cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

New Muynak City

Новостной канал о Муйнакском районе. Бот обратной связи: @NMuynakCbot

Show more
Advertising posts
437
Subscribers
No data24 hours
+47 days
-130 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

«Президент саўғасы» тапсырылды Мойнақ районы орайы амфитеатры алдына орнатылған үлкен жаӊа шырша жылтырақ ойыншықлар ҳәм шырақшалар менен безелген. Районлық Мектеп шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бѳлимине қараслы шѳлкемлер тәрбияланыўшылары аяқ ойынлар атқарып, сахналық көринислер шөлкемлестирди. Қарбаба менен Қарқызы балаларды ойын-заўыққа шақырып, бәршени байрам менен қутлықлады. Ертеклер әлемине келип қалған балалардыӊ жүзинде күлки ҳәм қуўаныш. Ал, оларға тапсырылған «Президент саўғасы» болса, ертеклер әлеминдеги ҳақықый сыйқырлардыӊ бири болды. Байрам саланатында Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков бәршени жаңа жыл менен қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. Жаӊа жыл байрам салтанатында секторлар басшылары 18 «Президент саўғасы», райондағы социаллық қорғаўға мүтәж 300 ге жақын балаға, соныӊ менен бирге, районлық медицина бирлеспесинде емленип атырған балаларға саўғалар үлестирилди. Сондай-ақ, "Uz-Kor Gas Chemical"  компаниясы тәрепинен де балаларға байрам саўғалары берилди. t.me/pressa_moynaq
Show all...
Мойнақ районында және бир жасқа турақ жай берилди 📍https://muynak.uz/7515.html muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
⚡Енди  жүзлеген каналларды бақлаўдың қәжети жоқ, өзиңиз жасап атырған районыңыздағы жаңалықларды бир канал арқалы билип барыўыңыз мүмкин. Ағза болғансыз ба, тексерип көриң! 👇 ➥ https://t.me/pressa_moynaq
Show all...
Секторлар басшылары ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди Бүгин Мойнақ районындағы Жаслар орайы имаратында районның секторторлар басшылары ҳәм жаслары ушырасыўы өткерилди. Илажда район ҳәкими Б.Менглибеков жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, қайта кәсипке оқытыў, социаллық қорғаўға мүтәж жаслардың жоқары оқыў орынларда билим алыўы ушын шәртнама қаржыларын төлеп бериў, соның менен бирге район жасларының қәбилетин, талантын жүзеге шығарыўды тәмийинлеў бағдарында өткизилип атырған реформалар ҳәм мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған жеңилликлер, имканиятлар ҳаққында атап өтти. Ушырасыўда жаслардың пикир, усыныс ҳәм мүрәжатлары тыңланып, олар тәрепинен билдирилген мәселелер басшылар тәрепинен қадағалаўға алынды. Өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде мүрәжат еткен жаслардың мәселеси унамлы шешилип, оларға зәрүр әсбап-үскенлер тапсырылды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
Мойнақ районында және бир жасқа турақ жай берилди 📍https://muynak.uz/7515.html muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
Секторлар басшылары ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди Бүгин Мойнақ районындағы Жаслар орайы имаратында районның секторторлар басшылары ҳәм жаслары ушырасыўы өткерилди. Илажда район ҳәкими Б.Менглибеков жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, қайта кәсипке оқытыў, социаллық қорғаўға мүтәж жаслардың жоқары оқыў орынларда билим алыўы ушын шәртнама қаржыларын төлеп бериў, соның менен бирге район жасларының қәбилетин, талантын жүзеге шығарыўды тәмийинлеў бағдарында өткизилип атырған реформалар ҳәм мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған жеңилликлер, имканиятлар ҳаққында атап өтти. Ушырасыўда жаслардың пикир, усыныс ҳәм мүрәжатлары тыңланып, олар тәрепинен билдирилген мәселелер басшылар тәрепинен қадағалаўға алынды. Өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде мүрәжат еткен жаслардың мәселеси унамлы шешилип, оларға зәрүр әсбап-үскенлер тапсырылды. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
📸Мойнақ: кеше, бүгин! Мойнақ районы орайындағы муқаддес орынлардың бири - Тоқпақ ата жaме мешитиниң ески ҳәм жаңа имараты ҳаққында нелерди билесиз ҳәм қандай мағлыўматларға ийесиз? Мойнақ районындағы мусылманлар ибадатханасы есапланған Тоқпақ ата жaме мешити 1992-жылдың 26-октябрь сәнесинен өз жумысын баслаған. Мешиттиң ески имараты 2005-жылда басланып, мешиттиң қурылысы халықтың қол көмеги ҳәм қәўендерлер жәрдеми менен салынған. Тоқпақ ата жaме мешитиниң ески имараты 90 пуқараның ибадат етиўи ушын мөлшерленген еди. Жаңа мешит  2019-2020-жылларда  халықтың қол көмеги ҳәм қәўендерлер тәрепинен заманагөй архитектуралық дизайнда пүткиллей жаңа көринисте қурылған. Улыўма жер майданы 4216 кв.м болып, 250-300 намазханлар ушын мөлшерленген. Хананың узынлығы 18 метр, енине 18 метр. Сондай-ақ мешит комплексинде хызметкерлер ушын бөлек 4 хана, барлық қолайлықларға ийе тәҳәретхана, сондай-ақ, район көркине шырай қосатуғын бәлентлиги 27 метрли минара жайласқан. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
«Мениң жолым»: Нурлы жоллар уллы мақсетлерге жетелейди https://youtube.com/watch?v=56Le2TVa3ws&si=218jgigzixlylgVK
Show all...
«Мениң жолым»: Нурлы жоллар уллы мақсетлерге жетелейди

