ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 831 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 310,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 831 名订阅者。

根据 02 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -281,过去 24 小时变化为 -12,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.57%。内容发布后 24 小时内通常能获得 20.65% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 007 次浏览,首日通常累积 3 891 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 03 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 831
订阅者
-1224 小时
-757
-28130
帖子存档
📖 Бердаққа. ✒️. Ибрайым Юсупов 🎙. Гүлбəхəр Қарабаева https://t.me/ibratli_sozler

"Бармекен" ✍ Әжинияз Қосыбай улы 🎙 Даўытбай Қайпов https://t.me/ibratli_sozler

Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Бүгинги зыяратларыңыз қабыл болсын. Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты
Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Бүгинги зыяратларыңыз қабыл болсын.    Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға кетеди. Сизлерге бүгинги түнниң жақсылығын, тынышлығын тилеймен.  Ертеңги Таңда аманлықта дийдарласыў несийп етсин. Түнниң периштелери, сизлерге шийрин уйқы ҳәм жақсы түслер инам етсин. 🤲🤲🤲🤲🤲 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟

СЕН МӘҢГИ ТИРИСЕҢ АШЫҚ      АЯЗИЙ  (05.05.1929- 24.07.2008 жж) Ҳәмме жазып атыр, бирим, биримлеп, Аязийдиң бүгин туўған күни деп, Арнаў жазғым келди, менде пирим деп, Қатардан қалмастан йош келген гезде. Дәўран атын минип жортып тынбадың, Болса да тосықлар ҳасла сынбадың, Халықтың мудамы дәртин жырладың, Бағып заманыңа қарасам изге. Ўатан хаққындағы жазған жырларың, Тәриплеп бийпаян: сахра, қырларын, Оқысақ көринип жумбақ сырларың, Зибанлар қалады айланбай сөзге. Ашықлық туйғысын жүректен сезип, Йош келген де ышқы бағларын гезип, Сәўги сезимлерин көкнардай езип, Муҳаббат шарабын иштирдиң бизге. Том- том китапларды мийрас қалдырдың, Қәлемиңнен от шығарып жандырдың, "Қызғанында басып менде тандырдың", Мың- мың алғыс айтқым келеди сизге. Мийўели дарақсаң ийилген шақаң, Көзиң тирисин де берилген баҳаң, Сен уллы зибансаң, шайыр қаҳарман, Жүз жылда бир мәрте келетин елге. Халқың қосықларың айтып жүр ядый, Бийбаҳа азық алып оннан руҳый, Сен мәңги тирисең Ашық Аязий, Саўлатың тасланып көринер көзге. Көкте жанып турса жулдызым парлап, Аллаҳым ал қулым десе бир қоллап Қосық әлеминде көсилип шағлап, Мениң де уқсағым келеди сизге. Ақшолпан Аманияз 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https://t.me/ibratli_sozler

Т У Ў Ы Л Д Ы    Ш А Й Ы Р Бүгин бир әжайып күн, Сайрар тилим шығып үн, Туўылды шайыр шыр етип, Жаздым қатар арнап шын. Ат қойылды Ибрайым, Аман болғай қудайым, Сыйынып ата-анасы, Елимди бир сыйлайын. Деп берди улды халыққа, Демде шықты жарыққа, Ел перзенти шайырым, Шыға келди садық та. Өмир өткел қыйынлық, Көрди бәрин сыйындық, Қарақалпақ халқына, Берди байлық жырым деп. Жырға булақ перзенти, Төкти жайлап жер бети, Ким болса сол терип жүр, Бәри ақыл келбети. Оқып, ядлап, атқарып, Айтып ҳәлек нақма-нақ, Түсирмес ҳасла аўыздан, Пәтикке бойлап тахталап. Пазыйлетли сәлемди, Булақ болған қәлемди, Жумсап кетти шайырым, Жайласын деп әлемди. Ҳәр жылы уллы байрамы, Поэзия етип сайраны, Пүткил инсан жан-тәни, Бәйги қосып тарланы. Жырлағым келер булақ сөз, Кеўилим толы жыр-ақ, төз, Қалайша тәрийип берейин, Бәрше қадап отыр көз. "Қамыр ушы патир"ди, Жаза салдым сәтирди, Шайырым бүгин туўылды, Салмасам да көпирди. Шайырыма жырым көп, Кешке шекем тыным жоқ, Талай қатар арнайман, Қайнап тур-аў, тилим шоқ Қутлықлайман, бәршени, Үлкен, киши-нәлшени, Даңқы бәлент шайырым, Ада болмас өлшеми. ✍УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА https://t.me/ibratli_sozler

