cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

СИЗЛЕР УШЫН

Бул каналда: ✅Пайдалы кеңеслер ✅Қызықлы мағлыўматлар ✅Даналық пикирлер ✅Ибратлы ўақыялар ✅Логикалық сораўлар ✅Қарақалпақша статуслар ✅Мотивация ✅Психология Бәршеси СИЗЛЕР УШЫН! Байланыс ушын: @siz_ushin_bot Пикир алмасыў ушын топарымыз: @sizlerushin

Show more
Advertising posts
1 073
Subscribers
+524 hours
+57 days
-4130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Ҳайыт байрамына тийисли әдеплер       Ҳайыт байрамы жәмийеттеги ҳәмме мөмин-мусылман инсанлар ушын қуўаныш ҳәм шадлық күни. Ҳайыт байрамы екеў болып, олардан бири Рамазан айы оразасын тутқаннан кейин болса, екиншиси ҳажылар Арафат таўына барғанда байрамланады. Мусылманлар қуўаныш пенен күтип алатуғын бул еки байрамды өткериўдиң өзине жараса әдеплери бар. Оларға әмел қылған мусылман көплеп саўапларға ериседи.       Ҳайыт байрамының әдеплери дегенде төмендегилер түсиниледи: 1. Қалыс нийет қылыў; 2. Ғусыл қылыў; 3. Хош ийисли әтир себиў; 4. Таза кийимлер кийиў; 5. Рамазан ҳайытынан алдын питир садақасын бериў; 6. Рамазан ҳайыты намазын оқыўдан алдын бир, еки хурма жеп алыў; 7. Қурбан ҳайытында қурбанлық қылыўдан алдын ҳеш нәрсе жемеў; 8. Ҳайыт намазына ерте барыў; 9. Ҳайыт намазына балаларды алып шығыў; 10. Мешитке пияда барыў; 11. Мешитке баратырғанда даўысын көтерип тәҳлил ҳәм тәкбир айтыў; 12. Ҳайыт намазынан алдын нәпил намаз оқымаў; 13. Ҳайыт намазы ушын азан ҳәм тәкбир айтпаў; 14. Ҳайыт намазын хутба қылыўдан алдын оқыў; 15. Имамның жәмәәтке жүзленип хутба қылыўы; 16. Қурбанлық ҳайўанын ҳайыт намазынан кейин сойыў; 17. Бир-бирин ҳайыт байрамы менен қутлықлаў; 18. Мешиттен уйге қайтқанда  келген жолынан басқа жол менен қайтыў; 19. Ағайын-туўысқанларды зыярат қылыў; 20. Қоңсыларды байрам менен қутлықлаў; 21. Жас балаларды қуўантыў; 22. Ысырапқа алып барыўшы ислерден тыйылыў; “Ислам әдеплери энциклопедиясы” китабынан https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 8
Photo unavailableShow in Telegram
🌙✨Ассалаўма әлейкум әзизлер! Сизлерди ҳәм сиз арқалы шаңарақ ағзаларыңызды Қурбан ҳайыты менен шын кеўилден қутлықлаймыз! Сизлерге денсаўлық, бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық, аманлық, кеўиллериңизге қәтержамлық тилеймиз. @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 4
ҚАРАҚАЛПАҚ АТ ҚАЛДЫ Шайпатылып ғаўға менен урыстан, Жалғыз қолы босамаған қылыштан, Бир жағының жаўын тыйдым дегенде, Тағы душпан ғаўлап келип урысқан. Жаўға қанын берди, төрин бермеди, Гелле кетпей қарыс жерин бермеди, Ойлап турсам, ата-баба ғәриплер, Өмир ушын не мүсийбет көрмеди! Қан ақса да, көзден жасы ақпады, Ел намысын қурбан менен ақлады. Усыншама улан-байтақ үлкени, Урпағына мийрасым деп сақлады. Балық пенен қусы болды көлинде, Гүнде менен кетпен турды жеринде. Жасыл гия малларының азығы, Орақ турды қыстырылған белинде. Ырыс берди суўы менен кесеги, Бул − елеси өмиримниң кешеги. «Қарақалпақ ел болыўдан қалды» деп, Бийкарланды жаўдың айтқан өсеги. Гейде жаманлады, гейде мақталды, Гейде шарықлады, гейде тоқталды. Ақырында, бир мың жылдан естелик, Кең мәканлы қарақалпақ ат қалды. Тилеўберген Жумамуратов @Tilewbergen_Jumamuratov @SIZLER_USHIN
Show all...
🔥 6👍 2👏 1
АҢЛАДЫМ Жасымнан көрип заманды, Аңладым жақсы-жаманды. Жәҳәнниң гезип көп жерин, Сайран еттим еллерин. Дүньяның жүзи кең екен, Бәршеге қуяш тең екен. Гей жерлери тар екен, Қысылшаңлар бар екен. Суўық болса, ыссы бар, Ашшы болса, душшы бар. Жақсылар бар, жаман бар, Билгир болса, надан бар. Өмир бар жерде қулаў бар, Шадлық пенен жылаў бар, Рәҳәт турмыс елим бар, Қулпы дөнген жерим бар. Мың жасағым келеди, Адамға, әттең, өлим бар. Оқысам китап бурыннан, Адамнан адам қырылған. Дүнья да өзи тамаша, Қарсылықтан қурылған. ©Тилеӯберген Жумамуратов @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 5🔥 1
