cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Show more
Advertising posts
12 617
Subscribers
-1624 hours
-487 days
-34130 days
Posting time distributions

Data loading in progress...

Find out who reads your channel

This graph will show you who besides your subscribers reads your channel and learn about other sources of traffic.
Views Sources
Publication analysis
PostsViews
Shares
Views dynamics
01
НЕГЕ СОРАМАЙСАҢ?    Бир жарлы адам бар еди. Ол биреўдиң қолында жумыс ислейтуғын, жумысына ықласлы, ислерин пухта қылыўға ҳәрекет ететуғын еди. Соның менен бирге анасы, ҳаялы ҳәм перзентлериниң де напақасын қылатуғын еди. Ол бир күни жумысқа келмей қалды. Баслығы өзинше: «Ис ҳақысына бир динар қосып берсем жумысқа келетуғын шығар. Дурыс, ол ис ҳақымды көбейтсин деп жумысқа келмеген, себеби оған мүтәж екенимди биледи-дә», деп ойлады.    Ертеңине ол жумысқа келди. Баслығы оның ис ҳақысына бир динар қосып берди. Ол ҳеш нәрсе демеди, баслығынан қосымша пулдың себебин сорамады да. Арадан бираз ўақыт өтип ол жарлы адам және жумысқа келмеди. Бул сапары баслығы қатты ғәзепленди ҳәм өзине-өзи: «Қосып берген бир динарымды кемейтемен», деди де ертеңине жарлы адамға бир динарды кем қылып берди. Бул сапары да ол адам ҳеш нәрсе демеди, не ушын ис ҳақысы кемейтилгенин сорамады да. Баслығы оның өзин тутыўынан таңланып: «Ис ҳақыңды асырып берсем де, кемейтип берсем де не ушын оған қызықпайсаң, неге себебин сорамайсаң?», деп сорады.    Ол адам баслығына: «Биринши рет жумысқа келмегенимде, Аллаҳ таала маған перзент неъматын берген еди. Соннан кейин сиз бир динар қосып бердиңиз. Сонда мен: «Бул перзентимниң ырысқы, өзи менен бирге келди», деген едим. Екинши рет жумысқа келмегенимде анам қайтыс болған еди. Сиз сол гезде бир динар кемейттиңиз. Мен: «Сол бир динар анамның ырысқы еди. Ол қайтыс болғанда бул да тоқтады» деп ойладым», деген екен. 🌐Telegram каналымыз
1 81616Loading...
02
#Қараң    ҲАЯЛДЫҢ ЕСИ ЖАРЫМ ЕМЕС    Бала анасын тойғанша емеди. Анада калций азаяды, тислери аўырады. Бул бала үлкейемен дегенше даўам етип қоймай, үлкейгенинен кейин де уўайымда болады.    Бала үлкейгенинен кейин, аяғын үсти-үстине қойып алып, ҳәр түрли орталықларда «ҳаял адамның ақылы жоқ, еси жарым», деп мыңғырлап отырады.    Ҳәй «КӘМИЛ» ақыл ийеси! Сен ақылың қалай кәмил болғаны ҳаққында сирә ойлап көргенбе едиң?! Сениң сол «КӘМИЛ» ақылың «ЕСИ ЖАРЫМ» ҳаял себепли кәмилликке ериспедиме? t.me/nasiyatuz
2 24233Loading...
03
#Жума_марузасы "Суў сеўиспек дәстүри қаяқтан шықты" 📱http://t.me/nasiyatuz
1 7207Loading...
04
#Зики ТАҢДА АЙТЫЛАТУҒЫН ЗИКИР    Әбиў Саъид әл-Худрий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким: "Родийту билләҳи Роббән ўә бил Исләми динән ўә би-Муҳаммадин соллаллоҳу алайҳи ўә сәлләмә росулән"  десе, оған жәннет ўәжиб болады", деди. ✍ Имам Әбиў Даўыд рәўияты.    Мәниси: Аллаҳты Рәббим, Исламды диним, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды (Аллаҳтың) Расулы деп разы болдым. 📱http://t.me/nasiyatuz
2 71623Loading...
05
#Таңғы_сәлемнама 🍃🌹АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ🌹🍃     ☀️ Егер сизге жаңа күн жетип келсе...     ✨ Оны гүналар менен ренжитпең! Себеби ол ҳеш қашан қайтып келмейтуғын Қонақ...     🌟 Ғәниймет болған Қонаққа "Хош келдиңиз!", деп айтың... Соң парызларды гөззал бежериў, сүннетлерди шырайлы ада қылыў, Қуранды тилаўат қылыў ҳәм тәўбени жаңалаў менен Оны икрам қылың! ☺️🌺      🌞 Өйткени, қонағын қуўантып, жақсы жуўмақлар менен шығарып салыў мөминге сай қәсийетлерден! 🌸 Субҳаналлаҳ! 🌺 Әлҳәмдүлилләҳ! 🌷 Аллаҳу әкбәр! 🌹 Ләә ҳәўлә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ! 🌼күниңиз кеўилли өтсин қәдирлим🌼 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 📱http://t.me/nasiyatuz
3 34819Loading...
06
Нөкис ўақты менен 4-июнь күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
2 61910Loading...
07
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында өткерилген “ХАТМАНА  – 2024” питкериў кешесинен көринислер. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
2 0054Loading...