Т У Ў Ы Л Д Ы    Ш А Й Ы Р Бүгин бир әжайып күн, Сайрар тилим шығып үн, Туўылды шайыр шыр етип, Жаздым қатар арнап шын. Ат қойылды Ибрайым, Аман болғай қудайым, Сыйынып ата-анасы, Елимди бир сыйлайын. Деп берди улды халыққа, Демде шықты жарыққа, Ел перзенти шайырым, Шыға келди садық та. Өмир өткел қыйынлық, Көрди бәрин сыйындық, Қарақалпақ халқына, Берди байлық жырым деп. Жырға булақ перзенти, Төкти жайлап жер бети, Ким болса сол терип жүр, Бәри ақыл келбети. Оқып, ядлап, атқарып, Айтып ҳәлек нақма-нақ, Түсирмес ҳасла аўыздан, Пәтикке бойлап тахталап. Пазыйлетли сәлемди, Булақ болған қәлемди, Жумсап кетти шайырым, Жайласын деп әлемди. Ҳәр жылы уллы байрамы, Поэзия етип сайраны, Пүткил инсан жан-тәни, Бәйги қосып тарланы. Жырлағым келер булақ сөз, Кеўилим толы жыр-ақ, төз, Қалайша тәрийип берейин, Бәрше қадап отыр көз. "Қамыр ушы патир"ди, Жаза салдым сәтирди, Шайырым бүгин туўылды, Салмасам да көпирди. Шайырыма жырым көп, Кешке шекем тыным жоқ, Талай қатар арнайман, Қайнап тур-аў, тилим шоқ Қутлықлайман, бәршени, Үлкен, киши-нәлшени, Даңқы бәлент шайырым, Ада болмас өлшеми. ✍УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА https://t.me/ibratli_sozler Т У Ў Ы Л Д Ы    Ш А Й Ы Р Бүгин бир әжайып күн, Сайрар тилим шығып үн, Туўылды шайыр шыр етип, Жаздым қатар арнап шын. Ат қойылды Ибрайым, Аман болғай қудайым, Сыйынып ата-анасы, Елимди бир сыйлайын. Деп берди улды халыққа, Демде шықты жарыққа, Ел перзенти шайырым, Шыға келди садық та. Өмир өткел қыйынлық, Көрди бәрин сыйындық, Қарақалпақ халқына, Берди байлық жырым деп. Жырға булақ перзенти, Төкти жайлап жер бети, Ким болса сол терип жүр, Бәри ақыл келбети. Оқып, ядлап, атқарып, Айтып ҳәлек нақма-нақ, Түсирмес ҳасла аўыздан, Пәтикке бойлап тахталап. Пазыйлетли сәлемди, Булақ болған қәлемди, Жумсап кетти шайырым, Жайласын деп әлемди. Ҳәр жылы уллы байрамы, Поэзия етип сайраны, Пүткил инсан жан-тәни, Бәйги қосып тарланы. Жырлағым келер булақ сөз, Кеўилим толы жыр-ақ, төз, Қалайша тәрийип берейин, Бәрше қадап отыр көз. "Қамыр ушы патир"ди, Жаза салдым сәтирди, Шайырым бүгин туўылды, Салмасам да көпирди. Шайырыма жырым көп, Кешке шекем тыным жоқ, Талай қатар арнайман, Қайнап тур-аў, тилим шоқ Қутлықлайман, бәршени, Үлкен, киши-нәлшени, Даңқы бәлент шайырым, Ада болмас өлшеми. ✍УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА https://t.me/ibratli_sozler

