cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы

Show more
Advertising posts
1 326
Subscribers
+224 hours
+47 days
-630 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Атакөлде жаслар сейили шөлкемлестирилди Тахтакөпир районы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» сүрени астында жаслар сейили шөлкемлестирилди. Илажда жазыўшы Жавлон Жовлиевтың «Қўрқма» романы тийкарында сүўретке алынған кинофильми жаслардың нәзерине усынылды ҳәм ойын-заўықлар, гүлхан әтирапында саз-сәўбетли илажлар менен кеўилли даўам етти. ✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Show all...
Repost from ZIYA NURÍ
🥇Ура! Шарофиддин Болтабоевтан жеңис! Жерлесимиз Қазақстанның Астана қаласында болып өтип атырған «Үлкен дубылға» турниринде -81 кг салмақ категориясында қатнасып, АЛТЫН медалды қолға киргизди. Каналға ағза болыў: 👇 Телеграм | Инстаграм
Show all...
#Қарақалпақстан_телеканалы #Репортаж_24 9 – май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни Тахтакѳпир районында кең түрде белгиленди ✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Show all...
Repost from ZIYA NURÍ
АМЕРИКАЛЫ БЕЛГИЛИ ЖЕТИ ЕГИЗЕК – ОЛАРДАН НЕ ЗАТЛАРДЫ ҮЙРЕНИЎ КЕРЕК? 1997-жыл 19-ноябрде Американың Айова штатында жасаўшы Бобби Маккоги шаңарағында жети перзент дүньяға келеди. Олардың және 2 жасқа толмаған қыз перзентиде бар еди. Нәрестелерин үйине алып келген Маккогиларға жақынлары ҳәм олар улыўма танымайтуғын адамларда жәрдем бериўге асықты. Кимдур бир жыллық макарон ҳәм сир жеткерип бериўди өз мойнына алған болса, базылары нәўбет пенен тәрбияшылық қылды, бөпелер ушын тегин памперслер берди. Сондай-ақ, шаңараққа 464 кв метрлик жети ханалы үй, тап-таза фургон саўға қылды. Бир неше университетлер жети егизек үлкейгенсоң пулсыз билим бериўди усыныс етти. Белгили кийим брендлеринен бири балаларды 5 жасқа шекем кийим менен тәмийинлеўди өз мойнына алды. Соған қарамай ата-ана жатып ишерлик (боқимандалик) жолына өтип алмады, керсинше, қыйтақ жерине мийўе өнимлерин жетилистире баслады. Ҳәтте ақшасын экономлап жумсаўға ҳәрекет етти. Итибарлы тәрепи егер олар қыйналып атырғанын айтып, жәрпдем сорағанында, жетерли дәрежеде жәрдем қолын созатуғын адамлар табылар еди. Бирақ олар қанаат етиў менен күн көрди. Боббидың сиңлиси нәрестелерге қараў ушын көшеип келип, үлкен жәрдем береди. (Батыста меҳир-ақыбет жоқ дейтуғын еди, бирақ бар екен) Маккогилар тек ғана ақшаны тежеўды, перзентлерине қолындағыны басқаларға бериў кереклигин үйретти. Жети бала, бир торт, төрт шам – мыне усындай етип белгилейтуғын еди туўылған күнин. Сонша шәраят болыўына қарамай, бир торт, төрт шам менен күн өткерген, балаларына сабыр қанаатти, бир-бири менен бөлисиўди үйретти. Егер, интернетке бүгин перзентлеримниң туўылған күни, деп видео қойса, ҳәр тәрептен тортлар, шамлар ағып келер еди. Жәмийетимиз ушын және бир таңқаларлы тәрепи – жети егиздиң ҳәммеси университетте пулсыз оқыўлары ушын мүмкиншилик болыўна қарамай, егизеклердиң төртеўи оқыўға тапсырған. Қалған үшеўинен бири уста, басқарсы қосықшы жәнебиреўи армияда хызмет ете баслайды. Перзентлери мустақыл түреде жасай баслаған соң, ата-ана ушын жети ханалы үй үлкенлик етеди. Бундай үлкен үйди қымбат баҳада сатыўына болар еди. Бирақ олар жәмийетимизге қарызымызды қайтарыўымыз керек деген мақсетте үйин жалғыз баслы аналарға үй саўға етиўши шөлкемге арзан баҳада сатады. Перзентлериниң ҳәммесин бөлек шығарған ата-ана өзлерине басқа жумыслар менен айналыса баслайды. Əке мототсикл мотоцикл жыйнаўды хобби қылады, ана болса өзлери сыяқлы көп балалы шаңарақларға кеўилли тәризде жәрдем бере баслайды. Елдиң абырайын жоқарыда отырған төрт-бес адам атын шығармайды. Мен, сен, бизлер, сизлер, олар менен раўажланамыз. Ҳәр бир адам жәмийеттен жәрдем алыўға ҳақлы болғанындай, қарызды қайтарыўға еки есе мәжбүр. Ҳәмме нәрсе негизинде ҳеш нәрсени ОБАЛ қылмаўда. Қалғаны ўақыт мәселеси. Каналға ағза болыў: 👇 Телеграм | Инстаграм
Show all...
