cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ

Билимлендириўге байланыслы Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды, мағлыўматларды турақлы түрде @malakanews телеграм каналы арқалы бақлап барың.

Show more
Advertising posts
1 787Subscribers
+624 hours
-37 days
-3430 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

#Onlayn_vebinar Respublikamızdaǵı ulıwma orta bilim beriw mekteplerindegi Texnologiya páni muǵallimleri ushın onlayn vebinar shólkemlestirildi. Vebinarda Texnologiya páni metodistleri:
I.Aytnazarov "Texnologiya sabaqlıǵında 8-klass oqıwshılardı kásip-ónerge baǵdarlawdı úyreniw metodları"; Texnologiya páni metodisti M.Paluanova "Техnologiya páni sabaqlarında qızıqlı Robototexnika"; Sh.Qurbanbaeva Amudarya rayonı 55-sanlı mekteptiń texnologiya páni mentor oqıtıwshısı "Robototexnikada ámeliy shınıǵıwlar";
Vebinar juwmaǵında muǵallimlerdiń kásiplik iskerligin rawajlandırıwshı metodikalıq kórsetpeler berildi.
Show all...
UNFPA жойбарының нәтийжелери менен бөлисти Усы жылы 25-апрель күни Пайтахтымыздағы "Массагет" мийманханасының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы ҳәм Өзбекстандағы UNFPA ўәкиллиги биргеликте 2023-жылда әмелге асырылған  «Қарақалпақстандағы денсаўлықты сақлаў мәкемелери ҳәм мектеплериндеги климатқа шыдамлы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасы ҳәм инсанларға суў, санитария ҳәм гигиена әмелияты ушын тийкар жаратыў» атамасында жойбар нәтийжелерине бағышланған ушырасыў өткерилди.
UNFPA ның мақсети – дүньяны ҳәр қандай ҳәмиледарлықтың, туўылыўдың қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын ҳәм ҳәр бир жастың потенциалы қәдирленетуғын дүньяға айландырыў. Ушырасыўда  қәнигелер тәрепинен жойбар шеңберинде исленген жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди ҳәм қатнасыўшылар исленген жумыслар ҳаққында пикир алмасып, келешекте зәрүрлиги сезилип турған мәселелер бойынша пикир усынысларын билдирди. UNFPA жойбарын әмелге асырыў нәтийжесинде мектеп муғаллимлериниң методикалық шеберлигиниң артыўына еристи. Мектеп  оқыўшыларының  ата-аналары репродуктивлик саламатлық мәселесине байланыслы болған көз-қараслары раўажланды. Оларда «гигиена» принциплери, репродуктивлик саламатлықты қорғаў усыллары ҳаққында түсиниклер пайда болды.   Ҳәзирги ўақытта кунделикли турмыста «Саламат турмыс тәризи» принциплери әмел қылынбақта. Бул жойбар арқалы  халықтың репродуктивлик саламатлығына итибары  күшейди. Семинар қатнасыўшылары  қәнигелерге усындай жойбарлар  менен бирге ислесиўге таяр екенлигин,  оны қоллап-қуўатлайтуғын айтып, өзлерин қызықтырған сораўларына  жуўаплар алды.
Каналға ағза болың:👇 https://t.me/malakanews
Show all...
ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ

Билимлендириўге байланыслы Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды, мағлыўматларды турақлы түрде @malakanews телеграм каналы арқалы бақлап барың.

Шет тили пәнлери бойынша сертификатқа ийе болған оқыўшылар имтиханнан азат етиледи 🟣Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң 2024-жыл 20-марттағы 87-санлы бўйрығы менен 2023-2024-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыўшылардың жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын шөлкемлестириў ҳәм өткериў туўралы тәртиби тастыйықланды. ✔️Усы бўйрыққа муўапық, улыўма билим бериў пәнин билиў дәрежеси туўралы мәмлекетлик үлгидеги сертификатқа ҳәмде тийисли шет тили пәнлери бойынша кеминде В1 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген дәрежедеги халық аралық тән алынған сертификатқа ийе болған оқыўшылар имтиханда белгиленген (шет тили) пәннен азат етиледи. Каналымызға ағза болың https://t.me/bilimlendiriwpress
Show all...
#Qanlıkól_rayonı ⚡️Ta'jireybe sınaw mektebine metodikalıq ja'rdem berildi ❇️ Qaraqalpaqstan Respublika Qanlıkól rayonı 2-sanlı mektepte Metodikalıq xızmet ko'rsetiw bo'limi metodisti Dj.Aytjanov ta'repinen "Ta'jireybe sınaw mektebine metodikalıq ja'rdem" temasında seminar o'tkerildi.
Seminarda  oqıtıwshılarǵa BSB, ChSB lar natiyjeleri ha'm emaktab.uz platformasında  bahalawlar haqqinda túsinik berildi. Mekteptiń oqıw isleri boyınsha direktor orınbasarı ha'm o'qitiwshilari menen I-III sherek nátiyjeleri pánler hám klaslar kesiminde talqılan,  IV-sherek ChSB na tayarlıq jumısları boyınsha usınıslar berildi. Ilajda qatnasıwshılar ozlerinin qiziqtirgan sorawlarin berip, juwaplar aldi.
Kanalǵa aǵza bolıń:👇
Show all...
Go to the archive of posts