en
Feedback
Өмир сабақлары.☘

Өмир сабақлары.☘

Open in Telegram

Жеке канал Канал тийкаршысы Жумаханова Гулбазар. Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған. Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды. @Румий 🔴Мотивациялық пикирлер 🔴Психологик тестлер 26.12.2020жыл

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel Өмир сабақлары.☘

Channel Өмир сабақлары.☘ (@omir_sabaqlari) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 14 440 subscribers, ranking 1 706 in the Motivation & Quotes category and 5 502 in the Uzbekistan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 14 440 subscribers.

According to the latest data from 08 September, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -346 over the last 30 days and by -7 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 25.97%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 15.56% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 3 751 views. Within the first day, a publication typically gains 2 247 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 27.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
Жеке канал Канал тийкаршысы Жумаханова Гулбазар. Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған. Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды. @Румий 🔴Мотивациялық пикирлер 🔴Психологик тестлер 26.12.2020жы...

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 09 September, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Motivation & Quotes category.

14 440
Subscribers
-724 hours
-667 days
-34630 days
Posts Archive
(Болған ўақыя тийкарында) Өмир өзи солай жаратылған екен, ғам менен қуўаныш қапталласып қатар жүрер екен. Гейде қуўанышта түскен суўретиңизди ўакты келип жылап отырып көриўиңизге туўра келер екен. Шаңарақта жалғыз перзент болып өсип ержеттим. Көбинесе адамлар жалғыз жалмаўыз, жалғыз еркетай болады дейди. Бирақ  мен өзимди мактамайман, мен мийнетке үйрендим, ата-анам саўап ислерди ислеп жүрип тәрбия берди. Булар ушын ата-анама рахмет деймен. Өмиримниң кейинги басқышында жақсы бир жигитти ушыратып оған турмысқа шықтым. Биз бир биримизди жақсы көрип турмыс курып, аз емес он төрт жыл бирге бахытлы жасадық. Он жастан өткен бир қызымыз бар. Жаңа үлгили үйлерден бирин сатып алып көшип өттик. Ески үйимизди жаңасына алмастырдық. Үйимиз қаланың орайында жақсы ҳәм колайлы орында жайласқан. Бизиң қасымыздағы қоңсымыздың дерлик кызымыз теңлес он беске толған кызы болып, қоңсы ҳаял турмысы келиспей күйеўинен ажырасқан екен. Билмеймен не жин урды, күйеўим сол ҳаялға бираз жақындай, оған байланып қалғандай сезиле баслады. Қоңсы ҳаял да бизикине тез тез келип турар, қызларымыз да бир-бирине дос болып жақын араласа баслады.  Ўақыт өтип әсте ақырын күйеўим менен қатнасымыз суўып баратырғандай еди. Ол тек ғана маған емес, ҳәтте қызымызға да жүдә қопал мүнәсибетте бола баслады. Мен күйеўимдеги бул өзгерислердиң себебин түсинбей, ҳайран едим. Аўыр, салмақлы ҳәм бизди жүдә жақсы көретуғын күйеўиме не болғанын билмес едим. Бир күни дем алыста үйимизди кызым менен жыйнап тазалап атырғанымызда, үйдиң бөлмелериниң мүйешлеринен ийнелер таўып ала басладық. Киреберистеги қапы алдындағы гилемшениң астына дуз шашылған, қапының артқы тәрепинде шийеленип түйилип қалған сабақлар жатыр еди. Кейин әсте ақырын булардың не екенлигин түсине басладым. Бурын өзим ҳеш қандай ҳийле, сыйқыр, дуўа дегенге исенбейтуғын едим, себеби усы ўақытқа шекем ҳеш бундай жағдайға дус келмегенмен. Анама болған ўақыяларды айтып бергенимде, бул әйне дуўалаў, сыйқыр белгилери екенлигин айтты. Мениң басым қатып қалды. Не болса да  шаңарағымды саклап қалыўға ҳәрекет еттим. Перзентимниң жетим қалыўын қәлемедим. Сол себепли әўеле Қудайдың өзи кеширсин, палкердиң алдына бардым. Палкерде бул дуўа-сыйқыр екенлигин, буны күшлирек моллаға оқытып дуўаны шештириў кереклигин айтты. Сондай күшли молланы табаман дегенше өмирим ўайран болып барар еди.  Күйеўим мени ҳәр күни түрли жаман сөзлер менен кемситер еди.  Бирақ өзим ҳеш гәп, бирақ қызымызды урғаннан кейин шыдамым таўсылды. Затларымды жыйнастырып ата-анамның үйине кетип қалдым. Одан жеркенгеним соншелли соңын ала дуўасын шешетуғын молла излеўден де бас тарттым. Сол арада күйеўим қоңсы ҳаялға үйленип алған екен. Мен нызамлы түрде  ажырастым, үйимизди кайтарып алып сатып жибердик ҳәм басқа жерден үй алдық. Ҳәзир ата-анам, мен ҳәм қызым бирге жасап атырмыз. Күйеўим менен қоңсы ҳаял турмыс қурғаннан кейин ул перзентли болды. Қоңсылардың айтыўына қарағанда баласы майып болып туўылыпты, күйеўим ишкиликке берилип, жумысынан да қуўылыпты. Гейде оған рейимим де келеди, бирақ ажырасыўымыз тәғдиримизде жазылғандур. Бәлким өзи қәлемей бул ислер болған шығар, не болғанда да оның енди шаңарағы ҳәм баласы бар. Мениң оған деген муҳаббатым да, сезимимде қалмады. Билмедим, сол қоңсы ҳаял қандай жол менен болса да өз нийетине жеткенине қуўанышлы шығар бәлким. Бирақ бул ислеген гүнәлары ушын ҳәзирден жуўап бере баслады. Еле Аллаҳтың алдына барғанда қандай жазалар күтип турған екен, бул тек жалғыз Аллаҳқа аян. Аллаҳ дуўа-сыйқырлардан өзи сақласын.  Ҳеш бир апа-сиңлилеримиздиң басына бундай күн түспесин. Өзге журтларда мүсәпирликте жүрген көпшилик ер адамларымызда үйде ҳаялы бола турып үйленип алғанларын көп  еситкенмен. Сабырлы болып өз нәпсимизди  тыйып, зинәға жол қоймайық. Жазыў бизден, қандай ибрат алыў ҳәр кимниң өзинен. @omir_sabaqlari

