ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 831 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 310,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 831 名订阅者。

根据 02 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -281,过去 24 小时变化为 -12,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.57%。内容发布后 24 小时内通常能获得 20.65% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 007 次浏览,首日通常累积 3 891 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 03 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 831
订阅者
-1224 小时
-757
-28130
帖子存档
#Ҳикмет Ҳәмме нәрсениң елеги ўақыт. Ол өтирик пенен расты, жасалма менен ҳасылды, жақсылық пенен жаманлықты, опа менен қыянет
#Ҳикмет Ҳәмме нәрсениң елеги ўақыт. Ол өтирик пенен расты, жасалма менен ҳасылды, жақсылық пенен жаманлықты, опа менен қыянетти бир күни әлбетте ажыратып береди. https://t.me/ibratli_sozler

#Пикирлесейик Ертеде бир келиншекти күйеўи урып азаплайды,енеси де қой деўдиң орнына қосылып сабап азап береди екен. Әбден хорлық көрип жәбирленген ҳаял 4-5 жасар баласын алып үйинен шығып кетипти. Аўылдың шетине жеткен ўақытта қарсы алдынан бир топ аламан шығыпты. Олардың арасынан бир ақсақал шығып келиншектиң қасына келип жағдайын сорапты. Келиншек жылап турып басынан өткен хорлықларды айтып берипти. Сонда ақсақал - Балам,бир ашыўыңды маған бер,хожалығыңды бузба,сен мына хатты аўылыңның бийине апарып бер,деп қағазға бир аўыз сөз жазып келиншектиң қолына услатыпты. Ким берди деп сораса,мына аўылдың бийи Алланазар деген бий берди деп айтарсаң депти. Келиншек қанша ашыўлы болса да ақсақалдың гәпин жықпай изге қайтыпты.. Хатты аўыл ақсақалына апарып берипти.Хатты оқып аўыл ақсақалы -Тирилей өлдик деген усы шығар,дым уятқа қалдық ғой деп қыйналыпты. Сонда Алланазар бийдиң жазып жиберген сөзи;
Қойдан қозы туўады шөп жейтуғын, Ийттен күшик туўады боқ жейтуғын, Усындай жөнсизликке аўылыңнан, Бир адам болмадыма қой дейтуғын?!
деп жазылған екен. Мен усы аўылдың бийимен,усы аўылда не болып атырғанын неге билмеймен,неге сырттың адамы мениң аўылымдағы жөнсизликке сын айтады,биз ушын бул өлим ғой деп аўыл ақсақалы қатты қыйналған екен. Ал ҳәзир ше,бир аўыз гәп пенен бир хожалықты сақлап қалатуғын аўыл ақсақаллары барма?. Аўыл ақсақалының сөзин тыңлап изге қайтатуғын келинлер ше? ✍Перида Аллекеева. Интернет материалларынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler

#Аязий дөретиўшилигинен ШӨЛДИҢ ИЙИСИН АЛСА ТУРМАС Қырық ай қолда өскен кийик, Шөлдиң ийисин алса турмас. Дүзде жүрген шарўа х
#Аязий дөретиўшилигинен ШӨЛДИҢ ИЙИСИН АЛСА ТУРМАС Қырық ай қолда өскен кийик, Шөлдиң ийисин алса турмас. Дүзде жүрген шарўа халқы Шәҳәрде байласа турмас. Бағ ишинде писсе бадам, Татар несип еткен адам. Нама танымаған надан Бүлбил сайраса да турмас. Мириўбетли болса кеўил, Қайғы-дәртиң болар жеңил. Бағ ишинде ашылған гүл, Қазан урып, солса турмас. Бултлар көшсе бәлент таўдан, Көз жасынан селлер жаўған. Изи келиспеген дәўран, Жатып түс көргенше болмас... https://t.me/ibratli_sozler

✍✍Анамның нәсиятларынан --Ақыллылар ойсызлығы ушын өзин айыплайды, ақылсызлар достын айыплайды. --Ақыл майсыз, пиликсиз шыра,
✍✍Анамның нәсиятларынан --Ақыллылар ойсызлығы ушын өзин айыплайды, ақылсызлар достын айыплайды. --Ақыл майсыз, пиликсиз шыра, ол қандай тас түнек қараңғыда да саған жол таўып береди. --Ақмақлық-соқырлық ол сени күпә-күндиз орға жығады шөлистанда -ақ теңизге батырады,теңизде ақ қумға көмеди. ✍Төлепберген Қайыпбергенов 📜ҚАРАҚАЛПАҚНАМА 📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚 https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_ҳикмети Бир терек қуласа, гүмбирлегенин ҳәмме еситеди. Бирақ пүткил бир тоғай өнип-өссе, ҳеш бир шаўқым еситилмейди... А
#Күн_ҳикмети                                 Бир терек қуласа, гүмбирлегенин ҳәмме еситеди. Бирақ пүткил бир тоғай өнип-өссе, ҳеш бир шаўқым еситилмейди...     Адамлар да сениң өнип-өсип, камалға жеткениңе итибар бермейди, лекин қәте қылып, қулаўыңа итибар қаратады... Сиз ҳеш қашан "қуламаң" Қәдирлим. https://t.me/ibratli_sozler