АМЕРИКАЛЫ БЕЛГИЛИ ЖЕТИ ЕГИЗЕК 

Repost from ZIYA NURÍ
Балалардың Қарақалпақстан гимнине реакциясы!👏👏👏 Социаллық тармаққа жүкленген видеода бақша балаларының гимн қойылған ўақытта тәртип пенен турып тыңлағанын көриў мүмкин. Каналға ағза болыў: 👇 Телеграм | Инстаграм
Show all...
#Кинофильм Бүгин Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими ҳәм Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими басламасы менен райондағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң киши футбол майданшасында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде руўхый-ағартыўшылық илажи шөлкемлестирилди. Бунда режиссор Охунов Мирмақсуд тәрепинен суўретке алынған «Окахон» кинофильми тамашагөйлер нәзерине усынылды. Кинофильм жасларда үлкен тәсир қалдырды. ✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Show all...
#_9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни #_Нөкис_қаласы 💥 Елимизде 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен билимлендириў мәкемелеринде ушырасыўлар өткерилмекте. 💥 Усындай ушырасыўлардыӊ бири Нөкис қалалық 29-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де шөлкемлестирилип, оған Аўған урысы қатнасыўшысы Жолдас Мамутов қатнасып, шөлкем тәрепинен таярланған ўатансүйиўшилик руўҳындағы қосық ҳәм тақмақлар, миллий аяқ ойынлары ҳәм көргизбели шығыўларын тамаша етти. ✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Show all...
"Mártlik millet namısı hám maqtanıchı" ❇️ “9 may — Eslew hám qádirlew kúnine arnalıp "Ush áwlad ushırasıwı, Xojeli rayonı 39-sanlı mektebinde ruxiy-aǵartıwshilıq keshesi shólkemlestirildi. ❇️ Maqset jaslarımızdı ekinchi dunya urısında qatnasǵan babalarımızdıń mártliǵin yadqa alıw ,jaslarımızǵa olardıń kórsetken mártliǵin órnek qılıw, ✏️Ana-Watanımızdıń bekkemliǵi ǵárezsizliǵin bekkemlew jolında janın pida etken márd áskerlerimizdiń muqáddes esteliklerin máǵilestiriw, ✏️Kesheǵe Jazıwshılar awqamı miynet veteranı M.Abdullayev,rayon Qorǵanıw bólimi baslıǵı A.Umirzakov, rayon ruxiylıqlıq hám aǵartıwshılıq orayı baslıǵı A.Djiyenbayev hám mektep jámáati qatnasti. ❇️ Keshe sońında bólim tárepinen miynet veteranı M.Abdullaevqa,ruxıylıq bólimi tárepınen hurmet jarlıǵı hám kitap sawǵaları tapsırıldı. Keshe sońında oqıwshılar tárepinen koncert baǵdarlaması ınam etildi. https://t.me/xojeli_ruwxiy
Show all...
❇️ Búgin Moynaq rayonındaǵı Ruwxıy- aǵartıwshılıq sarayında «Ibrayım Yusupov izbasarları» hám «Tólepbergen Qayıpbergenov shıǵarmalarınıń bilimdanı» Respublikalıq tańlawınıń rayonlıq basqıshı ótkerildi. ❇️ Tańlawǵa rayon aymaǵındaǵı mekteplerdiń oqıwshılar qatnasıp, 3 shárt tiykarında bellesti. 🔰Tańlaw juwmaǵında 15-sanlı mektep oqıwshısı Qarjawbaeva Manzuwra sıylı I -orındı iyelep, shólkemlestiriwshiler tárepinen kitaplar toplamı, estelik sawǵalar hám diplom menen sıylıqlandı. 🔰Sonday-aq, belsene qatnasqan oqıwshılar «Eń jas kitapqumar», «I.Yusupov qosıqların eń jaqsı kórkemlep aytqan oqıwshı» hám «T.Qayıpbergenov shıǵarmaların eń jaqsı atqarǵan oqıwshı» nominaciyaları menen sıylıqlandı. ♻️Tańlaw jeńimpazı bolǵan 15-sanlı mektep oqıwshısı M.Qarjawbaeva keyingi Respublika basqıshına jollama aldı. ✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Show all...
Go to the archive of posts