cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

ҚАРАҚАЛПАҚ Автожол

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы рәсмий каналы Байланыс: @kkavtojol_bot Веб-сайт: www.qqavtojol.uz Facebook: https://www.facebook.com/qaraqalpaqavtojol Twitter: https://twitter.com/qqavtojol

Show more
Advertising posts
1 217
Subscribers
-224 hours
+317 days
+2130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

#Ижтимоий_ролик ❗️Умр — тезликдан муҳимдир! ‼️Ўзингиз ва яқинларингиз ҳаётини хавф остига қўйманг! 🌐 Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram Instagram Youtube
Show all...
#E’LON!📣 Qoraqalpog‘iston Respublikasi Avtomobil yo‘llari bosh boshqarmasi Vazirlar Mahkamasining 2024-yil 24-apreldagi “Umumiy foydalanishdagi avtomobil yo‘llarini ekspluatatsiya qilish ishlarini autsorsing asosida xususiy sektor tomonidan amalga oshirishni tashkil etish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi 233-sonli qaroriga asosan tajriba sinov tariqasida umumiy foydalanishdagi avtomobil yo‘llarini ekspluatatsiya qilish ishlariga autsorsing asosida xususiy sektor jalb qilinishini ma’lum qiladi. Obyekt: A380 “G‘uzor—Buxoro—Nukus—Beyneu” avtomobil yo‘lining 648—668- kilometri. 🖥Tenderda ishtirok etishni istovchilar uchun  LOT:24110012358773 ☎️Ma’lumot uchun telefon: (71) 207-67-68 (430)
Show all...
👍 3 1👏 1
Repost from Karakalpakstan.uz
Húrmetli, qaraqalpaqstanlı jaslar! Sizlerdi 10-may kúni, saat 18:00 de Nókis oraylıq amfiteatrında bolıp ótetuǵın Bozataw FEST — Jaslar hawazı festivalınıń saltanatlı ashılıw máresimine mirát etemiz. 🤩 KIRIW BIYPUL
Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Show all...
💠 Хожели районлық жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен район аймағындағы 4к41 автомобиль жолыныӊ 3—4-километр бөлиминде оӊлаў жумыслары алып барылмақта. 🏢 Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасы Мәлимлеме хызмети
Show all...
💠 Республикалық әҳмийетке ийе 4Р177 «Қанлыкөл темир жол бәндиргиси – Шоманай – Қарабайлы» автомобиль жолыныӊ 51–52-км аралығында кесип алып оӊлаў жумыслары алып барылмақта. ✔️ Айтып өтиў орынлы, киши көлемли оӊлаў жумыслары шеӊберинде сыртқы қапламаға ислеў бериўде кесип алып оӊлаўдыӊ әҳмийети үлкен болып, бунда автомобиль жолыныӊ жарамсыз бөлегине форма бериў жолы менен ислеў берилип, жаӊадан асфальт төселеди. 🏢 Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасы Мәлимлеме хызмети
Show all...
#Қарақалпақстан_телеканалы 💠 4р176«Нөкис—Шымбай—Тахтакөпир» автомобиль жолы ҳәм 4р176а автомобиль жолында алып барылып атырған реконструкция жумыслары «Хабар» бағдарламасында. 🏢 Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасы Мәлимлеме хызмети
Show all...
Eslew bar eken millet jasaydı 9-may —Eslew hám qádirlew kúni hámde Ekinshi jáhán urısında erisilgen jeńistiń 79 jıllıǵı belgilendi. Bayram múnásibeti menen paytaxtımız Nókis qalasındaǵı "Hásiretli ana" esteligi maydanına mámleketlik hám jámiyetlik uyımlar, sonday-aq, keń jámiyetshilik wákilleri toplandı. Sol qatarda, Qaraqalpaqstan RespublikasıAvtomobil jolları bas basqarması miynet jámááti aǵzalarıda bayram múnásibeti menen "Hásiretli ana" esteligine gúlsheńber qoyıp, Ekinshi jer júzlik urısta qurban bolǵanlardıń esteligine húrmet kórsetip gúl sheńberler qoydı.
Show all...
👍 2
Repost from Joqarǵi keńes.uz
ЕСЛЕЎ БАР ЕКЕН МИЛЛЕТ ЖАСАЙДЫ 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жәҳән урысында ерисилген жеңистиң 79 жыллығы белгиленди. Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти. Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мекеме шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды. — ХОТИРА БОР ЭКАН МИЛЛАТ ЯШАЙДИ 9 май – Хотира ва қадрлаш куни умумхалқ байрами, шунингдек, Иккинчи жаҳон урушида фашизм устидан қозонилган ғалабанинг 79 йиллиги нишонланди. Байрам муносабати билан пойтахтимиз Нукус шаҳридаги «Мотамсаро она» ёдгорлиги майдонида давлат ва жамоат ташкилотлари, шунингдек, кенг жамоатчилик вакиллари йиғилди. Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев байрам муносабати билан «Мотамсаро она» ёдгорлиги пойига гулчамбар қўйиб, Иккинчи жаҳон урушида қурбон бўлганларнинг ёдгорлигига ҳурмат кўрсатди. Шунингдек, Қуролли Кучлар тизимига кирувчи тузилмалар вакиллари, идора ва ташкилотлар, кенг жамоатчилик вакиллари билан ёшлар ҳам ёдгорлик пойига гул қўйди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары! Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз. Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз. Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз. Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи. Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз. Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз! Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
👍 1
Avtomatlashtirilgan to'lov tizimi Nukusda ham joriy qilindi muxbir: Aydana Allambergenova #Qoraqalpog’iston Respublikasi @hududtv
Show all...