Қысқа видеолар 16+
Open in Telegram
16+ #Видеолар #Фотолар #Анекдотлар #Цитаты #Gifлер #Аудиолар #ВидеоФотоФактлер #Викториналар Салып барамыз 26.02.2019
Show more1 408
Subscribers
No data24 hours
No data7 days
No data30 days
Posts Archive
1 408
https://kknews.uz/kk/161363.html
Қала статусын алғанына 90 жыл болған Нөкис – бүгин «жасыл қала» деп тән алынбақта
Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
1 408
🇺🇿 Өзбекстанда паспорт ҳәм автомобиль номерин үйге жеткерип бериў хызмети жолға қойылады
Хызмет көрсетиў аралығы 10 кмдан асқанда, ҳәр бир километр ушын қосымша төлем төленеди.
1 408
«OLX» платформасында енди автомобиль ушын шәртнамалар да сатылмақта
Буннан 2-3 күн алдын «UzAuto Motors» компаниясы тек 2 күнге «Lacetti», «Cobalt», «Damas» ушын шәртнаманы ашқан еди ҳәм сол 2 күн ишинде 50 мыңнан аслам клиент автомобил ушын шәртнамаларға қол қойғаны мәлим болған. Үлкен итималларға көре, көп шәртнамаларға алып-сатарлар қол қойған болыўы мүмкин.
👉 Ең соңғы жаңалықлар
1 408
Бүгин жаңа фильм эфирде
Кегейли районы Мәденият бөлиминде узақ жыллар хызмет етип, өзиниң саналы өмирин көркем-өнерге бағышлаған марҳум Алима Сапарованың ең соңғы рет сүўретке түскен "Анасы сүймеген кемпир" комедиялық фильми, бүгин, 5-август күни саат 21:30 да ATV телеканалы арқалы эфирге бериледи.
1 408
⚡️ Тәлим кредитин алыў тәртиби
🔰Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарарына муўапық, тәлим кредити мәмлекетлик, меншик оқыў орынларына ҳәм сырт ел оқыў орынларының филиалларына күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасына бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген ямаса оқыўын көширген Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.
🚫 Кредит төмендеги жағдайларда ажыратылмайды:
🔻«супер контракт»ты төлеўге;
🔻сырт ел пуқараларына;
🔻пуқаралығы болмаған шахсларға.
💰Кредит ставкасы (проценти) – Орайлық банктың тийкарғы ставкасы (ҳәзирги күнде 14%). Бунда тийкарғы ставка азайса, кредит проценти де азаяды. Ал ставка көтерилсе, кредит проценти өзгерместен қалады.
❗️Ҳаял-қызлар ушын кредит процентсиз ажыратылады.
📆 Төлеў мүддети: кредит алынған ўақыттан баслап кредиттиң проценти төлеп барылады, ал кредиттиң тийкарғы бөлеги студенттиң оқыўы рәсмий тамамланған күннен кейинги жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.
♻️ Кредит алыўда студенттиң дәраматы бар болған шаңарақ ағзалары да биргеликте кредит алыўшы ретинде қатнасыўы мүмкин.
🏦 Тәлим кредитин ажыратыў бойынша мәмлекет 12 банк (Микрокредит банк, Асака банк, Агро банк, Халық банки, Ипотека банк, Қишлоқ қурилиш банк, Туран банк, Ориент финанс банк, Миллий банк, Ўзсаноатқурилиш банк, Хамкор банк, Алоқа банк) пенен шәртнама дүзген.
📝 Тәлим кредитин алыў ушын усы банклерге төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў керек:
🔸арза;
🔸студент пенен оқыў орны арасында дүзилген шәртнама ҳәм оған қосымша есап бети (фактураси).
Шәртнамада оқыўдың жуўмақланатуғын ўақты ҳәм бир жыл ушын контракт пулының муғдары көрсетилиўи керек.
🔸гиреў шәртнамасы.
Кем тәмийинленген, «Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не кирген шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.
🔸“Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не киргенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
🔸биргеликте кредит алыўшы шахслардың ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматлары;
🔸банктың ишки кредит сиясаты бойынша талап етилетуғын басқа ҳүжжетлер.
⏳ Банк арзаны 5 жумыс күнинде қарап шығып кредит ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Кредит шәртнамасы бир жылға дүзилип, кейинги жыллар ушын қосымша келисим дүзип барылады.
