cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

press_Bozataw | Rásmiy kanal

Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri. Web-sayt https://bozatawrk.uz/ Instagram http://instagram.com/press_bozataw Facebook https://www.facebook.com/pressbozataw Baylanıs ushın bot mánzili: @Bozataw_murajat_bot

Show more
Advertising posts
5 167
Subscribers
-524 hours
-377 days
-25230 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

#Dıqqat❗️ #Xabarlandırıw❗️ Usı jıldıń 4-may kúni Bozataw rayonı Mádeniyat orayı imaratında qaraqalpaq estrada juldızı Paraxat Joldasbaevtıń "Báhárim" atlı shou koncert baǵdarlaması bolıp ótetuǵınlıǵın xabarlaymız. 🔻Baslanıw waqtı: saat 19:00de. 🔻Ótkeriliw ornı: Bozataw rayonı Mádeniyat orayı imaratı. 📌Biletler Mádeniyat orayı kassasında satılmaqta. Kanalǵa aǵza bolıw: 👉https://t.me/bozataw_uz
Show all...
#Rásmiy_múnásibet 2024-jıl 2-may kúni @hoja_uz telegram kanalı arqalı Bozataw rayonı “Qusxanataw” APJ “Erkin awılı” “Mırzalar” kóshesi turǵınları tárepinen “Jolımız jaman” atamasında video múrájat jollanǵan edi. Bul múrájat boyınsha Bozataw rayonı hákimligi hám rayon prakurorı, 2-sektor baslıǵı tárepinen úyreniw jumısları alıp barıldı. Úyreniw dawamında “Mırzalar” kóshesinen ótip turǵan aǵın suw ótiwshi jap-salmalarda nasazlıqlar kelip shıqqanlıǵı hám bunıń aqıbetinde ishki joldıń jaramsız jaǵdayǵa kelip qalǵanlıǵı anıqlandı. Búgin 3-may kúni Bozataw rayonı “Qusxanataw” APJ “Erkin awılı” “Mırzalar” kóshesinde júzege kelgen nasazlıqlar rayonlıq Abadanlastırıw basqarması hám “NOKIS ERKIN QURILIS” juwapkershiligi sheklengen jámiyetiniń arnawlı texnikaları járdeminde saplastırıldı. Bozataw rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti 👉https://t.me/bozataw_uz
Show all...
#Qabıllaw Bozataw rayonı “Bozataw” PPJ aymaǵında jaylasqan 1-sektor shtabında rayon hákiminiń birinshi orınbasarı A.Nazbergenov tárepinen rayon turǵınlarınıń múrájatların úyreniw hám olarǵa unamlı sheshim tabıw maqsetinde gezektegi qabıllaw ótkerildi. Qabıllawda puqaralar tárepinen kontrakt tólemlerin tólep beriw, turaq jayların shiferlaw, kadastr hám basqada turmıslıq máselelerindegi múrájatlar kelip tústi.Bunda kelip túsken hár bir múrájat tiyisli tártipte úyrenilip shıǵılıp, qadaǵalawǵa alındı. Bozataw rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti 👉https://t.me/bozataw_uz
Show all...
#Xabarlandırıw❗️ Húrmetli Bozataw rayonı turǵınları! ✍️Búgin saat 10:00 de Bozataw rayonı “Bozataw” PPJ aymaǵında jaylasqan 1-sektor shtabında puqaralardıń múrájatların úyreniw hám olarǵa unamlı sheshim tabıw maqsetinde náwbettegi qabıllaw bolıp ótetuǵınlıǵın xabarlaymız. Bozataw rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti 👉https://t.me/bozataw_uz
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атыр Бүгин мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында III Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилип атыр. Онда дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырған болып, өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жойбарларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды. Бүгинги өткерилип атырған илажда да 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды. Форум шеңбериндеги илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев та қатнасып атыр. Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар мәмлекетлер исбилерменлери менен сөйлесиўлер алып бармақта. Сөйлесиўлер барысында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Низоларни адолатли ҳал этиш мақсадида Тошкент халқаро арбитраж маркази муваффақиятли фаолият олиб бормоқда. Унинг таркибида Америка Қўшма Штатлари, Буюк Британия, Италия, Швеция, Хитой, Бирлашган Араб Амирликлари каби мамлакатлардан 90 дан ортиқ нуфузли ҳакамлар ўрин олган. Инвесторлар учун яна бир муҳим кўрсаткич. Охирги етти йилда олий таълим қамрови 9 фоиздан 42 фоизга ошди, олий ўқув юртлари сони 200 тадан ортди. Ўзбекистонда 90 дан ортиқ давлатларга визасиз режим жорий этилди. — Келиспеўшиликлерди әдил шешиў мақсетинде Ташкент халықаралық арбитраж орайы нәтийжели жумыс алып бармақта. Оның қурамында Америка Қурама Штатлары, Уллы Британия, Италия, Швеция, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерден 90 нан артық абыройлы төрешилер орын алған. Инвесторлар ушын бир әҳмийетли көрсеткиш. Ақырғы жети жылда жоқары билимлендириў қамтыўы 9 пайыздан 42 пайызға асты, жоқары оқыў орынлары саны 200 ден асты. Өзбекстанда 90 нан артық мәмлекетке визасыз режим енгизилди. Facebook|Instagram|X
