ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 812 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 306,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 442

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 812 名订阅者。

根据 06 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -294,过去 24 小时变化为 -3,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 27.71%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.47% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 213 次浏览,首日通常累积 3 663 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 07 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 812
订阅者
-324 小时
-607
-29430
帖子存档
БУЛ САМАЛДЫҢ ЕСПЕЙТУҒЫН ЖЕРИ ЖОҚ... "Өсек ҳәм ғыйбатқа ҳеш қулақ аспа" Деп билгишлер ақыл айтқан болады. Бирақ ақыл басқа, өсек сөз басқа, Ҳәр қайсысы өз жолынан барады. Өсек сөз дегениң ызғырық самал, Бул самалдың еспейтуғын жери жоқ. Бийдай арасында ийтсийгек болар, Ҳарам шөптиң өспейтуғын жери жоқ. Күншиллик-ғыйбаттың бузық анасы, Дөхмет-жала менен ойнастан туўған. Жалған менен ыраслықтың арасы Билинбестей етип шебер тоқылған. Ғыйбат өз зәҳәрин иширсе езип, Инсан кеулин ғаплет думаны басқан: Жигитлер ең жақсы достынан безип, Патшалар ең садық ўәзирин асқан. "Өсек сөз ийеси қатынлар десе, Инанбаң! Өсектиң жынысы болмас. Еркеклер бар ғыйбат отын үрлесе, Ҳаял заты оған ерисе алмас. "Аллаңды умытпа" деп журип олар, Ақбайталлық етип өсек  тоқыйды. Қус баласы болған менен ғарғалар, Жеркенбестен патас затты шоқыйды... Өзбекстан қаҳарманы Ибрайым Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Яссаўий 📜 Өлген жүректи тирилтиў Бир күни бир шәкирти Яссаўий бабадан былай деп сорады: - Тақсыр, бул дүнядағы ең үлкен бахытсызлық не? Жүректиң өлиўи, - деп жуўап берди Ҳәзирети Султан. - Жүректиң өлиўи деген не? Ол неден өледи? - Дүняға толық байланса. Адамзатқа болған муҳаббатты дүняға деген қуштарлық жеңгенде бендениң бағы байланып, бахты таяды, - деди устаз. Ҳәмме үнсиз қалды. Үнсизликти бир шәкирт бузып. Ол: - Тақсыр, өлген жүрек, өшкен ой қәйткенде тириледи? - деди. - Оның ушын дәрўиштиң көз жаслары ибадат пенен қурғамасын. Себеби, Алланың мийрими көз жасы менен келеди. Тәңритаала Куранда "бул дүняда аз күлиң, көп жылаң" деген. Мөминниң жүреги қорқынышта болсын. Бул жүректеги менменликти жоқ етеди. Тән қумарлығынан руўҳтың қәлеўи жоқары турсын. Кәпир нәпси денесин бийлемесин. Денеси тәўбе қылғанда, маңлайы сәждеге тийсин. Қолы сахаўатта, аяғы шариатта болсын. Қанша сақый болса, сонша Алланың рахметине шомылады. Асын ҳадал етип жесин. Түнде аш қурсақта жатып, азанда сергек турсын. Қулағы ҳақ сөзге ашық, бос сөзге жаўық болсын. Өмирлик арзыў-нийети Алланың дийдары болсын. Тили зикир менен, ойы пикир менен, кеўли шүкирлик пенен шуғылланыўы керек. Зикир жүректиң - еми, пикир - ақылдың кәни, шүкир - сабырдың жемиси. Усыларға беккем болса өлген жүрек тез тириледи. Сөнген ой қайта жанады. Жүректиң көзи ашылса, кеўилге Ҳақтың нуры молдан қуйылады, - деп сөзин жуўмақлады устаз. https://t.me/ibratli_sozler