YAR BOLAYIN +++++.mp39.73 MB

Бул самалдың еспейтуғын жери жоқ!.. "Өсек хәм ғыйбатқа ҳеш қулақ аспа" Деп билгишлер ақыл айтқан болады. Бирақ ақыл басқа, өсек сөз басқа, Ҳәр қайсысы өз жолынан барады. Өсек сөз дегениң ызғырық самал, Бул самалдың еспейтуғын жери жок. Бийдай арасында ийтсийгек болар, Ҳарам шөптиң өспейтуғын жери жоқ. Күншиллик—ғыйбаттың бузық анасы, Дөҳмет—жала менен ойнастан туўған Жалған менен ыраслықтың арасы Билинбестей етип шебер тоқылған. Ғыйбат өз зәҳәрин иширсе езип, Инсан кеўлин ғаплет думаны басқан Жигитлер ең жақсы достынан безип, Патшалар ең садық үәзирин асқан. "Өсек сөз ийеси қатынлар" десе, Инанбаң! Өсектиң жынысы болмас Еркеклер бар, ғыйбат отын үрлесе, Ҳаял заты оған ерисе алмас "Аллаңды умытпа" деп жүрип олар, Ақбайталлық етип өсек тоқыйды Қус туқымы болған менен қарғалар, Жеркенбестен патас затты шоқыйды. 2000-жыл. Ибрайым Юсупов 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 . https://t.me/ibratli_sozler

"Мақтаншақ" BATIM  жигитлерине әўмет тилеймиз. Себеби, олар халық  арасындағы гейбир инсанлардың минезин, әдетин айқын ашып беретуғын видеороликлерди бизлерге усынады. Қәнекей усы видеороликлер гейбиреўлерге* сабақ болса, ибрат болса !......... Пикир сизден әзизлер. Баҳадыр Ешимбетов Тимур Султанов {{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{ https://t.me/ibratli_sozler

Қосық көзсиз шықса, көкирегиң соқыр, Мийден шыққан сөзди, журт мийге тоқыр. Көзиңе шөп тиреп, отырып жазбасаң, Қосығыңды көзиңе, шөп тиреп оқыр... ✍Ибрайим Юсупов. Сонлықтан жазбастан бурын қосықты, Жазмышлар ҳәр сөздиң мәнисин билсин. Оқырман оқыса, жарып тосықты, Тек ғана оқымай, ҳәм жылап күлсин! ✍ Сансызбай Қанназаров.

