ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 877 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 298,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 452

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 877 名订阅者。

根据 28 六月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -262,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.62%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.61% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 027 次浏览,首日通常累积 3 704 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 46

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 29 六月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 877
订阅者
-1424 小时
-867
-26230
帖子存档
photo content

2_5226954536144343850.mp33.87 MB

#ғәзийне 📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары Жалғыз жүрип жол танығанша, Көпшилик пенен адас Ерден аспақ болса да, Елден аспақ жоқ Бағды қуртсаң балаңа қәўип, Елди жаманласаң өзиңе қәўип Телпек кийгенниң ары бир, Кемеге мингенниң жаны бир Халқыңды, журтыңды жаманлама, Халық табады миниңди Ўатан күннен сулыў, Алтыннан қымбат Ел басына түскен ис Ер басына түскени Көп билсең де, Көптен артық билмейсең Халық бир тислемнен берсе тойдырар, Бир муштан берсе өлтирер Ел сөзи - теңиз толқыны Жалғыз ағаш үй болмас, Жалғыз жигит бий болмас. Көп аўыз бир болса, Бир аўыз жоқ болады. Жалғыз аттың шаңы шықпас, Жалғыздың үни шықпас. Саяқ жүрсең таяқ жерсең. Жекке жүрип ат шаппа (қус тутпа), Биреўден екеў жақсы.  📜 https://t.me/ibratli_sozler

Жетимнинг ҳақын жеп қойма Муҳмин бенде жетим ҳақтың қулыдур, Жетим ҳақын наинсаплар жеп қойма, Турышылық ҳақ безирген жолыдур, Жетимлердиң ҳақларын жеп қойма. Жеме ҳақын адамлардың ҳешқашан, Отерсең дуньядан жесең бий нышан, Ғарип-қәсер, маҳмин пуқара инсан, Жетимлердинг ҳақыларын жеп қойма. Шайырлардың едим өзим сардары, Расулулла сүйген үмметтиң бири, Аўырса-да шүкир етер ҳәр жери, Жетимлердиң ҳақыларын жеп қойма. Жетим ҳақы қарызлардан жаманды, Ҳақы жемегенниң басы аманды, Егер берсе бендесине заманды, Ели шалқыр өмирине кун менен. Уайымсыз ас ишсең суйегиң балқыр, Ҳасыл ас ишпесең суўда шөп қалқыр, Биразлар жетимниң ҳақын жеп шалқыр, Сен оныңдай жетим ҳақын жеп қойма. Жетим деген ғәрип болар билсеңиз, Ақша жузи сарғаяр оған кулсеңиз, Бул гәпимди мениң жалған десеңиз, Бир басқа бир өлим жақын, жеп қойма. Бул заман тарылды маканы болмас, Залымлар ғариптиң ақлыны алмас, Бағдың гүллери солар я солмас, Солады деп жетим ҳақын жеп қойма. Аллаға жыларман етип налысты, Өзлерин билермен жақсы ҳалыны, Дузетермен душпан менен шабысты, Бир басқа бир өлим барды, жеп қойма. Мақтымқулы мағриптей алдыңды болжа, Қысқарт сөзди енди саған жоқ олжа, Бул заманда әўере болма Кунхожа, Сенде сөйтип жетим ҳақын жеп қойма. ✍ Күнхожа Ибрайым улы https://t.me/ibratli_sozler

Адамзат ушын еки қуяш бар: бириншиси - тәбийий қуяш (күн), екиншиси - руўхый қуяш КИТАП. ✍ Т. Қайыпбергенов https://t.me/ibra
Адамзат ушын еки қуяш бар: бириншиси - тәбийий қуяш (күн), екиншиси - руўхый қуяш КИТАП. ✍ Т. Қайыпбергенов https://t.me/ibratli_sozler

Ӯақыт ҳаққында… Жаратылыс сени жоқтан бар етти: Биреӯ-перзент, биреӯ-сǝӯер яр етти… Инсан деген уллы исми-шǝрипиң Жаңғырып ту
Ӯақыт ҳаққында…   Жаратылыс сени жоқтан бар етти: Биреӯ-перзент, биреӯ-сǝӯер яр етти… Инсан деген уллы исми-шǝрипиң Жаңғырып тур еситилип шар тǝрепке… Сен ӯақытқа садықпысаң, ямаса Ӯақыт саған садық болыӯ керекпе   Ҳағынан кел, айт ӯақыттың алдында, Журт қатары бир жан жасай алдыңба? Я аңқылдап, сол ғǝниймет күнлердиң Қалай өткенлигин билмей қалдыңба? Я ӯақыттан озып кетип, өзиңниң Қара басың ушын қорған салдыңба?   Қǝдирин билдиңбе достың, яранның Қандай қайырхомлық етти саған ким? Яки қуӯанғанда, яки қайғыда Сен кеӯлинен шықтыңба бир адамның? Өмирдеги орның қандай?  Өзиң айт, Ким  биледи артық-кемин баханың?   Бул сораӯға ӯақыт жуӯап береди, Еситерсең, еле келер рети. Неге десең, ҳақыйқатлық ҳǝр қашан Өзиң менен өкшелесип жүреди. Сен ӯақытқа садық болсаң, ӯақыт та Сенин қǝдир-қымбатыңды биледи…   Ноябрь,1988 жыл.  Нөкис қаласы. ✍️✍️✍️ Толыбай Қабулов

