cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

QON'IRAT HAQIYQATI

QON'IRAT HAQIYQATI Қоңырат районының жәмийетлик-сиясий газетасы

Show more
Advertising posts
2 388
Subscribers
-1024 hours
-277 days
-30130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

#ҚАРАҚАЛПАҚСТАН_ТЕЛЕКАНАЛЫ #ХАБАР БӨДЕНЕ-КӘНИ ПАЙДА Бөдене тек ғана сайраўы менен адамларды өзине тартып қоймастан, сондай-ақ, гөшиниң де, мәйегиниң де саламатлыққа  пайдасы үлкен. Сол себепли, бул қусты  бағыў ҳәм көбейтиў ҳәзирги күнде экономикалық жақтан  дәраматлы  тараўға айналмақта. ТОЛЫҚ ВИДЕО➡️:🌐https://youtube.com/watch?v=p2C8dfsvtG8&si=JbH_dQp8BqaaNJ3s Telegram | Website | Instagram | УouTube
Show all...
🔥 1
🐝    
Пал ҳәррешилиги-  бул тек бизнес емес, ал турмыс тәризи.  Пал ҳәррелерин бақлаўдың өзи инсан қәлбине қәтержамлық ҳәм жыллылық инам ете алады.              Мансур Джуманиязов.
https://www.instagram.com/reel/C6mUXLoNdgz/?igsh=MXN3OTQyZ2FoaTYzZw== •┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄• Telegram | Website | Instagram | УouTube
Show all...
👍 1🎉 1
ТАДБИРКОРЛАР ДИҚҚАТИГА❗️ ❇️Қўнғирот тумани “Қўнғирот” ОФЙ, Мевазор кўчаси, 28а-уйда жойлашган (Собиқ колбоса заводи ёнида) ги “Иссиқхона” мулкий мажмуаси сотувга қўйилди. (Объект “E-AUKSION” электрон-онлайн аукцион савдосига 9077866-лот) ✅Бошланғич баҳоси 1 млрд. 79 млн. сўм. 💠Шунингдек, ушбу объект тадбиркорларнинг таклифига кўра “Асака банк” АТБ томонидан сотиб олиш тўловини 5-7 йилга бўлиб тўлаш имконияти билан ҳам сотиши мумкин. Бунинг учун тадбиркор томонидан бошланғич нархнинг камида 10 фоизи олдиндан тўланиши лозим. ♻️Қўшимча маълумот "Асака банк" АТБдан олиш мумкин. Телефон рақами: Асака банк 90 262 60 10, Қўнғирот тумани ҳокимлиги 93 366 94 49 https://e-auksion.uz/lot-view?lot_id=9077866 🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Telegram | Website | Instagram | УouTube
Show all...
👍 2
"JAQSÍ " Sózi: Ajiniyaz Qosıbay ulı Adam ulı adam qádirin bilmese, Onnan dúzde otlap júrgen mal jaqsı Aytqan sózdiń maǵanasın bilmese, Ol adamnan tilsiz ósken lal jaqsı. Kisiniń yarına kúlip baqqannan, Shıbın janın ishqı otına jaqqannan, Óz boyıńa túri nasaq taqqannan, Óz yarıńnıń tárbiyasın ber jaqsı. Giyne qılıp jurttı taslap ketkennen, Qádirin bilmes jerde xızmet yetkennen, Jat yellerde músápirlik shekkennen, Urıp-soǵıp qorlasa da yel jaqsı. https://t.me/qonirathaqiyqati
Show all...
👍 6
Axborot 24 | «Adiblar xiyoboni»da qoraqalpoq ijodkorlariga bag‘ishlangan adabiy-badiiy kecha tashkil etildi Axborot 24 | "Shayırlar qıyabanı"nda qaraqalpaq dóretiwshilerine baǵıshlanǵan ádebiy keshe shólkemlestirildi. #4may #uzbekiston24 Telegram | Website | Instagram | УouTube
Show all...
2👍 1😢 1
Qaraqalpaq poeziyasınıń bayteregi 95 jasta Shabar bolsań, arǵımaqtay arqıra,  Ushar bolsań, suńqarday ush sharq ura,  Jigerińdi jumsap jaslay xalqıńa,  Eldiń mápin kóz nurıńday baǵıp ót. Búgin, 5-may — qaraqalpaq poeziyasınıń bayteregi Ibrayım Yusupov tuwılǵanına 95 jıl toldı. Ózbekstan Qaharmanı, Ózbekstan hám Qaraqalpaqstan xalıq shayırı Ibrayım Yusupov 1929-jılı, 5-mayda Shımbay rayonınıń Azat awılında dúnyaǵa kelgen. Ullı shayır «El-jurt húrmeti», «Doslıq» ordenleri hám Berdaq atındaǵı mámleketlik sıylıq penen de sıylıqlanǵan. Onıń qosıqları qazaq, ukrain, belarus, gruzin, latısh, bolgar hám basqa da xalıqlardıń tillerine awdarılǵan. Ol 2008-jılı 24-iyulda dúnyadan ótti. Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Show all...
👍 1
Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-майда Шымбай районында туўылған. Шайырдың «Күншығыс жолаўшысына», «Бахыт лирикасы», Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», ««Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атамасындағы қосық китаплары ҳәм «Таңламалы шығармалары» топламлары басып шығарылған. Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдармаланды. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды. Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы барқулла ардақланып, еске алынады.  Республикамызда өткерилиўи дәстүрге айланған «Үш әўлад» ушырасыўларында да шайыр Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилиги айрықша тилге алынып келинбекте.   Қарақалпақ әдебиятының қос байтерегиниң бири, белгили шайыр, Өзбекстан қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлерине мүнәсип деп табылған пазыйлетли инсанды халқымыз барқулла ядында сақлайды. Оның өлмес мийрасы болса әдебиятымыздың гүлтажы сыпатында әўладларға үлкен руўхый азық дереги болып хызмет етеди. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
👍 1
#ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️ Ертең, 6-май күни аукцион саўдаларында ойналатуғын "Көкдәрья" АПЖ ҳәм " Хорезм" АПЖ аймақларындағы дийхан хожалығы жерлери саўдасы басланады, қатнасыўға улгерип қалың! Төмендеги силтемени басыў арқалы лотлар менен танысып шығыўыңыз мүмкин: https://e-auksion.uz/lots?group=24&category=127&index=1&page=1&lt=0&at=0&order=0&region=13&area=180 Telegram| Website| Instagram| УouTube
Show all...
Ассалаўма әлейкүм қәдири бәлент каналымыз ағзалары! 5-май Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күни! Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының 95 жыллығы менен бәрше каналымыз ағзаларын шын кеўилден қутлықлаймыз! Аязий атамыздың жатқан жери жәннети, топырағы торқа болсын! Бәрше шәкиртлерине руўхлары яр болып, исин даўам еттириўши инсанларға шайыр атамыздың шарапаты тийсин! Жасыл жапырақ самал менен ойнаса, Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса, Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса, Сен жанасаң поэзия жулдызы. Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз! https://t.me/qonirathaqiyqati
Show all...
👍 3
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Қоңырат районында ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша кең қамтыўлы жумыслар баслап жиберилди Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халық ийгилиги жолында белгилеп берилген барлық реформалар «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында республикамызда даўам еттирилмекте. Бул илажлар шеңберинде бир ғана өткен жылдың өзинде республикамыз бойынша жәми 1000 км.ден аслам жоллар оңланды, 600 км.ден артық топырақ жоллар тас жолларға айландырылды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районы турғынлары, нураныйлар ҳәм тараў басшылары менен болып өткен ушырасыўда районда басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша жумыслар кең қамтыўлы даўам еттирилетуғынлығын атап өтти. Усы тийкарда бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўы менен Қоңырат районында жумыслар баслап жиберилди. Айтып өтиў орынлы, районда 2023-жыл даўамында 118,2 км жоллар қум-тас араласпалы жолларға айландырылды. Усы жылда Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында Қоңырат районында 20  мәҳалледе жәми 7,4 млрд. сумлық 28,0 км ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен 9 мәҳалледе  21,7 млрд. сумлық  121,0 км жәми 357 көшеге 149,0 км ишки топырақ жолларға қум-таслы араласпасын жатқызыў арқалы халықты қыйнап келген мәселелерге шешим табыў белгиленген. Усы бүгинниң өзинде «Ханжап» ҳәм «Тарақлы» мәҳәллелериндеги ишки жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Әлбетте, бул басламаның тийкарғы идеясы ҳәм мақсети халықтың машқалаларына шешим таўып, олардың бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў есапланады ҳәм бул ийгиликли жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам еттириледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
👍 10