08
#жаңалықлар ⏩Илаж барысында билим журты 4-курс талабалары Мамасолиев Аҳмаджон ҳәмде Нажиматдинов Мухамматдин Қураны кәриймниң қыраат жѳнелисинде Ҳафстың Имам Асымнан ҳәмде Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан “Ижаза” алғанлығы мүнәсибети менен билим журты тәрепинен мақтаў жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.  🟢Сондай-ақ, шаққан, зийрек талабалардың ата-аналарына да билим журты жәмәәти атынан алғыснамалар берилди. Байрам илажына келген ата-аналар да билим журтымызда өзлериниң бар билимлерин, тәлим-тәрбия берген устазларға миннетдаршылық билдирип, ҳақыларына дуўалар қылды. 🟢Илаж соңында билим журты талабалары тәрепинен Қуран тиләўат қылынып, саўабы Ўатанымыз, халқымыз, динимиз ушын усы елде хызмет еткен уламаларға, устазларға ҳәм басқа да марҳумларға бағышланды.  🟢Усы тәризде «Хатмана – 2024» питкериў кешеси көтериңки руўхта жуўмақланды. 👨‍💻Билим журты баспасѳз хызмети Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
1 9491Loading...
09
#жаңалықлар БИЛИМ ЖУРТЫМЫЗ ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНИҢ «ХАТМАНА – 2024» БАЙРАМ КЕШЕСИ ӨТКЕРИЛДИ 🗣Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында “ХАТМАНА  – 2024” питкериў кешеси болып өтти. ✅Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, билим журты оқытыўшылары, хызметкерлери, талабалары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. ✅Иләж Қураны кәрийм тиләўаты ҳәм дуўалар менен басланды. Илаж даўамында Р.Нуразизов питкериўшилерди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси атынан қутлықлап, питкериўши талабалар ишинде ѳзиниң оқыўда, жәмийетлик ислерде, әдеп икрамлық пазыйлетлери менен басқаларға ѳрнек болған, сондай-ақ ҳәр қыйлы руўхый ағартыўшылық жумысларында белсенди қатнасып сыйлы орынлар алып келген талабаларға өз саўғаларын тапсырды. ⏺Кешемиз мийманы Б.Разовта өз гезегинде питкериўшилерге өз насиятларын берип кешемизге келген ата-аналарды усы байрам менен қутлықлады. Соң билим журты директоры Ж.Абдиразаков питкериўшилерге алдында турған жуўапкершиликли ислери ҳақкында тоқтап және бир мәрте ескертип өтти ҳам ийгиликли ислеринде табыслар тилеп талабаларды ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
1 6371Loading...
10
#ҲӘДИС 10. ӘМЕЛЛЕРДИ ДАЎАМЫЙ БЕЖЕРИЎ ҲАҚҚЫНДА وَعَنْ عَبْدِ اللهِ بْنِ عَمْرِو بْنِ العَاصِ رَضِيَ اللهُ عَنْهُمَا قَالَ: قَالَ لِي رَسُولُ اللهِ صَلَّى اللهُ عَلَيهِ وَسَلَّمَ: «يَا عَبْدَ اللهِ لاَ تَكُنْ مِثْلَ فُلاَنٍ، كَانَ يَقُومُ اللَّيْلَ فَتَرَكَ قِيامَ اللَّيْلِ». مُتَّفَقٌ عَلَيهِ. Абдуллаҳ ибн Амр ибн Асс разыяллау анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳәй Абдуллаҳ, пәленше сыяқлы болма. Ол алдынлары түнде (таҳажжүд намазына) туратуғын еди, кейин түнги турыўды таслап қойды», деди. ✍️Муттафақун алайҳ. 📜 Түсиндирме: Усы ҳәдисте, алдын ибадатта беккем турып, кейин айырым себеплерге көре таслап қоятуғынлардың ақыбетин көрип атырмыз. Себеби ол Аллаҳ ҳәм Расулы парыз қылған нәрсени де бежермеди, өзине мәжбүрият қылып алған нәрсени де даўам еттирмеди. Ең жақсы ис Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ҳәм Оның саҳабаларына ериў болып саналады. Себеби олар аз болса да әмеллерде даўамый болған. Егер аз болса да Аллаҳ ушын қалыс болса ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳ алайҳи ўа салламның ҳидаятына дурыс келсе, даўам еттириў лазым. ☝️Ҳәдистен үйренгенлеримиз: 1. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам пәленше деп айтыўы, сол адамды масқара қылмай, исмин жасырып зикир қылыўы, нәбәўий уллы әдеплерден бири есапланады. 2. Түңги таҳажжуд намазының әҳмийетли екени, ҳәттеки оны таслап қойыўдан қайтарғаны. 3. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабалардың турмысын ҳәм әмеллерин тексерип, бақлап турыўы ҳәм оларда кемшилик көрсе нәсият қылып турыўы. 4. Мусылман адам жақсылықты бежериўде даўамый болады ҳәм оны таслап қоймайды. «« »» «« »» «« »» «« »» «« »» «« »» «« »» t.me/nasiyatuz
2 18210Loading...
