ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 826 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 312,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 445

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 826 名订阅者。

根据 03 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -284,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.56%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.99% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 002 次浏览,首日通常累积 3 765 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 04 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 826
订阅者
-1424 小时
-827
-28430
帖子存档
Гулхан_Шеразиева_Айсанемнин_ариясы_Кеулим_Суймегенге_суйкенбе.mp31.64 MB

#Даналық 📚 Инсан, ҳақыйқаттан қәлесе, ҳәмме нәрсе ушын ўақыт табады. ✍ Ф.М.Достоевский 📃 Сабырлы инсанның ғәзебинен қорқ.  ✍ Джон Драйден 📃 Ақыллы инсан өкпе-гийне қылмайды, ал жуўмақ шығарады.  ✍ Агата Кристи 📃 Билип қойыңыз -  қашан сиз ҳәммесин қолдан шығарсаңыз, сизге бәри келеди. Қорқпаңыз.  ✍ Шри Шанкар 📃 Сиз ҳаққында айтып атыр ма?, демек, сиз басқаларда қызығыўшылық, яки қызғаныш оятасыз. ✍ Сергей Бодров 📃 Басқаларды нурың менен шағылыстырыў ушын, өзиң қуяш болыўың керек.  ✍ Ромен Роллан 📃 Ерте жатып, ерте турыў адамды бай ҳәм күшли және дана етеди. ✍ Бенжамин Франклин https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Бүгинги жетискен нəрсеңизге шүкирлик пенен разы болың . Ертеңги күниңиздиң ырысқысын мол етип, табысыңыздың бер
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Бүгинги жетискен нəрсеңизге шүкирлик пенен разы болың . Ертеңги күниңиздиң ырысқысын мол етип, табысыңыздың берекетин берсин. Баслысы денимизди сау, қəлбимизди қəтержам етсин .Хəр бир исиңизде АЛЛАХ қоллап турсын ! Түниңиз тыныш уйқыңыз пүтин болсын қəдирлим 🌹 Таңда тағы ғайыбана көрискенше сау-саламат болыңыз ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ЖЕНТ ТАҒАМЫ       Қарақалпақ халқы көшпели ҳәм ярым көшпели турмыс кеширгенине байланыслы азық-аўқатты узақ мүддет сақлаў, қолайлы таярлаў ҳәм тасыўға бейимлескен. Алыс жол сапарларына шыққанда, ямаса егин далалары, шарўашылықта мийнет етиўине байланыслы торақ, кептирилген гөш, қазы, жент,  қақланған жемислер ҳәм т.б. дүзде тойымлылық беретуғын тағамларды өзлери менен бирге алып жүрген.           ЖЕНТ~түркий тиллес халықлар ишинде қарақалпақ, қазақ, башқурт халықларында ушырасады. Ҳәр халықтың жасаў шараяты, климаты, тәбияты, миллий өзгешелигине сәйкес жентти таярлаўда да бир-биринен парық қылады.         Қарақалпақ халқында жент таярлаў ушын тары, қант қумшекер), сары май ҳәм сүт өнимлери (гейде иримшикте қосылып) алынады.        Ертедеги халқымыздың жентти таярлаў усыллары күтә әпиўайы болып:  Сөкти ун (тақан) етип, муғдарына қарай қант араластырып, араласпаға сары майды қосып ийлейди. Соңынан араласпаны жүўери гүртиктей етип, ямаса торақтан исленген қуртқа уқсатып бөлеклеп кептирип қатырған. Айырым ўақытларда күнделикли шай менен ишиўге араласпаны кептирмей жумсақлаў түринде пайдаланған.         Жент ҳаққында профессор, филология илимлериниң докторы Қаллы аға Айымбетов та өзиниң <<Өткен күнлерден елеслер>> [<<Қарақалпақстан>> баспасы, Нөкис, 1992-жыл, 46-бет]  китабында айтып өткен.        Жент тағамы тойымлы ҳәм мазалы болғанлықтан Рамазан айында  сәҳәрликке таярлап пайдаланыў бойға күш-қуўат берип, күни бойы адамның тоқ болып жүриўине сеплигин тийгизеди.        Жент тағамы~дәстүрханның шырайын шығаратуғын миллий асханамыздан орын алған тамақлардың бир түри. Сонлықтан, қарақалпақ халқының миллий байрамларында, нәрестелердиң шиллехана шашыўында, бесик тойларында дәстүрханға көрик бериўши тағам ретинде арнаўлы таярлап, жент қурамын және де байытып, оған кишмиш, пал қосып таярлап, мийманларға усынған.        Жентти ҳәр ким өз таланты, шеберлигине сай өзинше түрли-түрли усылда таярлайды. Мәселен, жибитилген сөк пенен тақанды араластырып, басқа керекли қоспалары менен байытып таярлаў усылы да болған. Бундайда тақан сөктиң еки есеси муғдарында қосылады ҳәм сүт, я иримшик қосылып, пал менен бириктирилип, чак-чактай етип басым (преслейди)  етеди. Соң майда-бөлеклерге бөлип кептириледи, ямаса дәстүрханға тартады.         Миллий тағамлар~тилсиз тарийх, ўақытлар өтиўи менен өзиниң тийкарғы мазмунын жойытпастан түрленип отырады. Жентти таярлаўда да ҳәзирги ўақытта ингредиенти байытылып, оған иримшик (творог), пал, тоңмай, ғоза дәни, кишмиш сыяқлы өнимлерди қосып араластырады. Таяр қоспаны ҳәр түрли фигуралы  қәлиплерге салып, 1,5--2 саат шамасы музлатқышқа салып қатырады, ямаса таярланған ўақытта-ақ шай менен дәстүрханға тартылады.        Егер таяр тақан болмаған жағдайда сөктиң өзинен де жент таярлаўға болады. Буған да сары май, қант араластырып, пал менен қатырылады, соң қәлиплерге салып, ҳәр түрли формада бөлеклерге бөледи.        Ҳәзирги ўақытта жент таярлаўда тақан, қантлы печенье, натураль түрдеги пал, қумшекер, сары май, сироп ҳәм қәлеўиңиз бойынша қақланған жемислерден де қосып таярлаўыңызға болады. СУЎ СЕБЕР ТАҒАМЫ~ бул тағам қарақалпақ асханасында күтә ерте дәўирлерде болған. Суў себер тағамы халықтың көшип-қоныў дәўиринде, үй тиккенинде, байрамларда жаңа өмирди баслаў мазмунында таярланған. Бул тағамда ортаға гөшли тамақлар, шетине ҳәр қыйлы тағамлар жайластырылған. Тағамға суў қосылғанда "суўықлық кетсин, тәшўишлер усы суў менен жуўылып кетсин" ҳәм т.б. жақсы тилеклер тилейтуғын болған. Суў себер тағамын көпшилик болып таярлаған. Суў себер тағамы бойынша мағлыўматларды Зухра Назарованың  <<Jayhun>>  Youtube каналынан алдық. Бул тағам ҳаққында мағлыўматлар толық емес, изленип толықтырыўды талап етеди. Егерде бул тағамның анық ингредиентлери табылca, мағлыўматларды толық жеткериўге тырысамыз. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

" Жент тағамы" https://t.me/ibratli_sozler
" Жент тағамы" https://t.me/ibratli_sozler

Кеуил. (уакыя тийкарында) Автобус кутип турдым ба'ха'р айы, Еңирегендей жас төгип хауа райы, Жауын сууына толған салма-сайы Автобус да токтап мине миниуиме. Буннан еди он үш жыл бурын, Алдын'г'ы катардан алдым орын, Шыг'ып едим болып жумысым, Бир шетинде еди каланын'. Арка тəрепке караг'ан орынлыг'ым, Ко'зим тусип отырг'анына бир хаялдын', Услап бир колы менен жас баланы, Еки жас шамасы еди ол баланын'. Жалпак бет са'л ғана сепкил жузли, Узын кирпик,қыйық қас,кара ко'зли, Ко'ринер еди салдаманлы кем со'зли, Бала тусип колынан кызарды жузи. Ко'терип жа'не алыуг'а куши келмеди, Калтасына тыг'ып бир колын шыг'армас еди, Болмаг'ансон' акыры, Ол колын да шыг'арып койды. Аныклап карасам келиншек колына, Ко'зим тусти келте-келте бармаг'ына, Кысындым айыпкердей о'зимди, Меннен уялып тыг'ып жасырг'анына. Кишкентайды алып алдым алдыма, Келиншек те иштен ырза болдыма, Шырайлы жузи кулип карады да, Деди: кийимин'изди абайлан' аг'а. Келдик мине ма'нзилге де жетип, Бала калып еди маг'ан үйренисип, Усладым баланы алып ко'терип, Түсиристим автобустан ийилип. Калды келиншек ма'с болып, Калг'андай меннен кеуили толып, Айтты баласына,"аг'ан'а айт рахмет деп", Есимде еле тург'аны сол баланын' кулип. ✍Марат..февраль. 2026.ж. https://t.me/ibratli_sozler

