ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 792 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 322,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 444

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 792 名订阅者。

根据 09 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -265,过去 24 小时变化为 -7,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.13%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.97% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 288 次浏览,首日通常累积 3 755 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 10 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 792
订阅者
-724 小时
-447
-26530
帖子存档
Бүгин таңда сапардан киятырған едик, базардан өтип баратырып бир кеули өксик кəмбағал қыздың " мен хəм журт қусап хайтта таза көйлекли болып қалсам еди " деген гəпи қулағыма еситилди. Машинадан түстим де кийим базарға барып сол қызға көйлек əпериуди нийетлеп баратыр едим. Жолда бир хаял үйде таярланған таза сарымай сатып турған екен, бахасын сорасам 24 мың деди. Алғым келди, бирақ басқа нийет пенен базарға киргеним ядыма түсти. Хайт байрамы ,əуеле сол қыздың тилегине жеткиз деп өз нəпсиме өзим нəсият қылған кисидей, илажсыз сарымайын қайтарып бердим. Базарға кирип , ашық қызыл реңли көйлек алдым да қызға бердим. Қууанғанынан көзлери парлап ,жылап жиберди. Қайтып киятырсам жаңағы хаял сарымайын сатып болыпты. " Сатып қойдыңызба апа ? ", десем , "Индемей кеттиңиз, хəзир ғана бир қызға сатып жибердим " деди.Əй , мейли , не болса да көйлек алып бир кеули өксик қыздың кеулин таптым, баслысы сол деп үйге келе бердим. Үйге келип , бираз дем алған соң музлатқышты ашсам , бағана мен көрген сарымай тур. Көзлериме исенбедим. Ораза уақтымда ауыз ашарда ыссы нанға жағып жеуди хəуес еткен едим, өз нəпсиме рəуа көрмеген сарымай өзимнен алдын жетип келип , музлатқышымда турғой.. " Дүрдан, мына сарымайды сен əкелдиңбе , қаяқтан келди? " Қызым : -"Яқ , мен əкелмедим. Мəдийна əжапам берди, сизден алдын келип кеткен еди"..... Я АЛЛА қандай уллысаң ! деп жибердим.... Умму Əмийна . Қарақалпақ тилине аударған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Бир кишкене бала асханада кешки ауқатты таярлап атырған анасына жазылған бир бет қағазды услатты.Анасы фартугине қолын сыпырд
Бир кишкене бала асханада кешки ауқатты таярлап атырған анасына жазылған бир бет қағазды услатты.Анасы фартугине қолын сыпырды да оқый баслады: " Шығынды төккениме 5 мың, үй сыпырғаныма 10 мың, дүкəнға сүтке барғаныма 7 мың, суу толтырғаным ушын 5 мың, сиз базарға кеткенде үкеме қарағаным ушын 10 мың . Хəммеси болып 37 мың сум бересиз !" " Мақул !" деп ана улына қарады. Хəм де ручканы алды да улының жазған қағазының артына жаза баслады: "Тоғыз ай қарнымда көтергеним, түнлери уйықламай сени тербеткеним, ауырғаныңда кирпик қақпай саулығыңды тилегеним хəм дəри ишкизип тəуир қылғаным,сени жесин деп жақсы тамақлар писиргеним, үсти -басыңды таза тутқаным, ойыншықлар, кийимлер əпергеним , жəне оның үстине мийримимди қос . Бул хызметлерим ушын сеннен маған бир тийин де керек емес ! " Баласы анасының жазғанларын оқып көзине жас айланды да анасының бауырына атылды. "АНАЖАН СИЗДИ ҚАТТЫ ЖАҚСЫ КӨРЕМЕН" деди. https://t.me/ibratli_sozler

Өмир соққыларына дус келген уағыңда АЛЛАДАН басқасы сени еситпеслигин, еситсе де қəлбиңдеги жарақатларды сезинбеслигин умытпа
Өмир соққыларына дус келген уағыңда АЛЛАДАН басқасы сени еситпеслигин, еситсе де қəлбиңдеги жарақатларды сезинбеслигин умытпа ! Адамлар сени я еситпейди, еситсе де жүрегиң толы дəртлериңди толық сезинип билмейди , себеби хəмме сен сыяқлы əззи бенде... Сен айтпасаң да қəлбиңнен не өткенлерин сезиуши тек АЛЛА ! Оған айт , оннан сора ! Дууаға ашылған қолларыңды бос қайтарыуға уялатуғын жалғыз ғана ОЛ ! https://t.me/ibratli_sozler

