ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 817 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 312,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 445

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 817 名订阅者。

根据 03 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -284,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.56%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.99% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 002 次浏览,首日通常累积 3 765 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 04 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 817
订阅者
-1424 小时
-827
-28430
帖子存档
#Даналар ғәзийнесинен    Бир ғана терек --қалың тоғайды баслап бериўи мүмкин.    Бир ғана кеширим- қатнасықларды қайта тиклеўи мүмкин.    Бир ғана шийрин сөз - сынған кеўиллерди шад етиўи мүмкин.    Бир ғана мыйық тартыў- кеўилсизликлерди сапластырыўы мүмкин.    Бир ғана сәлем -өз ара мухаббат оятыўы мүмкин.    Бир ғана үмит -уллы жетискенликлерге жетеклеўи мүмкин.    Бир ғана тилди тыйыў арқалы мыңлап кеўилсизликлердиң алдын алыў мүмкин.    Бир ғана жақсылық - Жәннетке алып кириўи мүмкин! https://t.me/ibratli_sozler

Бахыт ҳаслы ғаррылық та,жаслық та, Тик аяқта жүрип бир ис питирсең, Қайғы келсе налыныýға асықпа, Шүкир деýге тилиң келсе шүкирсең. Бабаниязов Қыдырнияз https://t.me/ibratli_sozler

Қəтержам уйықлауың бул ярым бахыт ,ярымы сау аман таңда оянбақ ... https://t.me/ibratli_sozler
Қəтержам уйықлауың бул ярым бахыт ,ярымы сау аман таңда оянбақ ... https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕР! Бүгинги Жума таңы бәршеге қайырлы болсын! Аллаҳым ҳәммеге беккем денсаўлық, шаңарақларға аманлық,
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ,  ӘЗИЗЛЕР!    Бүгинги Жума таңы бәршеге қайырлы болсын!  Аллаҳым ҳәммеге беккем денсаўлық, шаңарақларға аманлық, үйлеримизге береке, жумысларымызға табыс берсин!     Ҳәмийше аспанымыз ашық, суўымыз мол, елимизде парахатшылық болсын!     Бүгинги күнлериңиз жақсы жаңалықларға, қуўанышлы хабарларға толы болсын! ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

