cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Қарақалпақ Әдебияты

Сиз күткен канал ✅ Ҳеш қандай артықша өсек яки постларсыз. Канал иске түсиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.

Show more
Advertising posts
1 143
Subscribers
+224 hours
+127 days
+3230 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

01:15
Video unavailableShow in Telegram
Нөкис жуўынып атыр Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры мрамор саўытлы имәратларды, төрт қатар гәп яңлы панел жайларды, аеропортты - реактив темир қанатларды, муңлы Талларды... Руўхым аспаны алағада булт: наўрыз шақмағында гүңиренеди ол: демиккен кеңликти азада қылып муқаддес от пенен тебиренеди ол. Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры КамАз, автобуслар... қайқы ВАЗларды да. Ҳәм дәртли, ҳәм шадлы сигналлары жаңғырып қәлбимди мәнзиллерге сазлайды ма?! - Поездлар шыңғырар. Руўхымды шомылдырып атыр бул Бәҳәр - руўҳым қайтадан туўылып атыр: нурлы селде жаўрап қайта оянған Нөкис жуўынып атыр... © Автор Бахтияр Генжемуратов Дерек: @Ssirgabaeva @ADEBIYAT_QR
Show all...
🔥 6👍 4 2 2🆒 1
Жаўын Жаў, жаўа бер қатты © Автор Аитжанов Мухамметдин Қара Сөз П/Р @ADEBIYAT_QR
Show all...
👏 7👍 4🔥 1🆒 1
ҚАРЫЗЫМ КӨП Устаз Ибрайым Юсупов Жерге берилген күни  жазылған қосық ямаса достым Қуўанышбай Оразымбетов пенен сырласыў Бир Алладан бийжуўап жақсы қосық жазылмайды. Деми таўсылмағанша бендеге Жай қазылмайды. Жүректен жақсы қосық жан менен бирге шығады. Ол – тәнге жанды жетелеген Тәңримниң сазындайды… Бахтыярда қосық жоқ. Қарақалпақтан жыр кетти… "Тирилер"ден түңилип, бул дүньядан Тири кетти. Енди ғана ер жеткен Поэзия жетим қалды. Шайырларды жылатып Уллы Ибрайым пийрим кетти… Ўаҳ!.. Жоражан, қәйтейин жүрегим музлап атыр. Әлле нәрсе сызлатып ҳәм тилкимлеп дузлап атыр… Өзим ғана аңлайтуғын, өзим ғана түсинген, Асқар таўын жоғалтқан бир әлем бозлап атыр… Сум әжел, бул қара жер жақсыларға тоймады бир. Адамлар Сорша көксин ойғанын ҳеш қоймады бир. Жүреклердиң төрлеринен орын алған Ағамлар, Ўаҳ!.. Жоражан! Кең дүньяға неге,неге сыймады бир?!. Мен бүгин бул Соршада бир кәрамат – Сезим көрдим. Ағамның Жер Жайында Ҳақыйқаттың Көзин көрдим. Аршы Әлем Ағласына Периштелер алып ушты, Пийримди қушағына қолым менен өзим бердим… Бул дүньяға, жоражан, айтатуғын арызым көп. Өзим билген ҳәм билмеген өтеўим шәрт парызым көп. Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар: Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп… © Автор Бахтыяр Генжемуратов Нөкис. Сорша. 2008-жыл, 27-июль @b_genjemuratov @Merwert_uz @ADEBIYAT_QR
Show all...
