3 147
Subscribers
No data24 hours
-357 days
-18130 days
Posts Archive
3 147
⚡️Мектеплерде быйылдан баслап оқыў-педагогикалық ҳүжжетлердиң айырымлары бийкар етилди ҳәм айырымлары тек электро формада жүргизилетуғын болды
✅ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 17.05.2024-жылдағы 163-санлы буйрығына тийкар, 2024-2025-оқыў жылынан баслап төмендеги оқыў-педагогикалық ҳүжжетлер электрон формада жүргизиледи:
▫️педагогикалық кеңестиң протоколлары;
▫️оқыўшы ҳәрекетине байланыслы буйрықлар;
▫️электрон класс журналы;
▫️оқыўшының электрон баҳалар табели;
▫️мектеп питкериўшилерне берилетуғын аттестаттың есап реестри;
▫️қалдырылған ҳәм орны толтырылған сабақларды есапқа алыў реестри.
❌Сондай-ақ, төмендеги оқыў-педагогикалық ҳүжжетлерди жүргизиў бийкар етилди:
🔺аттестат және сертификатларды есапқа алыў ҳәм тарқатыў дәптери;
🔺қалдырылған ҳәм орны толтырылған сабақларды есапқа алыў дәптери;
🔺оқыўшылар ҳәрекети дәптери;
🔺буйрықлар дәптери;
🔺мектеп педагогикалық жәмәәтиниң жеке қурамын дизимге алыў дәптери.
3 147
Күн өтиўден сақланыў ушын бир неше қағыйдаларға əмел етиў зəрүрли:
✅ Илажы болғанша саат 10:00 ден 17:00 ге шекем тиккелей қуяш нурлары түсиўинен сақланың;
✅ Тəбийий гезлемелер (пахта, кенеп ҳəм б.) ден таярланған кийим кийиң;
✅ Әлбетте жеңил, жарқын реңли бас кийим кийиң. Көзиңизге қуяштан қорғайтуғын көз əйнек тағың;
✅ Суў ишиў режимине əмел етиң. Тəртипсиз көп муғдарда суў ишиў тек ғана шөлди жақсы баспайды, бəлки жүректи де зорықтырады. Жақсысы ашшылаў демленген шай, квас, ҳəр түрли шербетлер, минерал суў ишиң. Үйден шығарда өзиңиз бенен алып жүриң;
✅ Қуяштан қорғаўшы кремлерден пайдаланың;
✅ Қуяшта жүрип келгеннен кейин, душ қабыл етиң ямаса ҳөл сүлги менен сыпырының;
✅ Аш қарынға ямаса аўқат жегениңизден кейин дәрриў қуяшқа шықпаң.
3 147
Қарыз берип атырғанда оны әпиўәйы жазба шәртнама менен рәсмийлестириў керек.
Қарыздың муғдары БЕМның 10 есесинен (3 млн 400 мың сўмнан) кѳп болса, жазба шәртнама дүзилиўи шәрт.
Қарыз алыўшы яки бериўшиниң биреўи юридикалық шахс болҳанында болса қарыз муғдарына қарамастан жазба шәртнама дүзилиўи керек.
Қарыз алыўшыдан тил хат алыў яки қарыз берилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳәр қандай ҳүжжет те жазба шәртнаманың орнын басады.
3 147
#Дыққат
🔥🥵 Өзгидромет жүдə ыссы ҳаўа райы туўралы ескертип атыр
Усы жылдың 25-29 июль күнлери Өзбекстан бойынша жүдə ыссы ҳаўа райы болыўы күтилип атыр.
Республика аймағының үлкен бөлегинде (Қарақалпақстан Республикасы ҳəм Хорезм ўәлаятынан тысқары ) ҳаўа температурасы кундизги күнлери 40-43 дəрежеге шекем, қублада ҳəм шөл аймақларда 44-45 дəрежеге шекем көтериледи.
Айырым орынларда самал тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи күтилип атыр, айырым орынларда гейде 20-23 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар гүзетилиўи мүмкин.
3 147
💥 Бүгин, 25 июль Стоматологлар (тис шыпакерлери) күни
Аппақ тислер ҳəм гөззал мыйық тартыў - инсанның өзине болған исенимин асырады. Бунда тис шыпакерлериниң орны күтə үлкен. Стомотолог танысларыңыз болса, байрам менен қутлықлап қойың.
❗️Умытпаң, мудамы аўқаттан кейин, тислериңизди тазалап қойың.
3 147
#Актуаль
❗️Телефонды зарядқа қойып пайдаланбаң, кеминде 2 метр узаққа қойың, зарядта турған телефон өзиннен радиоактив нур шығарып Рак кеселине себеп болады😨
3 147
#Билесизбе
✔️ Нызамшылыққа көре, үй-жай сатып алыў ямаса жеке тəртиптеги үй-жайларды қурыў ҳəм реконструкция қылыў ушын субсидия, дәраматы жоқары болмаған ҳəм үй-жай шәраятларын жақсылаўға мүтəж болған пуқараларға ажыратылыўы белгиленген.
⚠️ Бунда, нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық анықланыўы мүмкин болған орташа айлық дəраматлар муғдары төмендегише болғанлар, дәраматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады:
🔹Қарақалпақстан Республикасы ҳəм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сўмнан 8 млн 400 мың сўмға шекем);
🔹Ташкент қаласында белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 9,2 есесине шекем (2 млн 835 мың сўмнан 9 млн 660 мың сўмға шекем).
