cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

Show more
Advertising posts
104 129Subscribers
-34924 hours
-4647 days
+3 20230 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

⚡️Қарақалпақ шайырларының шығармалары инглиз тилинде жәрияланды Биринши мәрте уллы шайырлар Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповтың шығармалар топламынан ибарат улыўма 242 бетли китап инглиз тилинде баспадан шығып, дүнья аудиториясына усынылды. Бүгинги күнде китап Аmazon.com глобал интернет дүканына сатыўға қойылған. "Қарақалпақтың үш шайыры" деп аталған бул китапқа Аmazon.com интернет дүканында халық аўызеки ҳәм классикалық поезиясына тийкарланған Орайлык Азияның ең уллы әдебиятларының бири деп тәрийп берилген. Топламнан Бердақтың "Шежире", Әжинияздың "Бозатаў" ҳәм Ибрайым Юсуповтың "Арал элегиясы" шығармалары орын алған. Китап британиялы шайыр Эндрю Станиланд тәрепинен, Гулбахар Изентаева, Шахноза Кеңесбай қызы, Айнура Назырбаева, Нилуфар Абдуллаева, Наргиза Уразымбетова ҳәм Гулназ Жадигеровалар жәрдеминде инглиз тилине аўдарылған. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Нөкис қаласында Мас-Рестлинг бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери өткериледи Усы жылдың 15-20-май күнлери Нөкис қаласында спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди. Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, Мас-Рестлинг спорт түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәретебе өткерилмекте. Болып өтетуғын мәнзил: Т.Қайыпбергенов көшеси 52-жай. Бағдар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи. 👉 @Karakalpak24
Show all...
▪️▪️▪️▪️▪️ «GRAND MED SERVICE» клиникасында қарын алды дийуалы грыжаларын лапароскоп усылында хещ кандай кеспелерсиз 1 кун ищинде тауир кылыу жолга койылды! ✅ Пупочная грыжа ✅ Паховая грыжа ✅ Вентральная грыжа ✅ После операционная грыжа 🅰️Егерде сизди қарын алды дийуалы грыжаларынан қыйналып журген болсаңыз клиникамызга келип көринип кетсеңиз болады. 👨‍⚕️Доктор: Асанов Бахадыр ☎️Мағлыумат ушын: 99 572 77 72 😎Чат: @dr_bakhadir_asanov ______ 🌐 Жумыс уақты: Дуйшемби - Шемби (1-6) Саат: 09:00 - 17:00 ге шекем 📍Мәнзил: «GRAND MED SERVICE» Нөкис қаласы, Таң Нуры 175, РесГаз 💙 TELEGRAM 🌐 INSTAGRAM Реклама
Show all...
"Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи? Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи: ➖ социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар; ➖ кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер; ➖ бағыўшысынан айырылған шаңарақлар; ➖ көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар; ➖ мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар; ➖ медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар; ➖ жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Ертең Ипотека банкоматлары ўақытша ислемейди АКИБ «Ипотека банк» Қарақалпақстан Республикасы филиалына тийисли банкоматлар 27-28-апрель күнлери филиалға тийисли Uzcad ҳәм Humo банкоматлары ўақытша ислемейди. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Нормадан артық "тонировка" ушын жәрийма жоқ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 126-статьясында "техник регламентке муўапық болмаған көзгисыман ҳәм (ямаса) түси өзгертилген (қарайтылған) айналы транспорт қуралларынан, сондай-ақ айдаўшының жан-әтирапты көриўин шеклейтуғын қосымша нәрселер орнатылған ямаса сүртилген транспорт қуралларынан пайдаланыў, буннан айналар түсин өзгертиў (қарайтыў) ушын тийисли рухсатнама берилген транспорт қуралларынан тысқары", етип белгиленген. Бул статьяда адвокат Абдумаликовтың айтыўынша, нормадан артық қарайған айналар ҳаққында гәп-сөз бармайды. Демек, егер "тонировка"ға рухсатнама бар болып бирақ белгиленген нормадан артып кеткен болса буның ушын ҲЖҳК 126-статьясы бойынша жәрийма қоллаў мүмкин емес. Бундай жағдайларда инспектор айдаўшыдан айна плёнкаларын сол жердиң өзинде шешип алып таслаўын талап етиўи мүмкин. 👉 @Karakalpak24
Show all...
#Тайынлаў Уббиева Гуласен Амангелдиевна - Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынланды. Г. Уббиева усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм басланғыш шөлкемлер менен ислесиў бойынша бас қәнигеси лаўазымында жумыс алып барған. 👉 @Karakalpak24
Show all...
2025-жыл 1-январдан баслап: интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў искерлигин ҳәм букмекерлик искерликти әмелге асырылыўға рухсат бериледи — президент пәрманы. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Истанбулда теракт өткерген Суртяды ҳаял 1794 жыллық қамақ жазасына ҳүким етилди Прокурор Аҳлам Албаширға 3009 жыллық қамақ жазасын сораған бирақ судья жазаны бираз «жеңиллетиўге» қарар еткен. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Нөкис қаласында Мас-Рестлинг бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери өткериледи Усы жылдың 15-20-май күнлери Нөкис қаласында спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди. Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, Мас-Рестлинг спорт түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәретебе өткерилмекте. Болып өтетуғын мәнзил: Т.Қайыпбергенов көшеси 52-жай. Бағдар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи. 👉 @Karakalpak24
Show all...