cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

HIDAYATNURI.UZ | Рәсмий канал️

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Хожели районы "Пирим ийшан баба" жаме мешити рәсмий сайтының Telegram каналы!

Show more
Advertising posts
3 223
Subscribers
-424 hours
-267 days
-12530 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
🙄СУЎ НЕМАТЫ Инсан денесиниң көпшилик бөлеги суўдан ибарат болып, әне сол суўдың дене салмағына салытырғанда 1% ы ғана жоғалса, инсан шөллей баслайды. Сондағы 5 % ының жоғалыўы адамның талып, жығылыўына алып келеди. Ал егер 10 % суў денеден шығып кетип, орны тикленбесе, өлимге алып келеди. Биз мине усындай суўға, азық-аўқатқа, ҳаўа ямаса ҳәттеки сәўбетлеске мүтәж жанзатпыз! Аллаҳ таала бир ғана суў нематынан бизди үзип қойса, ҳалымыз не болады?! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
#аят Аллаҳ таала тәўбе қылғанлардың гүналарының орнына саўаплар жазатуғынын ўәде етип былай деген: "Тек ким (бул дүньяда) тәўбе қылып, ийман келтирип, ийгиликли ис қылса, онда Аллаҳ әне солардың жаманлық (гүна)ларын жақсылық (саўап)қа алмастырады. Аллаҳ - Кеширимли, Рейимли" ("Фурқан" сүреси, 70-аят) •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
00:19
Video unavailableShow in Telegram
#ҳәдис #мағлыўмат 😙Жума күниниң пазыйлети Ҳәдиси шәрийфте былай делинген: “Жума күни келгени ушын қуўанатуғын мөминге қыямет күнине шекем ҳәр күни сол дәрежеде мол саўап бериледи, оның санын тек Аллаҳ ғана биледи”. Усындай уллы күнде бенде Пайғамбарымыз алайҳиссаламға салаўат айтыўдан абзал ҳеш бир ис қыла алмайды. Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдисте: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Маған жума күни көбирек салаўат айтың, себеби жума - периштелер гүўа болатуғын күн. Ким бул күнде салаўат айтса, айтып болыўы менен салаўаты маған көрсетиледи», деди. 🤕Аллоҳумма солли ала Муҳаммад!🤕 🤕Аллоҳумма солли ала Муҳаммад!🤕 🤕Аллоҳумма солли ала Муҳаммад!🤕 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
🙄САДАҚА Уламалардан бири: "Ҳәр сапар садақа қыламан, кейин мал-дүньямның көбейгенин көремен", деди. Сонда, оның досты бул гәптен тәсирленип ол да мүтәж адамларға садақа берди, кейин: "Мине мен де садақа бердим, бирақ мал-дүньям көбеймеди ғо, керисинше азайды", деди. Сонда улама: "Неге ондай болғанын билесең бе?" Досты: "Яқ, билмеймен. Маған түсиндирип бер". Улама: "Мен Рәббимниң ўәделерине ийман-исеним менен сол ислерди қыламан, ал сен Аллаҳты сынап көриў ушын ол ислерди қыласаң", деп жуўап берди. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳикмет 🙄Егер бир машқалаға дусласып қалсаң, тѳрт нәрсени еслеп, оны жеңиллет: 1. Бул ўақтынша нәрсе; 2. Бул тәғдиримде жазылған; 3. Буннан үлкенирек машқалаға дусласыўым да мүмкин еди; 4. Буған сабыр етсем, Аллаҳ таала мени саўаплар менен сыйлайды. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