11
ӘКЕЛЕР ҲАҚҚЫНДА 🔹1. Әке үйге кирип келгенде дәрриў турып, орын бериў лазым. 🔹2. Әке менен кетип баратырғанда оның руқсатысыз оннан алдын жүрмеў керек. 🔹3. Әке перзент ушын бирер мийрас қалдырмаса да, оған арланылмайды. 🔹4. Әке бар үйде үйлениўге ҳәм кеңес қылыўға мүтәж болынбайды. 🔹5. Әкениң қасында ямаса ол кирип келгенде жанбаслап жатылмайды. 🔹6. Әке үйде жоқ гезинде желинген нәрселерден бөлек оған алып қойыў пазыйлетли әмел. 🔹7. Мансаплы шахс болсаң да әкең шақырғанда атыңнан түсип, алдында таяр турыўға асық! Сен жумысыңда мансаплысаң, әкең үстинде емес! 🔹8. Әкеңниң жанындағы салыҳ кисилерге жақын бол, егер әкең қайтыс болса олар менен қатнасығыңды үзбе! АНАЛАР ҲАҚҚЫНДА 🔸1.Саўға биринши анаға кейин әкеге берилиўи жақсы. 🔸2. Жасап атырған болса да, қайтыс болған болса да олардың ҳақысына бәрқулла дуўада болыў лазым. 🔸3. Аналардың жүзине түскен әжимлер, қолларының жарылып кетиўи - сен ҳәм аға-инилериң, әжапа-қарындасларыңның себебинен екенин бил! 🔸4. Саған берген ақ сүти оның мийриминен, бирақ сениң оған берген тағамың гейде миннетли ҳәм азарлы болып қалады. 🔸5. Оған сен ҳәр күни көринип жүр, себеби ол сени көриўи сен оған мыңлаған сандық алтын, гүмислер бергениңнен жақсы. 🔸6. Тири екенинде барыңша оған таўазели ҳәм шийрин сөзли бол, бир күни оны жоғалтсаң армансыз боласаң. 🔸7. Ҳайыт күнлери баўырыңа басып оны қушақла! Ол сени ҳәр күни қушақлап, ийисиңнен тойып заўықланғанын есиңнен шығарма! http://t.me/nasiyatuz
3 13492Loading...
12
#Таңғы_зикир МҮБӘРЕК КӘЛИЙМА Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким бир күнде: لا إله إلا الله وحده لا شريك له، له الملك و له الحمد و هو على كل شيء قدير "Ләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийкә ләҳ, ләҳүл мүлкү ўә ләҳүл ҳамдү ўә ҳүўә ъаләә күлли шәйин қодийр", деп жүз рет айтса, он қул азат қылған менен тең болады. Оған жүз жақсылық жазылады, жүз жаманлығы өшириледи, кеш боламан дегенше шайтаннан аманда болады. Оның бул әмелинен абзалырақ исти ҳеш ким қыла алмайды. Тек усы кәлиймаларды (оннан) көбирек айтқан адам ғана озып кетиўи мүмкин" - деди. (Муттафақун алайҳ). Мәниси: "Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ. Ол жалғыз шериги жоқ. Мүлик (патшалық) ҳәм (ҳәмме) мақтаў Ол ушын ҳәм Ол ҳәмме нәрсеге Қәдир". 🪷 🌺 🪷 🌺 🪷 🌺 🪷 🌺 🪷 🌺 🪷 📱http://t.me/nasiyatuz
2 92717Loading...
13
#Таңғы_сәлемнама 🌞 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! ☺️ 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🍃🌱 Жаңадан атқан таң! 🌱🍃 🌸 Жаңадан басланған ҳәпте! 🌺 🌺 Жаңадан дүзген жобалар! 🌸 🌸 Жаңадан баслайжақ ислер! 🌺 🌺 Жаңадан болатуғын дослар! 🌸 🌸 Жаңадан алатуғын илимлер! - қутлы ҳәм берекетли болсын! 🌺 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 Жаңа күн, жаңа ҳәпте, жаңа жобалар сизге жаңа бахытлы сәтлерди алып келсин! 🌹 ☘ Аллаҳ таала сизиң жаңадан болатуғын ислериңизде сизге күш-ғайрат берсин! ☘ 🍀 Жаңа күн сәтли болсын! 🍀 🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹 📱http://t.me/nasiyatuz
3 18332Loading...
14
Нөкис ўақты менен 3-июнь күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
3 0608Loading...
15
#жума_марузасынан #әҳмийетли 📹 "ИЙМАН – ЕҢ ҮЛКЕН ЖӘРДЕМШИ!". 🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. @nasiyatuz
3 1766Loading...
