ch
Feedback
Taхтакөпир таңы газетасы

Taхтакөпир таңы газетасы

前往频道在 Telegram

Хызмет еткил удайына халық ушын!Тахтакөпир районының жәмийетлик-сиясий, әдебий газетасы @taxtakopir_tańı

显示更多
458
订阅者
-124 小时
-67
-1930

数据加载中...

相似频道
无数据
有任何问题?请刷新页面或联系我们的客服
标签云
无数据
有任何问题?请刷新页面或联系我们的客服
进出提及
---
---
---
---
---
---
吸引订阅者
七月 '26
七月 '26
+1
在0个频道中
六月 '26
+4
在0个频道中
Get PRO
五月 '26
+20
在2个频道中
Get PRO
四月 '26
+18
在1个频道中
Get PRO
三月 '26
+11
在2个频道中
Get PRO
二月 '26
+12
在1个频道中
Get PRO
一月 '26
+4
在2个频道中
Get PRO
十二月 '25
+10
在3个频道中
Get PRO
十一月 '25
+10
在0个频道中
Get PRO
十月 '25
+19
在2个频道中
Get PRO
九月 '25
+18
在5个频道中
Get PRO
八月 '25
+14
在0个频道中
Get PRO
七月 '25
+29
在4个频道中
Get PRO
六月 '25
+15
在5个频道中
Get PRO
五月 '25
+39
在8个频道中
Get PRO
四月 '25
+131
在12个频道中
Get PRO
三月 '25
+22
在15个频道中
Get PRO
二月 '25
+33
在7个频道中
Get PRO
一月 '25
+53
在8个频道中
Get PRO
十二月 '24
+14
在6个频道中
Get PRO
十一月 '24
+16
在6个频道中
Get PRO
十月 '24
+42
在6个频道中
Get PRO
九月 '24
+42
在3个频道中
Get PRO
八月 '24
+29
在3个频道中
Get PRO
七月 '24
+38
在7个频道中
Get PRO
六月 '24
+51
在8个频道中
Get PRO
五月 '24
+82
在10个频道中
Get PRO
四月 '24
+89
在10个频道中
Get PRO
三月 '24
+59
在3个频道中
Get PRO
二月 '24
+60
在2个频道中
Get PRO
一月 '24
+51
在2个频道中
Get PRO
十二月 '23
+66
在3个频道中
Get PRO
十一月 '23
+60
在4个频道中
Get PRO
十月 '23
+78
在2个频道中
Get PRO
九月 '23
+374
在0个频道中
日期
订阅者增长
提及
频道
29 七月0
28 七月0
27 七月0
26 七月0
25 七月0
24 七月0
23 七月0
22 七月0
21 七月0
20 七月0
19 七月0
18 七月0
17 七月0
16 七月+1
15 七月0
14 七月0
13 七月0
12 七月0
11 七月0
10 七月0
09 七月0
08 七月0
07 七月0
06 七月0
05 七月0
04 七月0
03 七月0
02 七月0
01 七月0
频道帖子
#jeke_qabılllaw Búgin Taxtakópir rayonı hákimi, rayonlıq Keńesiniń deputatı J.Adilov tárepinen puqaralardıń múrájatların qabı
+8
#jeke_qabılllaw Búgin Taxtakópir rayonı hákimi, rayonlıq Keńesiniń deputatı J.Adilov tárepinen puqaralardıń múrájatların qabıllaw, olardıń usınıs hám pikirlerin tıńlaw maqsetinde gezektegi jeke tártiptegi qabıllaw ótkerildi. Qabıllaw barısında puqaralar tárepinen turaq jayın ońlaw, ishki jol, materiallıq járdem alıw hám basqa da bir qatar jeke hám sociallıq áhmiyetke iye máseleler boyınsha múrájatlar bildirildi. Bildirilgen múrájatlardıń ayırımları sol orınnıń ózinde sheshimin tawıp, úyrenip shıǵılıwı ushın waqıt talap etetuǵın múrájatlar boyınsha juwapker qánigelerge tapsırmalar berildi. Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti Ағза болың: https://t.me/taxta_tani

2
Пенсия тайынлаў бойынша шеклеўлер алып тасланыўы күтилмекте Ҳәзир сизиң ис ҳақыңыз 10-15 миллион сум болса да ең көби менен 3
Пенсия тайынлаў бойынша шеклеўлер алып тасланыўы күтилмекте Ҳәзир сизиң ис ҳақыңыз 10-15 миллион сум болса да ең көби менен 3,5 миллион сум пенсиядан үмит ете аласыз. Себеби, пенсия тайынлаўда ең көби менен 7 миллион сумға шекемги айлық есапқа алынады, оннан жоқары бөлеги ушын пенсия есапланбайды. Мине усы шеклеў толық алып тасланыўы күтилмекте. Пенсияны есаплаўдағы сайлап алынатуғын 10 жыллық дәўир ишиндеги 5 жылдың да бийкар болыўы күтилмекте. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
94
3
⚡️Медиклердиң перзентлериниң контрактын төлеп бериў бойынша жәрдемнен пайдаланыў ушын арза бериў функциясы иске түсипти Мәмле