10👍 6😢 1
Ашық Аяз - Ибрайым туўылған жерде. (Ибрайымның жолына) Шүкиранаға толы кеўил ханамыз, Созсақ қолды космосқа ҳәм барамыз, Гүўлеген жабайы самаллар еспес, Кирге қарсы Тумариса анамыз, Белин батырларша буўынған жерде. Сезип жүрмен бул жердиң бар кийеси, Саҳрайы ҳақ кеўил халық ийеси, Умыт болды тар жол тайғақ кешиўлер, Сулайман атамыздың минген түйеси... Шөгип мен жеттим деп бақырған жерде. "Қой үстинен бүгин торғай жумалар", Шағала шарқылдап, шөлди суў алар, Бердақ руўхлары Жайхундай тасып, Әпши қуўырылған халқым қуўанар, Шайыр жалаң аяқ жуўырған жерде. Шығып қарар болсаң Үстирт үстинен, Жулдыз жымыңлайды бәлент көшкиден, Бағынан зағ ушып, бүлбил сайрайды, Ишлери кир душпанлардың дәстинен, Әжинияз наҳақтан қуўылған жерде. Зиялы болған соң сырттан сатылып, Қасым, Избасарлар иске шатылып, Кеткен менен олар умыт болмайды, Келгиндилер тәрепинен атылып, Қанлары жамғырға жуўылған жерде. Ҳақкеўил халықпыз еңсемиз бийик, Түркий халықларға беремиз кейип, Шегарам бар, ана тилим сөйлеп тур, Аллаярым: "Хош қал Бозатаў" дейип, Шыбын жаны наҳақ қыйылған жерде, Булақты бағдарлап жолға салады, Билим дәрьясынан шөлиң қанады, Елде уллы алым Әл Берунийдиң, Даңқлы жулдызлары парлап жанады, Илим көкирегине қуйылған жерде. Бәс байлассаң шақыраўық ғазым бар, Қус салмаға келсең алғыр базым бар, Жыраўларым дәстан дизип айтқанда, Бабалардан мийрас қобыз сазым бар, Қорқыт бабасына сыйынған жерде. Билимсиздиң сөзи қырға қайырлар, Ябыға жол бермес қарабайырлар, Ушығаның қыйқымындай қәстерли, Сөз патшасы Ибрайымдай шайырлар, Киндик қаны тамып туўылған жерде. Ийнимизге қумай қусы қонып тур, Бахыт шарабына кесең толып тур, Туристке қонақ жай қара үйлериң, Аспан астындағы музей болып тур, Дузлы шаңғытларды суўырған жерде. Мың шүкир ел болдық жәннет дегендей, Елге бир, жерге бир нәўбет дегендей, Нәжиматдин, Абадан сазгерлерим бар, Халқыма таланттан әўмет келгендей, Дузлы суўдан аўзы уўылған жерде. "Қара жорға" аттың шабысларындай, Зада қыздың уғрын бағысларындай, Халқымның көксинде мухаббат болып, Әмиўдиң талўаслы ағысларындай, Ибрайым мәңги жасар туўылған жерде. © Автор Гүлистан Дәўлетова 30.04.2018 @ADEBIYAT_QR
Show all...
👍 8 3🔥 2
Photo unavailableShow in Telegram
БИР ӘЛЕМСИЗ.. Поэзияны мен теңизге теңесем, Мендей бунда мың сан қайық көресиз. Сол теңизде мен жүзиўди қәлесем, Сиз бундағы жол баслаўшы кемесиз. Поэзияны мен теңесем аспанға, Бир шетинде қалқып жүрген қустаймыз, Жетпесекте изиңнен жол басқанда, Сиз көрсеткен жолдан ғана ушқаймыз. Поэзияны мегзетсем мен шөллерге, Бизлер кәрўан, ал сиз баслап барғансыз. Шөлистанды бағ жаратып гүллерге, Безетип бир өрнек болған бағмансыз. Бул поэзия болса мысал ормандай, Нарттан шыққан мисли шыбық талдаймыз, Сиз Байтерек бунда биз нәр алғандай, Жолыңызды даўамлаймыз, жалғаймыз. Поэзияны жайнатқан бир шәменсиз, Ойып ойып жазған алтын қәлемсиз, Шайыр халқы болса бунда бир әлем, Ал сиз басқа.. Сиз басқа бир әлемсиз. © Автор каналымыз ағзасы Жанго Алланиязович 5-май. 2020жыл. @ADEBIYAT_QR
Show all...