✍ АНА -УЛЛЫ  ИНСАН Күнлердиң бир күни елди жаý басыпты.Елди қылыштан өткерип, талап, ýaйран етипти.Ананың бир баласы  менен бир қызы болып, оларды  дым жақсы көрер екен.Олар ушын  жанын бериýге де  таяр турыпты.    Басқыншы патша ананы сынап көрмекши болып:    - Сени өлтирмекши емеспен,  үлкейгенде меннен өш алмақшы болған балаңды өлтирмекшимен.Айтыýларға қарағанда сен балаңа жаныңды бериýге таяр екенсең.Оң көзиңди берсең, балаң аман қалады, болмаса балаңды өлтиремен, - депти.     Ана:   - Көзим керек болса ойып ал, бирақ балама тийме!- депти.     Жәлладлар ананың оң көзин ойып алыпты, анадан "ың" деген зибан шықпапты.      - Енди  шеп көзиңди берсең қызың да аман қалады,- депти қанхор патша.   Ана дым екиленбей ыразы болыпты.Ана бийшара еки көзден де айырылыпты да, балалары аман қалыпты.      Соның арасында  ел батырлары көтерилип, басқыншы патшаны жер менен жексен етипти.      Ана мийрими, ерлигине бас ийип, халайық оны басшы етип тайынлапты.Еки көзинен айырылған ана баласын оң көз, қызын шеп көз етип, узақ жасапты.Елди әдиллик пенен басқарыпты. 📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қайырлы түн әзизлер! Сизлерге түннен тынышлық таңнан рысқы берекет несип етиўин тилеймиз... Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
Қайырлы түн әзизлер! Сизлерге түннен тынышлық  таңнан рысқы берекет  несип етиўин тилеймиз... Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

ТИКЕШ~шөректиң жүзине нағыс салатуғын әспаб. ТИКТЫРНАҚША~нағыстың түри. ТИЛМЕ ДУЎТАР~дуўтардың бир түри. Оны гейпара орынларда "Қурама дуўтар" деп атайды. ТИСЕГИ~қара үйдиң есигине сүйектен исленип, оған сән бериў ушын орнатылады. ТОҒА~қайыстың, айылдың темирден ямаса мыстан исленген бөлеги. Гейпара қайыслардың тоғасы гүмистен исленип, алтын жалатылып безелген. Ондай тоғалардың еки ушы ашылып киятырған гүл ямаса ағаш бүршигине уқсаған. Ат тоғалар ярым ай формасында болған. Бул атама ярым шеңбер [русша дуга] сөзлери менен негизлес. ТОҚАЛАҚ МҮЙИЗ~нағыстың бир түри. ТҮБЕК~бесиктиң тазалығына қолланылатуғын гүлалшылық буйымы. ТҮЙМЕ~ҳаял-қызлардың өңирине тағатуғын безениў заты. Гүмистен исленип, алтын жалатады, ойма, сызба нағысы болады. Түймениң шар түйме, жумалақ түйме, жалпақ, айры, илгек түйме деген түрлери болады. ТҮЙЕ ТАБАН~1. өсимлик, 2. нағыс, көбинесе кестеде болады. ТУЎЫРЛЫҚ БАЎ~үйге жабатуғын кийизден төменге бекитетуғын баўы. ТҮЙМЕ БАС~нағыстың бир түри. ТҮРКМЕН ҚУР~үйдиң иш жағынан, төрдиң жоқарысында торланып келетуғын қурлардың биразы усылай аталған. ТҮРКМЕН НАҒЫС~нағыстың аты [кесте]. ТҮРМЕ~бас ораўға қолланылатуғын жипек таўар. Қойыў қызыл реңли, ушы майда шашақлы болады. ТЫРНАҚША~нағыстың бир түри. ТЫШҚАН ИЗ~нағыстың түри, бир қатар үзик тигис. Авторлар: АЛЛАМУРАТОВ А. ДОСПАНОВ О. ТИЛЕЎМУРАТОВ Г. https://t.me/ibratli_sozler