⚡️Медиклердиң перзентлериниң контрактын төлеп бериў бойынша жәрдемнен пайдаланыў ушын арза бериў функциясы иске түсипти Мәмлекетлик медицина мекемелеринде кеминде он бес жыл жумыс стажына ийе болған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң перзентлерине республикалық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриат тәлим бағдары бойынша жыллық төлемли-контракт суммасының бир бөлегин қаплап бериў бойынша субсидия системасы иске түскен. Субсидиядан пайдаланыўды қәлеўшилер төмендеги силтеме арқалы арза бериўи мүмкин: Subsidiya.imv.uz Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
179
4
Биз ҳәм тәбият Наманган ўәлаяты Жаңақорған районы Заркент аўылында күшли буршақ жаўғандағы көринислер. Ағза болың: https://t.+3
Биз ҳәм тәбият Наманган ўәлаяты Жаңақорған районы Заркент аўылында күшли буршақ жаўғандағы көринислер. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
227
5
❗️Жер жайлар да “ЖЭК” (БСК) лерге қосылыўы мүмкин Президент селекторында мәҳәллелердеги тазалық, жасаў мәденияты ҳәм ҳәўлилер
❗️Жер жайлар да “ЖЭК” (БСК) лерге қосылыўы мүмкин Президент селекторында мәҳәллелердеги тазалық, жасаў мәденияты ҳәм ҳәўлилер менен ислесиў мәселелери де сын көзқарастан көрип шығылды. Ҳәўли (жер) жайларды да басқарыў компанияларының жумысы менен қамтып алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
303
6
⚡️️Мәҳәллелерде жеке меншик бақша, мектеп, клиника ҳәм спорт имаратларын қурыў ушын жерди аукционға шығарыў ўәкиллиги мәҳәлле
⚡️️Мәҳәллелерде жеке меншик бақша, мектеп, клиника ҳәм спорт имаратларын қурыў ушын жерди аукционға шығарыў ўәкиллиги мәҳәлле баслықларына бериледи - Президент. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
444
7
⚡️️Мәҳәллелерде жеке меншик бақша, мектеп, клиника ҳәм спорт имаратлары қурыў ушын жерди аукционға шығарыў ўәкиллиги мәҳәлле
⚡️️Мәҳәллелерде жеке меншик бақша, мектеп, клиника ҳәм спорт имаратлары қурыў ушын жерди аукционға шығарыў ўәкиллиги мәҳәлле баслықларына бериледи - Президент. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
1
8
⚡️Пенсия муғдарын есаплаўда 5 жыллық дәўир 20 жылға көтерилиўи жобаластырылған Айлық ис ҳақысы 7,6 миллион сумға шекем (пенси
⚡️Пенсия муғдарын есаплаўда 5 жыллық дәўир 20 жылға көтерилиўи жобаластырылған Айлық ис ҳақысы 7,6 миллион сумға шекем (пенсия есаплаў базалық муғдарының 15 есеси) болған пуқара жыйналып барылатуғын пенсия есап бетине ис ҳақының 5 процентин өткерсе, мәмлекет тәрепинен қосымша және 2,5 процент муғдарында қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта. Айлық мийнет ҳақысы 7,6 миллион сумнан жоқары болған пуқаралар ушын болса төленген социаллық салықтың усы муғдардан артқан бөлегиниң 1 процентин олардың топланып барылатуғын пенсия есап бетине өткериў усыныс етилди. пенсия есапланатуғын мийнет ҳақы дәўирин 5 жылдан 20 жылға шекем созыў ҳәм де төмен дәрамат алынған айырым дәўирлерди есаптан шығарыў усыныс етилди. 2027-жылдан баслап пенсия есаплаўда инабатқа алынатуғын ис ҳақының жоқары шегарасын ҳәзирги 6 миллион сумнан 6,6 миллион сумға асырыў нәзерде тутылмақта. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
576
9
Ҳеш қашан өз мийнетиңизди арзан баҳаламаң Гигант кемениң двигательи истен шықты ҳәм оны ҳеш ким оңлай алмады. Ақырында оны оңлаў ушын 40 жылдан аслам тәжирийбеге ие болған инженер-механикти мирәт етти. Ол двигательди дыққат пенен тексерди ҳәм сумкасынан кишкене шөккишти шығарды. Кейин қандай да бир детальды урды. Двигатель тез ислеп кетти. Ол оңланған еди! Арадан 7 күн өткеннен соң инженер оңлаў хызмети ҳақысы 20 000 доллар екенлигин айтты. - Не?-деп таңланды корабль ийеси. - Сиз дерлик ҳеш нәрсе ислемедиңиз ғой? Бизге толық түсиндирип бере аласыз ба... - Жуўап әпиўайы, - деди механик. - Балға менен урыўдың баҳасы 2 доллар. Бирақ қай жерге, қанша ҳәм қандай урыўдың баҳасы 19 998 доллар.  Өз билим ҳәм тәжирийбесин қәдирлеў әҳмийетли. Себеби бул - гүреслер, тәшўишлер ҳәм көз жаслардың нәтийжеси.  Егер мен жумысты 30 минутта питкерген болсам, бунын себеби, мен 20 жыл даўамында бул жумысты 30 минутта ислеўди үйрендим. Ҳеш қашан өз мийнетиңизди арзан баҳаламаң. Сизиң 1 күнлик жумыс күниңиз, өмириңиздиң бир күнине тең. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
618
10
没有文字...
353
11
https://www.youtube.com/live/4QoujGF8MYE?si=s8bQS_07lBuOspsU Аўылласлар устазларымызды қоллап-қуўатлап отырайық.
49
12
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Қәдирли дослар! Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди. Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына  жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте. Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз. Сизлерди Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз. Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
520
13
没有文字...
434
14
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине 👉 Толық оқыў: https://kknews.uz/kk/289081.html Ағза болың: https://t.me/
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине 👉 Толық оқыў: https://kknews.uz/kk/289081.html Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
483
15
️1-июльден баслап пенсия ҳәм напақалар, 1-сентябрьден баслап айлық ҳәм стипендиялар көбейеди Президенттиң 2026-жыл 23-июньдеги ПП-115-санлы Пәрманына муўапық, мәмлекетте пенсиялар, напақалар, мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар 7 процентке арттырылады. ️1-июльден баслап пенсия ҳәм социаллық напақалардың төмендеги жаңа муғдарлары әмел етеди. Жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары 983 мың сум; майыплық пенсиясының ең кем муғдары болса 1 млн 83 мың сум етип белгиленди. Сондай-ақ, балалар напақасы да арттырылып, 3 жасқа шекемги биринши перзент ушын 386 мың сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги биринши перзент ушын 295 мың сум төленеди. Екинши перзент ушын қосымша төлем 177 мың сум, үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзент ушын болса 118 мың сумды қурайды. ️ "Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақлар ушын материаллық жәрдем 450 мың сумға, пенсияны есаплаў базалық муғдары болса 504 мың сумға жеткериледи. ️Буннан тысқары, урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары ушын пенсиялар, бағыўшысын жойытқанлық напақалары және мийнет стажына ие болмаған кексе пуқараларға төленетуғын напақалар да арттырылады. ️1-сентябрьден баслап болса бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм студентлер стипендиялары 7 процентке асырылады. ️ Соның менен бирге 1-сентябрьден баслап: ▪️мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 360 мың сумға; ▪️базалық есаплаў муғдары болса 440 мың сумға жеткериледи. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
756
16
#JCh_2026 🏆 Ózbekstan - Portugaliya ushırasıwı janlı efirde kórsetiledi! Futbol ıqlasbentleri dıqqatına! 2026-jıl 23-iyun kú