9👍 4🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
Ассалаўма Әлейкум каналымыз ағзалары. Бугин Өзбекстан Кахарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық Шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған куни. Шайыр Ағамыз өзиниң қосықлары менен хәр бир Қарақалпақ перзентиниң журегинен орын алып улгерген. Сиз ҳеш қашан сөнбейсиз 《Поэзия жулдызы》. Ҳәмийше қәлбимиздесиз. Пурсаттан пайдаланып Шайыр Ағамыздың шаңарақ ағзаларын каналымыз ағзалары хәм администрациясы тәрепинен қутлықлап қаламыз. Ҳештен көре кеш дегенимиздей кеш болсада қутлықлап атырман. Әлбетте бул ушын өзимнен және сиз әзийзлерден кеширим сорайман. Хурмет пенен Қарақалпақ Әдебияты каналы басқарыўшысы @ADEBIYAT_QR
Show all...
12👍 2🎉 1
Photo unavailableShow in Telegram
Тең келмейди аўылымның шаңына Сулыў-сулыў қалалардың нешеси, Мәйли болсын тас қаланған көшеси, Алыс кетсем тартып турған нәшеси, Тең келмейди аўылымның шаңына. Интизарман хәр күн атқан таңына, Мийўаға малынған бақша-бағына, Байласаңда турғым келмес қалаңда, Тең келмейди аўылымның шаңына. Халқымның байлығы пахта, салы бар, Өрисинде пада-пада малы бар, Мейли болсын ең атақлы қалалар, Тең келмейди аўылымның шаңына. Көзге ысық жакын тартқан жаныма, Топырағы қарысқан хәм қаныма, Мениң ушын өзге журттың барлығы, Тең келмейди аўылымның шаңына. Магар келер болсам гәптиң хағына, Такрар-такрар айтар едим тағыда, “Алтын уям“- туўған жерден басқасы, Тең келмейди аўылымның шаңына. © Автор Акшолпан Аманияз 14.08.2019 жыл @ADEBIYAT_QR
Show all...
👍 18 6🔥 2
01:56
Video unavailableShow in Telegram
Халал той Арақ қойыý керекпе той бергенде, Пикир талас усы жерге келгенде, Жақсы нәрсе болса егер, не ушын Жаназаға қоймас адам өлгенде. Хадал мийнет ислеп жүрип неге биз, Тойымызды харам ас пен беремиз, Мың жағынан дyрыс емес десе де, Әззимизғой, нәпсимизге еремиз. Дастурханға қойған пулды бөлип тең, Яшик-яшик арақ түсер көликтен, Ел халықтан уят болар деймиз дә, Ал Қудайдан уялмаймыз неликтен. Ишпегенди сынағынан өткермей, Ишинде бир жүйрек жүрер гәп бермей, Жаслар ушын ишиң дейди, тап Алла, Арақ ушын бахыт ýәде еткендей. Бахты болып ашылған соң маңлайы, Перзент ушын той бергенде арнайы, Балам буннан аулақ жүр деп айтыуға, Әкелердиң жетпей жүрме жағдайы, Керисинше ишилмесе болмас деп, Қонақлардың кеули буннан толмас деп, Қартайған соң отырады хор болып, Неге балам ишимликке жолдас деп. Арасында ишемиз деп өзлерин, Ақлап шығар айтып түрли сөзлерин, Ийне кирди, қазық кирди парқы не, Қайткенде де ағып түсер көзлериң. Той дегениң қуýаныштың белгиси, Ал ишимлик мүсийбеттиң егизи, Соның ушын таслайық бул иллетти, Ақылыңыз жетип турғо негизи. © Автор Бабаниязов Қыдырнияз 30.03.2022 @ADEBIYAT_QR
Show all...
18🔥 3👍 1💯 1