24/7 1 daqiqada tushum — O'zbekistonda ilk marotaba ⚡ InfinBANK O'zbekistonda birinchi bo'lib terminallar orqali tushumlarni
24/7 1 daqiqada tushum — O'zbekistonda ilk marotaba ⚡ InfinBANK O'zbekistonda birinchi bo'lib terminallar orqali tushumlarni atigi bir daqiqada hisobga o'tkazishni yo'lga qo'ydi — kecha-yu kunduz, dam olish kunlari va bayramlarsiz. Karta orqali savdo o‘tdimi, pul allaqachon hisobingizda. Hatto tunda va dam olish kunlarida ham. Endi 2–3 kunga cho'ziladigan qotib qolishlar va kassa uzilishlarisiz. Tushumdan xaridlar, mahsulot yetkazib beruvchilar bilan hisob-kitoblar va boshqa to'lovlar uchun darhol foydalanish mumkin. ✅Zamonaviy POS-terminallar ijaraga beriladi. 👌 Atigi 1 ish kunida ulab beriladi. 📊Barcha amaliyotlarni real vaqt rejimida to'liq nazorat qilish imkoniyati InfinBANK — biznesni boshqarishning yangi tezligi. Batafsil #reklama infinbank.com

Көзлер сөйлер - үнсиз ғана, Қууанышлы нур қуяды санаңа. Муңайғанда жас болып сыр төгеди, Айтылмаған сөзлерди билдиреди. Көзле
Көзлер сөйлер - үнсиз ғана, Қууанышлы нур қуяды санаңа. Муңайғанда жас болып сыр төгеди, Айтылмаған сөзлерди билдиреди. Көзлер адастырып естен қалдырар, Көзлер жүреклерге дәртлер салдырар, Бир қараслар тәғдириңди өзгертсе, Бир қараслар мәнги жүректе қалар. Бир қарас - қууаныш, бир қарасы - муң, Бир қарас - ойларға толтырар бир түн. Жалған сөйлеп жасырсаңда сырыңды, Көзлер айтып турар алдамайды дым. Көз нурында — кеуил сазы шертилер, Журектеги бар сезимди жеткизер. Сонлықтан да сөзге емес - көзлерге қара , Шынлықтың мәканы - жүректе  ғана. @omir_sabaqlari

