"КЕШЕГИ КҮННЕН САБАҚ АЛЫҢ. БҮГИН УШЫН ЖАСАҢ. ЕРТЕҢГИ КҮНГЕ ҮМИТ"
Кешеги күн дегенде, мен балалық дәўирди, оқыўшы болған ўақыяларды, жаслық гезди түсинемен.
Балалық - бул патшалық дәўир. Қәнекей бала болып жүре берсең. Сениң айтқаныңның бәри орынланады. Ҳеш нәрсе ойламайсаң. Кийимин пүтин,
тамағың тоқ болып, ишип - жеп ойнап жүре бересең.
Оқыўшылық дәўирди сондай жақсы дәўир, муғаллимнен бақырыс еситпеў ушын сабақларыңды таярлап, күнделик дәптерге
" 5" баҳаларын қойдырғанша асығып жүретуғын едик.
Ақыры муғаллимниң айтқаны хат пенен қәлемғой.
Ата - анаңа жәрдем берип, бос ўақтында балларға арналған китапларды оқып жүретуғын едик.
Студентлик дәўир бул - умтылмас жаслық алтын дәўир. Мектептеги оқыўға қарағанда оқыў қурамалырақ. Ҳәзирги дәўирдеги студентлерди билмедим. Биз оқыған дәўирде сабақ уақтында "Газетный материал"
болатуғын еди.
Ҳәрбиримиз "Moscow news" газетасына жазылатуғын едик, сол сабақта газетадан бир абзаст оқып, сол ўақытта түсингенимизди айтып берер едик.
Ал, пахта мапазы болса басқаша. Пахта тере алмайтуғын болған соң, тергиш қызларға жарысып, көп териўге ҳәрекет ететуғын едим. Мине өткен күнди есимизге салып, сол ўақыттағы қайтып айланып келмейтуғын ең жақсы әжайып күнлерди есимизге түсирип отырамыз.
Енди Ҳәзирги жасап атырған күнимизге келсек
жаман емес. Турмыс қурдық.
Бала- шағалы болдық. Ақлық сүйдик. Жумыс иследик. Газета журналларға жазылып, оқыўға да ўақыт таўып, оқып бардым.
Жасымызға байланыслы напақаға шығып, Алланың берген ақлықларын бағып, той - мерекелерге барып, арасында класслас, группалас досларымыз бенен қатнасып турамыз.
"Дослық көпир", "Ибратлы сөзлер"
"Устаз жолы" газетасы. " "Кеўил Гүлшаны, " Гүлнур"
" Даналық сөзлер" .каналларына ағза болып, берилген темаларға пикир жазып, арасында йош келсе,
жазған дөретпелерди жиберемен.
Сениң ушын жақсы пикирлерин жазған ықласбент оқырманларға
миннетдаршылығыңды билдирип турғанға не жетсин.
Жакында "; Сезим сыры " деген каналда ашылды.
"Чат Даналық сөзлер" каналындағы тест сораўларына қатнасаман.
Сыйлыклы орын алыуға
миясар болдым
Усы күнге жеткергениңе Аллаға шексиз шүкирмиз.
Каналлар арқалы дос, сиңли, ини арттырып, ҳәттеки кызымыздай
кызлар менен танымасақта
телеграмм арқалы сәўбетлесип, бир - биримизди қоллап - қуўатлап отырмыз.
Алла таалам себепши болып, усы күнлерге жеткерип, таза ҳаўадан нәпес алып, жасап атырғанымызға
сансыз шүкирлер болсын.
Ертеңги күнге баўырымыз пүтин болып, аман - саў жетиўимизге үмит етемиз.
Қудайқәлесе ақлықларды узатып, үйлендирип, ақлықлардан шаўлық көриў
несип етсин деп үмит етип, жасаймыз. Аллаҳым сол күнлерге жеткергейсең.
Ҳәмме Заманласларымды
үмит еткен нийетлерине жете бериўине тилеклеспен.
✍ ГҮЛБӘҲӘР ҚАРАБАЕВА.
https://t.me/ibratli_sozler