ҚОСЫҒЫ ҚАРА ҮЙДИҢ НАҒЫСЛАРЫНДАЙ. (Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов естелигине) Руўхый ғәзийне кеўил ханасы, Шолпан жулдыз -шайырлардың данасы, Тамыр бойлап қосықлары арқалы, Суўғарылған халқымыздың санасы, Намыслы жигиттиң кеўил тарындай. Жыллар өткен сайын жулдыздай жанып, Жаслар шәшмеңизден суў ишти қанып, Қарақалпақтың «еки асқар шоққысын» Халық жалғызындай сүйери анық, Ҳасла шаң жуқтырмас намыс- арындай. Қос қаҳарман Төлепберген, Ибрайым, Еки дарға берген бизге Қудайым, Басқа еллер менен еңселескенде, Сизлер менен жарқырайды шырайым, Ғалы гилемлердиң нағысларындай. Өз ана тилине хызметлер еткен, Туўысқан тиллерди ҳүрметлеп өткен, Иләҳий шайырдың ҳәрбир қатары, Қанат қағып Арша Алаға жеткен, Әмиўдиң ҳалласлап ағысларындай. Мың жылда бир келер Ибрайым шайыр, Биз де булағынан суў ишкен сайыл, Түркий тиллес шайырлардың ишинде, «Пайғамбар шайыр» деп аталды қайыл. Илҳамы Әмиўдиң ағысларындай. Поэзия халықтың - ең ҳасыл заты, Шаң басып қалады шаҳлардың хаты, Бәрҳама халықтың руўхы болып, Мәңгиге қалады шайырдың аты. Сүт пенен қан жанға қарысқанындай. «Тумарис» ҳәм «Дала әрманларыңыз» «Және Жайҳун болды» жәўланларыңыз, Келешек әўладқа алтын ғәзийне, «Әмиў жағысында» қырманларыңыз. Алтын кәншисиниң табысларындай. Қазақ туўысқаның, өзбек өз ағаң, Шыңғыс пенен татлы жеген зағараң, Саҳраның бүлбили Әжинияз бенен, Мақтымқулы шайыр руўхый сағаң. Расул Гамзатов-тап қаналасыңдай. «Халқым дана» бәрин аңлап турады, Сөз бенен ушардан атып урады, «Жолбарыс сазгер» менен жазған гимниң, Көксиме йош берип туўлап турады. Қара жорғалардың шабысларындай. Сегбир тартсам табыласаң қасымнан, Не ислер өткенде нашар басымнан, «Бул жер еле зор болады» деп турар, «Дузлы самалларың» сылап шашымнан, Анамның күлимлеп бағысларындай. Аз санлы халықтың уллы шайыры, Айлаўды айырған қарабайыры, Мың жыллық әсирдиң ағысларында, Қайырламай қырдан жүзип қайығы, Йош берер Пегастың шабысларындай. Халқымыздың сөнбес ығбал шырағы, «Темир қазық жулдыз» мәңги маягы, Қарақалпақта океан жоқ, теңиз жоқ, Ибрайым да сөздиң қайнар булағы, Жайҳунның әзелги ағысларындай. Жанды жымбырлатқан ҳәр қатарың, Ақ басқурдың ғайры нағысларындай. Гулистан Даулетова. Қарақалпақстан халық шайыры. 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https://t.me/ibratli_sozler

2_5269370666792005201 (1).mp37.37 MB

Бүгин....5-май..... "Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры", "Өзбекстан қаҳарманы", елимиздиң сүйикли шайыр атасы, XIX әс
Бүгин....5-май..... "Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры",  "Өзбекстан қаҳарманы", елимиздиң сүйикли  шайыр атасы, XIX әсир қарақалпақ поэзиясының  ең ири ўәкили, байтереги  Ибрайым Юсуповтың туўылған күни. Ибрайым Юсупов 1929-жылы 5-майда Шымбай районы Азат аўыл пуқаралар жыйыны аймағында дүняға келген. Ал, 2008-жылы 24-июьлда дүнядан көз жумды.     Ибрайым Юсуповтың қунлы дөретпелери әсирлер даўамында сақланып, инсанияттың жүрегинен орын алары сөзсиз. Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

Базаргул_Ассалаума_алейкум_эст_1.mp32.57 MB

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!     Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ!     Ең бахытлы инсан болыў ушын:     Қуўанышымызға шүкир,     Қапашылығымызға сабыр,      Тилимизди зикир,       Жүрегимизди меҳирге             толтырып алайық!      Баслап атырған жаңа күниңиз қайырлы, берекетли болсын!     Ҳәр бир ийгиликли исиңизге Алла яр, Қыдыр ата жолдасыңыз  болсын! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿

#Қайырлы түн Сизди хәр қандай жағдайда да өзлерине жақын алып, барыңызша қабыллай алатуғын Жақынларыңыздың бахтына хәмийше са
#Қайырлы түн Сизди хәр қандай жағдайда да өзлерине жақын алып, барыңызша қабыллай алатуғын Жақынларыңыздың бахтына хәмийше саў болын! Аллаға аманатсыз Қәдирданлар! https://t.me/ibratli_sozler

Ендигары-?
Anonymous voting

Ыстанат-?
Anonymous voting

Ырғанақ-?
Anonymous voting