Keshbek va arzon yo'l haqi Xaridlar, o'tkazmalar va transport uchun yagona karta. Sinab koʻrish #reklama ru.ipakyulibank.uz
Keshbek va arzon yo'l haqi Xaridlar, o'tkazmalar va transport uchun yagona karta. Sinab koʻrish #reklama ru.ipakyulibank.uz

Мен ҳәмме,ҳәмме, ... ҳәммениң бахытлы болыўының тәрепдарыман. Инсан өзин қаншелли бахытлы сезсе, жер бетинде соншелли жаўызлық кемейеди. @omir_sabaqlari

Жигер күшиңизди бир жерге топлап өзиңизди сoныңдай етип таярлаң, сизиң кеўил хошыңызды ҳеш ким буза алмасын😊😘 @omir_sabaqla
Жигер күшиңизди бир жерге топлап өзиңизди сoныңдай етип таярлаң,  сизиң кеўил хошыңызды ҳеш ким буза алмасын😊😘 @omir_sabaqlari

Қайсы жолды таңламайық бәри бир бизиң жаратылысымыз бизлердиң бәримизди бир мәнзилге алып барады. - Уильям Сидни Портер @omir
Қайсы жолды таңламайық бәри бир бизиң жаратылысымыз бизлердиң бәримизди бир мәнзилге алып барады. - Уильям Сидни Портер @omir_sabaqlari

Ҳәттеки, ең жетилискен гөззаллық та бир күни келип бойсындырылады, ол да тәғдир ҳәм өлим нызамлықларынан шетке шыға алмайды.
Ҳәттеки, ең жетилискен гөззаллық та бир күни келип бойсындырылады, ол да тәғдир ҳәм өлим нызамлықларынан шетке шыға алмайды. © Ерих Мария Ремарк @omir_sabaqlari

Ҳаяллар "ЛОГИКА" сы: - Күйеўи үйге кеш қайтса: "Қайсы жананыңыздың алдынан киятырсыз? " - Күйеўи үйге ерте қайтса: "Журтлардың күйеўи күни түни ислеп тыным билмейди, бул киси болса... үйден шықпайды" - Күйеўи жумыс пенен жүдә бәнт болса: "Квартиранттан парқыңыз қалмады!" - Күйеўи аз пул тапса: "Бул ақшаға шимишкиде ала алмайсаң-ғой! " - Егер көп пул тапса: "Көзи мурнының астынан басқа жерди көрмейтуғын болыпты! " - Күйеўи аз ислеп, көп пул тапса: "Не, қарақшыға тийгенменбе? " - Күйеўи көп ислеп, аз пул тапса: " Адам дегенде соншелли дәрежеде ақмақ бола ма екен?" - Күйеўи үй жумысларына жәрдемлеспесе: "Мен бул үйде шорыманба? " - Күйеўи үй жумысларына жәрдемлессе: "Тыныш ғана еркек қусап телевизор көрип жатпайсыз ба, қатынның исине араласпай". - Күйеўи гүл сыйлық етиўди билмесе: "Сада, оқымаған, мәдениятсыз! " - Егер гүл сыйласа: "Соның ақшасына бир кило гөш алсаңыз, бир ҳәпте жер едик". - Егер жақсы сөзлер менен еркелетпесе: "Ҳәммеси тойға шекем деп бийкарға айтпаған екен... " - Егер шийрин сөзлер менен еркелетсе: "Тынышлықпа, бундай сөзлерди кимнен үйрендиңиз?" Ҳаял, деген сондай түсинип болмайтуғын бир кәрамат... 😁 @omir_sabaqlari