#Ассалаўма алейкум! ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ, ӘЗИЙЗЛЕР! 🌿Сиз бир КУЯШСЫЗ- кеўиллерди еритиўши, 🌿Сиз бир МЕҲИРСИЗ - бахыт булағын келтири
#Ассалаўма алейкум! ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ, ӘЗИЙЗЛЕР! 🌿Сиз бир КУЯШСЫЗ- кеўиллерди еритиўши, 🌿Сиз бир МЕҲИРСИЗ - бахыт булағын келтириўши, 🌿Сиз бир ҚУЎАНЫШСЫЗ  - жүректи шадлыққа толтырыўшы, 🌿Сиз бир ӘЎМЕТСИЗ - қәлблерде мақтаныш сезимин  оятыўшы... 🌿Пийшемби таңы бәршемизге сәтли күн болсын!!! Күни бойы сизлерден қуўаныш күлкилери арылмасын🙏🙏 https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы түн әзизлер! Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин, Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин. Улықпандай мың жыл өмир сүрсең де, Соның аржағында бар тағы бир күн.  ✍ Т. Жумамуратов 💫 💫 💫 💫 Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз... https://t.me/ibratli_sozler

ЖАҚСЫ ТИЛЕК Жақсы сөзге де жаман сөзге де периштелер әўмийн дейди, деген гәп бар. Соның ушын да ҳәр қашан тилекти дурыс тилеў керек. Бир ўақыяны еситип едим, аңыз ба, я, болған ўақыя ма, ол жағын билмедим. Бирақ сол ҳәдийсе мениң ядымнан шықпай қалды. Жас ерли-зайыплылар турмыс қурғанына бирнеше жыл болса да, перзент көрмепти. Олардың бармаған тәўиби, емленбеген жери қалмапты. Ҳеш қайсысының пайдасы тиймеген соң, ақыры балалы болыўдан үмитин үзе баслапты. Күйеўи менен енесиниң келинге деген көзқарасы өзгере баслапты. Анасы баласына: - Енди бул туўмайды, басқасына үйлен,- деп ҳәр күни мәсләҳәт берер екен. Бундай сөзлерди есите берген келин шаңарағын бузғысы келмей: "Ей, Алла, маған көзи соқыр, өзи майып болса да, бир перзент бер, мен буған да қайылман!" деп қудайдан перзент сорай берипти. Арадан айлар өтип, ҳаял ҳәмледар болыпты. Үйдегилердиң ҳәммеси нәрестениң туўылыўын асығыслық пенен күте баслапты. Айы-күни келип, нәресте туўылыпты. ...Не көз бенен көрсин! Бала қолы-аяғы ислемейтуғын ҳәм соқыр болып туўылыпты! Сонда анасы: - Неге қудайдан жақсы тилек тилемедим!- деп зар-зар жылапты. Демек, қандай жағдайда болсақ та, тек жақсы тилек тилеўимиз керек екен. Мениң тилегим, елимиз аман, журтымыз тыныш, суўымыз мол, жасларымыз бахытлы болғай! Ҳәммениң де ата-аналары аман болып, перзентлериниң камалын көре бергей! ✍Жумамбетова Қурбангүл https://t.me/ibratli_sozler

​​     АТА-АНА ДУЎАСЫ      Күнлердиң биринде еки дос саўда ислери менен узақ сапарға шығыпты.      Бириншисиниң ата-анасы тири болып, екиншиси жетим екен.      Бириншиси жетим достына мәнзилге жетемен дегенше саўда-сатық бойынша ақыл үйретипти. Нәрселерди сатып алыўда да, сатыўда да ақыл үйрете берипти, үйрете берипти.      Ақыры шыдамы таўсылған досты оған депти: "Ҳәй бирәдар, билесең бе, билмейсең бе, мениң сүйеклерим саўдада қатқан. Ата-бабаларым белгили саўдагер болған, ҳадал пул таўып бизлерди өсирген. Сол себепли де, мәсләҳәтлериңе мүтәжлигим жоқ. Мениң сен менен бирге екенлигиме бирден-бир себеп бар. Ол да болса, ата-анаң сени дуўа қылғанында, мени де қосса екен, деген үмитте жолдаслық қылмақтаман", - депти. 📖"Перзентнама" китабынан үзинди. https://t.me/ibratli_sozler

