cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Show more
Advertising posts
105 208Subscribers
-32924 hours
-1 6527 days
+3 16930 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

✅✅✅✅✅ Уббиева Гуласен Амангелдиевна - Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынланды. Г. Уббиева усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм басланғыш шөлкемлер менен ислесиў бойынша бас қәнигеси лаўазымында жумыс алып барған. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Repost from N/a
G’ilaylikdan kafolatli qutiling Sizga noqulaylik tug’dirib kelayotgan g’ilaylikdan 40 minutda kafolatli qutilmoqchimisiz? 27 va 28 aprel kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida doktor Nodira Saydalieva g’ilaylikni bartaraf etish bo’yicha konsultatsiya va operatsiyalarni o’tkazadi. Doktor Nodira Maxamatovna yordamida Siz ham ushbu nuqsondan xalos bo’lishingiz mumkin bo’ladi. Ko’rik va operatsiyalar yosh bolalar va kattalarda ham bajariladi. Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88 Telegram | Instagram
Show all...
🇺🇸 АҚШта күшли торнадо жүз берди Тәбийий апаттан Небраска ең көп жәбир көрди. Ўайраншылық Техас ҳәм Аёва штатларында да бақланған. Жергиликли баспасөз хызметлериниң мәлим етиўинше, жүзден зыят үйлер ўайран болған, бир қанша инсанлар жарақат алған. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Төрткүлде банкти алдап, жеңилликли кредит пулын өзлестиргенлер анықланды Мәлим болыўынша, “К.n.” ЖШЖ шахслары арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларын сатып алыў ушын коммерция банки Төрткүл филиалына мүрәжат етеди. Ажыратылған жеңилликли кредит пулына 2 дана “Вовсат” маркалы экскаватор сатып алынғандай қылып, жалған ҳүжжетлерди рәсмийлестиргени ҳәм пуқара С.А.ның пластик картасына 1,5 млрд сум кредит пулын өткерип алып, нақлағаны анықланған. Ҳәзирде жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң арнаўлы статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Стамбулда теракт әмелге асырған сириялы ҳаял 1794 жыллық қамаққа алыў жазасына ҳүким етилди Прокурор Аҳлам Албаширге 3009 жыллық қамаққа алыў жазасын сораған еди. Бирақ, судя жазаны азмаз “жумсартыўға” қарар еткен. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
«CLEVER» шөлкеми микрокредит хызметин усынады!           КРЕДИТ 3-СААТТА ШЫГАДЫ Маселен той бериуге яки басқа керекли мутажинизге алсанызда болады Оны 10 кунде яки 1 айда кайтарсанызда болады тек алган куниниз ге процент косылады Жыллык пайызы 35% ке туры келеди. Ягный айына орташа 3,7% пайыз. Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз. Кредит 10 млн 100 млн ға шекем 6 айдан 2 жыл мүддетке бериледи. КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР: Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты; Машинаның техпаспорты; Пластик карта; Нотариусқа 970 мың сум төлем. БАСҚА ТӨЛЕМ ЖОҚ!!! МАСЕЛЕН 1 ЖЫЛДА 10 млн ды 13,8 млн 20 млн ды 27,7 млн 30 млн ды 41,6 млн 35 млн ды 48,5 млн 40 млн ды 55,5 млн 45 млн ды 62,4 млн 50 млн ды 69,4 млн Етип айма ай график бойынша кайтарасыз Телефон: +998930002221 +998977890782 +998907003777 Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги. 📢📢📢📢📢
Show all...
Видео жасалма интеллект арқалы исленген — Киберқәўипсизлик орайы Социаллық тармақларда "Алия" атлы канал "пуқараларға дәрамат табыўға жәрдем берип атырғаны" айтылған хабарлар тарқатылды. Бул хабарлар жасалма интеллект арқалы исленген болып, ҳақыйқатқа туўры келмейди. Киберқәўипсизлик орайы пуқараларды бул сыяқлы жалған мағлыўматларға исенбеўге ҳәм де виртуал алдаўшылардан сақ болыўға шақырып атыр. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
🇺🇿 Сурхандәрьяда ерик писти 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ-жайларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында»ғы 119-санлы Пәрманы қабыл етилген еди. Турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериўде пәрман менен тийисли басқышлары көрсетип өтилген ҳәм бүгинги күнде 15 мәкемеден 31 318 турақ жайға мүлк ҳуқықларын бериў бойынша тийисли толық унамлы жуўмақ берилген, 2 506 турақ жай иелери бир мәртелик төлемлерди әмелге асырған ҳәм бүгинги күнде 1 153 турақ жайға мүлк ҳуқықы берилген. Басқа турақ жайлар бойынша салық қарыздарлықларын өндириў, Узбеккосмос агентлигинен жыллар кесиминде фотосүўретлерин алыў жумыслары алып берылмақта. Мағлыўмат ушын, ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларға меншик ҳуқықы, жер участкасына ижара ҳуқықы берилгенлиги ушын бир мәртелик жыйым муғдарын белгилеў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Қарары қабыл етилди. Қарарға көре, үй-жайлар жайласқан жер участкасына болған ижара ҳуқықы тән алынғанлығы ушын бир мәртелик жыйым төмендегише белгиленген. Нөкис қаласында – БЕМ муғдарының үш есеси, басқа раёнларда – БЕМ муғдарының бир есеси муғдарында ҳәм «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар бир мәртелик жыйымларды төлеўден азат етиледи. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...
⚡️Өзбекстанда тәўекелшиликке тийкарланған ойынларға ҳәм букмекерликке рухсат берилди Бул бойынша Президенттиң тийисли пәрманы қабыл етилди. Пәрманге бола, 2025-жыл 1-январдан баслап: — интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў искерлигин ҳәм де букмекерлик искерлигин әмелге асырыўға рухсат етиледи; — лотерея, интернет тармағында ойынлар ҳәм букмекерликти шөлкемлестириў хызметлери нызамшылыққа муўапық лицензиялар тийкарында әмелге асырылады. Лицензиялар тийкарында шөлкемлестирилген лотерея, интернет ойынлары ҳәм букмекерлик ойынларында тек ғана 18 жасқа толған пуқаралар қатнасыўы мүмкин. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Show all...