#мағлыўмат 🤲Дуўа қабыл болатуғын ўақытлар: 1. Түнниң ақырғы үштен биринде. (Бухарый, Ҳәдиси қудсий); 2. Азан ҳәм тәкбир арасы. (Әбиў Даўыт, Аҳмад); 3. Сәждеде. (Әбиў Даўыт, Муслим); 4. Парыз намазынан кейин. (Термизий); 5. Жаўын жаўып турғанда. (Әбиў Даўыт, Ибн Мажа); 6. Мүсәпиршиликте. (Байҳақий, Термизий); 7. Арафа күни. (Имам Мәлик, Термизий); 8. Рамазан айында. (Бухарый, Термизий); 9. Ифтар ўақты. (Аҳмад, Термизий); 10. Наўқасты көриўге барғанда. (Муслим). •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
🙄НЕ УШЫН ҚУРАН ОҚЫЙМЫЗ?😢 1. Биз Аллаҳтың буйрығына бойсыныў ушын Қуран оқыймыз. 2. Аллаҳға сүйикли бенде болыў ушын Қуран оқыймыз. 3. Туўры жолдан адаспаў ушын Қуран оқыймыз. 4. Қәлбимиз пәк болыўы ушын Қуран оқыймыз. 5. Ғәплетте қалмаў ушын Қуран оқыймыз. 6. Қәлбимиз қәтержам болыўы ушын Қуран оқыймыз. 7. Мөмин-мусылманлардың ең жақсыларынан болыў ушын Қуран оқыймыз. 8. Шаңарағымыз нурға толыўы ушын Қуран оқыймыз. 9. Қартайғанда жаман аўҳалға түсип қалмаў ушын Қуран оқыймыз. 10. Дәжжәл фитнасынан қутылыў ушын Қуран оқыймыз. 11. Меҳрибан ата-анамыз Аллаҳ тааланың мийримине ерисиўи ушын Қуран оқыймыз. 12. Қәбир азабынан қутылыў ушын Қуран оқыймыз. 13. Қыяметте шәпәәтке ерисиў ушын Қуран оқыймыз. 14. Жәннеттеги мәртебемиз көтерилиўи ушын Қуран оқыймыз. 15. Ең тийкарғысы Аллаҳ тааланың разылығына ерисиў ушын Қуран оқыймыз. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
#уламалар_сөзи 🙄САЎАП ҲӘМ ЖАЗА Бир уламадан сорады: «Ҳикметлердиң ең гөззалы қайсы?» Ол былай деди: «Жетпис жылдан бери китап оқып, мына сөзлерден де гөззалырағын көрмедим: «Ибадаттың машақаты ўақыттың өтиўи менен умыт болады, бирақ саўабы қалады. Гүнаның ләззети ўақыттың өтиўи менен умыт болады, бирақ жазасы қалады». Хош, сен өзиң ушын қайсы бирин таңлайсаң? •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
#тәрбия 🙄Бир күни ҳәзирети Ҳасан Басрийдан: – Қызымды кимге бериўди кеңес бересиз? деп соралды. Сонда ол: –Аллаҳ тааладан қорқатуғын адамға бер! Егер қызыңды жақсы көрсе, оның ҳүрметин орнына қояды, егер жақсы көрмесе оған зулым қылмайды, деп жуўап берди. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳикмет 🙄Пикир жүритиң Қыял етиң: алдыңызда бир кесе чай тур. Оған бир қасық қумшекер салың. Лекин, араластырмаң. Ишип көриң. Қумшекердиң дәми шықты ма екен? Әлбетте, яқ. Кесеге бираз қарап турың да, кейин чайдан бир уртлам ишиң. Қалай? Дәми бар ма? Мениңше, яқ. Ўақыт өтип, чай суўып баратыр. Бирақ, сиз еле бир уртлам шийрин чай ише алғаныңыз жоқ. Бул турыста чай суўып, ақыры ҳеш ким ишкиси келмей де қалады... Өмирде сондай әзийзлер. Ол тап бир кесе чай сыяқлы. Аллаҳ тааланың сизге берген ақыл-зәкаўаты болса қумшекер. Егер оны қолланбас екенсиз, қумшекердиң мазасын биле алмайсыз. •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• 📝Telegram |💻Instagram | 📝Facebook | 🎞YouTube 🌐Веб-сайт: HIDAYATNURI.UZ
Show all...