Сәнемлер
Open in Telegram
👉 Тек ғана ҳаял-қызлар ушын!!!! Байланыс ушын: @sanemlerbot Видео фото фактлер Қызықлы видеолар Күлкили фотолар Зор Анекдотлар Аудиозапислер Лайфхаклар Текстлер GIF лар Мр3
Show more493
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days
Posts Archive
493
Басымызға түскен ҳәр бир мүсийбетте ҳикмет бар
Бир күни улкен бир кеме теңизде апатқа ушырады. Ишиндеги адамлардан тек ғана бир адам тири қалды. Ол үлкен бир ағашқа асылған ҳалда жүзип, жақын ортадағы кимсесиз бир атаўға жетип алды. Ол сол атаўда күнин өткерер екен, ҳәр күни: «Ҳәй Аллаҳым маған мәдет бер», — деп, көзлери ҳәр дайым жийекте, бир кеме өтип қалар деген үмит пенен интизар болып күтер еди. Аллаҳдан бираз мүддет мәдет келмеген соң, тәғдирине тән берип, суӯда ығып жүрген кеме қалдықлары ҳәм ағашлардан көп қыйыншылықлар менен өзине бир үй-жай салып алды. Бул жайы оны жаўын-шашыннан ҳәм самалдан асырар еди. Мине, және жаңа таң атты. Адам өз әдетине көре, орнынан турып, бети-қолын теңиз суўына жуўып:
«Ҳәй Аллаҳым, маған мәдет бер, бул жерлерден тезирек кетип үйиме жетип алайын», — деп жалбарынды.
Ол бир күни балық, аўлаўға жемтик излеп атаўдың басқа тәрепине кетти. Сол ўақытта күшли шақмақ болып, оның жасап турған үйи жанып кетти. Сол кетистен қайтып келип, үйине қараса. уйи пүткиллей жанып болған, күли көкке ушқан екен.
Адам буны көрип отырып қалды, соң өкирип жылап жиберди:
Ҳәй Аллаҳым, мен сеннен мәдет сорадым, бәле емес. Неге мени бундай жазаладың? Неге маған мийримиң түспейди ҳеш? Қандай гүналарым ушын мени бүйтип қыйнайсаң бәрҳа? — деп күйип-писип терекке сүйенген ҳалда уйықлап қалыпты.
Азанда ерте оны қатты гүрилдеген кемениң даўысы оятып жиберди. Көзин ашып караса жағада үлкен кеме тур. Кемеден адамлар түсип, оны алып кетиў ушын ол тәрепке қарай қәдем таслап киятыр екен.
«Қызык, сизлер қалайынша бул жерде адам бар екенин билдиңизлер?». — деп сорады ол өзин қутқарған бийтаныс адамлардан. Қутқарыўшылардын бири.
«Биз атаўдан жақын аралықтан өтип баратыр едик, сонда бул жерлерден шығып турған түтинди көрдик. Демек, атаўда биреў бар, ол бизге түтин менен белги берип атыр, деп ойладық ҳәм бул тәрепке қарай жүзип келе бердик» — деди.
Ўақыядан жуўмақ: Базы да сизге бәле-апат болып көринген нәрсе ҳаслында Жаратқанның сизге жиберген жақсылығы болады, тек сол жақсылыктың ҳикметин дурыс түсинип, аңлай алыў сизиң өзиңизге байланыслы. Аллаҳ таала бендесине ҳәмийше мийирман ҳәм ғамхор. Ол бендесине ҳеш қашан зулым етпейди. Егер нени жиберген болса, демек онда қандайда бир ҳикмет жасырынған болады. Сабырсыз болмайық!
🙏🙏🙏😇😇😇🤗🤗🤗
Каналға ағза болың!
👉 @sanemler
493
Repost from SocialPolluz 🇺🇿
Qoraqalpogʻiston / Каракалпакстан
🇺🇿O`zbekiston uchun hamkorlik qaysi mamlakat bilan qulayroq? 🇷🇺Сотрудничество с какой страной более выгодно для Узбекистана?
