cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

г

Жаңалықлар каналы Админ байланыс: @Sultanbek_Ziyaev

Show more
The country is not specifiedThe language is not specifiedThe category is not specified
Advertising posts
214
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасының телеграм каналы ашылды. Бул канал арқалы Қаракалпақстан автомобиль жолларында алып барылып атырған оңлаў, қайта қурыў жумыслары, сондай-ақ, Басқарма тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жаңалықлар ҳәмде тийисли тәртиптеги нызам ҳәм нызам асты ҳужжетлери бойынша хабарларды көрип барасыз. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың 👇👇👇 Telegram | Facebook
Show all...
Муратбай аға 60 жаста. @qqshayirlar каналы той мыйманы болды. Муратбай аға 60 жасыңыз менен қутлықлаймыз. Каналымыз👉@qqshayirlar
Show all...
38.52 MB
Show all...
#BloGnot_uz

Қызықлы фактлер, жаңалықлар ҳәм аналитикалық сын пикирлер каналы Администратор: @Nursultan_temirxanov

"Ел хызметинде" газетасының ютубтағы расмий каналына ағза болың. Фейк каналлар менен сизлерди тез арада таныстырамыз. Смотрите "Махсет Утемуратов ақланды" на YouTube 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://youtu.be/OnlWkcz9lhc
Show all...
Махсет Утемуратов ақланды

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси 👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi
Show all...
video_2021-02-05_10-25-29.mp468.42 MB
Дыққат кастинг Сиз Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институтының студенти болыўды қәлейсизбе? Онда арзыў-нийетлериңизди әмелге асырыў ушын Сизде имкәният бар, қандай дейсизбе? Онда даўамын оқың! 2020-жыл 25-декабрь куни Өзбекстан жаслары форумы өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәденият ҳәм көркем-өнер тараўына қызығыўшы, қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў системасын жаратыў, 5 әҳмийетли басламаны кеңнен үгит-нәсиятлаўға бағдарланған усыныслары алға сүрилген еди. Усыған тийкар Шымбай районының мәденият ҳәм көркем-өнер тараўына қызығыўшы 18-30 жас тайыпасындағы қәбилетли жасларды 2021-жылдың 6-январь куни өткерилетуғын кастингине шақырып қаламыз. Еслетип өтемиз кастингде өз қәбилетин көрсетип, жоқары нәтийже көрсеткен жаслар усы жылдың январь айынан баслап жергиликли бюджет қаржылары есабынан Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институтында тест сынаўларысыз студент болыўға мияссар болады. Кастинг усы жылдың 6-январь күни Шымбай районы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде саат 11:00 ден басланады. Биз қәбилетли жасларды күтип қаламыз, кастинге асығың! Мағлыўмат ушын телефон номер: (99) 955 56 17 👉👉👉https://t.me/uzdsminf_24
Show all...
"QARAQALPAQSTAN TALANT" Nòkis qalasi Àmet baqsi atindaği balalar muzika hàm kòrkem òner mektebi oqiwshisi 👉Dàwletbaeva MIYASSAR 👉USTAZI; Dàwirxanov RINAT Bul videoni bizler 2020 jildiñ mart ayinda tùsirgen edik,mine bùgingi kùnde Miyassar respublikamizģa belgili bolip,kòpshilikke tanilip atir. Biz Miyassarģa bunnanda bàlent pàrwazlar tileymiz! 👉👉👉 @Ziyaevblogi
Show all...
26.65 MB
⚡️Ҳүрметли "Ел хызметинде" газетасы ҳәм каналымыз окыўшылары! Каналымызды көплеген адамлар қаяқтан таýып оқыймыз деген сораýлар көп болып атыр.Сонлықтан усы силтемени досларыңызға жиберип каналымыз бенен таныстырың !!! 👉 http://t.me/El_xizmetinde
Show all...
"Ел хызметинде" газетасы

Бас редактор Зияев Султанбек Абатбаевичқа байланысыý ушын @Sultanbek_Ziyaev Газетамыздың ютуб каналына ағза болың

https://youtu.be/NrnS1FKM17I

Газетамыздың Инстаграм тармағына ағза болың http://instagram.com/el_xizmetinde_gazetasi

Хожели ҳәкими ийис гази себепли бир үйден шыққан 6 жансыз дене, қараўылханадағы бир адамның өлими бойынша мүнәсибет билдирди "Мине еки күннен берли республикалық ҳәм районлық рәсмий сайтларда Хожелидеги кеўилсиз ҳәдийселер бойынша мағлыўматлар берилмекте. 2020-жыл 7-декабрь күни Хожели районы «Сарышунгул» АПЖдағы «Юсуп Ийшан» қәбиристанының қараўылханасында еки пуқара газден зәҳәрленип, ўақыя орнында биреўи қайтыс болған ҳәм де «Саманкөл» АПЖ аймағындағы Туба аўылында 8-декабрден 9-декабрге өтер түнде бир шаңарақтан 4 адам, мийманға келген 2 адам, жәми 6 адам шала жанған газ ийисинен зәҳәрлениўинен қайтыс болды. Бул кеўилсиз ҳәдийселер бәршемизди аўыр қайғыға салды. Мен Хожели районы ҳәкими сыпатында марҳумлардың жақын туўысқаларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремен. Сол мүнәсибет пенен, пүткил Хожели халқын үйди жылытыў системасында пайдаланатуғын ҳәр қандай үскенелерден қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўге ҳәм итибарлылық пенен қараўыңызға шақырып қаламан", дейди район ҳәкими. 👉👉 @Ziyaevblogi
Show all...