ИНСАПТАН БОЛАР МА ЕКЕН? Рәўият қылыныўынша, бир адам ҳаялының итаатсызлығынан, бойсынбаўшылығынан тойып кетип, ҳәзирети Умарға шағым етиў ушын оның үйине барыпты. Есикке жақынласқанда, иштен ҳаял адамның қатты-қатты сөйлеп атырғанын еситипти. Сонда жаңағы адам: "Халифаның үйинде де бул машқала бар екен, жақсысы, үндемей кете берейин", деп изине қайтпақшы болыпты. Усы ўақытта иштен ҳәзирети Умар шығып қалыпты. Жумыс пенен келген адамның изине қайтып баратырғанының себебин сорапты. Арызға келген адам: "Ҳаялымның зулымынан шағым етип келип едим, қарасам бул машқала сизиң де басыңызда бар екен, соның ушын қайтып кетпекши болып тур едим", деп жуўап берипти. Сонда ҳәзирети Умар: "Қызық адам екенсең-ғо, ақыры ҳаяллар аўқатымызды писирсе, кир-пирлерди жуўса, балаларымызды тәрбияласа, барлық хожалық жумысларын мойнына алған болса, гейде наразылықларына сабыр етпесек, инсаптан болар ма екен", дейди. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"АНА-ТИЛИМ"ҚОСЫҒЫ Әжайып! Түс деген нәрсе қызықдә, Өлип қaлыппан түсимдe тосаттан. Көксимде қорғасын, қуяш астында, Таўлар арасында жатырман жансыз. Узақта шарқырап сайлар ақпақта, Барлықта бир әжайып гөззал топырағым. Мен болсам ойлайман жатып топырақта: Мине усы топыраққа қосылар денем. Мен өлип жатыппан, кимсесиз, жерде, Ҳеш биреў қайғырмас ҳәм шекпес ҳәсирет. Тек ғана шоққыларда гүркирер бүркит, Тек ғана кеңликлерде маңрайды кийик. Ақыры көринбес қыршын жасымда, Өртер жүрегимди ойды, ақыр оқ. Я анам, я ярым бермейди даўыс, Дос түгил, ҳәттеки жоқлаўыда жоқ. Ҳәсиретим атылар жансыз денемнен, Тап ҳәсирет бардай өли кеўлинде. Сол ўақыт еки киси өтти сәл ары, Кеўилли сәўбет сүрип авар тилинде. Менғо бул дүньядан көз жумдым мәңги, Олар күлип-күлип сөйлесер барын; Қандайдур Ҳасанның түрли ислерин Қандайдур Алидиң шоқ қылықларын. Авар сөзин тыңлап кирди маған жан Әсте тирилдим ҳәм сонда билдим: Мени түзеталмас ҳеш дәри-дәрман, Жаныма дәрмандур өз АНА тилим. ✍ Р. Гамзатов АЎДАРМА: Г  РАМЕТОВА https://t.me/i

"АЛТЫ ҚЫЗ" Гүлбәҳәр Ахымбетова https://t.me_ibratlı_sózler

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ӘЗИЙЗЛЕРИМ!     ЕРТЕ ТАҢНАН ОЯНЫП, ЖАҚСЫ НИЙЕТКЕ БЕТ БУРҒАН ҚЫМБАТЛЫ КАНАЛ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРИ!     БҮГИНГИ ЕКШЕМБИ КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕРГЕ ТОЛЫ БОЛСЫН!      Жаратыўшы ийемиз сизлердиң ҳәр бириңиздиң шаңарағыңызға аманлық, өзлериңизге беккем ден-саўлық, ислериңизге  раўаж ҳәм мол несийбе инәм етсин!!     Алға қойған мақсетлериңиз орынланып,  күниңиз әўметли болсын! https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Күни менен тилеген тилеклериңиз хəм ибадатларыңыз қабыл болсын ! Бəршеңизге беккем ийман , күш-қууат хəм ден-саулық берсин !
Күни менен тилеген тилеклериңиз хəм ибадатларыңыз қабыл болсын ! Бəршеңизге беккем ийман , күш-қууат хəм ден-саулық берсин ! Алланың нурлы таңына  аман-есен саў-саламат жетиў бәршемизге несип етсин әзизлер! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАНЛАР! https://t.me/ibratli_sozler

"Мөженек" сөзи арқа диалектте не делинеди?
Anonymous voting

"Зағама" сөзи арқа диалектлерде қайсы буйымға айтылады?
Anonymous voting

ҒАЗ ШӨЛДЕ ЖҮРСЕ ДЕ, ..............." ♻ Мақалды даўам етиң?
Anonymous voting

"АБЫРАЙЛЫ АҢШЫҒА, .............. " ✅ Нақылдың даўам етиң?
Anonymous voting