🌺 ХАЛҚЫМ САҚ БОЛАЙЫҚ ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА Бар айыпты төнкерместен заманға, Алып топылмастан, адам- адамға, Таплатпай намысын нәкас,
🌺 ХАЛҚЫМ САҚ БОЛАЙЫҚ ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА Бар айыпты төнкерместен заманға, Алып топылмастан, адам- адамға, Таплатпай намысын нәкас, наданға, Халқым сақ болайық қызларымызға. Айтайын келген де гәптиң қолайы, Қыз бала емес пе, елдиң шырайы? Миллет едик, қыз сыйлаған удайы, Биз қорған болайық қызларымызға. Азаматлар кийген басына бөрик, "Ар ушын қара кий"- абырой шерик, Ҳәр бирин көз қарашығыңдай көрип, Қалқаны болайық қызларымызға. "Бос усласаң қолды қыяды қамыс,- Ерди өлтиреди, демей ме намыс?", Тәрбиялап, жат иллетлерден алыс, Көз қулақ болайық қызларымызға. Ашылмай атырып он гүлден бири, Тықпайық солдырып, гөрине тири, Кетпейди жуўсаң да кеўилдиң кири, Пәрмана болайық қызларымызға. Миллет келешеги- болажақ Ана, Қара шаңарақтан... алады саға, Аўҳалға түсирмей, услатар жаға, Халқым бек болайық қызларымызға. ✍Ақшолпан Аманияз https://t.me/ibratli_sozler

Өмир қурамалы емес! Оны биз өзимиз қурамаластырамыз! Санаңызды нени көрсетиўге əдетленсеңиз, өмирде тек солардығана көресиз,
Өмир қурамалы емес! Оны биз өзимиз қурамаластырамыз! Санаңызды нени көрсетиўге əдетленсеңиз, өмирде тек солардығана көресиз, артығын емес! Хəр бир жағдайда жақсылық барлығына исениң! https://t.me/ibratli_sozler

ҲИКМЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ ҲИКМЕТДУР ДҮНЬЯ, ИЛЛЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ ИЛЛЕТДУР ДҮНЬЯ. АЙРЫМ АДАМЛАРДЫҢ КӨЗЛЕРИ ҲӘММЕНИҢ ТЕК ҒАНА ЖАМАН ТӘРЕПИН КӨ
ҲИКМЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ ҲИКМЕТДУР ДҮНЬЯ, ИЛЛЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ ИЛЛЕТДУР ДҮНЬЯ. АЙРЫМ АДАМЛАРДЫҢ КӨЗЛЕРИ ҲӘММЕНИҢ ТЕК ҒАНА ЖАМАН ТӘРЕПИН КӨРЕДИ,ОЛ АДАМ ҚАНША ЖАҚСЫ БОЛСА ДА АЗ ҒАНА ҚӘТЕШИЛИК ИСЛЕСЕ,ОНЫҢ КӨЗИНЕ ҮЛКЕН АЙЫП БОЛЫП КӨРИНИП,ОНЫ ИЛӘЖЫ БАРЫНША КӨПШИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЎГЕ АСЫҒАДЫ. АЛ, ОНЫҢ ЖАҚСЫ ИСЛЕРИН,ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕРИН МӘЗИ ЕСИТПЕГЕНЛИККЕ АЛАДЫ. БИЗ ДЕ ОҒАН МӘЗИ ҒАНА КҮЛИП ҚОЯЙЫҚ, СЕБЕБИ ҚАЗАНДА БАРЫ ШӨМИШКЕ ИЛИНЕДИ, РУЎХЫЙ ДҮНЬЯСЫ КИРГЕ ТОЛЫП КЕТКЕН АДАМ БИРЕЎДИҢ ЖАМАН ТӘРЕПИН КӨРЕДИ, АЛ РУЎХЫЙ БАЙ АДАМ ҲӘММЕНИҢ ЖАҚСЫ ТӘРЕПИН КӨРЕДИ, ОНДАЙ КӨЗДИ АЛЛА ТААЛАМ ҲӘММЕГЕ ДЕ БЕРГЕН ЕМЕС,ТЕК ӨЗИНИҢ ЖАҚСЫ КӨРГЕН БЕНДЕЛЕРИ УШЫН ҒАНА ЖАҚСЫ КӨЗ БЕРГЕН. АЛЛАҲЫМ ӨЗИҢЕ ШҮКИР,МЕНИ ЖАҚСЫ КӨЗ БЕНЕН СЫЙЛАҒАНЫҢА КӨРЕ АЛМАЎШЫЛЫҚТАЙ ПАСЫҚ ИЛЛЕТЛЕРДЕН УЗАҚ ҚЫЛҒАНЫҢА.... ✍Перида Аллекева https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар_әдебияты 📖 "Жасырын жақсылық" ✍Ә.Ҳәмзе 🎤 Гүлжахан Исмайлова https://t.me/ibratli_sozler 👉https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар_әдебияты 📖 "Жасырын жақсылық" ✍ Ә. Ҳәмзе 🎙 Гүлжахан Исмайлова https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler