cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Kamalbay Allaniyazov (Rásmiy kanal)

Bozataw rayonı hákiminiń telegramdaǵı rásmiy kanalına xosh kelipsiz Múrájatlarıńızdı jazıp qaldırıń📝 Instagram https://instagram.com/allaniyazovkamalbay Facebook https://www.facebook.com/profile.php?id=100079587169431&mibextid=ZbWKwL

إظهار المزيد
كازاخستان7 117لم يتم تحديد اللغةالسياسة26 473
مشاركات الإعلانات
195
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
لا توجد بيانات7 أيام
-36330 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

01:07
Video unavailableShow in Telegram
#Bozataw_rayonı #Qaraqalpaqstan_telekanalı #Jańalıqlar_baǵdarlaması Bozataw rayonı hákimligi,  rayonlıq Kambaǵallıqtı qısqartıw hám bántlikke kómeklesiw bólimi menen birgelikte ótkerilgen “Bos jumıs orınları” miynet yarmarkası haqqında Bozataw rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti 👉 https://t.me/bozataw_uz
إظهار الكل...
20.55 MB
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Беруний районында мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын қайта қурыў, шиферлап бериў жумыслары даўам етип атыр Президентимиз басламасы менен қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги 52-санлы қарарына тийкар Беруний районы аймағындағы жәрдемге мүтәж жәми 1189 хожалықтың түрақ жайының төбесин шиферлап бериў белгиленген болып, соннан 127 үй аўыр турмыс шараятында ҳәм 18 хожалықтың түрақ жайын қайтадан қурыў бойынша жумыслар режелестирилип алынып, оның ушын республика бюджетинен 21,6 млрд. сум қаржы ажыратылды. Бүгинги күнде «Қыят» мәҳәллесиндеги 20 үйдиң төбесин шиферлаў, жасаў ушын жарамсыз, авариялық жағдайдағы 2 турақ жайды жаңадан қурып бериў жумыслары даўам етпекте. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов пенен ушырасты. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы, соның ишинде Қарақалпақстан менен өз-ара байланыслар, саўда-экономикалық, социаллық, мәденият, туризм бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳәм әсирлер даўамында даўам етип киятырған қатнасықларды еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди. Онда сондай-ақ, бүгинги күнде саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша өз ара бирге ислесиўди күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлердың экспорт көлемин арттырыў, бар болған инфраструктура имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша пикирлесилди. Айтып өтиў керек, бүгинги күнде Қазақстан Республикасы менен экономикалық байланысларды еле де кеңейтиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақлық жақтан республикамыз бенен шегаралас жайласқанлығы, өнимлерди экспорт етиўде темир жол, автомобиль жолы ҳәм ҳаўа жолы арқалы туўрыдан-туўры бирге ислесиў имканиятының бар екенлиги, өз-ара мәдений байланыслардың жақсы раўажланғанлығы бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўға кең имканият береди. Усы тийкарда бирге ислесиўлер де раўажланып бармақта. Бүгинги өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында сөйлесилди ҳәм Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз-ара бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша республика басшылары барқулла таяр екенлиги, экспортты кеңейтиў ҳәм саўда байланысларын беккемлеў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Дыққат! 🖌Исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли жаңалық Бүгин Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм ибсилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Усы қаржылар шеңберинде: Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленеди. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылады. Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи. Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди. Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи. 2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы саўда, улыўмалық аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм электр қуўатландырыў шақапшалары жумысын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылып атырған кредитлерге белгиленген муғдар ҳәм шәртлер шеңберинде компенсация усынылады. Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады. - Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда; - жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи. Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи. Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Bozatawlı bilimlendiriw xızmetkerleri “Ta᾽lim iftixori” estelik nıshanı menen sıylıqlandı Usı jıldıń 6-avgust sánesinde Samarqand wálayatında Ǵárezsiz mámleketler doslıǵı sheńberinde shólkemlestirilgen “Ta᾽lim iftixori” atamasında xalıq aralıq ilimiy-ámeliy kórik tańlawı bolıp ótti. Bul tańlawǵa Bozataw rayonında bilimlendiriw tarawında jemisli miynet islep kiyatırǵan rayonlıq Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı  14-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń dóretiwshilik mádeniy máseleleri boyınsha úgit-násiyatshısı Saparova Sapura hám 4-sanlı mekteptiń qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páni oqıtıwshısı Tájimuratova Urimxanlar óz dóretiwshiligi menen qatnasıp, tańlaw jeńimpazı boldı hámde jeńimpazlar “Ta᾽lim iftixori” estelik nıshanı menen sıylıqlandı. Bozataw rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti https://t.me/bozataw_uz
إظهار الكل...
Repost from Karakalpakstan.uz
02:01
Video unavailableShow in Telegram
⚡️Брифинг Қарақалпақстан Республикасында жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қорақалпоғистон Республикасида йўл қурилишидаги амалий ишлар юзасидан маълумот Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети – Б.Хожанов Каналға ағза болыў
إظهار الكل...
БРИФИНГ ЖОЛ ТРАНСПОРТ ТЕЛЕГРАММ.mp467.30 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1803 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды e-auksion.uz 🔷Нөкис қаласы 5 (көриў) 🔷Әмиўдәрья районы 32 (көриў) 🔷Беруний районы 143 (көриў) 🔷Бозатаў районы 77 (көриў) 🔷Қараөзек районы 111 (көриў) 🔷Кегейли районы 136 (көриў) 🔷Қоңырат районы 321 (көриў) 🔷Қанлыкөл районы 70 (көриў) 🔷Мойнақ районы 129 көриў) 🔷Нөкис районы 100 (көриў) 🔷Тақыятас районы 62 (көриў) 🔷Тахтакөпир районы 106 (көриў) 🔷Төрткүл районы 182 (көриў) 🔷Хожели районы 152 (көриў) 🔷Шымбай районы 85 (көриў) 🔷Шоманай районы 53 (көриў) 🔷Елликқала районы 39 (көриў) социаллық тармақларда: Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#Xabarlandırıw Húrmetli jaslar hám isbilermenler! Bozataw rayonında isbilermenlikti qollap-quwatlaw hám rawajlandırıw maqsetinde rayon orayında jaylasqan “Jaslar sanaat zonası”nan aukcion sawdasına 11 lot hámde “Qusxanataw”APJ aymaǵanda jaylasqan “Kishi sanaat zonası”nan 28 lot qoyılǵanlıǵın xabarlaymız. 📩 Qızıǵıwshı jaslar bolsa https://e-auksion.uz/ saytınan hámde rayonlıq investiciyalar hám sırtqı sawda bólimine múrájat etseńiz boladı. ☎️ Múrájat ushın telefonlar: (94) 905-47-18. (99) 180-76-77 Bozataw rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti 👉https://t.me/bozataw_uz
إظهار الكل...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Дыққат вакансия 📣Бүгин төмендеги вакант лаўазымларға ҳүжжет тапсырыўдың ақырғы күни: 🔷 Қоңырат районы ҳәкимлиги: ▫️ Қоңырат районы ҳәкимлиги канцеляриясы биринши дәрежели қәниге; ▫️ “Туран” МПЖда ҳәким жәрдемшиси. 🔷 Аўыл хожалығы министрлиги: ▫️ Министрдиӊ азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм де аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары; ▫️ Өсимликлер қорғаўы ҳәм альтернатив аўыл хожалығы әмелиятын раўажландырыў бойынша бас қәниге; ▫️ Бозатаў районы Аўыл хожалығы бөлими: баслықтың жер, суў, аўыл хожалығында экономикалық реформалар, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм агротехнология мәселелери бойынша орынбасары; ▫️ Нөкис районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы; ▫️ Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы; ▫️ Бозатаў районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы; ▫️ Бозатаў районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы; ▫️ Шымбай районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы бас қәнигеси (Бюджеттен тысқары) . 🔹 Суў хожалығы министрлиги жанындағы мелиоратив экспедиция басқармасы: ▫️ Қанлыкөл районы Бас шеп жағалаў мелиоратив системасы инженер мелиоратор. 🔹 Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы: ▫️ Канцелярия ҳәм архив бөлими баслығы. 🔹Шымбай районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими: ▫️ “Кеңес” АПЖда ҳаял-қызлар белсендиси. 🔷 Қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы: ▫️ Юрист; ▫️Буйыртпашылар менен ислеў бөлими баслығы (Ишки таңлаў). 🔷 Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги: ▫️ Инвестиция бағдарламалары ҳәм инфраструктуралары бойынша бас қәниге; ▫️ Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў секторы баслығы (Ишки таңлаў) . ❗️Aрзалар 08.08.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи. ➖ Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Photo unavailableShow in Telegram
Палўанымыз жеңимпазлар қатарынан орын алды Усы жылдың 4-14 август күнлери Беларусь мәмлекети Гродно қаласында II Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы ойынлары өтпекте. Беллесиўлерде ересеклер арасында спорттың аўыр атлетика түри бойынша жерлесимиз Есбергенов Нурсултан 82 кг салмақ категориясында мүнәсип қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын алды. Палўанымыз дәс көтериў бойынша 150 кг, силтеп көтериў бойынша 178 кг, еки гүрес бойынша жәми 328 кг аўырлықтағы тасты көтерип, қола медалын жеңип алды. Н.Есбергеновты жарысқа Б.Нурыллаев таярлады. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.