16
#Қараң СЫРТЫ ҚАЛТЫРАҚ, ИШИ ЖЫЛТЫРАҚ Ески липастағы ҳаял ҳәм гөне костюм кийген еркек Бостонда поездден түсип қалды ҳәм Гарвард университети ректоры қабыллаўханасына ушырасыў ўақтын белгилемей кирип келди. Хатшы қыз бул еки посқынға уқсаған ерли-зайыплының Гарвардда не жумысы бар екен, деп әпшерин бүрситти. – Биз ректор менен көрисежақ едик, – деди еркек әлпайымлық пенен. – Оның дерлик бос ўақыты болмайды, – деди қатшы қыз ашыўланған көринисте. – Мейли, биз күтемиз, – деп ҳаял жуўап берди. Хатшы қыз оларды төрт сааттай күттирип қойды. Ол ерли-зайыплының шыдамы таўысылып қайтып кетиўин қәлейтуғын еди. Бирақ олар кетпеди. Хатшының болса ашыўы келди. Ақмақлық деп билсе-де, ректорға хабар бериўге қарар қылды: – Мүмкин сиз бир нешше минут олар менен көриссеңиз қайтып кетерме еди – деди хатшы қыз ректорға. Ректор суўық демин алып разы болғанының белгиси ретинде басын қыймылдатты. Ректор әҳмийетли инсан болғаны ушын ҳәр ким менен де узақ сәўбетлесиў ушын ўақыты жоқ еди. Ол қабыллаўханасының көркин бузып атырған ески липас ҳәм гөне костюмнан жеркенди. Ректор кескин жүзленди ҳәм саўлат пенен ерли-зайыплы тәрепке қарап жүрип келди. – Бизлердиң Гарвардда биринши курста оқыйтуғын баламыз бар еди. Ол Гарвардды жақсы көретуғын еди. Лекин, бир жыл алдын ол қайтыс болды. Мен ҳәм ерим ол ушын кампустың («университет шарбағы» мәнисинде) бир жерине естелик қояжақ едик – деди ҳаял. – Мадам, – деди ректор қопал даўыста, – Биз Гарвардда оқып, қайтыс болған ҳәр бир адам ушын ҳәйкел қоя алмаймыз. Егер сондай қылғанымызда, бул жер қәбирстанға уқсап қалатуғын еди. – Яқ, – деди ҳаял ҳәм дәрриў түсиндирди, – Биз ҳәйкел қояжақ емеспиз. Биз Гарвард ушын жаңа бина қурып бережақ едик. Ректордың ишинен ашыўы келди. Ол және ески липас ҳәм гөне костюмға қарап айтты: – Бина?! Бина қурыўға қанша пул керек екенин өзи билесизбе? Гарварддағы биналарымыз жети ярым миллионнан зыятрақ турады! Ҳаял бир сәт үндемей турды. Ректордың кеўли тола баслады. Мүмкин енди олардан қутылатуғын шығар. Сонда ҳаял ерине қарап әсте ғана: – Университет қурыў ушын бар жоғы усыншама пул жетерлиме? Онда неге өз университетимизди қура алмаймыз? Ери басын қыймылдатты. Ректордың әпшери уялғаннан сулайып қалды. Мистер (темиржол магнаты) ҳәм Миссис Жейн Стэнфорд орынларынан турды ҳәм шығып кетти. Олар Пало Алтоға, Калифорнияға сапар қылды ҳәм сол жерде Гарвард қәдирине жетпеген баласы ушын естелик ретинде жаңа илим дәргайы – Стэнфорд университетине тийкар салды. Сонда Лелан ҳаялына: «Калифорнияның балалары бизлердиң перзентлеримиз болады», – деген еди. 15 жасында жас қайтыс болған кишкене Леланд Стэнфорд атына аталған усы илим орайы бүгинги күнде дүньядағы ең абырайлы университетлерден бирине айланған. Оның питкериўшилери «Hewlett-Packard», «Electronic Arts», «Sun Microsystems», «Nvidia», «Yahoo», «Cisco Systems», «Silicon Graphics», «TSMC» ҳәм «Google» сыяқлы ири компанияларға тийкар салған. бина – бина етиў, бина болыў. 1. Имәрат салыў, жай салыў, үй қурыў, там салыў, қурылыс қурыў. (Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги I-бап) «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» баспасы. Нөкис – 1982 💬https://t.me/nasiyatuz
3 27214Loading...
17
ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ ЗИКИР ЕТИЛГЕН ПАЙҒАМБАРЛАР 1. Адам (алайҳиссалам). 2. Идрис (алайҳиссалам). 3. Нуҳ (алайҳиссалам). 4. Ҳуд (алайҳиссалам). 5. Солиҳ (алайҳиссалам). 6. Ибраҳим (алайҳиссалам). 7. Лут (алайҳиссалам). 8. Исмайыл (алайҳиссалам). 9. Исҳақ (алайҳиссалам). 10. Яъқуб (алайҳиссалам). 11. Юсуф (алайҳиссалам). 12. Айюб (алайҳиссалам). 13. Шуайб (алайҳиссалам). 14. Муўса (алайҳиссалам). 15. Ҳарун (алайҳиссалам). 16. Юнус (алайҳиссалам). 17. Даўыт (алайҳиссалам). 18. Сулайман (алайҳиссалам). 19. Ильяс (алайҳиссалам). 20. Ал-Ясаъ (алайҳиссалам). 21. Зәкария (алайҳиссалам). 22. Яҳя (алайҳиссалам). 23. Зул-Кифл (алайҳиссалам). 24. Ийса (алайҳиссалам). 25. Муҳаммад (алайҳиссалам). https://t.me/nasiyatuz
3 00270Loading...
18
#зикир Таңда оқылатуғын дуўа    Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:    "Қайсы бир бенде ҳәр таңда ҳәм түнде: بِاسْمِ اللهِ الَّذِي لاَ يَضُرُّ مَعَ اسْمِهِ شَيْءٌ فِي الأَرْضِ وَلاَ فِي السَّمَاء وَهُوَ السَّمِيعُ العَلِيمُ "Бисмилләҳилләзий ләә ядурру маъсмиҳи щәйьүн фийларди ўә ләә фийссәмәәий ўә ҳүўәс сәмиъул ъалийм", деп үш мәрте айтса, оған бирде бир нәрсе зыян бермейди", деди. (Мәниси: "Сондай Аллаҳтың аты менен баслайман, Оның аты себепли жер ҳәм аспанда ҳеш бир нәрсе зыян бере алмайды. Ол Еситиўши ҳәм Билиўши").    Әбиў Даўыд ҳәм Термизий рәўияты.   🍃🌸🍃🌸🍃🌸🍃🌸🍃🌸🍃🌸🍃 📱http://t.me/nasiyatuz
3 06117Loading...
