cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Joqarǵi keńes.uz

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Twitter: twitter.com/joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
40 025
المشتركون
-924 ساعات
-6647 أيام
-1 04830 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Мўғулистон Президентининг Ўзбекистонга тарихдаги биринчи давлат ташрифи. "BYD Uzbekistan Factory" илк электромобилини ишлаб чиқарди. Фаол ёшларга давлат мукофотлари топширилди — Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Монголия Президентиниң Өзбекстанға тарийхтағы биринши мәмлекетлик сапары. "BYD Uzbekistan Factory" дәслепки электромобилин ислеп шығарды. Белсенди жасларға мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды — Обзор важнейших событий за неделю: Первый в истории госвизит Президента Монголии в Узбекистан. "BYD Uzbekistan Factory" выпустил первый электромобиль. Активной молодежи вручены государственные награды Facebook|Instagram|X
إظهار الكل...
IMG_2919.MP435.99 MB
IMG_2920.MP438.16 MB
IMG_4110.MP435.99 MB
01:19
Video unavailableShow in Telegram
Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылмақта
«Ҳүрметли Президентимиз 2023-жылда Қарақалпақстанлы сайлаўшылары менен болған ушырасыўында «Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады» деп атап өткен еди. Мине усы айтылған тапсырманың әмелде орынланыўы»
— деп терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы Университет клиникасында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысыў ўақтында. — Тошкентда мавжуд барча замонавий тиббий хизматлар Нукусда ҳам йўлга қўйилмоқда
«Ҳурматли Президентимиз 2023-йил Қорақалпоғистонлик сайловчилари билан бўлган учрашувида «Тошкентда мавжуд барча замонавий тиббий хизматлар Нукусда ҳам йўлга қўйилади» деб таъкидлаб ўтган эди. Мана шу айтилган топшириқнинг амалда бажарилиши»
— деб улкан тўлқинланиш билан таъкидлади Жўқорғи Кенгес Раиси Университет клиникасида яратилган имкониятлар билан яқиндан танишиш вақтида. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
39.40 MB
00:57
Video unavailableShow in Telegram
Белсенди жаслар мүнәсип хошаметленди — Фаол ёшлар муносиб тақдирланди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
23.63 MB
Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылмақта Бүгин Қарақалпақстан медицина институты университет клиникасында Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған жойбар шеңберинде заманагөй медициналық әсбап-үскенелер тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жылларда елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға кең түрде тоқталып өтти. Атап өтилгениндей, бул бағдарда медицина тараўын раўажландырыў арқалы халқымыздың саламатлығын беккемлеў ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, усы жумысларды жеделлестириўде халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер менен шериклик тийкарында жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атыр. Салтанатлы илажда Японияның Өзбекстандағы елшиси Такаши Хатори, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) президенти Ёшибуми Бито, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Д. Султанов, Қарақалпақстан медицина институты ректоры, сенатор О.Атаниязовалар қатнасты. Буннан соң, жаңадан алып келинген заманагөй медициналық әсбап-үскенелер көзден өткерилди.
«Ҳүрметлди Президентимиз 2023-жылда қарақалпақстанлы сайлаўшылары менен болған ушырасыўында «Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады» деп атап өткен еди. Мине усы айтылған тапсырманың әмелде орынланыўы»
— деп терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы Университет клиникасында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысыў ўақтында. Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан медицина институты жанында ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен жаңа инновациялық университет клиникасы дүзилген еди. Усы тийкарда республикамызда медицина тараўында кадрларды таярлаўда клиника тийкарғы билимлендириў базасы болып келмекте. Соңғы 5 жылдың өзинде институтқа 10 млн. доллардан артық инвестиция қаржылары тартылды. Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған 7,3 млн. долларлық жойбар шеңберинде университет клиникасына заманагөй медициналық әсбап-үскенелер тапсырылмақта. Жеткерип берилген 31 атамадағы медициналық әсбап-үскенелер медицина хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, кадрлар потенциалын арттырыў, клиникада алдынғы медициналық методларды енгизиў сыяқлы ийгиликли ислерди әмелге асырыўға беккем тийкар жаратады. Соныда айрықша атап өтиў орынлы, усы жыл басынан берли Республикалық тез жәрдем орайы, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы, Нөкис қаласындағы 8-санлы шаңарақлық поликлиника, Берунийде районлар аралық Перинатал орайы жаңа имаратларының пайдаланыўға тапсырылыўы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды. Соның менен бирге, быйылғы жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде 6 денсаўлықты сақлаў объектинде 46,5 млрд. сммлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Шоманай районында көп тармақлы поликлиника, Елликқалада 90 орынлы туўыў бөлими, Төрткүлде 70 орынлы туўыў бөлими, сондай-ақ, Әмиўдәрья, Беруний районлары ҳәм Нөкис қаласындағы шаңарақлық поликлиникаларда қурылыс-реконструкция жумыслары даўам етпекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Жерлесимиз халықаралық олимпиадада қатнасады «ICT4Girls» олимпиадасында жеңимпаз болған қызлар арасында буткемп шөлкемлестирилди. Буткемп жуўмағында Информатика пәни бойынша Европа қызлар олимпиадасында қатнасатуғын 4 қыз таңлап алынды. Усы таңлап алынған қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатының оқыўшысы Хожамуратова Малика да бар болып, ол Нидерландия мәмлекетинде болып өтетуғын олимпиада да жеңимпаз болыў ушын өз билимин сынақтан өткереди. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️Сизди усы жылдыӊ 7-8-июль күнлери Қазақстан Республикасыныӊ Манғыстаў қаласында шѳлкемлестирилип атырған «Made in Karakalpakstan» кѳргизбе-ярмаркасына мирәт етемиз!
Бул илаж арқалы кәрханаӊыз тәрепинен ислеп шығарылған ѳнимлерди сатып ғана қоймастан, қоӊсылас Республикалар менен экономикалық-шериклик байланысларын беккемлеў хәм бирге ислесиў бойынша шәртнамалар дүзиў имкәниятына ийе боласыз!
➡️ Сондай-ақ, ѳз бизнесин еле де раўажландырыўды нийет еткен елимиз пуқаралары Қазақстан Республикасыныӊ жетекши бизнес ўәкиллери менен илаждыӊ ѳзинде тиккелей исбилерменлик байланысларын орнатыўы мүмкин. Биз Сизди хәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға тайынбыз! Байланыс ушын телефонлар: ☎️ +998 (90) 595-96-52 ☎️ +998 (61) 222-15-02 Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Жаслар айлығы шеңберинде концерт бағдарламасы өткерилди Бүгин Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм республикамыз жасларын қутлықлады. Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған бурын болмаған үлкен имканиятлар ҳәм итибардан ҳәр бир жастың нәтийжели пайдаланып, елимиздиң гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қосатуғынлығын айрықша атап өтти. Жоқары дәрежеде өткерилген байрам илажында өзлериниң таланты, уқыбы менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жаслар «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. «30-июнь – Жаслар күни» шын мәнисинде жаслардың ең сүйип күтетуғын байрамына айланды. Быйылғы жылда «Июнь айы – жаслар айлығы» шеңберинде спорт жарыслары, байрам илажлары, кеўил ашар ҳәм заўықлы кешелер өткерилди. Ең баслысы, жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды. Бүгинги өткерилген байрам илажы мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, эстрадамыздың белгили ўәкиллери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти. — Ёшлар ойлиги доирасида концерт дастури бўлиб ўтди Бугун Нукус шаҳридаги марказий Амфитеатрда 30-июнь - Ёшлар куни муносабати билан «Янги Ўзбекистон ёшлари, бирлашайлик!» шиори остида концерт дастури бўлиб ўтди. Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг юртимиз ёшларига йўллаган табригини ўқиб эшиттирди ва республикамиз ёшларини қутлади. Шунингдек, Жўқорғи Кенгес Раиси бугунги кунда ёшларга яратилаётган олдин бўлмаган улкан имкониятлар ва эътибордан ҳар бир ёшнинг самарали фойдаланиб, юртимиз ривожига муносиб ҳисса қўшишини алоҳида таъкидлади. Юқори даражада ўтказилган байрам тадбирида ўзининг иқтидорли, қобилияти билан тенгдошлари орасида юқори натижаларга эришган, шунингдек, юртимиз ривожига муносиб ҳисса қўшиб келаётган қатор фаол ёшлар «Умид учқуни» кўкрак нишони, Фахрий ёрлиқлар ва қимматбаҳо совғалар билан тақдирланди. «30-июнь - Ёшлар куни» чин маънода ёшларнинг энг севиб кутадиган байрамига айланди. Жорий йилда «Июнь ойлиги — ёшлар ойлиги» доирасида спорт мусобақалари, байрам тадбирлари, кўнгил очар ва завқли кечалари ўтказилди. Энг асосийси, ёшлар ойлиги ўзида минг-минглаб ёшларни жамлай олди. Бугунги ўтказилган байрам тадбири маданият ва санъат усталари, эстрадамизнинг таниқли вакиллари ижросидаги концерт дастури билан давом этди. Байрам тадбирида Ўзбекистон Республикаси Президентининг маслаҳатчиси Т.Худайбергенов иштирок этди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Қәдирли жаслар! Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды - Жаслар күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз. Мине усындай қуўанышлы күнде ең дәслеп соңғы жылларда елимизде жаслар менен ислесиўде жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың жәмийетлик белсендилиги, Ўатан ҳәм халық тәғдирине болған сезиминиң күшейип баратырғаны, жаңа Өзбекстанды қурыўда наўқыран әўладларымыздың мүнәсип қатнасып атырғаны айрықша атап өтиўге ылайық. Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-умтылыслары, қәбилетин жүзеге шығарыў алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли ҳәм баслы жөнелиси болып, бул жолда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Әзиз жаслар! Оқыў-үйрениў, турақлы излениў, илимге, раўажланыў шыңларын ийелеўге умтылып жасаў барқулла жолдасыңыз болсын. Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге жаңа шеклер, бахыт ҳәм әўмет тилеп қаламыз. Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
02:20
Video unavailableShow in Telegram
Тақыятас районы «Орайлық» МПЖда жасаўшы пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар өз шешимин таўып атыр Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен «Қарақалпақстан  Республикасындағы авариялық жағдайда болған ҳәм ескирген көп квартиралы турақ жайларды реновация қылыў арқалы  халықтыӊ жасаў шараятларын жәнеде жақсылаў ис-илажлары  ҳаққында»ғы Министрлер  Кабинетиниӊ 557-санлы қарары қабыл етилген еди. Қарар тийкарында Тақыятас районы «Орайлық» МПЖ аймағындағы авариялық жағдайдағы турақ жайларда жасап атырған 14 хожалықты үй-жай менен тәмийинлеў мақсетинде олардың ҳәр бирине Нөкис қаласынан өз алдына үй берилди. — Тахиатош тумани «Марказий» МФЙда яшовчи фуқароларни қийнаб келаётган муаммолар ўз ечимини топмоқда Ҳурматли Президентимизнинг топшириғи билан «Қорақалпоғистон Республикасидаги авария ҳолатидаги ва эскирган кўп квартирали уйларни реновация қилиш орқали аҳолининг яшаш шароитини янада яхшилаш чора-тадбирлари тўғрисида»ги Вазирлар Маҳкамасининг 557-сон қарори қабул қилинган эди. Қарор асосида Тахиатош тумани «Марказий» МФЙ ҳудудидаги авария ҳолатидаги уйларда яшаб келаётган 14 оилани уй-жой билан таъминлаш мақсадида уларнинг ҳар бирга Нукус шаҳридан алоҳида уй берилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
72.33 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстанда быйыл ғәлледен ҳәр жылғыдан да мол зүрәәт алынып, мийнет жеңисине ерисилди Бәршемизге мәлим, ғәлле халық ырысқысы, елимиз дастурханының молшылығын тәмийинлеўши тийкарғы өним есапланады. Ал, усы ғәлледен мол қырман жаратыўда мийнеткеш дийқанларымыз, фермерлер, суўшы-ирригаторлар, агроном-механизаторлар, кластерлер ҳәм басқа да аўыл хожалығы мийнеткешлери тәбияттың түрли ынжықлықлары ҳәм сынаўларына төтепки берип, пидайы мийнетлери арқасында гөзленген мақсетке ериседи. Быйылғы жылы аўыл хожалығы майданларында аянбай мийнет етиў ҳәм орым-жыйын илажларын системалы түрде алып барыў мақсетинде 208 орым отрядлары дүзилип, бул отрядларға 208 дана жоқары өнимли дән орыў комбайнлары, 1932 дана дән тасыў транспортлары ҳәмде 621 тараў жуўапкерлери бириктирилди. Әлбетте, жумыстың шөлкемлескенлик пенен алып барылыўы ғәлледен мол қырман жаратыўға айрықша күш-жигер бағышлады. Быйыл Қарақалпақстан ушын айрықша ғәлле жылы болды десек алжаспаған боламыз. Себеби, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын 66-санлы қарар ҳәм техника алыўдағы бир қатар жеңилликлерди бериўши арнаўлы қарардың қабыл етилгенлиги республикамызға 1000 ға жақын жаңа техника ҳәм агрегатлардың кирип келиўине жол ашты ҳәм жылдың зүрәәтли болыўына оғада салмақлы үлес қосты. Соның менен бирге, бәҳәр айларында ҳаўа райының оғада қолайлы келиўи де дийқанлардың қырманына айрықша берекет киргизди. Пидайы мийнетлердиң нәтийжесинде быйылғы жыл зүрәәти ушын дийқан, фермер хәм агрокластерлер тәрепинен егилген 53 мың гектар егислик майданларының 35 мың 500 гектарынан артық майданларда орым-жыйын жумыслары алып барылды ҳәм усы майданлардан гектарына орташа 72,7 центнер есабынан 258 мың тоннадан артық дән жетистирилди. Министрлер Кәбинетиниң 2024-жыл 11-июндағы «2024-жыл зүрәәтинен бийдай сатып алыў ҳәм ишки базарда бахалар турақлылығын тәмийнлеў ҳаққында»ғы 325-санлы қарары менен быйылғы жылда аймақлық дән карханалары ҳәмде ғәллешилик кластерлери тәрепинен улыўма 106 мың 800 тонна дән, соннан, 38 мың 100 тонна мәмлетлик ресурс тийкарында, 58 мың 700 тонна биржа арқалы сатыў ушын ўақтынша сақлаўға ҳәмде 10 мың тонна туқымлық бийдай қабыллаў белгиленген еди. Зүрәәт ушын алып барылған жумыслар нәтийжесинде аймақлық дән карханалары ҳәмде ғәллешилик кластерлери тәрепинен жетистирилген дәннен жәми 108 мың 216 тонна, соннан 37 385 тонна мәмлекетлик ресурс тийкарында, 60 794 тонна ўақтынша сақлаўға ҳәмде 10 037 туқымлық дән қабылланды ҳәм белгиленген реже 101,3 пайызға орынланыўына ерисилди. Соны да мақтаныш пенен тилге алыўымыз керек, быйыл Қарақалпақстан Республикасында ғәлледен ҳәр жылғыдан да мол қырман жаратылып атыр. Буны бүгинги күнде қалған 17 мың гектардан артық майданларда орым-жыйын жумыслары даўам етип атырғанлығынан ҳәм бул майданлардан 60 мың тоннадан артық дән жетистириў режелестирилип, улыўма алғанда быйылғы жылда 300 мың тоннадан артық бийдай қырманын жаратыў мақсет етилгенлигинен көриўимизге болады. Әлбетте, бул гөзленген мақсетлерге ерисиўде мийнеткеш фермер ҳәм дийқанларымыздың орны айрықша есапланады. Быйылғы жылда 100 ге жақын фермер хожалықлары 3 мың гектарға жақын майданларынан орташа гектарына 90-100 центнерден ғәлле жетистириўи кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта. Быйылғы жыл зүрәәтиниң шығынсыз жыйнап алыныўында тийисли тараў ўәкиллери менен бирге, ишки ислер уйымлары, миллий гвардия ҳәм айрықша жағдайлар хызметкерлериниң де мийнетлери салмақлы болды. Ҳәзирги ўақытта ғәлледен босаған майданлар халқымыз дастурханын сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде қайта егиске таярланып, тәкирарий егинлер ушын шараят жаратылып атыр. Ғәлледен ҳәр жылғыдан да мол зүрәәт алыўдағы мийнет жеңиси ушын пидайы дийқанларымыз, барлық тараў хызметкерлерин қутлықлаймыз. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.