Бүгин - өмириңизге қосылған жаңа саўға. Солай екен оны барынша қабыл етиң! Кешеги күнниң аўыр жүгин желкеңизден алып таслаң.
Бүгин - өмириңизге қосылған жаңа саўға. Солай екен оны барынша қабыл етиң! Кешеги күнниң аўыр жүгин желкеңизден алып таслаң. Ертеңги күнниң сыйлығын күтиң! Ҳәр демиңиз қайырлы берекетли, әҳмийетлиси пайдалы өтсин! @omir_sabaqlari

1500+ aʼzoga ega Telegram kanal bilan daromad Yandex Reklama tarmogʻida monetizatsiyani yoqsangiz, Telegram kanalingiz daroma
1500+ aʼzoga ega Telegram kanal bilan daromad Yandex Reklama tarmogʻida monetizatsiyani yoqsangiz, Telegram kanalingiz daromad keltira boshlaydi Batafsil #reklama 16+ partner.yandex.com

Өмирден қапа болмаң, ол мудамы сизге таңлаў имканын береди. Егер бүгин сизге жүда қыйын болса, демек, қашандур таңлаўда адасқансыз. @omir_sabaqlari

Биз ҳеш нәрсени тәрк етпедик. Тек ҳәрким өз мәпин питкерип болып бәндиргиде түсип қалды, болғаны.. @omir_sabaqlari
Биз ҳеш нәрсени тәрк етпедик. Тек ҳәрким өз мәпин питкерип болып бәндиргиде түсип қалды, болғаны.. @omir_sabaqlari

Аллаҳым, сен тәрепке узатылған қолымды үмитсиз қайтарма... Мени асыра: Өсектен.... Жаладан..... Қәлб музлаўынан.... Қайырлысы
Аллаҳым, сен тәрепке узатылған қолымды үмитсиз қайтарма...      Мени асыра:             Өсектен....                 Жаладан..... Қәлб музлаўынан.... Қайырлысын дос ет, нәмәрттен узақ ет... Асыра.... 🤲 @omir_sabaqlari

Гейде, ҳақыйқаттың түбине жетсең, оны және қайтадан көмгиң келеди. @omir_sabaqlari
Гейде, ҳақыйқаттың түбине жетсең, оны және қайтадан көмгиң келеди. @omir_sabaqlari

Жақын адамларымыздың соққысы қәтерлидур, өйткени ол жақын жерден бериледи... @omir_sabaqlari
Жақын адамларымыздың соққысы қәтерлидур, өйткени ол жақын жерден бериледи... @omir_sabaqlari

Түниңиз тыныш өтсин, әжайып түслер көрип, жақсы дем алың! 🌙⭐️ @omir_sabaqlari

Жыллар өтер, кетер өкпе, Умытылар ҳәтте жүзлер, Ҳәммеге унаў мүмкин емес: Хошлас ҳеш бир қалмай излер. ​Өкинбегил өткен иске Ҳәмде алма оны еске, Ҳәммеге унаў мүмкин емес, Ең баслысы — керек те емес! ​ @omir_sabaqlari

1-Мәйек Итимал сиз жақынларыңыз ушын жасайтуғын адамсыз. Сиз кемнен-кем жағдайларда өзиңизге итибар берип жүрегиңиз нени қәлейтуғынын, неге мүтәж екениңизди ойлайсыз. Сиз өз қәлеўиңизди, тилеклериңизди итибарсыз қалдырасыз. 2-мәйек Сизиң өз бағларыңыз бар. Сиз ақыллы адамсыз. Егер сизге ҳақыйқаттанда қандайда бир нәрсе керек болса, сиз ақыллылық пенен, есап пенен қурбан бересиз, келисимге келиў бул сизиң айрықша уқыбыңыз. Сиз келешекти ойлай алатын әжайып стратегсиз. 3-мәйек Егер алыўды қәлеген нәрсеге умтылсаңыз, сизди ҳеш ким тоқтата алмайды. Сиз өзиңиз қәлеген нәрсеге жетисиўиңиз ушын барлық усылларды қолланыўға таярсыз. Сиз ушын жетискен нәтийже кеткен күш ҳәм энергияңызды ақлайды деп ойлайсыз. Жетискен болсаңызда, кейин қаншаға түскен нархы сизди ойландырады. @omir_sabaqlari

Биреўин таңлаң @omir_sabaqlari
Биреўин таңлаң @omir_sabaqlari