19
#Таңғы_сәлемнама 《Assalamu alaykum QÁDIRLIM!》   🍃• Allahǵa duwa qılıw menen baslanǵan tań qanday jaqsı...   🌿• Allahtan duwa qılıp soraw, Oǵan mútáj ekenińdi moyınlap, Onıń bendesi ekenińdi bildirgeniń boladı...   ☘• Allah taala soraǵan bendesin jaqsı kóredi, soramaǵan bendesine ǵázeplenedi... 🍀• Adamlardan sorasań jaman kóredi. Allahtan sorasań, Onıń saǵan muhabbatı artadı...   💐• Allah taalanıń rahmeti aspanlar hám jerden de keń. Solay eken, Onıń rahmetinen úmitsiz bolmay adamlardıń qıyalına kelmeytuǵın dárejedegi  úlken hám kóp nárselerdi sora...   🌱• Allahım, ómirimizdiń qalǵan bólegin ótmishimizden shıraylı qıl...       Áámin...    ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 t.me/nasiyatuz
3 12716Loading...
20
Нөкис ўақты менен 2-июнь күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
3 3606Loading...
21
#жума_марузасынан #әҳмийетли 📹 "ҲӘР БИР ИНСАН ЕРТЕҢГИ КҮНГЕ ҚАНДАЙ ӘМЕЛ ИСЛЕГЕНИНЕ НӘЗЕР САЛСЫН!". 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱      🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. @nasiyatuz
4 39712Loading...
22
АТА-АНАНЫ СЫЙЛАЎ ДЕГЕНИМИЗ НЕ? Қураны кәриймде: «(Биз инсанға буйырдық): «Маған ҳәм ата-анаңа шүкир қыл! Қайтыў – тек Маған» (Луқман сүреси, 14-аят). Усы аяттағы «Ата-анаңа шүкир қыл» деген сөз нени билдиреди? Аятты түсиндирген тәфсир алымлары «Ата-анаға шүкирлик етиўдиң» көринислери деп төмендегилерди көрсетеди: – Олардың қасында телефон шуқламаў, яғный кеўил бөлиў; – айтқанларына қулақ түриў, итибар менен тыңлаў; – қандай мәселе болса, сол мәселеге олардың көзи менен қарап, жағдайды олардың дәрежеси менен баҳалай билиў; – Оларға мийриманшылық пенен, ҳүрмет пенен қараў; – Олардың бар екенине шүкирлик қылыў, рыза болыў, қушақлаў; – екеўине ең шырайлы, жыллы сөзлериңизди арнаў; – Оларға қабақ үйип емес, күлимлеп қараў; – тек жақсы жаңалықларыңызды айтып қуўантыў; – гейбир кеўилсизликлерди, жаман хабарларды Олардан жасырып қалыў, жүреклерин аўыртпаў, уўайымға салмаў; – Олардың досларына ҳүрмет пенен қараў. Керек болса, ата-анаңыз көз жумып кетсе де, Олардың досларына ҳүрмет көрсетиў; – Олардың сизге қылған жақсылықларын мудамы еске алып жүриў, умытпаў; – сизди ренжиткен гезлери бар болса, умытыў; – бир нәрсени он рет қайталаған болса да, биринши рет еситип турғандай болып тыңлаў, итибар бериў; – Олардың қасында басқалар менен сөйлесип кетпеў; – сөзлерин бөлмеў; – сөзлериниң қәтесин таппаў; – Олардың қасында әдеп сақлап отырыў; – Олардың жасын сыйлаў; – Олардың көзинше ақлықларына бақырмаў; – айтқан ақыл-нәсиятларына қулақ түриў; – үйдеги әҳмийетли мәселелерди Олардың ақылы менен, жол көрсетиўи менен шешиў; – Оларға даўыс көтермеў; – Олардың алдынан кесип өтпеў; – Олардан бурын аўқатқа қол созбаў; – Олар менен бәрқулла мақтаныў; – Олардың көзинше терис қарап отырмаў; – басқаларға Оларды жаманламаў; – атларын айтпай, жумсақ сөз бенен шақырыў; – Олардың бақырғанына, және басқа да сөзлерине сабыр менен қараў, гәп қайтармаў; – Олар ушын бәрҳа дуўа қылыў, туўры жол, жақсылық сораў; – Оларға шаршағаныңызды көрсетпеў; – Олардың қәтеликлерине тоңқылдамаў, қыртымаў; – илтимасын жерде қалдырмаў, тапсырмаларын орынлаў; – алыста болса, Оларға тез-тез барып турыў, аўҳалын бәрҳа сорап жүриў; – Олар менен сөйлескенде ҳәр сөзге итибарлы болыў, кеўиллерин аўыртатуғын сөзлерди айтып қойыўдан сақланыў; – Олардың бар екенине шын кеўилден қуўаныў, шүкирлик қылыў; – Аллаҳдан Оларға жақсылық қылыўға мүмкиншилик бериўин сораў, сол жолда ҳәрекет етиў. Ата-ана бул – перзенттиң Жәннетке киретуғын гилти. Сизиң бул өмирде жолыңыздың болыўы менен исиңиздиң сәтине түсиўи, ақыретте Аллаҳтың разылығын алыўыңыз – Олардың ақ пәтиясы менен тиккелей байланыслы. Солай екен, ата-анаңызға ылайықлы түрде шүкир етиң! 📱http://t.me/nasiyatuz
3 43546Loading...
23
1-июнь халық аралық балаларды қорғаў күни Бул күн 1925-жылы Женевада балалар пәраўанлығына арналған Пүткил дүнья конференциясында шөлкемлестирилген болса, арадан 25 жыл өтип, яғный 1950-жылдан байрам сыпатында белгиленип келинеди. Балалар ѳмиримиздиң даўамшылары, келешегимиз ийелери. Сонлықтан, оларды асырап-абайлаў, ҳәр тәреплеме бәркәмал етип тәрбиялаў ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир ата-ананың муқәддес миннети. Бүгин усы халық аралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бѳлими ўәкиллери менен биргеликте Республикалық қǝнигелестирилген онкология илимий-ǝмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы шыпаханасында емленип атырған балалардың ҳалынан хабар алды, оларға балалар ойыншықлары берилди. Ол жердеги емленип атырған наўқасларға жаратылған қолайлықлар менен танысыўы даўамында наўқас балаларды қоллап-қуўатлаў, олардың денсаўлығын тиклеў ушын ҳүкиметимиз тәрепинен кѳплеген пǝрман-қарарлардың қабыл етилиўи, оларды социаллық жақтан қорғаў бойынша да бир қанша илажлар алып барылып атырғаны ҳаққында сәўбетлести ҳәм жǝннет райханлары болған балаларымыздың денсаўлығына Аллаҳ тааладан шыпа сорап дуўалар етти. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты @nasiyatuz
2 8711Loading...
24
Media files
3 5062Loading...
25
#Ҳәдиси_қүдсий АЛЛАҲ КИБИРЛИЛЕРДИ ЖАҚСЫ КӨРМЕЙДИ Ҳәй адам перзенти! Аллаҳ гүўалық береди, Аллаҳтан өзге илаҳ жоқ. Периштелер, илим ийелери әдалатта турақлы (тур). Ҳәким Әзиз (болған) Аллаҳтан өзге илаҳ жоқ. Әлбетте Аллаҳ нәздиндеги дин Ислам (дини). Ким Исламнан басқа динди қәлесе, (сол «дини») оннан ҳеш қашан қабыл етилмейди. Ақыретте ол кимсе зыян көриўшилерден болады. Аллаҳ барлық нәрселердиң ең жақсысы жәннетте екениниң хабарын берди. Ким Аллаҳты қалыс ҳалда таныса, кейин Оған итаат етсе, нәжат тапты. Ким шайтанды танып, оған итаат етпесе, саламат болды. Ким ҳақты танып, оған ерсе, (қәўип-қәтерден) аманда қалды. Қим батылды танып, оннан сақланса, утысқа еристи. Ким шайтанды ҳәм дүньяны танып, олардан қашса, саадатқа еристи. Ким ақыретти танып, кейин оған талпынса, ҳидаят тапты. Әлбетте Аллаҳ Өзи қәлеген адамды ҳидаят қылады ҳәм жалғыз Оған қайтарыласыз. Ҳәй Адам перзенти! Аллаҳ таала саған ырысқыңның кепиллигин берген екен, неге бул жолда көп уўайымлайсаң?! Орнын қаплаў Аллаҳтан екен, сықмарлық неге керек?! Иблис Аллаҳ тааланың душпаны екен, неге ғапыл боласаң? Жәҳәннемде азап бар екен, (бул дүньяда) қалай рәҳәтленип жүресең?! Барлық нәрсе мениң қаза қадарым менен болатуғын екен, неге сабырсызлық қыласаң?! Қолыңыздан жибергенлериңизге ғам шекпеўиңиз ушын қолыңызға киргенлерине де сүйсинип кетпең. Аллаҳ ҳеш бир кибирли, мақтаншақ кимселерди жақсы көрмейди. Имам Әбиў Ҳәмид Ғаззалий «Қырқ ҳәдиси қүдсий» китабынан. 📱http://t.me/nasiyatuz
2 9209Loading...
26
#Ибратлы МЕНИҢ КҮЙЕЎИМЕ ЖЕТЕТУҒЫНЫ ЖОҚ ЕКЕН! Бир күни бир имамның алдына бир ҳаял шағым қылып келеди: – Еки жыл бурын сиз мениң менен күйеўимниң некемизди қыйған едиңиз. Енди бизлерди ажыратыўыңызды сорап келдим. Мен күйеўим менен жасағым келмейди, – дейди. Сонда имам: – Ажырасыўыңызға не себеп? – деп сорайды. Келиншек: – Ҳәмме келиншеклердиң күйеўлери ўақтында үйине келеди, тек ғана мениң күйеўим бәрҳа кешигип келеди. Сол себепли үйде ҳәр күни урыс-қағыс болады. Қоңсы-қоба, қурбы-қурдасларыма қарасам ҳәммесиниң күйеўи келиншегин алақанына алып отырады, бирде-биреўиниң урысқанын көрмедим. Соларға қарағанымда өзимниң күйеўиме суўып кете беремен. Буған қашанға шекем шыдайман билмеймен? – депти. Келиншектиң сөзин тыңлаған имам: – Буннан басқа себеп жоқ па? – депти. Келиншек: – Аўа, мен бундай адам менен жасай алмайман – деп жуўап берипти. Имам аз ғана ойланып: – Егер усыны қәлеп турған болсаңыз ажырасыўдың илажы бар, бирақ алдын бир нәрсе ислеўиңиз керек. Ҳәзир үйиңизге барып маған мазалы пирок писирип алып келесиз. Бирақ пирок таярлаўға керек болатуғын ҳәр бир нәрсени, ҳәттеки суўы менен дузына шекем қоңсыларыңыздан сорайсыз. Және оларға не ушын сорап атырғаныңыздың себебин де жақсылап түсиндиресиз, – дейди. Келиншек үйине бара сала дәрриў иске кириседи. Қоңсы келиншекке барып: – Пәленше, маған бир шелек суў бересеңбе, – дейди. Ол: – Үйиңде краның бар емес пе? Ағып турған жоқ па? – дейди. – Суў бар-аў… Бирақ мәселе мынандай, мен бүгин имамға барып күйеўимнен шағым