en
Feedback
▶️XABAR

▶️XABAR

Open in Telegram
3 147
Subscribers
No data24 hours
-357 days
-18130 days
Posts Archive
🇮🇹 Италия билимлендириў Министирлиги келеси жылдан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде смартфонлардан пайдаланыўды қада
🇮🇹 Италия билимлендириў Министирлиги келеси жылдан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде смартфонлардан пайдаланыўды қадаған етеди. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

❗️Байден НАТО саммитинде Украина президентин алжасып Путин деп таныстырды. Байден ҳәзир 82 жаста 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

#ибрат Перзентиңизди телефоннан сақлаң! Көпшилик ата-аналар перзентиниң тынышланыўы ушын қолына телефон берип қояды. Бирақ, бул оның саламатлығы ушын ҳəр тəреплеме зыянлы. Бул жас гөдекте телефон зомбийына айналған. Сол себепли де нормаға итибарлы болың! 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

REYD ILÁJLARÍ “Qaraqalpaq suw támiynatı” AJ taraw qánigeleri qatnasında Nókis qalası Qoskól 2 elatı aymaǵında reyd jumısları
+3
REYD ILÁJLARÍ “Qaraqalpaq suw támiynatı” AJ taraw qánigeleri qatnasında Nókis qalası Qoskól 2 elatı aymaǵında reyd jumısları alıp barıldı. Ótkerilgen reyd ilájları dawamında aymaqtaǵı úylerdiń birinde suw esaplaw úskenesi alıp taslanıp óz basımshalıq penen paydalanıp otırǵanlıǵı anıqlandı. "O'zsuvta'minot" AJ komplayens inspectorı aymaqlıq qadaǵalawshınıń úy iyesine usı waqıtqa shekem hesh qanday eskertiw bermesten suwdan nızamsız paydalanıwına jol qoyıp bergenin qatań sınǵa alıp, xızmetkerge tiyisli sharalar qollanılıw kerek ekenligi eskertildi. Jaǵday boyınsha úy iyesine tiyisli tártipte dalalatnama dúzilip 3 jumıs kúni ishinde suw támiynatı menen esap-sanaq jumısların alıp barıwı tiyis ekenligi túsindirildi.

❓Тесттен кейин абитуриент нелерди таңлайды? ✅ Быйылғы жылда дəслепки рет тестке шекем тек пəнлер комплекси сайланатуғын болды. Қалған зəрүрли тəреплер тесттен кейин сайланады. Ал, тесттен кейин абитуриент нелерди таңлайды? Толық оқыў.

‼️ Быйылғы Ҳаж зыяратында Өзбекстанлық 13 зыяратшы әптап ыссы себепли қайтыс болған. Қайтыс болғанлар 52 жастан 74 жасқа дейи
‼️ Быйылғы Ҳаж зыяратында Өзбекстанлық 13  зыяратшы әптап ыссы себепли қайтыс болған. Қайтыс болғанлар 52 жастан 74 жасқа дейинги зыяратшылар болып табылады. Олардан алтаўы  ҳаяллар. Қайтыс болған зыяратшылар Андижан, Ферғана, Ташкент, Сырдарья, Жиззақ, Сурхандарья ҳəм Хорезм ўәлаятларынан келген. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

📌 Абитуриент имтиханға формада барыўы керек пе? Орамал мүмкин бе? Имтихан ушын анық белгиленген форма жоқ. Абитуриент имтиҳан күни өзине қолай қəлеген кийимде барыўы мүмкин. Мысалы, имтиханға қызлар орамалда барыўына да ҳеш қандай тосқынлық ямаса шеклеўлер жоқ! Алдынғы жыллардағы имтиханларда да қызлар орамал менен имтиханда қатнасқан. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

Екинши қəнигелик ушын онлаин дизимнен өтиў басланды. 2024/2025-оқыў жылында екинши ҳəм одан кейинги тəлим ушын талабанларды онлайн дизимнен өткериў my.edu.uz арқалы усы жылдың 10-август күнине шекем онлайн формада əмелге асырылады. ▪️Бунда кандидатлер платформада: ➖өзиниң паспорт мағлыўматлары, ЖШШИР мағлыўматы ҳаққында информацияларды киритеди; ➖диплом жəне оның қосымшасының электрон нусқасын жүклейди; ➖ҳәм оқыў қəлеўин билдирген жоқары оқыў орнын ҳəм тəлим бағдарын таңлайды. ☝️Екинши ҳəм одан кейинги жоқары мағлыўмат бойынша оқытыў төлеў-контракт тийкарында əмелге асырылады. Мағлыўмат ушын, екинши ҳəм одан кейинги жоқары тəлим бойынша қабыл параметрлери жоқары оқыў орнының илимий-педагогикалық потенциалы ҳəм материаллық-техникалық базасы есапқа алынған ҳалда жоқары тəлим шөлкеми кеңеси тəрепинен белгиленеди. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында республикамыз делегациясы Татарстанға барды Соңғы жылларда елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша Президентимиз тәрепинен кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары менен бир қатар жөнелислер бойынша бирге ислесиўлер жолға қойылған болып, бул байланыслар еледе беккемленбекте. Толық оқыў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

#Билесиз_бе 📌 Нызамшылыққа муўапық, социаль жəрдемге мүтəж I ҳəм II группа майыплығы болған, соның менен бирге, оператив мед
#Билесиз_бе 📌 Нызамшылыққа муўапық, социаль жəрдемге мүтəж I ҳəм II группа майыплығы болған, соның менен бирге, оператив медициналық емлеўге мүтəж мүтәжлиги бар ҳаял-қызлар ушын: 🔹бир ретлик материаллық жəрдем бериледи; 🔹зәрүр жағдайларда, сектор басшысы жуўмағы тийкарында аўыр турмыс шараятындағы (турақ-жайы ремонтлаўға мүтəж, бирақ шаңарағының материаллық мүмкиншилиги жетпейтуғын ) ҳаял-қызлардың турақ-жайы ремонтланады; 🔹медициналық емлеўге мүтəж мүтәжлиги бар ҳаял-қызлар ушын зəрүр медициналық жəрдемлер көрсетиледи. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

Қубла Кореяда робот өз жанына қаслық жасады. Күнлик белгиленген программалық нормадан бир неше есе көп ўазыйпалар атқарған пу
Қубла Кореяда робот өз жанына қаслық жасады. Күнлик белгиленген программалық нормадан бир неше есе көп ўазыйпалар атқарған пуқаралық хызмети роботы өзин текшеден таслап жиберген. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

❗️Тест сынақлары 14-25-июль күнлери болып өтеди Алдынырақ, тест сынақлары 28-июльға шекем (15 күн) өткерилиўи айтылған еди. Бирақ күтилгенинен кемирек абитуриентлер ҳүжжет тапсырғаны ушын тест сынақлары 12 күнде таўсылатуғын болды. Ақырғы тест сынағы 25-июльда өткериледи. Демек, мандатта ертерек шығады. Быйылғы жылда да тест сынақлары 2 сменада өткериледи. 1-смена: саат 08:00 де; 2-смена: саат 15:00 де басланады. 🏃‍➡️Абитуриентлерден тест сынақлары басланыўынан кеминде 1 ярым саат алдын белгиленген аймаққа жетип келиўлери талап етиледи. 📋 Абитуриентлар тест сынағына 2 ҳүжжет апарыўы керек: 1️⃣ паспорт ямаса ID-карта ; 2️⃣ абитуриент руқсатнамасы. Басқа ҳеш қандай ҳүжжет шəрт емес. Соның менен бирге, 🖊ручка, 📝қоралама ушын бос қағаз ҳəм 🥤суўды ишкериде өзлери береди. ❗️Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлер менен келген, соның менен бирге, кешигип келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди! 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

Жасқа байланыслы, майыплық ҳәм бағыўшысын жоғалтқанлық напақаларының тайынланыў тәртиби қалай әмелге асырылады? Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 23-марттағы 119-санлы қарарына муўапық тайынланады. Напақа тайынлаў ушын пуқара Мәмлекетлик хызметлер орайына яки Инсан социаллық хызметлер орайына мүрәжат қылады ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан электрон тәризде дизимнен өткен ҳалда сораўнама формасын толтырады. Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы тийисли министрлик ҳәм уйымлардан алынған электрон мағлыўматлар тийкарында автоматластырылған түрде напақа тайынлайды ҳәм нәтийжеси бойынша мүрәжатшыға СМС-хабар жибереди. Инсан социаллық хызметлер орайы тәрепинен напақаларды төлеў ушын төлем мағлыўматларын қәлиплестиреди ҳәм аймақлық басқармалар қәлиплестирилген төлем мағлыўматларына муўапық коммерциялық банклерге қаржыландырылып бериледи. Коммерциялық банклер тәрепинен напақа төлемлери ҳәр айдың 27-сәнесине шекем әмелге асырылады. Қосымша мағлыўматларды 1140 қысқа номери арқалы яки «Инсан» социаллық хызметлер орайынан алыўыңыз мүмкин. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

Енди күйеўиниң нервын егеўлейтуғын ҳаяллар қамалады.