<<ҚАРАҚАЛПАҚША КӨРКЕМ ӨНЕР АТАМАЛАРЫНЫҢ СӨЗЛИГИ>> =Т= ТАБАҚ~ағаштан ойып исленген ыдыс. ТАБАЛДЫРЫҚ~қара үйдиң есигиниң бөлеги, яғный--босағасы, ол ҳәр түрли нағыслар менен безелген болады. ТАБАН АҒАШ~қозақтың бөлеги. ТАЙ ТУЯҚ~нағыс [ақбасқур ҳәм қаршында болады]. ТАҚЫЯ~бас кийим, гүмис тақыя, ғазна мақпал тақыя, ақ тақыя, шайы тақыя ҳәм т.б. түрлери болады. ТАЛ~қара үй, арба, сандық соғылатуғын ағаш, үйтал, ақтал, қаратал ҳәм тағы басқалар. ТАР~сес тербелиўлериниң дереги (тийкары) жабық әспабларда [рояль, скрипка ҳәм т.б.] қолланылатуғын қайысқақ серппели ҳәм қатты тартылған жип [сабақ]. Ҳәзирги әспабларда металлдан [полаттан] исленген, сондай ақ сыртқы жағы металл сым менен оратылған тарлар қолланылады. ТАР, тара, тари~1) Кавказ, Орта Азия ҳәм Иранда таралған, бармақ пенен шертилетуғын әспаб. Жупланған үш тары, ямаса үш жуптан ҳәм биреўи жалғыз тарлары бар. 2) Арқа Африка еллеринде киширек дәп, дойра. ТАРАҚ~1. шаш тарайтуғын, жүн түтетуғын әспаб. Мүйизден, ағаштан, темирден исленеди. Нағыстың бир түри. ТАРАҚ НАҒЫС~алашада, гилемде қолланылатуғын нағыс аты. ТАРАНТЕЛЛА~Итальян халық аяқ ойыны, өлшеми 4/6, ямаса 8/3. Темпи тез, умтылыңқы. Гитара шертиў менен, тамбур, кастаньета урыў менен, гейде қосық айтыў менен бирге қосылып атқарылады. Тарантелланың музыкалық жанры операда, балетте, инструменталь, вокаль пьесаларында қолланылады. ТЕАТР СЫНЫ~театрдың дөретиўшилик жумысларындағы процесслерди сәўлелендириўши әдебий сын, илимий дөретпе. ТЕАТР МУЗЫКАСЫ~драма театры спектакльлериндеги инструменталь ҳәм вокаль музыкасы. Гейпара пьесаларында [трагедия, драма, комедия, водевиль ҳәм т.б.] Музыка тиккелей сахнаға байланыслы жағдайлардан келип шығады. Бундайда қосықлар, рояльда шертиў ҳәм т.б. тәртип бойынша сахнада атқарылады. Бирақ драматург тәрепинен нәзерге алынбаған [өзиникин ямаса басқаникин пайдаланған] ҳәм сахна сыртында [оркестр, механикалық түрде жазылған]  атқарылатуғын музыкада спектакльге жийи алынады. Театр музыкасы спектакльди эмоциональ жақтан тереңлетеди. Пьесаның идеясын ашыўға социальлық жағдайын тарийхый, миллий ҳәм жергиликли колоритти характерлеўге, қаҳарманлардың психологиялық дәрежесин айқын сүўретлеўге жәрдем береди. Театр музыкасының көплеген шығармалары концертте атқарылады. ТЕАТР ИЗЕРТЛЕЎ~театр өнериниң тарийхын, теориясын изертлеўши илим. ТЕАТР ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ АЎҚАМЫ~сахна шеберлерин бириктиретуғын дөретиўшилик шөлкем. ТЕБИНГИ~аттың ер-турманының бөлеги. Зәңги баўдың тусында болады. Өгиздиң терисинен исленген, ойма нағыслы. Тебинги қарақалпақ, қазақ, қырғыз, көшпели өзбеклерде болған. Әййемги дәўирлерде ол аттың баўырын оқтан қорғаў ушын, соңын ала зәңги баў аттың терисин қырмаўы ушын және сән ушын исленген. ТЕЗ~ағашты дүзетиў ушын үйшилердиң, ағаш усталардың қуралы, жерге көмилген үлкен еки ағаш. ТЕЛБЕЎ ЖИП~бөгенек арбада өгиздиң шақына ҳәм алтақтаға байланып, бир ушы арбакештиң қолында болатуғын нағысы бар лента, жүннен тоқылған. ТЕМАТИКАЛЫҚ КАРТИНА~бир темаға,  ўақыяға қурылған живописьлик шығарма. ТЕМА~көркем өнер шығармасының баслы өзеги. ТЕРИС ҚАЙЫЎ~кестедеги тигистиң түри. Көбинесе бөзден исленген кийимлерге [көк көйлек, ақ киймешек алды тағы басқа] исленеди. ТЕРМЕ АЛАША~алашаның нағыслы етип тигилген түри усылай аталады. ТЕРМЕ~нағысы бар қур тоқыў техникасы. ТЕСКИШ~темирди тесетуғын қурал, шеге. ТӨРТ АҚ~нағыстың түри. ТӨС~қара үйдиң керегесиниң ишки тәрепи, қарақалпақ тилинде Тахтакөпир жақта <<Төс>> нағыслы ҳәм нағыссыз деп екиге ьөлинеди. ТӨСЛИК~мыскердиң, темиршиниң әспабы. ТУРМЫСЛЫҚ МУЗЫКА~концерт залынан, театрдан, ширкеўден тысқары жерде атқарылатуғын, массалық турмысқа кеңнен таралған музыка. Турмыслық музыкаға үйде ямаса ашық ҳаўада атқарыўға арналған турмыс романсы, қала қосықлары, әспаблы пьесалар, кеңнен таралған эстрадалық ҳәм массалық қосықлар, айырым опера номерлери, сондай ақ шопан сазлары, бесик жыры, аңшылар сырнайының шақырықлары, әскерий турмыс музыкасы ҳәм т.б. киреди. Турмыслық музыкаға кең мәнисинде халық музыкалық поэтикалық дөретпелериниң барлығы киреди. ТУСАҚА НАҒЫС~нағыстың түри, формасы тоғанаққа усайды. https://t.me/ibratli_sozler