👉 Ең соңғы жаңалықлар
1 408
Көп жыллық жумыс стажына ийе медицина хызметкерлерине үстеме бериледи
Врачларға, орта ҳәм киши медицина хызметкерлерине, денсаўлықты сақлаў мәкемелери фармацевтика хызметкерлерине төмендеги үстемелер төлениўи керек:
🔹 үзликсиз жумыс стажы 5 жылдан 10 жылға шекем – тариф ставкасының 5 проценти;
🔸 үзликсиз жумыс стажы 10 жылдан 15 жылға шекем – тариф ставкасының 10 проценти;
🔹 үзликсиз жумыс стажы 15 жылдан 20 жылға шекем – тариф ставкасының 15 проценти, жоқары мағлыўматлы мийирбийкелер ушын тариф ставкасының 20 проценти;
🔸 үзликсиз жумыс стажы 20 жылдан артық – тариф ставкасының 20 проценти, жоқары мағлыўматлы медицина мийирбийкелери ушын тариф ставкасының 30 проценти.
1 408
❗️Жиззахда тест тапсырмалар китабын жыртып алып шығып кеткен абитуриент имтиханнан шетлетилди.
👉 @Karakalpak24
1 408
#Фоторепортаж
Балалар жазы - 2023
"Ақ кеме"де жаз өтпекте - саз!
Дерек: Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў
1 408
Машқала қадағалаўға алынып, шешимин таўып атыр
Жоқарғы Кеңес Баслығының Хожели районы көше бийлери менен өткерилген ушырасыўында көтерилген мәселе ҳәм пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатларда Хожели районы аймағындағы мәмлекетлик әҳмийетке ийе 4Р-171 Д автомобиль жолының Хожели дийқан базары жанынан өтиўши бөлими жарамсыз жағдайға келип қалғаны ҳәмде автотранспорт басқарыўшыларына қолайсызлықлар туўдырып атырғаны атап өтилген еди.
Көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының қадағалаўына алынып, қысқа мүддет ишинде бул бойынша әмелий жумыслар баслап жиберилди.
Ҳәзирги ўақытта Қыпшақ жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен асфальт төсеў жумыслары алып барылып атыр.
Каналға ағза болыў
1 408
Өз перзентин урып, ақыретли сөзлер менен қорқытып социаллық тармақларға тарқалыўына себепши болған шахсқа жынаят иси қозғатылды
------
Óz perzentin urıp, aqıretli sózler menen qorqıtıp sociallıq tarmaqlarǵa tarqalıwına sebepshi bolǵan shaxsqa jınayat isi qozǵatıldı
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/qriim
1 408
⚡️МИНЕ БОЛАР ЕКЕНГО РЕСПУБЛИКА БАСШЫЛАРЫМЫЗ "САЛЫ" ЕКТИРМЕГЕНИНИН НАТИЙЖЕСИНДЕ ТАХТАКОПИРГЕ СУУ ЖЕТИП БАРДЫ.
👉НАТИЙЖЕДЕ ТАХТАКОПИРДЕ ХАР БИР ШАНАРАК КЫЙТАК ЖЕРИНЕН УНЕМЛИ ПАЙДАЛАНЫП ШАНАРАГЫНА ДАРАМАТ АЛМАКТА.
Қыйтақ жер – дәрәмат дәреги
Тахтакөпир районы аймағында дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң саны 6965 шаңарақ болып, бүгинги күнде 1366 гектар үй алды қыйтақ жер майданларында мийўе ҳәм палыз өнимлери халқымыз тәрепинен жетистирилип келинбекте.
Мине усындай шаңарақлардың бири «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Темирбеков Өмирбек ағаның шаңарағын мысал етип көрсетсек болады.
1 408
Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде немқурайлық пенен қарағаны ушын Тахтакөпир ИИБ баслығы ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.
1 408
"Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйынындағы 27 шаңарақ жаңа турақ жайға ийе болады
Мойнақ районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар Мойнақта жәми 793 турақ жайдың оңланыўы белгиленип, соннан 651 жай шиферланыўы, 142 үй бузылып, жаңадан қурып берилиўи режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта турақ жайын жаңадан қурыўға мүтәж хожалықлардың үйлерин қайта қурыў жумыслары баслап жиберилген. Соннан "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйынындағы жәрдемге мүтәж 27 шаңарақ жаңа турақ жайға ийе болады. Халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың абаданлығы жолында барлық илажларды көриў бүгинги күнниң әдиўли ўазыйпаларынан саналады.