#рамазан_2026 🌙"РАМАЗАН" СӨЗИНИҢ МӘНИСИ Рамазан сөзин араблар әййемнен киятырған сөзликлеринен алған. Ҳижрий календарының тоғызыншы айы болған Рамазан дәслеп қатты жәзийрама ыссы күнлерине, күйдиретуғын ыссы күнлерге туўра келгени ушын "Рамазан" деп аталған. Рамазан деген сөз "рамз" сөзинен алынған болып, "қызыў", "қызып шоқ болыў", "күйдириў" мәнилерин аңлатады. Шыжғырған ыссыда қалған қойлар күйип, қарайып, өлип қалар екен. Соның ушын бул айда ораза тутқан адамның гүналары күйип, жоқ болады, айып-кемшиликлери Рамазанның саўаплары жылтырап турған мүбәрек қуяшында өлип кетеди, деген түсиник пайда болған. Рамазан оразасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанының екинши жылында Шаъбан айынан еки түн өткеннен соң дүйшемби күни парыз қылынды. Бул милодий 623-жылдың 7-февралына туўра келиўи мүмкин деген болжаўлар бар. Шаъбан айы тамамланыўы менен Пайғамбар алайҳиссалам басшылығындағы мусылманлар биринши Рамазан оразасын тута баслады. Бул күнлер жүдә ыссы еди. Айтқанымыздай, Рамазан да "жүдә ыссы", "күйдиретуғын ыссы" дегени. Қәнекей, Рамазанда ораза тутқанлардың гүналары күйип, жоқ болса! Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам 9 жыл Рамазан оразасын тутқан. Пазыйлет уз.каналынан алынды

СӘҲӘРЛИК - 06:08 ( Нөкис уақты менен ) АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, хо
СӘҲӘРЛИК  -  06:08 ( Нөкис уақты менен )       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗ ЗАМАНЛАСЛАР ! Мүбəрек Рамазан айының 17-күнине сау-саламат , үлкен қуўаныш пенен жеткизген РƏББИМИЗГЕ
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗ ЗАМАНЛАСЛАР ! Мүбəрек Рамазан айының 17-күнине сау-саламат , үлкен қуўаныш пенен жеткизген РƏББИМИЗГЕ шексиз шүкирлер болсын ! ЖАРАТҚАН ИЙЕМДИ разы қылыў үмитинде ораза тутыўды нийет етип, сəхəрлик ушын шырағын жаққан хəрбир шаңараққа мол ырысқы, аманлық-тынышлық, отбасының берекетин , кеўил қəтержамлығын берсин ! Елимизге абаданлық , жеримизге несийбе , дəрьямызға мол суў, қəлбимизге шүкир, тилимизге салаўат берсин ! АЛЛА нийетлериңизди қабыл, саўабы -əжирлериңизди мол етсин ! Рамазан айының 5-күни Хəмал айының 7-сəнеси, хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Жарасыпты қалпағың балам. Былтыр Нөкиске бир барғанымда жөнелисли таксиге миндим. Айдаўшы жигиттиң арқасына қарақалпақша миллий тумар нағысы түскен  жаўырыншасы, басындағы миллий нағыслы қалпағын көрип , жарасыпты қалпағың балам,көз тиймесин дегенимди билмейақ қалдым ,басындағы  миллий қалпағын көрип,қуўанып кеттим,Қандай жарасықлы. Жолаўшыларға сәлем бергенин айтпайсаңба.  Сараншаға қатнайтуғын жөнелисли таксиаў шамамда Оннан бериде бирталай ўақыт өтти,  Бүгин ядыма түсип атыр. Оның жарасықлы миллий кийими,күлимлеген жүзлери  жолаўшылардың кеўлин көтерди. Үрдис етип көшеде кийип жүрседе қуп жарасар екен.   ✍Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler

#Нәсият 📜 Өледи дүньяда жақсы ҳәм жаман, Елге қалдырғандай ис қылғыл мудам. Биреўлер бай болып, бир сарай салды, Өзи өлип кетти өзгеге қалды... Өтти бул дүньядан султан жалшылар, Текте мәңги жасамақта жақсылар. Гүреседи бир-бирине тәпси урып, Бири жаманлықдур - бири жақсылық, Енди келди сениң гүрес нәўбетиң, Жақсылыққа толтырғайсаң жер бетин. Жақсыны гүл етер елдиң алғысы, Жаманды қум етер халықтың ғарғысы. Болса басшы жақсылықты қоллаған, Ол жерлерде әдил тәртип орнаған. Қудайым сақласын ондай сыпайыдан, Халықты аш қалдырып, өзи байыған. ✍ Юсуп Хас Хажиб. Xl - әсир. 📖 https://t.me/ibratli_sozler

ӘЎМЕТЛИ БОЛЫЎДЫ ҚӘЛЕЙСИЗБЕ?  ОНДА... – Басқаларды тыңлаўды үйрениң, - Сәўбетлесиңиздиң сөйлеў еркинлигин шеклемең, – Кишипейил болың. Себеби кишипейиллик сүйикли болыўдың ең тәсирли  жолыдур. – Бәрҳә марапат еситиў деген қәлеўиңизди бир шетке қойып, биреўлерди  мақтаўды да үйрениң, надан болмаң; – Бәрҳә күлип жүриў аңсат емес. Лекин қолыңыздан келгенше ғам- тәшўишлериңди жасыра бил: – Сизге айтылған сын ҳәм кемшиликти дурыс қабыл етиң; – Ашық жүзли, шийрин сөзлилик кеўиллер гилтидур; – Бәрҳә биринши сәлемлесиң, соң ҳал-аўҳал сораң; –Әтираптағы қоңсы-қобалар, таныс-билислер менен жақсы мүнәсибетте болың. "Ҳадис ва ҳаёт" китабынан. https://t.me/ibratli_sozler

Кий қалпағың, қарағым! Сөзин айтып жалпағынан, Таныдым мен қалпағынан,- дегендей бир ат қалдырың Жүрип бабам соқпағынан. Үсти салпақ-малпағынан, Батып ылай-батпағына, Қоныс излеп поссадағы, Айырылмаған қалпағынан. Қалпағыңды қолға алып, Бүгин ҳәмме ядқа салып, Қарақалпақ қонақ келсе, Күт көрпеше қағып салып. Аллаярың атап өтти, Ал Аязий жазып кетти. Қәдирлей бил, енди өзиң, Қалпақ кийсең нең кетипти. Төбеси диң көк гөзлеген, Ернеги тынышлық гизнеген. Ҳүрмет еткил мийрасыңды, Нағыслар менен безелген! Ҳәр миллетте белги болар, Миллийлик ол түрли болар, Кийиң қалпақ жарастырып, Кеўил жайнап, гүл-гүл дөнер! Ақ көкрек, дана халқым, Қалпақ билдиреди парқың, Қәдирлесең қалпағыңды Көтерилер және даңқың! Ҳүрлиман апа Бердиева. 5-март, 2025-жыл. https://t.me/ibratlı_sózler

Әжайып қосық тыңлап, дем алыңыз әзизлерим! https://t.me/ibratlı_sózler

Tórtlik Alladan sorayman hár kúni seni, Muhabbat joq deme biziń ortada, Sabır et gózzalım sen tek kút meni, Súyemen aramız uzaq bolsada. Телеграм канал👇 https://t.me/MiyribekAjimbaev https://t.me/MiyribekAjimbaev https://t.me/MiyribekAjimbaev

Сораў❓ Қараүйдиң ең биринши ҳәм ең тийкарғы ишки безеўлериниң бири не деп аталады?
Anonymous voting

Сораў❓ Ертеде төсек ушын нағыслы текиймет, қара үйдиң түңлиги, кийиз басыўшылар не деп аталған?
Anonymous voting

"АЎЗЫ ЖЫЙЫЛМАЎ"
Anonymous voting

Сораў❓ "Массагет" сөзиниң мəниси?
Anonymous voting