cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Мəнзилсиз хатлар...

Show more
Advertising posts
467
Subscribers
-124 hours
-37 days
-830 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Photo unavailableShow in Telegram
Руўхымызды суўсынландырған «Әмиўдәрья» Ана-Ўатаныӊызды, халқыӊызды, туўған жериӊизди, миллетиӊиз тилин сүйетуғын болсаӊыз ҳәм оныӊ жасаўын қәлесеӊиз: биринши нәўбетте оларды ушығаныӊ қыйқымындай кѳрип қәдир тутыӊ, дурыс сѳйлең, ѳсип-раўажланыўына ѳз үлесиӊизди қосыӊ. Буныӊ ушын баспасѳзден қол үзбең, жазылыӊ, оқыӊ, үйрениӊ, руўхый дуньяӊызды байытыӊ. Кѳркем әдебий шығармалары менен 92 жыл даўамында ярым китап ҳалында басылып, қаншадан-қанша әўладлардыӊ суйикли басылымы болып киятырған ”Әмиўдәрья” журналы сизлерге руўхый жақтан қап-қолдаслыққа бәрҳама таяр. Халқыңыздыӊ, миллетиӊиздиӊ, ѳзиӊиздиӊ бирден-бир журналыӊызды қоллап-қуўатлаўды умытпағайсыз, буныӊ ушын оған, әлбетте, жазылыӊ! 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Show all...
👍 4👏 1
00:57
Video unavailableShow in Telegram
#Process 🎓ERKIN IZLENIWSHI hàm de DOKTORANTLAR ushın Pedagogika ilimleri doktorı, professor Abılova Gulbaxar Jalģasbaevnanıň 20 jıllıq tájiriybesi tiykarında ashılǵan: "Dissertaciya dùzilisi hàm jazıw sırları" offline kursı baslandı. 💻 İlim izertlewshilerdiň sorawları boyınsha online kursqa qabıllaw baslandı. Sabaqlar zoom arqalı ótiledi. ⏳ Qabıllaw 10-aprelge shekem dawam etedi. Baylanıs ushın👉 @ElmuratovnaT 975740193 @Ilimiy_maqala
Show all...
👍 2
Photo unavailableShow in Telegram
"PhD Dissertaciya duzilisi hàm jazìw sìrlarì " kursìmìz tìñlawshìmìzdan pikirler...Raxmet! 2-gruppaģa jazìlìw ushìn👇👇👇 @ElmuratovnaT 975740193 @Ilimiy_maqala
Show all...
00:58
Video unavailableShow in Telegram
👩‍💻👨‍💻Hùrmetli kanalımız aģzaları!!! 🎓ERKIN IZLENIWSHI hàm de DOKTORANTLAR ushin ONLINE KURS (SABAQLAR ZOOM ARQALÌ ÒTILEDI) Pedagogika ilimleri doktorı, professor Abılova Gulbaxar Jalģasbaevna òziniň 20 jıllıq tájiriybesi tiykarında ashılǵan: "Dissertaciya dùzilisi hàm jazıw sırları" offline kursına qabıllawdı basladı. ⏳Kurs waqtı:1ay Gruppaǵa qabıllanıwshı izertlewshiler sanı sheklengen:10 ✅✅✅ Online kurs tólemi: 1mln 800 swm. Baslanıw waqtı: 10-aprel Bul kurs 12 sabaqtan ibarat. 10 sabaq lekciya (jobadan avtoreferatqa shekem); 1sabaq temańız boyınsha IMRAD talabında maqala jazıw  ùstinde jumıs islew; 1sabaq ózinizdiń kurstaģi sabaqlar dawamında uyrengenlerińiz tiykarında jumıstı baslaw, àmeliyat.    Dizimnen òtiń! Gruppaģa qosılıń! Izertlew jumısıňız ùstinde jumıs islewdi baslañ👇👇👇 Dizimnen ótiw ushın📗👇 @ElmuratovnaT 975740193 @Ilimiy_maqala
Show all...
" Phd dissertatsiya duzilisi hàm jaziw sìrlarì " kursimizdin online hàmde offline 2- gruppalarìna qabìllaw dawam etpekte... Orinlar sani sheklengen. Doktorant hàmde Erkin izleniwshiler Jas ilimpazlar akademiyasì Jobadan avtoreferatqa shekem sizler menen birgemiz!!! Baylanìs ushìn:👇👇👇 @ElmuratovnaT 975740193 @Ilimiy_maqala
Show all...