http://t.me/Biybira Байрам Матжанов. https://t.me/ibratli_sozler

--- Адамның ең жақын досты Келин болып түскен күнимниң ертеси күни үй әтирапын сыпырып тазалаў ушын сыртқа шыққанымда тауық кетектиң төбесинде жатырған ийтке көзим түсти. Қорқып кетип үйге кирип өмирлик жолдасыма ийт жатырғанлығын айттым. Ол маған досласып ал, оның аты Сыртлан, жақсы ийт үйден шыққан адамға тиймейди деди. Мен далаға шығып ийттиң қасына бардым. Сыртлан, Сыртлан деп басынан сыйпаладым. Соннан бери ол мени көрсе еркелеп, аўқат қуйыўға шыққанымда қуйрығын былғаңлатып табағының қасына барып туратуғын болды. Адамлардың да басқаларға ҳүрмет етип, сыйлаўға себеп болатын әжайып тәреплери болады. Тап сондай менде де Сыртланға аўқат қуйғанымда аўқатты бас салып жеместен, мен ишке кирип кетпестен бурын жеўди басламайтуғын әжайып әдети менен оны жақсы көретуғын едим. Мен оның усы әдетине тәсийин қалатуғын едим. Үйге киятырған адамға үргени болмаса, ҳешбирин тислемейди. Аўыл адамлары тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланатуғын болғанлықтан көпшилик үйлерде ийт сақлайтуғын еди. Ийтлердиң ешки, малларды бағыўда, жойтылып кетсе излеў ушын үлкен көмеги тийетуғын еди. Балларымды алып төркиниме қыдырып кетип 2-3 күн болып келгенимизде алдымызға шығып бир адамдай қуўанып күтип алатуғын еди. Бүгин сәуір айының 11-сәнесинде Сыртланымызды машина урып кетти. Саат кешки 6 ларда енем екеўимиз нан жаўып атырғанымызда шүийик еткен машина даўысы еситилди. Машина даўысы менен бирге ийттиң қаңсылған даўысы да еситилди. Мен Сыртланның даўысын танығандай, Сыртлан емес пе екен деп қәўетерленип енеме айттым. Енем Сыртлан асфальтта жүрмейди деди. Бул гәпти күткендей, мен әдеўир тынышландым. Нан жаўып болдық. Үйге келип нанларды жайып болып, кешки аўқатымның қамырын жайып, кеспас аўқатты таярладым. Үйдегилерди аўқатқа шақырдым. Атам кеўилсизлеў болып дастурхан әтирапына отырды. Сыртланнан айырылдық деди. Мен бул сөзди еситип көп аўқат жеген адамдай бирден тойып қалдым. Көзимнен ерксиз аққан жасларды тоқтатыўдың илажы болмады. Ол үйимиздиң ағзасына айланып үлгерген еди. Ҳәммеси аўқатты мәжбүрлеп жегизип қойғандай болып жеди. Мен жасымды тыялмай далаға шығып кеттим. Алдын да бир жағдай болып еди. Аўылға бийтаныс машина келген сол күни Сыртланды жойтып излегенбиз. Атам Сыртланды бийтаныс машинаға салып алып кетти дегенде жылап, қапа болып едим. Бирақ, иш-ишимнен оның тири екенине ҳәм келетуғынына исендим. Сол күни оны жоқ десе де аўқатын қуйыўға шықтым. Сыртлан, Сыртлан деп қатты даўыс пенен шақырдым. Ол бирден пайда болды, белгисиз тәрептен жүгирип келди. Қуўанышым қойныма сыймай үйге кирип Сыртланның бар екенлигин айттым. Бул сапары да атын айтып шақырсам ийтим келеди деген исеним менен шақырдым. Тилекке қарсы, атам оны көмгенин айтқаны есиме түсип үмитимди үздим 😢 Келмейтуғынына исендим. Балалығымнан күшик сақлап меҳир беретуғын едим. Бирақ, үлкейген ўақытында өлип қалса қатты қыйыналып қалатуғын әдетим бар. Кимлерге ийт өлими әппайы жағдай шығар. Бирақ, мен ушын аўыр жағдай болды. Гейде инсаннан да жақын опалы дос ийт екенине исенимимиз кәмил болады. Дүньядағы ҳәмме зат инсанлардан тартып тири жәнликлерге шекем Алланики екенин, өзи берип ҳәм өзи алатуғынын түсинип турсам да енди ийтимниң жоқлығы мени қыйнап атыр. Мен белгили жазыўшы емеспен, бирақ ийтимниң өлиминен тәсирленип ишимдегини шығарып, қағазға түсиргим келди. Усы орында машиналардың жүдә тез ҳәрекетленип атырғанына наразылық билдиргим келеди. Сол жерден ийт орнына адам шығып қалғанда неше пуллы киси болар еди. Ийт деп бийпарўа қарап кетеди. Тезликти күшейткен ўақтыңызда бир үйдиң қәдирлеп, сақлап отырған перзентинен яки ийтинен айырып алыўыңызды бир ойлап көрсеңиз жақсы болар еди. Асығып баратуғын ҳаммемиздиң мәнзилимиз бир емес пе... --- ✍ Надра Жаңабаева https://t.me/ibratli_sozler