❕Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1. 050. 000 сўм
3 147
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Толық оқыў
3 147
Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:
▫️мийнетке ҳакы төлеўдиң ең кем муғдары - 1 050 000 сум;
▫️базалық есаплаў муғдары - 340 000 сум;
▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - 372 000 сум;
▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия - 725 000 сум;
▫️майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары - 800 000 сум;
▫️мийнетке уқыпсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақасы - 800 000 сум;
▫️белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (725 000 сўмнан ) 800 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары - 800 000 сум;
▫️зәрур жумыс стажына ийе болмаған ғарры жастағы пуқараларға берилетуғын напақа - 648 000 сум;
▫️жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда - 648 000 сум.
3 147
📌 Абитуриентлердиң оқыўға кирген ямаса кирмегени 20-августқа шекем дағаза етилиўи мүмкин!
3 147
«Ҳаяллар дәптери»не кимлер киргизиледи?
«Ҳаяллар дәптери»не 30 жастан жоқары төмендеги категориядағы ҳаял-қызлар киргизиледи. Олар:
🔹 социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар;
🔹 исбилерменлик ислеў тилегиндеги мүтәж ҳаял-қызлар;
🔹 бағыўшысы болмаған мүтәж ҳаял-қызлар;
🔹 социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, оператив медициналық емлениўге мүтәж ҳаял-қызлар;
🔹 үйге мүтәж ҳаял-қызлар;
🔹 майыплығы болған перзентине қарап атырған жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар.
«Ҳаяллар дәптери»не ҳаял-қызлар жасаў орны бойынша киргизиледи. Бунда ҳаял-қызлардың жасаў орны бойынша турақлы ямаса ўақытша дизимде турмаўы «Ҳаяллар дәптери»не киргизиўди бийкарлаў ушын тийкар болмайды:
3 147
"Перевод" шылар неше балл топласа, оқыўын көшире алады?
Бул өтиў баллары быйылғы жылда да системасында жоқары тəлим мəкемелери болған министрлик ҳəм кеңселердиң усыныслары тийкарында қəлиплестирилген.
3 147
Қытай мектеби: Ҳақыйқый генийлер өндириўши «фабрика»
Балаларға сабақ процессинде «Телефонға байланып қалыў ақыбети» ҳаққында жүдə ибратлы ролик қойып берди.
Сиз де перзентлериңизге буны көрсетиң.
3 147
Енди радар жəриймасын "отмен" еттирип болмайды
Алдын айдаўшы тезликти асырып мультирадарға түскенде ГАИ айдаўшыны тоқтатып, қағыйдабузыўшылық пенен таныстырыўы керек еди. Енди бул талап бийкар етилипти.
3 147
Грант тийкарында оқыйтуғын студентлер оқыўды көшириўде шəртнама тийкарында көширилеме ямаса грант сақланып қалама?
Жоқары тəлим, пəн ҳəм инновациялар министрлиги информация хызмети басшысы Назокат Абдуқундузова студентлер оқыўын көшириў бойынша сораўларға жуўап берди.
👉Каналға ағза болың
https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
3 147
Жо Байденде коронавирус анықланды
Жо Байден өзин изоляция етиўи ҳәм толық қуўат пенен ислеўди даўам еттириў нийетинде, деп хабар береди Ақ үй информация хизмети. Президенттиң өзи жағдайы жақсы екенин айтпақта.
👉Каналға ағза болың
https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
3 147
💥 Бүгин, 18 июль, халық аралық балаларды қушақлаў күни байрамланады 🤗🫂
Бул байрам барлық ата-аналарға перзентлерине тез-тез мийир көрсетиўди, оларды ҳəр күни қушақлаўды ядқа салады. Қушақлаўдың пайдасы бойынша илимий тийкар бар: қушақлаў исеним, биймəлеллик ҳəм қәўипсизлик сезимин қəлиплестиреди. Перзентлериңизди қушақлап, бүгинги күнди байрамлаң.
Оларды қаншелли жақсы көриўиңизди оларға еслетип турың.
👉Каналға ағза болың
https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
3 147
❗️Бул зəрүрли: Барлық ата-аналар билип алсын!
Бул сүўрет телефонда сөйлесиўдиң балалар ҳəм үлкенлер мийине қызыў тəсирин көрсетип бериў мақсетинде алып барылған илимий излениў жемиси болып табылады. Суўретте 15 минутлық телефонда сөйлесиў нəтийжесинде бес ҳəм он жасар ҳəм де үлкен адамлар мийиндеги қызыў дəрежесин көриўиңиз мүмкин. Карта ишиндеги тойғын қойыў реңлер қызыў қаншелли күшли екенлигин аңлатады.
Жуўмақ: Әне енди айтыңшы, күни бойы телефон ойнаған ҳəм телефон менен күнин өткеретуғын бала қалайынша агрессив болмаўы мүмкин? Ўақтында уйықлап, ўақтында аўқатланыў ушын қалай өзинде күш табады?
👉Каналға ағза болың
https://t.me/+VNb2FtiaLSk1NmFi