Ана тәбиятымыз экологиялық апатларды бастан кеширип атырғаны сыр емес. Жақында бир жасы үлкенимиз экологиялық машқалаларды келтирип ҳәййиў дөретиў керек екенлиги ҳаққында айтып, бир жазып көр иним деп еди. Қолдан келгенше ҳәрекет еттик. ҲӘЙЙИЎ Шөлде гезген туўалақтай, Қырғаўылды қуўалап әй, Ойна балам тәй-тәй басып, Шапқыласқан жәйранлардай.. Ҳәййиў, ҳәййиў ҳәй балам әй, Сексеўилдей сен панам әй... Саялы бол гүжимлердей, Мийўалы бол жүзимлердей, Арал толсын сен үлкейсең, Тура бермес бүгингидей. Айналайын ай балам-аў, Дузға толған айналаң-аў, Еркин елде берип қойған, Имканияттан пайдалан-аў. Елиң болып жасыл мәкан, Күнлер келсин теңиз толған, Бекирелер ойнап суўда, Орынлансын уллы әрман. Ана жердиң ойла ғамын, Өширместен үмит шамын, Тирилтип ал илим менен, Теңизимниң өлген жанын... Өсип турсын әдираспан, Үйрен бәрин әўел бастан. "Маяклар" ға от алыстыр, Жол тапсын жолдан адасқан. Жолбарыстай айбатлы бол, Көк бөридей ғайратлы бол. Қара таўдай көзге түсип, Жылжымастай саўлатлы бол... Ҳәййиў балам, ҳәййиў дейин, Елимди мен жәннет дейин. Ҳәзирден сүй тәбиятты, Келешекке жол силтейин. Ҳәййиў, ҳәййиў ҳәй балам-әй... Әбдирахман Зергер @zergerqosiqlari
Show all...
👍 10🤩 1
Photo unavailableShow in Telegram
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли заманласлар! Сизди ҳәм сиз арқалы кирип келген үлкен байрам, түркий халықлардың жаңа жылы, Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлаймыз. Шаңарағыңызға аўызбиршилик, мол ырысқы-несийбе ҳәм әлбетте беккем ден-саўлық тилеймиз. Өмириңиз ҳәр қашан бәҳәр гүллериндей сулыў болсын, қәдирданларым! Әбдирахман Зергер 21-март 2024-жыл. @zergerqosiqlari
Show all...
3
Photo unavailableShow in Telegram
НЕ ДЕЙИН Бизден артық, ал базыда "биз" артық, Гәп табалмай талай мәрте қызардық. Бахты күлгир "гөззал"ларды узатып, Ең соңында жалғыз дүзде қалдық па? Бой жеткен қыз көрингенде жөтелип, Қыялларда бираз исти бежерип. Жоралардың балаларын көтерип, Отырыспада түрли ойға талдық па? Жеңгейлердиң күнделикли темасы, Қыз апаның айтар биз рекламасы, Төрт-бес жылдан қартаямыз шамасы, Әй жоражан бас қосайық шадлыққа. Әкем пақыр ақлық сүйиў әрманы, Ал, анамның кетти бираз дәрманы, Айта берсең, қыялдың ең жаманы, "Бойдақ қайнаға" дер "атақ" алдық па?! "Бир кесе суў" гүң тилимди сайратты, Үмитим сүйсем деп ләби қаймақты, Бир шеттен ақтарып аўыл-аймақты, Өзимизди усы ҳалға салдық па? Еле де кеш емес, сабыры беккем, Не саўға алар-ек зыятын шектен. Буйырса дейип бир "болжаў"ды етсем, Сиз гүўа боласыз үлкен "шадлық"қа... Әбдирахман Зергер. 20-март 2024-жыл @zergerqosiqlari
Show all...
👍 17😁 1
Photo unavailableShow in Telegram
Ҳүрметли ҳаял-қызларымызды бүгинги байрам менен қутлықлаймыз! @zergerqosiqlari
Show all...
8🥰 2
00:29
Video unavailableShow in Telegram
📣📣 Дыққат Дыққат !! Сиз перзентиңиздиң ақылый тәрептен жақсы раўажланыўын қәлейсиз бе? ✳  БИЗ БАСЛАДЫҚ! МЕНТАЛ АРИФМЕТИКА КУРСЫ 🧮📚 Балалар ментал арифметиканы үйрениў арқалы нелерге ийе болады: 🔘Санларды қыялда есаплаў🧠 🔘Фотографиялық яд ҳәм жоқары дәрежедеги еслеў қәбилети🌀 🔘Консентрация🎯 🔘Логика/Шерлок Холмс методы🕵🏰 🔘Лидерлик қәбилети👩‍🎓👨‍🎓 🔘Жаратыўшаңлық💭 🔘 Сабақларды өзлестириў қәбилети жақсыланады. Дизимнен өтиў ушын👇 📱 975077755 📩 @Sarbinaz_Aytmuratova 🔰 Мәнзил: "United school" оқыў орайы (Бағдар: Ҳамкор банк қасында) ❗️Бир группаға тек ғана 12 бала қабылланады! 📌 Биринши ай ушын 20% шегирме бар! Үлгерип қаламыз! 🧮🧮🧮🧮🧮🧮🧮🧮🧮🧮🧮 https://t.me/Ilimiy_maqala
Show all...