&lt;&lt;Қарақалпақша көркем өнер атамаларының сөзлиги&gt;&gt; 👇👇👇👇👇👇👇👇👇
<<Қарақалпақша көркем өнер атамаларының сөзлиги>> 👇👇👇👇👇👇👇👇👇

SULTAN.Q - QQ IRGAGI + (1).mp39.96 MB

ЕГЕР АДАМНЫҢ ДОСТЫ АЗ БОЛСА, ДЕМЕК ОНЫҢ ӨМИР ТӘЖИРИЙБЕСИ ҮЛКЕН. 🌟 Сёрен Кьеркегор (@danaliq) https://t.me/ibratli_sozler
ЕГЕР АДАМНЫҢ ДОСТЫ АЗ БОЛСА, ДЕМЕК ОНЫҢ ӨМИР ТӘЖИРИЙБЕСИ ҮЛКЕН. 🌟 Сёрен Кьеркегор (@danaliq) https://t.me/ibratli_sozler

Узақ өмир сүриў сыпы неде екенин мына видеода көрип, билип алың. Сиз қалай ойлайсыз, көп өмир сүриўдиң сыры неде??? Каналымыздан узақласпаң.....

НАЎРЫЗ ТАҒАМЛАРЫ ТАРИЙХЫНАН " Наўрыз " сөзи парсы—тәжик сөзи болып, "Таза күн" деген мәнини аңлатады. Наўрыз айының басы күн менен түнниң бәҳәрги теңлесиўи сыпатында бәҳәрдиң келиў пайты Орта Азия жақын шығыс ҳалықлары тәрепинен, Жаңа жыл байрамы сыпатында белгиленип келген...      Наўрыз ҳайты бул уллы халық байрам ҳүрметине айланып, өзинше бир жеңиллик жәриялаў дәстүри болып, ғалаба халықлық шады-қуррамлық пайытларын да, қамақта жатырған жынаятшылар менен тутқынлар азатлыққа шығарылып, өз ықтыярлары өзлерине берилген. Уллы байрам мүнәсибети менен урыслар тоқтатылып, питим жасасыў туўралы шәртли талап болған. Жыл даўамында араларынан суўық шамал есип, урысып қалған адамлар да бул күни өз ара жарасады. Байрам салтанатлы өтип атырған пайытларын да биреўлер қайтыс болып қала қойса, олардың жерлениўи кейинге қалдырылатуғын болған.     Уллы байрам күни ас-абат бериў тоқтатылып турған. Наўрыз ҳайты күнллери жаңа жыл байрамы салтанатларын өткериў тәртиплеринде өз ҳалқының миллий байрамы сыпатында белгиленип киятырған ҳәр бир халыққа өзине тән өзгешиликлери болған. Мәселен: Өзбеклерде Наўрыз ҳайты дастурқанының көрки шәртли түрде байрамнан он-он бес күн бурын суўға салынып бөрттирилип өндирилген бийдай ҳәм арпа дәнлеринен писирилетуғын сүмелек тағамы менен ишине хош ийисли назбай гүл жапырақлары, көк шөплери салынып писирилетуғын суў бөрек,көк самса болады.    Қазақлар менен Қарақалпақлардың тийкарынан Наўрыз байрамына тән тағамлары Наўрызлық гөже болып, ол шәртли түрде кеминде жети түрли дақылдан таярланатуғын болыўы керек. Оның ишине бийдай жарма, арпа , жүўери жарма, мәш, лобия, май, гөш салынып, ағарған асқатық етип қатылыўы тийис. Соның менен бирге олар бул уллы байрамға арнап қазы, қақланған балық сыяқлы тағамды да таярлап қоятуғын болған.    Ҳәрбир адамның кеминде жети үйден наўрызлық гөже ишиўи шәрт болып, бул үлкен саўап ис деп есапланған.    Тағы бир айта келетуғын нәрсе, Наўрыз ҳайты Орта Азия ҳәм Жақын Шығыс ҳалықларында тек жаңа жыл сыпатында ғана, емес, ал соның менен бирге ол мийнет байрамы, бәҳәр байрамы, дийқанлардың  бәҳәрги егис мапазы байрамы сыпатында да кеңнен белгиленген. Топлаған: Ҳәмидулла ЖУМАШЕВ @Tariyxqa_nazerden 👉https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

Базаргул_Ассалаума_алейкум_эст_1.mp32.57 MB

photo content