cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги

Taxtakópir rayonı hákimliginiń rásmiy telegram kanalı Veb-sayt: http://taxtakopir.uz Facebook: https://www.facebook.com/TaxtakopirPress Instagram: https://www.instagram.com/taxtakopirpress Youtube: www.youtube.com/@TaxtakopirPress

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
5 784
المشتركون
-1924 ساعات
+457 أيام
+6130 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Тахтакөпир районында жас келин-күйеў салтанатлы түрде некеден өткерилди Бүгин Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы миллийлигимизди өзинде жәмлеген пайызлы орынлардың биринде, районлық Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (ПҲАЖ) бөлими тарепинен «Даўытсай» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Батырхановлар шаңарағындағы жас келин-күйеў нызамлы некеден өткерилип, оларға салтанатлы түрде неке гуўалығы тапсырылды. Салтанатлы илажға район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, районлық ПҲАЖ бөлими баслығы А.Сағындыкова, келин-күйеўдиң шаңарақ ағзалары ҳәм жасы үлкен нураныйлар қатнасып, жас шаңарақты жаңа өмирге бирге қәдем таслап, бахытлы шаңарақты тиклеп атырғаны менен қутлықлап, жасы үлкенлер жақсы тилеклерин билдирип, ақ-пәтияларын берди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 22 2🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
Хабарландарыў! Тахтакөпир районын тәбийий газ бенен тәмийинлеўши Д-426 мм болған жер асты жоқары басымлы магистрал газ тармағында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы, Тахтакөпир районындағы барлық түрдеги тутыныўшыларға 2024-жыл 4- июль күни саат 14-00 ден 18-00 аралығында тәбийий газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз. Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң тәбийий газ қайта тикленеди. Газди ашып жағыў ўақтында тутыныўшылардан техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди соранамыз! Тахтакөпир районы газ тәмийинаты бөлими каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 5🔥 1
Сондай-ақ, усы күни район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында да мәҳәлле белсендилери ушын семинар өткерилип, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде пуқаралар арасында «кибергигиена»ны қәлиплестириў бойынша усыныслар берилди. Соны да айтып өтиў орынлы, өзиңизге тийисли болған пластик карта мағлыўматларын ҳеш кимге бермеўди, сондай-ақ, социаллық тармақлар арқалы онлайн буйым сатып алғаныңызда сақ болыўды ҳәм түрли алдаўшылардың дузағына түсип қалмаўды, егер де мине усындай жағдай жүз берсе дәрҳал Ишки ислер бөлими хызметкерлерине мүрәжат етиўиңизди сорап қаламыз. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 7🤩 1
Кибержынаят қурбанына айналып қалмаң! Соңғы ўақытлары мәлимлеме технологиялары раўажланған сайын оннан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўшылар да көбейип бармақта. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ОҚХ Киберқәўипсизлик бөлими аға қәнигеси, лейтенант Жалғасбай Қдырбаев, Тахтакөпир районындағы «Дәўқара» ҳәм «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынларында болып, пуқаралардың кибержынаятлардың қурбанына айналып қалыўының алдын алыў бойынша ушырасыў өткерди. Ушырасыў даўамында киберҳүжимлерден абайлаў, оған қарсы қай тәризде гүресиў бойынша пуқараларға түсиндириўлер алып барды ҳәм қызықтырған сораўлары бойынша тийисли жуўаплар берилди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 7
Photo unavailableShow in Telegram
Кеўил билдириў Усы жылдыӊ 3-июль күни Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, мәмлекетик ҳәм сиясий ғайраткер, белгили журналист Кеңесбай Реймов 66 жасында қайтыс болды. Кеңесбай Реймов 1958-жылы Кегейли районында туўылды. 1980-1984-жыллар аралығында «Қарақалпақстан жаслары» газетасының хабаршысы, бөлим баслығы, 1984-1986-жылларда Қарақалпақстан жаслар комитети инструкторы, лекторлар топарының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти. Буннан соңғы жылларда «Қарақалпақстан жаслары» газетасы редакторы лаўазымын табыслы атқарды. Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында, яғный, 1991-1994-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторының орынбасары лаўазымында жумыс алып барып, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында жүз берип атырған жаңалықларды халқымызға жеткериўде, мәмлекетлик реформалар, әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетти. Кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Секретариатының баспасөз хаткери, «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды. Кеңесбай Реймов 2002-2010-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы сыпатында елимиздиӊ жәмийетлик-сиясий турмысында, нызам дөретиўшилиги ҳәм олардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыслар алып барды. Буннан соңғы жылларда «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы ҳәм өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Журналистлер аўқамының Қарақалпақстан бөлими баслығы лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды. Кеңесбай Реймов қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди. Ол миллий журналистикамыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосып, бирнеше шәкиртлер таярлады. Кеңесбай Реймовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағы менен сыйлықланды. Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили журналист, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Кеңесбай Реймовтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады. А.Орынбаев, Ф.Эрманов, Р.Сапарбаев, Т.Романов, Ш.Өтемисов, Т.Абдижаббаров, А.Камалов, А.Данияров.
إظهار الكل...
🙏 6👍 4 1
#Жеке_қабыллаў Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлерин қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаў мақсетинде гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик мәселеси, турақ жай менен тәмийинлеў, ишимлик суў, ишки жол ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжатларын жоллады. Билдирилген мүрәжатлардың айырымлары сол орынның өзинде шешимин таўып, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге тапсырмалар берилди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 8🔥 1
01:51
Video unavailableShow in Telegram
15:00 02.07.2024 OG'UFURUSH JINOYAT USTIDA QO'LGA OLINDI #Qoraqalpog'iston muxbir: Tamara Jumaniyozova https://t.me/zamon_lavhalar
إظهار الكل...
Qoraqalpoq.mp48.19 MB
👍 2
02:13
Video unavailableShow in Telegram
Өткен ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў — Ўтган ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
IMG_5110.MP411.49 MB
👍 4 1
54:01
Video unavailableShow in Telegram
#Қарақалпақстан_телеканалы «Ашық микрофон» көрсетиўиниң нәўбеттеги санында Тахтакөпир районының социаллық-экономикалық жақтан рауажланыўында төрт сектор тәрепинен әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында сөз етилди. Тиккелей эфирге Тахтакөпир районы ҳәкими, сектор баслықлары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары қатнасты. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
АШЫК МИКРОФОН_25-06-24.mp4498.94 MB
👍 6🙏 1
Тахтакөпир районында жаңа балалар бақшасы ашылды Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жеке тәртиптеги исбилермен Бағилаш Бахбергенова тәрепинен «BABY GOLD» атлы 25 орынға мөлшерленген шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ашылды. Ашылыў салтанатына район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, «Ғәрезсизлик» МПЖ баслығы А.Аллиярова, тийисли тараў хызметкерлери ҳәм аймақтағы жасы үлкен нураныйлар қатнасып, шөлкемниң ашылыў салтанаты менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады. Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 22
أرشيف المشاركات
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.