#Болжаўдан үзинди МӨНКЕ БИЙ Узын шубай тилиң болар, Шала шарпы диниң болар. Тозарсаң елим тозарсаң. Тозарыңның белгиси: Қурамалы қорғанлы үйиң болады. Айнымалы, турақсыз бийиң болады. Елге бир тийин пайдасы жоқ. Ай сайын бас қосқан жыйын болады. Ишинде қасық айналмайтуғын улың болады. Ақыл айтсаң аўырып қалатуғын қызың болады. Алдыңнан кес-кеслеп өтетуғын келиниң болады. Ишкениң сары суў болады. Берсең ийтиң ишпейди. Бирақ адам оған қумар болады. Қыйналғанда мийрими жоқ жақының болады. Ийт пышықтай ырылдасқан еркек пенен қатының болады. Жас баладан бийиң болар, Қам ылайдан үйиң болар. Ат жақсысы арбада болар, Жигит жақсысы саўдада болар. Көлдиң суўы қурып ултаны қалар, Аттың жүйриги кетип күйиги қалар. Жақсының атағы кетип азабы қалар. Уламаның руўхы кетип қәбири қалар, Сөздиң мәниси кетип самалы қалар. Сөйтип ойсыз бир ақылсыздың заманы болар. Канал силтемеси 👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

ҲӘДДИҢЕ БАҚ... (Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан САПАРОВАның туўылған күнине) Дүнья жүзлик көркем өнер күнинде, Ай оңынан туўған мақпал түнинде. Жүзи айдай бир қыз дүньяға келди, Сулыў менен Халмураттың үйинде. Бул қуўаныш сыйлап ата-анаға, Райхан деп ат қойды қыз балаға. Абаданға серик сиңли болды деп, Мың шүкир әйледи Тәңри таалаға. Ол қыз туўылған соң  бәҳәр паслында, Сәўирдиң бар сыйын алған ҳаслында. Қәдди бойы тип-тик,бар болмысына, Ҳәўеси келеди ғарры-жастың да. Шыққаннан соң артист шаңарағынан, Сахнада көп болды бала ўағынан. Бара-бара сахна шебери болды, Ел таныды адамыйлық жағынан. Келин болды артист шаңарағында, Сахна гүли болды жаслық шағында. Өмирлик жолдасы ертерек кетти, Бир ул,бир қыз перзент көрген ўағында... Перзентине болып ата ҳәм ана, Кемин билдирмеди,болды пәрмана. Бул өмирде нелер болмайды дейсең, Барлық қыйынлықты жеңди мәрдана. Қәлесе баслаўшы,қәлесе басшы, Пьесада атқарған роллери жақсы. Жүрислери қыздай,жүзлери жарқын, Ул-қыз,ақлықларға анадур ҳаслы. Ҳәддиңе бақ Райхандай болмаға, Халықтың кеўилин жаўлап алмаға. Ярым әсирден көп өмирин арнап, Саналы өмирин берген сахнаға. Мийнет етип Қарақалпақстанда, Халық артисти болды Өзбекстанға. Енди саў-саламат,жүз жастан асып, Мәртебеси шыға бергей аспанға! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 15 апрель,2025 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

photo content

🎤Кеңесбай Нийетуллаев. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға
Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен.    Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға кетеди. Сизлерге бүгинги түнниң жақсылығын, тынышлығын тилеймен.  Ертеңги Таңда аманлықта дийдарласыў несийп етсин. Түнниң периштелери, сизлерге шийрин уйқы ҳәм жақсы түслер инам етсин. 🤲🤲🤲🤲🤲 ҚАЙЫРЛЫ  ТҮН  ӘЗИЗЛЕР!!! 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

#билип_қойған_жақсы ҚӘУИМ БАСЛЫҒЫ хәм АҚСАҚАЛЫ - қәуимге сайлау негизинде тайынланған басшы, ол қәуим ақсақалы менен мәслахатласып қәуимди басқарған. ҚОЗАҚ - жип тоқыйтуғын станок, ол ''өрмек''деп те аталған. ҒОРЖЫН - ғалыдан нағысланып, еки жақлы қылып исленген қалта, сумка. ҚЫССАХАНЛЫҚ-көркем әдебий-тарыйхый шығармаларды шырайлы интонация менен оқыйтуғын өнер. МӘХРЕМ-ханға жәрдемши, ақылгөй. МЕХТЕР-закат хәм басқада түсимлерди қадағалаушы хәмелдар, инспектор. МУРАП-орта азияда 1917-жылға шекем суу ислерине басшылық қылған хәмелдар. МҮЛИК-жеке меншик жер. НӨКЕР-хан, әмирлердиң әскерий қызметшиси. НАЙЫП-ғәрезли үлкениң хәкими. ОРЫС ЖОЛ-пётроалександровск хәм шымбай ортасындағы жол. ОРЫС СУД-шымбай, шорахан участкаларындағы суд органы, ол судлар палатасына (Ташкент) бойсынған. ОТАУ-барлық қәдеси менен сәнли етип көтерилген үй. ОЯЗ-приставтың жергиликли халық тилиндеги атамасы. ПӨСТЕК-пахтаны қағып таярлау ушын астына төселген тери. ПРИСТАВ-участка баслығы. ПРИСТАН-кемелер тоқтайтуғын жер, порт ПУД-ауырлық өлшем бирлиги, 16 кг. САЛҒУРТ-жер салығы. САЛҒЫРТ КЕСПЕ-хийуа ханлығында хәр бир шаңарақтан 3.5 манат муғдардағы өндирилген салық. СҮРГИН-жинаятшыларға арналған ауыр мийнет фронты. ТАНАП-шылбыр, арқан. 12 танап 1 гектарға тең. ТЕНГЕ-орта азия ханлықларындағы алтын, гүмис, мыс пуллар. ҮСИР-руханыйлер пайдасына өндирилген салық. УАҚЫМ-диний мекелерге берилген, салықтан азат етилген жерлер. ФУНТ-ауырлық өлшем бирлиги 1 фунт 400 грам. ХАЛЫҚ СУДЛАРЫ-үш жыл мүддетге халық тәрепинен сайланған судялар, қазылар. ШАРЫҚ-пахтаны ийирип, жипке айналдыратуғын үскене. ШӨП ПУЛЫ-жайлаулардан пайдаланғаны ушын өндирилген салық. ЫЛАШЫҚ-гөне керегелерди қурастырып,үстинги хәм қаптал тәреплерин хәр түрли табылған тауарлар менен жауылып исленген қарақалпақлардың турақ жайы, бул турақ жайларда жарлы шаңарақлар жасаған. (Дерек: Tarixqa názer kanali.) https://t.me/ibratli_sozler

Бәрше сораў-жуўап қатнасыўшыларына миннетдаршылығым шексиз. Жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлайман. 🥇🥈🥉🏆 https://t.me/ib
Бәрше  сораў-жуўап қатнасыўшыларына миннетдаршылығым шексиз.  Жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлайман. 🥇🥈🥉🏆 https://t.me/ibratli_sozler

3. Оның дөретпелерин жаслығымызда көп оқығанбыз. Ол химик, физик, илимпаз, тарийхшы, художник, жазыўшы ҳәм шайыр.... Сораў: Б
3. Оның дөретпелерин жаслығымызда көп оқығанбыз. Ол химик, физик, илимпаз, тарийхшы, художник, жазыўшы ҳәм шайыр.... Сораў: Бул уллы инсан ким? https://t.me/ibratli_sozler

2. Бул Уллы инсан қайсы елдиң шайыры? Сораў: Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler
2. Бул  Уллы инсан қайсы елдиң шайыры? Сораў: Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler

1. Өз дәўириниң ең зор фильмлериниң бири - "Табиб" киносының жулдызы. Сораў: Бул актрисаның аты ким???
1. Өз дәўириниң ең зор фильмлериниң бири - "Табиб" киносының жулдызы. Сораў: Бул актрисаның аты ким???