#JCh_2026 🏆 Ózbekstan - Portugaliya ushırasıwı janlı efirde kórsetiledi!   Futbol ıqlasbentleri dıqqatına!   2026-jıl 23-iyun kúni saat 22:00 de futbol boyınsha Jáhán chempionatı-2026 jarısınıń topar basqıshınan orın alǵan Ózbekstan hám Portugaliya saylandı komandaları arasındaǵı ushırasıw bolıp ótedi.   Usı oyınnıń janlı efiri Taxtakópir rayonı Mádeniyat orayı imaratında úlken ekran arqalı kórsetiledi.   Barlıq futbol ıqlasbentlerin milliy komandamızdı qollap-quwatlawǵa shaqıramız!   Ózbekstan milliy saylandı komandasına áwmet tileymiz! Taxtakópir rayonń hákimliginıń málimleme xızmeti Аǵza bolıń: https://t.me/taxta_tani
395
17
⚡️Ендигиден былай Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси баслықлары пуқараларды ҳәр 6-күни қабыллайды Президент Халық қабыллаўханасы мәмлекет басшысының тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси баслықлары, Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары, район-қала ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары системалы түрде аймақлық Халық қабыллаўханаларында жеке қабыллаўлар өткерилетуғынын ҳәм оның ўақытларын жәриялады. Бунда жеке қабыллаў ўақытлары: - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы - ҳәр айдың биринши ҳәм үшинши шемби күнлери саат 10:00 - 12:00; - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы - ҳәр айдың екинши ҳәм төртинши шемби күнлери саат 10:00 - 12:00 деп белгиленди. Сондай-ақ, аймақлар басшыларының орынбасарларының қабыллаў ўақытлары менен усы силтеме арқалы танысыў мүмкин. Объектив себеплерге байланыслы жеке қабыллаўлар өткериў имканияты болмағанда, қабыллаў басқа күнде гезексиз шөлкемлестириледи ҳәм белгиленген тәртипте алдыннан жәрияланады. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
450
18
ҚАЙТАР ДҮНЬЯ (Эссе) 21-микрорайонда турғанымда,  түрмеде надзирател болып ислейтуғын дийўаллас қоңсым бар еди. Жасы елиўлердеги түркмен еди. Жалғыз өзи турады. Қоңсылар менен араласпайды. Мен де оның менен тек сәлемлесемен. Сексенинши жыллардың екинши ярымы, қайта қурыў, демократияластырыў, баспасөздиң ҳәўижине шығып атырған ўақты. Мен жигирмалаған газета-журналға жазыламан, қалың журналлар келген күни олар почта қутыма сыймай қалады. Почтальон сыймағанларын қутының үстине аманат қойып кетеди. Бир неше рет надзирател қоңсым есигимди қағып, "газет-журналың далада жатыр, мына қоңсыларың дәстүрханға төсеп қоймасынан  бурын алып қой", деп хабарлап кетти. Бир күни ол есикти қағып,  үйине мирәт  етти. Чемоданлары есиктиң алдында тур екен. «Мен  отставкаға шығып, елиме – Гөнеге қайтып баратырман, – деди ол. – Сен жазыўшысаң ғой. Жазыўшы – халықтың сөйлер тили. Саған бир нәрсени айтып кетежақпан. Надзирател қамақтағы адамларды не қыламан десе, қыла алады. Бирақ мен, жигирма бес жыл усы системада иследим, бир адамды шертпедим, – деди ол. – Сизлердиң елиңиздиң дузын иштим, бул елде ҳешкимге жәбир бермедим, дузыңызға қыянет етпедим»,  – деди ол. Сол жерде екеўимиз хошластық. Ертеңине азанда ол Гөне Үргенишке кетти. Басқа микрорайонда турғанымда, милиция қоңсымыз болды. Апай мектепте муғаллим болып ислеген. Милиция ақсақал өмир бойы районларда хызмет еткен, Нөкиске бала-шағасын көриўге айына бир-еки мәрте келип кетип турған. Сол кетип-кетиўлердиң қүдирети менен жети ул-қыз дүньяға келген. Бизлер қоңсы болған күнлери ол киси отставкаға шықты. Апай да елиў жасында пенсияға шықты. Оның үйде жүргени апайға қатты жәбир бола баслады. «Бул бәрҳа районларда жүргеннен соң,  буның бундай жаман екенин билмейди екенмен-аў»,  деп сырнығатуғын еди.  