Ең жақсы намаға жаным садаға. Таңды әжайып қосық тыңлап қарсы алың🌹 ​​👉https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум, кеўли пәк, жүзи нурлы, жүреги мухаббатқа толы Жақсы инсанларым! Тағы бир әжайып таңда, сизлер менен аманла
Ассалаўма алейкум, кеўли пәк, жүзи нурлы, жүреги мухаббатқа толы Жақсы инсанларым! Тағы бир әжайып таңда, сизлер менен аманласыўды несип еткен Аллаға шүкирлигимиз шексиз Дем алыс күниңиз шаңарақ ағзаларыңыз қоршаўында мазмунлы өтиўине тилеклеспиз! 🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹 https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_түн Түнди Аллаҳ жаратқан тынықсын деп, Ал күндизди мийнет етип шынықсын деп. Қайырлы түн тиледим шын жүректен, Таң а
#Қайырлы_түн Түнди Аллаҳ жаратқан тынықсын деп, Ал күндизди мийнет етип шынықсын деп. Қайырлы түн тиледим шын жүректен, Таң атарда шад болып оянсын деп. Қайырлы түн Қәдирданлар. https://t.me/ibratli_sozler

Шәңгил-?
Anonymous voting

Дәңгил-?
Anonymous voting

Гүлгин-?
Anonymous voting

#Күн_ҳақыйқаты : Нәпсиниң даўасы—ашкөзликти тәрк етиў, Дәмегөйликке берилмеў. *** Исленген жақсылықтың апаты—«Жақсылық еттим»
#Күн_ҳақыйқаты : Нәпсиниң даўасы—ашкөзликти тәрк етиў, Дәмегөйликке берилмеў. *** Исленген жақсылықтың апаты—«Жақсылық еттим» Деп мақтанып жүриў. Қайрлы кеш қәдирлим! https://t.me/ibratli_sozler

Жоғалтқанларыңызға ашынғаннан гөре, тапқанларыңыздың қәдирине жетиң. https://t.me/ibratli_sozler
Жоғалтқанларыңызға ашынғаннан гөре, тапқанларыңыздың қәдирине жетиң.
https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Кемшилигим көп деп қорқпа, басқалардан әззимен деп албырақлама, тез үлгерейин деп асықпа, бирақ арқайын да болма" 📖 Төлепберген Қайыпбергенов

"Бармекен" 🎙 Замира Хожаназарова 💻 архив https://t.me/ibratli_sozler

📹 BAYRAM PERDEBAEV '' SO'NBES JULDIZLAR '' https://t.me/ibratli_sozler

Еслеў күни Жақсы адам умыт болмайды Еслеў күни ата журтқа бараман Барғанша да бираз ойға таламан: -Ата-анамды көргенлер де аз
Еслеў күни
Жақсы адам умыт болмайды
Еслеў күни ата журтқа бараман Барғанша да бираз ойға таламан: -Ата-анамды көргенлер де азайған, Енди кимниң қолларынан аламан?- Деп инге үңилген пилдей боламан… Әтирапқа сырлы нәзер саламан, Ҳәр ҳәўлиге қарап ҳайран қаламан. Баяғылар бәри қалған бағларда, Ең баслысы-аўыл аман, ел аман. Оны көрип қайттан дүрдей боламан… Дөгеркдаш көзге оттай басылар, Кеўлим алып ушып, қустай асығар. Әкем-жигит, анам-келин болған жер, Мени көрип, дәрўазадай ашылар. Мен ҳәм пәрўәрдигар пирдей боламан… «Алтаў болып туўылса да анадан, Ўатанына жалғыз болар ҳәр адам»- Деген сөзди маған айтып турғандай, Аўылдың бир шетиндеги гөне там. Қасына барғанымды билмей қаламан. Барып болып, тағы ойға таламан, -Өйтип неге бунша күйип-жанаман?»… -Киндик қаның тамған топрақ усы!-деп, Маған ымлап айтқандай сол гөне там. Мен оған нур шашқан күндей боламан. ✍Толыбай Кабулов https://t.me/ibratli_sozler

"Сөнбес жулдызлар" 🎤Байрам Пердебаев ​​👉https://t.me/ibratli_sozler

#Таңғы_тилек 🌹 АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!
🌺 9- май Еслеў ҳәм қәдирлеў күн Кайырлы күн болсын! Зыяратларыныз ҳәммеңизге кабыл болсын! Ҳәр бириңиздиң ол дүньялық болған жакынларыңыздың 🌹Руўхлары шад болып, жаткан жери жайлы болсын
✨🌸 Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир! ✨🌸 Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын! ✨☘️ Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын! ✨🌸 Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймиз. ✨☘️ Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын. ✨🌸 Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын! https://t.me/ibratli_sozler