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Бироздан сўнг Халқаро конгресс марказида Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида учинчи Тошкент халқаро инвестиция форуми бошланади. Давлатимиз раҳбарининг форум ялпи мажлисидаги нутқини Президент Матбуот хизматининг Facebook ва YouTube даги расмий саҳифаларида жонли эфирда томоша қилинг. — Бираздан соң Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы басланады. Мәмлекетимиз басшысының форум жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеўин Президент Баспасөз хызметиниң Facebook ҳәм YouTube тағы рәсмий бетлеринде тиккелей эфирде тамаша етиң. Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Мамлакатимизда инвестиция ва бизнес муҳитини тубдан яхшилаш, бу йўлдаги тўсиқларни босқичма-босқич бартараф этиш учун қатъий қадамлар ташлангани қайд этилди. Ҳар бир сармоядор ўзини эркин ва ишончли ҳис қилиши учун кенг кўламли ислоҳотлар амалга оширилмоқда. Сўнгги йилларда иқтисодиётимиз қарийб икки баробар ўсди. Ўтган йил якуни бўйича бу ўсиш 6 фоизни ташкил қилди. Инфляция 9 фоизгача пасайди. Савдо айланмаси кўрсаткичлари муттасил ошмоқда. Валюта бозори ва олтин-валюта захиралари барқарорлиги сақлаб қолинмоқда. Охирги йилларда мамлакатимизда 60 миллиард доллардан зиёд хорижий инвестициялар ўзлаштирилди. Халқаро молия институтларининг 14 миллиард доллардан ортиқ маблағлари ижтимоий ва инфратузилма соҳаларига жалб қилинди. — Мәмлекетимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, бул жолдағы тосықларды басқышпа-басқыш сапластырыў ушын қатаң қәдемлер тасланғаны атап өтилди. Ҳәр бир инвестор өзин еркин ҳәм исенимли сезиўи ушын кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соңғы жылларда экономикамыз дерлик еки есеге өсти. Өткен жыл жуўмағы бойынша бул өсиў 6 пайызды қурады. Инфляция 9 пайызға шекем пәсейди. Саўда айланбасы көрсеткишлери турақлы артпақта. Валюта базары ҳәм алтын-валюта резервлери турақлылығы сақлап қалынбақта. Ақырғы жылларда мәмлекетимизде 60 миллиард доллардан артық сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Халықаралық қаржы институтларының 14 миллиард доллардан артық қаржылары социаллық ҳәм инфраструктура тараўларына тартылды. Facebook|Instagram|X
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёев учинчи Тошкент халқаро инвестиция форумининг ялпи мажлисида нутқ сўзламоқда. Давлатимиз раҳбари форум иштирокчиларини самимий қутлаб, йилдан-йилга яхши анъанага айланиб бораётган ушбу формат доирасида юртимизда дунёнинг барча қитъаларидан янгидан-янги ишончли ҳамкорлар жам бўлаётганини таъкидлади. Ўтган уч йил давомида мазкур форум икки ва кўп томонлама ҳамкорликни кенгайтириш, энг долзарб муаммоларни муҳокама қилиш, илғор ғоя ва ёндашувларни ишлаб чиқиш учун самарали мулоқот майдонига айланди. Бугунги тадбирда 93 та давлатдан икки ярим мингдан ортиқ хорижий меҳмонлар келгани ҳам форумнинг аҳамияти тобора ортиб бораётганини яққол тасдиқлайди. Бу ўз навбатида, мамлакатимизда ортга қайтмас тус олган ислоҳотларга, ўзаро манфаатли ҳамкорликни йўлга қўйишга бўлган улкан қизиқишдан далолат беради. — Президент Шавкат Мирзиёев үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумының жалпы мәжилисинде шығып сөйлемекте. Мәмлекетимиз басшысы форум қатнасыўшыларын шын кеўилден қутлықлап, жылдан-жылға жақсы дәстүрге айланып баратырған усы формат шеңберинде елимизде дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырғанлығын атап өтти. Өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жантасыўларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды. Бүгинги илажда 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан артық сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды. Бул өз нәўбетинде, мәмлекетимизде артқа қайтпас түс алған реформаларға, өз-ара мәпдар бирге ислесиўди жолға қойыўға болған үлкен қызығыўшылықтан дерек береди. Facebook|Instagram|X
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Мамлакатимизда тадбиркорлик ва бизнесни қўллаб-қувватлаш мақсадида қатор аниқ чоралар ишлаб чиқилган. Эндиликда хорижий сармоядорлар акциялардан олинаётган дивидендлар бўйича солиқлардан уч йил муддатга озод этилади. Яқинда хусусийлаштириш тўғрисидаги қонун қабул қилинди. 250 та йирик корхонанинг давлат улушини ва салкам 1000 та кўчмас мулк объектларини сотиш, 12 та корхона акцияларини фонд бозорларида бирламчи оммавий жойлаштириш (IPO) учун янги дастур ҳам ишга туширилди. Тадбиркорлар барқарорлиги рейтинги жорий этилди. Юқори рейтингга эга тадбиркорлик субъектлари учун солиқ текширувлари ўтказилмайди. — Мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар анық илажлар ислеп шығылған. Ендигиден былай сырт ел инвесторлары акциялардан алынып атырған дивидендлер бойынша салықлардан үш жыл мүддетке азат етиледи. Жақында меншиклестириў ҳаққындағы нызам қабыл етилди. 250 ири кәрхананың мәмлекетлик үлеси ҳәм дерлик 1000 көшпес мүлк объектлерин сатыў, 12 кәрхана акцияларын фонд базарларында бирлемши ғалабалық жайластырыў (IPO) ушын жаңа бағдарлама да иске түсирилди. Исбилерменлер турақлылығы рейтинги енгизилди. Жоқары рейтингге ийе исбилерменлик субъектлери ушын салық тексериўлери өткерилмейди. Facebook|Instagram|X
Show all...