Апай даўасыз аўырыўға шатылып, көп узамай қайтыс болды. Олардың үлкен баласы түрмеде надзирател болып иследи.  Қоңсылар есиктиң алдына шығып, сөйлесип отырғанларымызда,  ҳәрким өзиниң жумысын айтысады. Сол ўақта отызлардағы жас жигит, надзирател инимиз қамақтағыларды аўзынан қара қанын келтирип урғанларын айтады. «Жумысқа барғанымда,  адам урғым келип, қолым қышып бараман»,  – дер еди ол. Қоңсылар, оннан жасы үлкен адамлар, бул жигиттиң сөзлерин комментарийсиз тыңлаймыз. Арадан бираз жыллар өткеннен соң, 2000-жыллары, ол да отставкаға шықты.  Мектепте бирге оқыған, Россияда жумыс ислеп атырған  жораларына қосылып, Петербургқа жумысқа кетти. Соннан бир күнлери  оның сол жақта төбелесип, емлеўханаға түскени айтылды.  Үйиндеги иниси  ағайинлеринен жол қәрежет таўып, барып оны алып келди. Оның басына арматур менен урып, өлимши ҳалға келтирген екен. Питердиң докторлары  жанын аман алып қалған. Келгеннен соң көп ўақытлар үйинен шыға алған жоқ. Еки жылдан соң денсаўлығын бираз тиклеп, көшеге шығып жүре алатуғын болды. Бир күни оның паркте велосипед айдап жүргенин көрдим. Бир неше мәрте сөйлесип көрип, оның еси кирели-шықпалы екенлигин байқадым. Соның менен жасап атыр. Әлбетте, бала-шағасы жоқ. Бирақ пенсиясы жақсы қусайды. Қорғанышсыз адамлардың шеккен жәбирлери туўралы еситкенимде, усы ўақыялар ядыма түседи. Кисиге орынсыз берген жәбириң бул аспанның астында сени қутқармайды. Бул тәбият нызамы. Сағынбай ИБРАГИМОВ Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
455
19
Ғыйбатшыға жуўап Бир адам Ҳасан Басрий қуддиса сирруҳу ҳәзиретлериниң алдына келип: "Пәленше сен туўралы пәлендей, төлендей к
Ғыйбатшыға жуўап Бир адам Ҳасан Басрий қуддиса сирруҳу ҳәзиретлериниң алдына келип: "Пәленше сен туўралы пәлендей, төлендей келиспейтуғын гәплерди айтты," депти. - Қашан? - Бүгин. - Қаяқта? - Үйинде. - Оның үйинде не қылып жүрсең? - Зыяпатқа барып едим. - Зыяпатта не жедиң? Ол киси сегиз түрли тағамның атын санап шықты. Сонда Ҳасан Басрий қуддиса сирруҳу: - Сол адамның сегиз түрли тағамы қарныңа сыйды да бир аўыз сөзи сыймады ма? Тур, кет бул жерден! - деди ҳәм өсекшини дәргайынан қуўып шығарды. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
489
20
2018-жылдан кейин қурылған нызамсыз жайлардың тәғдири не болады? Мәмлекетлик кадастрлар палатасының баслығы Моҳир Валиевтиң а
2018-жылдан кейин қурылған нызамсыз жайлардың тәғдири не болады? Мәмлекетлик кадастрлар палатасының баслығы Моҳир Валиевтиң атап өтиўинше, 2018-жыл 1-майдан кейин өзбасымшалық пенен қурылған нызамсыз турақ жайларға кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилмейди. "Өзбекстан халқы көбейип бармақта, бирақ жери кеңейип атырған жоқ. Сол бар жери, оннан өнимли пайдаланыўымыз керек. Тийисли қарарлар менен нызамсыз жерлерди өзлестириўге бир неше мәрте акция берилди. Енди буны 2018-жылдан кейингилерге де ислесек ҳәм анық мүддетин белгилемесек, кеше ғана қурылып ылайы қатпаған жайды ийелеп алып, соған да ҳуқық бериңлер деген нәрселер болыўы мүмкин," - дейди ол. Ағза болың: https://t.me/taxta_tani
373