cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

💛 Я ЖЕЛАЮ ВСЕМ СЧАСТЬЯ !!! 💛

Кеўлиңниң өзинде қуяш болмаса, Көктеги күн оны жылытпас ҳасла... Ибрайым ЮСУПОВ

Show more
Uzbekistan71 010The language is not specifiedThe category is not specified
Advertising posts
171
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

💛 Бәрше арзыў-нийетлериңиз орынланғай !!!
Show all...
📝 ӨЗИН ҚАДАҒАЛАЙ АЛЫЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ Бурынғы өткен заманда Рим императоры Цезарь патша Ликургқа хат жиберипти. Хатта былай жазылған екен: «Егер биз сениң сол бир мәмлекетиңди – Лаконияны басып алсақ , оның күлин көкке суўырамыз, жер менен жексен етемиз…». Патша Ликург хатты оқыпты да, қолына папирус алып, оған бир аўыз жуўап жазыпты ҳәм хат келтирген шабандозға услатыпты. Цезарь жуўап хатты оқып, урысқа таяр турған әскерлерин изине қайтарып, алып кетипти. Хатта тек ғана «Егер…» деген бир сөз жазылған еди. ____________________________ Не ушын Цезарь урыс ашпаған, билесизлер ме?  Өйткени, бул хат ҳақыйқый еркектиң жуўабы еди. Ол ҳеш қандай да ҳаўайы сөзлерди көпиртип отырмайды, бир сөйлейди. Өзин қадағалай алатуғын еркектиң жуўабы да усындай қысқа болады: «Егер…». Ҳәм болғаны !   💛 @KewlimdeQuyash
Show all...
- Бахыт, сен қайдасаң , таппай бүлиндим? - Сен еле минбеген зор шыңлардаман. - Бахыт, сен қайдасаң , шыңларға миндим? - Сен еле жүзбеген дәрьялардаман. - Қайдасаң , дәрьяңда жүздим арқайын? - Сен еле жазбаған қосықлардаман. - Қайдасаң , жүзлеген қосықлар тайын? - Алдамаң , жетис тез , ушқыл арқамнан. 📝 Төлепберген Мәтмуратов @KewlimdeQuyash
Show all...
Ж а қ с ы.... Турғанда өзгелер сыртыңнан бақлап, Хеш айта алмасаң сырыңды нақлап, Шаршасаң ҳәр сапар өзиңди ақлап , Үндеместен туўра кеткениң жақсы. Кешип абыройдан бир неше жыллық Өз нәпсине өзин түскенде қуллық, Болса,ай жақты, сен еткенде урлық , Жумып көзлериңди өткениң жақсы. Билсең өмир өзи ўақыт қас қағым, Тек те елес болып қалар жас ўағың , Түспестен басыңа, көрип басқаның, Қәтелерин билип жеткениң жақсы. Билерсең, әзелден дунья бир кемис, Базда жеңилерсең , ал базда жеңис . Алда не боларын егер билсеңиз, Жақсы кунге үмит еткениң жақсы. Жас минип.... ақлықлар қылса еркелик, Дейсиз.... Жаслық ўақты бираз еследик. Қартайғанда болсын десең естелик, Жаслықта бир нәлше еккениң жақсы. ✍Абдирахман Зергер. 🎬Азизбек Алламуратов
Show all...