АДАМЗАТ Адам-адам болғалы, Қолына қурал алғалы, Жақсылық пенен жаманлық, Билгирлик пенен наданлық, Бир-бирине болып жаў, Үзилмеди, жәнжел-даў. Қутырған соң жаманлық, Болмады ҳеш аманлық: Дәўлет ушын, бақ ушын, Ҳәмел ушын, тахт ушын, Ийтлик етип қыймаға, Сыймағандай дүньяға, Артық-аспай жер ушын, Байлық ушын, ел ушын, Болар-болмас мин ушын, Дәстүр ушын, дин ушын, Өгиз болып сүзисти, Қораз болып жулысты, Түлки болып өбисти, Жылқы болып тебисти, Арысландай айқасты, Айыўлардай шайқасты, Бир-бирине от басты, Жылан болып уў шашты, Асаўлардай туўласты, Сағаллардай шуўласты, Бир тынбады удайы, Ғарғағандай қудайы, Ҳеш ким аман қалмады, Барлығын жер жалмады, Әй, адамзат, адамзат, Жасасаңшы парахат, Билмедиң бе еле сен, Урыспай-ақ өлесең. ©Тилеўберген Жумамуратов @Tilewbergen_Jumamuratov @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 8🔥 1
МАҚТАЎ Күтип алды қонақты, Гүлдәсте берип қолына, Узатып қалды қонақты, Жақсылық тилеп жолына. Көзинше қанша мақтады, "Айрықша туўған дана" деп, Кеткеннен кейин жақпады, "Ақмақлығын қара" деп. Берип түрли тамақты, Сыйлаўдан әрман қалған жоқ, Кеткен соң сөкти қонақты, Жақсы атақ алған жоқ. Ҳәмелиң барда мақталып, Күншиллик жағы тағы бар, Бәрин де билер ҳақ ҳалық, Қуласаң жала жабылар. ©Тилеўберген Жумамуратов @Tilewbergen_Jumamuratov @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 10🔥 1
ТИЛЕЎБЕРГЕН ҚӘДИРЛИ ТУЎЫЛҒАН ЖЕРГЕ Жүзден жүйрик, мыӊнан шыққан тулпар   ‌  ол, Поэзия аспанында суӊқар   ‌  ол. Тилеўберген   ‌  бул дүньяға мәӊгилик, Айдынына ғазлар қонған шалқар  ‌  ол, Арал, қарақалпақ бар болған жерде. Жалқаў, нәкасларға бәрҳа қас болды, Инсапсыз, нәмәҳремге кеўли тас болды. Көзин ашып, киндик қаны тамған жер, Аралдыӊ дәртинен көзи жас болды, Қайықлар қайырлап қырлаған жерде. Дизилди қатарлар жулдыздай болып, Арал түбиндеги қундыздай болып, Булағынан  елдиӊ шөлин қандырды, Қосығы салланған   бир қыздай болып,  Кеўилди толқытты оқыған жерде. Ақын Үмбеталы қазақ шайырды, Бир сөз бенен Тилеўберген "майырды", «Шымылдықты алған өзлериниз» деп, Қәрекеӊнен жаман атты айырды, Кесип кетер еди сөз келген жерде. ‌ Ойпырмай, қүдирет ғой мына шайырыӊ, ‌ Дәрья ғой, қәйтерсеӊ сөздиӊ тайынын, Таўып айтқан сөзге бизде қолқа жоқ, Жеӊермен, деп едим, таўып қайымын, Мен сөзден тарықтым, утылған жерде… Таӊлайына  берген екен қудайым, Мен жеӊилдим, алдыӊызға қулайын, Бала, деппен, сөзи - қызыл қылыш ғой, Бундай шайыр мыӊ жасағай, илайым ,‌ Депти кирерге ин тар болған жерде. Мәскүнем, парахор оған қас болды, Нәкасларды көрсе, кеўли тас болды, Сайызлар қаймықты қыл қәлеминен, Қосығын оқыса, халық мәс болды, Мүшайра қазаны қайнаған жерде. Умыт болмас сөзден маржан тергенлер, Зер қәдирин билип атыр зергерлер, Ийниӊизге ҳүрмет тоны жабылар, Шәкиртлер көп, устаз тутып ергенлер, Сөзден ғалы гилем тоқыған жерде. Таӊға кирпик илмей илҳәмға ердим, Аққумда Сиз бенен маржанлар тердим, Туўылған ел әдиўлейди улындай, Шайырдың мыӊ жыллық қәдирин көрдим, Айдары желбиреп жуўырған жерде. Алтынға бергисиз ул-қызлар менен, Өмирдиӊ жалғасы   ‌  жулдызлар менен, Поэзия   ‌  бир елтери тон болса, Жағасына қояр қундызлар менен, Сиз мәӊги жасайсыз туўылған жерде! ©Гүлистан Дәўлетова @Tilewbergen_Jumamuratov @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 5
Адам болсаң жәмийетке дерексең, Қосылмасаң тамыры жоқ терексең, Ойламасаң тек өзиңнен басқаны, Айтшы қәне, сен кимлерге керексең! ©Т.Жумамуратов @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 15🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
15-июнь - Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Т.Жумамуратовтың туўылған күни. @SIZLER_USHIN
Show all...
👍 9 2
#Ҳәзил - Мийнет демалысынан да тезирек таўсылатуғын нәрсе не? - Демалыс ушын берилген пул. @SIZLER_USHIN
Show all...
😁 11🤣 8👏 4