қылдым. Бизлерди ажырастырыўын сораған едим, маған усындай тапсырма берди, – дейди. Қоңсысы оның сөзин есите сала: – Ўай-буў, сен оны айтасаң-аў, мениң күйеўим сеникинен беттер-ғо. Сеники қайтама тәўир екен… – деп өзиниң күйеўин жаманлап кетипти. Бул қоңсысының сөзин еситип болып екинши қоңсысының үйине дуз сораўға барады. Ол қоңсысы да: – Дузың таўысылып қалдыма? Ҳәзир… – деп айтып атырған гезде дуз сораған келиншек әңгимесин айтып кетеди. – Дуз бар, бирақ мәселе мынандай, мен бүгин имамға барған едим… – бул қоңсысы да оның гәпинен кейин: – Сен соған қапа болып жүрсең бе? Сен мениң күйеўимди билмейсең-аў… – деп бул да күйеўин жаманлап кетипти. Усылайынша қайсы қоңсы, қайсы достына барса да ҳәммеси күйеўинен шағымын дәстүрхан қылыпты. Ақырында, мазалы пирок писирип, имамның алдына қайтып келеди: – Сизден Аллаҳ разы болсын! Мениң писирген пирогимды үйиңизде шаңарағыңыз бенен баҳаларсыз. Бирақ күйеўим менен ажыраспайтуғын болдым, – дейди. Имам өзин таң қалғандай қылып көрсетип: – Не болды қызым, неге пикириңнен қайтып қалдың? – депти. Сонда ҳаял қуўанып: – Мениң күйеўим басқалардикинен әдеўир жақсы екен, мениң күйеўиме жететуғыны жоқ екен! – деп жуўап берген екен. ____ @nasiyatuz
4 18657Loading...
27
#Ҳәдис #Зикир Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Ким таң намазынан кейин, еле басқа нәрсе сөйлемей турып, "Ләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийкә ләҳ, ләҳүл мүлкү ўә ләҳүл ҳәмд, юҳийй ўә юмийт, ўә ҳүўә ъәләә күлли шәйин қодийр" деп он рет айтса, он жақсылық жазылып, он жаманлық өшириледи ҳәм он дәреже көтериледи. Сол күни жаман көрген нәрсесинен сақланады. Шайтан оған жақынласа алмайды. Сол күни бирде-бир гүна иске жолықпайды. Аллаҳға ширк келтириўден басқа". ✍Имам Термизий рәўияты. Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деди: "Ким таң намазын жәмәәт пенен оқып, кейин қуяш шығаман дегенше Аллаҳты зикир қылса, кейин еки рәкат нәпил намаз оқыса, толық ҳаж ҳәм умра қылғандай саўап алады". ✍Имам Термизий рәўияты 📱http://t.me/nasiyatuz
3 11428Loading...
НЕГЕ СОРАМАЙСАҢ?    Бир жарлы адам бар еди. Ол биреўдиң қолында жумыс ислейтуғын, жумысына ықласлы, ислерин пухта қылыўға ҳәрекет ететуғын еди. Соның менен бирге анасы, ҳаялы ҳәм перзентлериниң де напақасын қылатуғын еди. Ол бир күни жумысқа келмей қалды. Баслығы өзинше: «Ис ҳақысына бир динар қосып берсем жумысқа келетуғын шығар. Дурыс, ол ис ҳақымды көбейтсин деп жумысқа келмеген, себеби оған мүтәж екенимди биледи-дә», деп ойлады.    Ертеңине ол жумысқа келди. Баслығы оның ис ҳақысына бир динар қосып берди. Ол ҳеш нәрсе демеди, баслығынан қосымша пулдың себебин сорамады да. Арадан бираз ўақыт өтип ол жарлы адам және жумысқа келмеди. Бул сапары баслығы қатты ғәзепленди ҳәм өзине-өзи: «Қосып берген бир динарымды кемейтемен», деди де ертеңине жарлы адамға бир динарды кем қылып берди. Бул сапары да ол адам ҳеш нәрсе демеди, не ушын ис ҳақысы кемейтилгенин сорамады да. Баслығы оның өзин тутыўынан таңланып: «Ис ҳақыңды асырып берсем де, кемейтип берсем де не ушын оған қызықпайсаң, неге себебин сорамайсаң?», деп сорады.    Ол адам баслығына: «Биринши рет жумысқа келмегенимде, Аллаҳ таала маған перзент неъматын берген еди. Соннан кейин сиз бир динар қосып бердиңиз. Сонда мен: «Бул перзентимниң ырысқы, өзи менен бирге келди», деген едим. Екинши рет жумысқа келмегенимде анам қайтыс болған еди. Сиз сол гезде бир динар кемейттиңиз. Мен: «Сол бир динар анамның ырысқы еди. Ол қайтыс болғанда бул да тоқтады» деп ойладым», деген екен. 🌐Telegram каналымыз
Show all...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 52 7🔥 2
#Қараң    ҲАЯЛДЫҢ ЕСИ ЖАРЫМ ЕМЕС    Бала анасын тойғанша емеди. Анада калций азаяды, тислери аўырады. Бул бала үлкейемен дегенше даўам етип қоймай, үлкейгенинен кейин де уўайымда болады.    Бала үлкейгенинен кейин, аяғын үсти-үстине қойып алып, ҳәр түрли орталықларда «ҳаял адамның ақылы жоқ, еси жарым», деп мыңғырлап отырады.    Ҳәй «КӘМИЛ» ақыл ийеси! Сен ақылың қалай кәмил болғаны ҳаққында сирә ойлап көргенбе едиң?! Сениң сол «КӘМИЛ» ақылың «ЕСИ ЖАРЫМ» ҳаял себепли кәмилликке ериспедиме? t.me/nasiyatuz
Show all...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 44 6🔥 4
01:51
Video unavailableShow in Telegram
#Жума_марузасы "Суў сеўиспек дәстүри қаяқтан шықты" 📱http://t.me/nasiyatuz
Show all...
