadım. BIR DÁRTIŃE JARAY ALSAM Qáne edi, kózlerińe, Qayta-qayta qaray alsam. Hám janıńa jaqın barıp, Kewilińdi soray alsam. Bar qayǵıńdı maǵan berseń, Shadlıǵımdı saǵan bersem, Qáne seniń, janım-erkem, Bir dártińe jaray alsam. Quwandıq Atabaev 👉@QRJas_doretiwshiler
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Қарақалпақ тилиниң “Түсиндирме сөзлиги”ниң мобил қосымшасы ислеп шығылды “Bookie” қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды. - Бул платформа – 1982-1992-жыллары китап болып басылып шыққан “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги”ниң төрт томлығы тийкарында ислеп шығылды. Бул бағдарламаға көп томлықтағы сөзлер өзгериссиз киргизиледи. Сонлықтан,  бунда ғәрезсизликке шекемги дәўирге тийисли көплеген сөзлер де ушырасыўы мүмкин. Бирақ, халқымыз бул сөзлердиң де мәнисин билиўи керек деп ойлаймыз. Себеби,  бул тарыйх. Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилшилери тәрепинен “Түсиндирме сөзлик”тиң толықтырлған жаңа жети томлығы ислеп шығылмақта. Бул көп томлықтың жаңа варианты баспадан шықаннан кейин ондағы сөзлер де басқышпа-басқыш бизиң платформамызға киритилип барылады. Әлбетте,  бул платформада айырым кемшиликлер болыўы мүмкин. Буны алдағы ўақытларда басқышпа-басқыш дүзетип барамыз – дейди, жойбар менеджери Азизбек Дабылов. Платформа "Bookie" қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар ҳәм "KARSOFT-IT-SOLUTIONS" ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылды. Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды. Бул платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «PLAY MARKET»ке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин (https://tusindirmesozlik.uz)   арқалы излесеңиз болады. Жүклеп алыў ушын👇👇 https://play.google.com/store/apps/details?id=com.karsoft.tusindirmesozlik 👉 @Karakalpak24
Show all...
Ассалаўма әлейким қәдирданлар! Бизлер ушын қәдирли ҳәм қымбатлы болған аналар, апа-сиңлилер, бүгинги 8-март халық аралық ҳаял қызлар байрамы күни менен шын кеўилден қутлықлаймыз! Бәршеңизге беккем ден саўлық, шаңарақларыңызға тынышлық аманлық тилеймиз. Мудамы бәҳәр пасылы киби жаңаланып жасарып жүзлериңиз бахыттан жайнап жүргейсиз! Ҳүрмет пенен @naqillar.
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Ана тилим Ана тилим бабамнан мийрас едиң, Жийен менен Бердаққа муңлас едиң. Жәҳәнниң жүздей тилин меңгерсемде, Мен сени ҳеш бирине қыймас едим! Ана тилим мәңги жаса миллет пенен, Тилге алсын халықлар сени ҳүрмет пенен. Билмегенлер билип қойсын жер бетинде, Бар екенин Қарақалпақ миллет деген! ✍Қуўандық Атабаев. @naqillar. @i_madiy.
Show all...
Ассалаўма әлейким қәдирли ўатанласлар! Бүгин 1-декабрь Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилген күн. Тил байрамы бәршеңызге қутлы болсын әзийзлер! Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын! Ана тилимиз мәнги жасасын!
Show all...
БОЛАЛМАЙМЫЗ АДАМЛАРДАЙ БУРЫНҒЫ Кешириңлер,усы мениң ойымша, Ҳағын айтсам дәрриў демең "қойыңш,а!", Бир тандыр бар еди аўыл бойынша, Болалмаймыз адамлардай бурынғы Гезеклесип сыйласықта жаўысқан, Уўы-зийни қурысып-қылқаўысқан,, Бир хожалық адамындай шаўысқан, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Сасып жатқан сүзбелери тулыпта, Балалығым көз алдымда турыпты-ә! Ҳәтте үйге қыстырыў жоқ қулыпта, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Қоңсы-қоба зат алып,зат берискен, Қушақ ашып, жадырасып көрискен, Гези келсе жарты нанды бөлискен, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Жасы үлкен ер-зайыпқа урысқан, Тәртип берсе қайтадан үй қурысқан, Елдиң аўызбирлигине турысқан, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Ҳәзир гей жас жубай гәпти алмайды, Бет жыртысса бир-биринен қалмайды, Жетим баллар қәйтер нәзер салмайды, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Бири ҳәр ай алиментти ширитер, Бири шалқып бойдақлықты жүритер, Сайт көбейди жәмийетти иритер..., Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Енди шын ашық боп тозып-азыў жоқ, "Қызкеткен"ди қолың менен қазыў жоқ, Аббаз,Ибрайымдай пәтли жазыў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Жигитлерге күнде атта қуўыў жоқ, Ҳақты ойлап өз нәпсинен суўыў жоқ, Қатынларға артық-аспай туўыў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Жолбарыстың жүрегине жериў жоқ, Оқжай тартып қулашыңды кериў жоқ, Алланияздай қолдан жай сап бериў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Туўысқанға қол созсам деп барыў жоқ, Емиренип,дәртлесип тис жарыў жоқ, Фарҳадтай суў әкелиўге қарыў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Сейдемет ХОЖАМЕТОВ. {Бүлбүлзибан}. 23.06.22.
Show all...
#рәўият ЕР ҚӘДИРИН БИЛГЕН ҲАЯЛ Кәмбағал бир адам аўылындағы адамлардың малларын жайлаўда бағып беретуғын еди. Ҳеш кимге аўырлығын салмастан шаңарағын усы кәсип арқалы бағатуғын еди. Күйеўиниң кеўлине қарайтуғын, оны түсинетуғын ақыллы, жақсы ҳаялы бар еди. Соның ушын да, аўылда ҳәмме оны ең бахытлы инсан деп есаплайтуғын екен. Аўылда қайсы бир еркек ҳаялы менен урысып қалса: "Бар, падашының ҳаялынан өрнек ал!" деп айтатуғын болды. Күнлердиң биринде аўыл ақсақалы ҳаялынан қапа болды. Аўыл ақсақалы ҳаялы менен урысып: — Ҳәй гәпке түсинбейтуғын надан ҳаял! Бар, аўылымыздағы падашының ҳаялынан өрнек ал. Әне саған күйеўиниң қәдирин билетуғын ҳаял! Өрнек ал соннан!" деди. Сонда ҳаялы: – Падашының ҳаялынан нени де үйренемен. Күйеўи малбағар болса! Өзи бир қолында өнери жоқ, артықша бир пазыйлети жоқ адам-ғо, деп барыўдан бас тартты. Ақсақал ашыў менен өз жумысына жөнеп кетти. Ал, ҳаялы ақсақалдың айтқан гәплеринен тынышсызлана баслады. Сонда: "Ҳәмме мақтап атырған падашының ҳаялын бир көрейин" деп орнынан турып, ҳаялдың үйине қарай жол тартты. Сол ўақытта падашының ҳаялы қуяшта отырып жумысларын ислеп, қуяшта ысып кеткен суўдан суў ишип отыр еди. Ақсақалдың ҳаялы: – Усы суўдан маған да азмаз бериң, – деди. – Бул суў қуяшта турып ысып қалған, сизге муздай суў алып келемен, бир аз күтип турың, деди. Ақсақалдың ҳаялы: – Мейли, бирақ неге сиз өзиңиз ысып кеткен суўдан ишип атыр едиңиз? – деп сорады. – Апа, усы сәтте күйеўим ыссыда жайлаўда жүрипти. Қуяшта ысып кеткен мешинен суў ишип атырған шығар. Күйеўим ол жерде ысыған суў ишседағын, мен бул жерде муздай суў ишип отырсам, оған ҳаял болғаным қайда қалады! – деп жуўап берди. «Ҳикметлер ғәзинеси» китабынан. https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Show all...
Paziyletuz | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты

https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/

https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e

https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

#Интернетсиз 16-июль. Бугин тәғдиримдей қараяды тун Көргенлер сөз демес, сөйлемшеклер гуң. Бир жағым дуз болса бир тәрепим қум, Жайлауда "Жайхун" деп айтсақ мейлиме? *** Айдаса қой болдық, қойдай жууаспыз Атсада шегинбей бардық қуралсыз Қан қусып кулимлеп қойдық илажсыз, Бир кунше адамдай журсек мейлиме? "Сууымыз бир" дейсиз "тубимиз егиз", Ғарға шоқымайды ғарғаның көзин Сорасақ болар-ма: Не мумкин өзи? Хақыйқый нызамды билсек мейлиме? Биз ушын байланар дардың арқаны Сәукелем музейде, жоқтай қалқаным. Сандықта жасырған қара қалпақты Баламның көзинше кийсем мейлиме? Кемситсе Аралдай жутып жасадық "Яқшы" деп ғәзепти утып жасадық 30 жыл бир кунди кутип жасадық Дуньяға "бармыз" деп қойсақ мейлиме? Шағаллар ууылдап журипти елимде Ийтлер уаңқылдасар тойған жеринде. Бабам сызып берип кеткен жеримде Байрағым желбиреп турса мейлиме..? Пышақлар тақалар суйекке тийип Жузлерде муң бугин кеуиллер куйик Қойыңлар, тарийхым сизлерден бийик "Мәмлекет" атағын алсақ мейлиме! Кетпенге ийилип "сизге" тапқаным Сәлғана тикленсек "Өлтир! Ат бәрин!" Сизлер мақтанған сол демократияның Қандай екенлигин көрсек мейлиме? Анам дер: "Ерк дейип болмайық ермек, "Қой балам, сөз десең өлтирсе керек..." "Жайхун жағасында өскен байтерек..." Бир мәрте дауыслап айтсақ мейлиме?? Бугин заман барар алдынға баслап, Ылай кешкен аяқлар журеди қақсап Бизлер қул емеспиз! "Еркинсиз" дейди, Хош, неге сорайман сизлерден рухсат? Мен неге сорайман сизлерден рухсат?.. Сарбиназ Айтмуратова Июль.2022ж @sen_haqqinda⭐️
Show all...