Мойнақ районы жергиликли бюджет параметрлеринде аймақтағы ишки жолларды оңлаў ушын ажыратылған қаржының жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген усынысларға жумсалыўы белгиленген қаржылардан қалған бөлегин сарыплаў бойынша мәнзилли дизим тастыйықланған. Усы мәнзилли дизимге муўапық район орайында жайласқан 2 кошеге жәми 0,965 км аралыққа қара қапламалы асфалт төсеў жумыслары ушын шәртнамаларға тийкар 842,8 млн.сўм муғдарында қаржылар ажыратылған. Ҳәзирги кунде “Арал” МПЖ да жайласқан «Арал балықшысы» көшесине 0,325 км қара қапламалы асфалт төсеў ушын жәми 287,4 млн.сўмлық қурылыс жумыслары "KUNGRAD IZVEST INVEST" ЖШЖ ҳәмде “Жайхун” МПЖ да жайласқан «Пушкин» көшесине 0,64 км қара қапламалы асфалт төсеў ушын 555,4 млн.сўмлық қурылыс жумыслары "KONKRET KAMEN" ЖШЖ қурылыс кәрханалары тәрепинен әмелге асырылмақта.

Гүз-қыс штабында қандай жумыслар әмелге асырылмақта? ⚡️Мойнақ районында пуқараларды қыс мәўсиминен қәўип-қәтерсиз шығарыў мақсетинде район ҳәкимлиги жанында арнаўлы штаб шөлкемлестирилип, аймақ халқынан келген мүрәжатларды қабыл етип, дүзилген исши топарлар жәрдеминде пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешимин таўып атыр. Соның менен бирге, штабқа бириктирилген мәкеме, кәрханалар тәрепинен үйме-үй кирип, хожалықлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде түсиник жумысларын алып бармақта. Үйме-үй жүриў арқалы анықланған қәте-кемшиликлер сол ўақыттың өзинде сапластырылып, пуқаралар қәўипсизлиги тәмийинленбекте. Гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергия, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм усы сыяқлы сораўлар ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 322-12-97 телефон номерине қоңыраў етсеңиз болады. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
Жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген усынысларға жумсалыўы белгиленген қаржылардан қалған бөлегин сарыплаў бойынша мәнзилли дизим тийкарында “Жайҳун” МПЖдағы «Пушкин» көшесине қара қапламалы асфальт төселди 📍https://muynak.uz/7469.html 📍https://muynak.uz/7475.html 📍https://youtube.com/watch?v=56Le2TVa3ws&si=yCq1RGW7BaQkylJN muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...