1_Pitkeriwshi_studentler_Suw_sewispek_qayaqtan_kelgen_da'stu'r_09.mp412.41 MB
👍 11 10🔥 2
Photo unavailableShow in Telegram
#Зики ТАҢДА АЙТЫЛАТУҒЫН ЗИКИР    Әбиў Саъид әл-Худрий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким: "Родийту билләҳи Роббән ўә бил Исләми динән ўә би-Муҳаммадин соллаллоҳу алайҳи ўә сәлләмә росулән"  десе, оған жәннет ўәжиб болады", деди. ✍ Имам Әбиў Даўыд рәўияты.    Мәниси: Аллаҳты Рәббим, Исламды диним, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды (Аллаҳтың) Расулы деп разы болдым. 📱http://t.me/nasiyatuz
Show all...
🥰 12 10👍 9
00:15
Video unavailableShow in Telegram
#Таңғы_сәлемнама 🍃🌹АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ🌹🍃     ☀️ Егер сизге жаңа күн жетип келсе...     ✨ Оны гүналар менен ренжитпең! Себеби ол ҳеш қашан қайтып келмейтуғын Қонақ...     🌟 Ғәниймет болған Қонаққа "Хош келдиңиз!", деп айтың... Соң парызларды гөззал бежериў, сүннетлерди шырайлы ада қылыў, Қуранды тилаўат қылыў ҳәм тәўбени жаңалаў менен Оны икрам қылың! ☺️🌺      🌞 Өйткени, қонағын қуўантып, жақсы жуўмақлар менен шығарып салыў мөминге сай қәсийетлерден! 🌸 Субҳаналлаҳ! 🌺 Әлҳәмдүлилләҳ! 🌷 Аллаҳу әкбәр! 🌹 Ләә ҳәўлә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ! 🌼күниңиз кеўилли өтсин қәдирлим🌼 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 📱http://t.me/nasiyatuz
Show all...
IMG_7411.MP45.44 MB
👍 15 4
Photo unavailableShow in Telegram
Нөкис ўақты менен 4-июнь күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Show all...
👍 12 2
02:20
Video unavailableShow in Telegram
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында өткерилген “ХАТМАНА  – 2024” питкериў кешесинен көринислер. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
Show all...
Sequence 01.mp443.28 MB
👍 19 1
#жаңалықлар ⏩Илаж барысында билим журты 4-курс талабалары Мамасолиев Аҳмаджон ҳәмде Нажиматдинов Мухамматдин Қураны кәриймниң қыраат жѳнелисинде Ҳафстың Имам Асымнан ҳәмде Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан “Ижаза” алғанлығы мүнәсибети менен билим журты тәрепинен мақтаў жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.  🟢Сондай-ақ, шаққан, зийрек талабалардың ата-аналарына да билим журты жәмәәти атынан алғыснамалар берилди. Байрам илажына келген ата-аналар да билим журтымызда өзлериниң бар билимлерин, тәлим-тәрбия берген устазларға миннетдаршылық билдирип, ҳақыларына дуўалар қылды. 🟢Илаж соңында билим журты талабалары тәрепинен Қуран тиләўат қылынып, саўабы Ўатанымыз, халқымыз, динимиз ушын усы елде хызмет еткен уламаларға, устазларға ҳәм басқа да марҳумларға бағышланды.  🟢Усы тәризде «Хатмана – 2024» питкериў кешеси көтериңки руўхта жуўмақланды. 👨‍💻Билим журты баспасѳз хызмети Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
Show all...
👍 13 1
#жаңалықлар
БИЛИМ ЖУРТЫМЫЗ ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНИҢ «ХАТМАНА – 2024» БАЙРАМ КЕШЕСИ ӨТКЕРИЛДИ
🗣Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында “ХАТМАНА  – 2024” питкериў кешеси болып өтти. ✅Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, билим журты оқытыўшылары, хызметкерлери, талабалары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. ✅Иләж Қураны кәрийм тиләўаты ҳәм дуўалар менен басланды. Илаж даўамында Р.Нуразизов питкериўшилерди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси атынан қутлықлап, питкериўши талабалар ишинде ѳзиниң оқыўда, жәмийетлик ислерде, әдеп икрамлық пазыйлетлери менен басқаларға ѳрнек болған, сондай-ақ ҳәр қыйлы руўхый ағартыўшылық жумысларында белсенди қатнасып сыйлы орынлар алып келген талабаларға өз саўғаларын тапсырды. ⏺Кешемиз мийманы Б.Разовта өз гезегинде питкериўшилерге өз насиятларын берип кешемизге келген ата-аналарды усы байрам менен қутлықлады. Соң билим журты директоры Ж.Абдиразаков питкериўшилерге алдында турған жуўапкершиликли ислери ҳақкында тоқтап және бир мәрте ескертип өтти ҳам ийгиликли ислеринде табыслар тилеп талабаларды ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
Show all...
👍 5 3

👍 17 10