⚽️Евро-2024 турнириниң финалына ким шығады?
Anonymous voting

⚽️ Футбол. Европа чемпионаты Ярым финал 🇪🇸Испания - Франция🇫🇷
⚽️ Футбол. Европа чемпионаты Ярым финал 🇪🇸Испания - Франция🇫🇷

Алдаўшылық жынаяты анықланды. Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Б.Ш. 2023-жылдың сентябрь айында Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Д.А.ның исенимине кирип, оған «Сени Нөкис қаласы 52-санлы мектепке жумысқа киргизип беремен» деп оның 1.000 АҚШ доллар пулларын алдап алған алғанлығы анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

Министр меншикли университетлерге лицензия бериў тоқтатылғанын хабарлады Меншикли университетлерге лицензия бериў тоқтатылған
Министр меншикли университетлерге лицензия бериў тоқтатылғанын хабарлады Меншикли университетлерге лицензия бериў тоқтатылған. Жоқары тəлим, пəн ҳəм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов буны сапасыз кадрлар ҳəм жумыссыз жоқары мағлыўматлылар көбейип кетиўиниң алдын алыў ушын деп анықлама берген. 👉Каналға ағза болың https://t.me/+3pe1bAfI_cFiODhi

‼️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ Қарақалпақ аймақлық электр тармақларына тийисли болған "НУР" электр подстанциясында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2024-жыл 10-июль күни саат 9:00 ден 11:00 аралығында республиканың Нөкис, Хожели, Шоманай, Мойнақ, Қоңырат, Кегейли, Шымбай, Қарөзек ҳəм Тахтакөпир районлары суў тəмийнатында қысқа ўақытлы үзилис жүзеге келетуғынлығын мəлимлеймиз. "Қарақалпақ суў тəмийнаты" АЖ мəлимлеме хызмети

Ҳəкимлердиң жергиликли кеңеслерге баслық кепиллиги бийкар етиледи. Депутатлар тəрепинен талқылаў қылынып атырған нызам жойбарына көре, жергиликли мəмлекет ҳəкимиятының конституциялық тийкарлары туўрысындағы айырым нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳəм қосымшалар киритилип атыр. Атап айтқанда, нызам жойбары менен: ➖ҳәкимлердиң əйне бир ўақытта тийисли аймақтағы ўәкиллик ҳəкимиятты басқарыў кепиллиги бийкар етилип атыр; ➖ ҳəкимлерге жергиликли кеңеслер сессиясына мəселе киргизиў, зəрүр жағдайларда жергиликли кеңес сессиясын шақырыў туўрысында усыныс киргизиў, жергиликли кеңестиң нызамшылыққа қарсы болған қарарларын бийкарлаў туўрысында Сенатга ямаса судқа шақырық қылыў сыяқлы бир қатар жаңа кепилликлер берилип атыр; ➖ жергиликли кеңеслерге депутатлар арасынан сайланатуғын баслық басшылық етеди ҳəм ол өз искерлигин жəмийетшилик тийкарында əмелге асырады; ➖ ҳəкимлердиң жергиликли кеңес депутатлары арасынан тайынланыўы ҳəм тастыйықланыўы ҳаққындағы талап бийкар етиледи, олар депутат етип сайланыўы мүмкин. ➖ жергиликли Кеңес ҳəм ҳəким қабыл ететуғын ҳүжжетлер Жергиликли мəмлекет ҳəкимияты шөлкемлери тəрепинен қабыл етилетуғын қарарларды ислеп шығыў, келисиў ҳəм дизимнен өткериўдиң бирден-бир электрон системасында дизимнен өткерилиўи зəрүр. Ол жағдайда дизимнен өткерилмеген ҳүжжетлер ҳақыйқый емес деп есапланады ҳəм де ҳуқықый ақыбетлерге алып келмейди. ➖ жергиликли мəмлекет ҳəкимияты шөлкемлери тəрепинен қабыл етилетуғын қарарларды ислеп шығыў, келисиў ҳəм дизимнен өткериўдиң бирден-бир электрон системасына жергиликли мəмлекет ҳəкимияты шөлкемлериниң қарарлары дағаза етилетуғын рəсмий дерек мəртебеси бериледи.