cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги

Taxtakópir rayonı hákimliginiń rásmiy telegram kanalı Veb-sayt: http://taxtakopir.uz Facebook: https://www.facebook.com/TaxtakopirPress Instagram: https://instagram.com/taxtakopir_press Youtube: www.youtube.com/@TaxtakopirPress

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
5 695
المشتركون
-824 ساعات
-417 أيام
+730 أيام
أرشيف المشاركات
Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўи Қарақалпақстанда өткериледи 🖋Усы жылдың 30-май күни «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 200-санлы Президент қарары қабыл етилди. Қарарда ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўи Қарақалпақстан Республикасында өткерилиўи белгиленди. ❗️Қарар менен сондай-ақ: 🔷Қарақалпақстанда 2024-жыл август айында халықаралық бизнес-форумы шөлкемлестирилиўи, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилери менен биргеликте потенциаллы инвесторларды тартып, тийисли келисимлерди әмелге асырыў тәмийинленеди; 🔷Усы жылдың жуўмағына шекем Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилери менен биргеликте «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасы шеңберинде ири сырт ел ислеп шығарыўшы компаниялары брендлерин тартыў илажлары көриледи. ❗️Соның менен бир қатарда, ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша: 🔶Аймақларда исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша исши топарлар дүзиледи; 🔶Исбилерменлердиң мүрәжатлары ҳәм усыныслары күни-түн қабыл етилип, системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығылады, сондай-ақ, исбилерменлердиң өз алдына мәселелерин орнында тез шешиў шөлкемлестириледи; 🔶Ҳәр жылы 15-июльға шекем ашық-айдын пикирлесиў өткерилетуғын орын, мүддети ҳәм әмелге асырылыўы керек ис-илажлар бойынша усыныслар ислеп шығылады; «Исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў» электрон платформасы иске түсириледи. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
👍 3
02:01
Video unavailableShow in Telegram
Қыйтақ жер – дәрәмат дәреги Тахтакөпир районы «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Жазира Даниярова, шаңарақ ағзалары менен биргеликте үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, халқымыз дәстурханының молшылығына өз үлесин қосыў менен бирге шаңарағына қосымша дәрамат келтирмекте. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
Даниярова Жазира.mp449.71 MB
👍 5
#Семинар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-март күнги «Пуқаралар үйлеринде санаат усылында өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәмде қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларында жаңа резервлерди иске салыўға тийисли ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы «Өзбекстан» МПЖ аймағында жасаўшы Сейтмуратов Амангелди, Қалдаўов Ахмет, Усаков Бахадир ҳәм Нийетулла Файзуллаевлардың шаңарағында экспортбап ҳәм дәрамат келтириўши егинлерди егиў бойынша оқыў семинары өткерилди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 9
❗️Абитуриентлер дыққатына! 2024-2025- оқыў жылы ушын my.uzbmb.uz сайтында дизимнен өтиў процесинде төмендегилерге итибар қаратыў керек: ➖ абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест сынағын тапсырыў ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ғана таңлайды; ➖ егер кириў имтиханлары кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, усы имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орнын таңлайды. Бунда өзи кирмекши болған ЖОО да дөретиўшилик имтихан тапсырыў шәрт емес. Мәселен, кимдур Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникация университетине кирмекши болса, онда дөретиўшилик имтиханды қәлеген аймақта, айтайық, Бухара яки Әндижанда тапсырса да болады;тест тапсырыў аймағы бөлегинде Сўх ҳәм Денов районы да бар. Яғный, Сўх районындағылар Ферғана қаласына, Денов ҳәмде оның әтирапындағы районлар Термиз қаласына келиўи шәрт емес; ➖ алдынғы жылларда питкергенлер тестке кириў ушын 170 мың сум муғдарында төлем төлеўи керек. Төлемди 25-июньға шекем бөлеп төлеўге де болады, оннан кешиксе, тестке киргизилмейди;пикири өзгерип қалған абитуриент 25-июньға шекем арза тапсырса да болады. 25-июньннан кейин арзаны өзгертиўге рухсат берилмейди; Имтиханлар июль–август айларында өткериледи. ❗️ЖООларында қандай жөнелислер бар екенлиги ҳәм ҳәр бириниң өтиў баллары менен @mandat_javobbot арқалы танысыў мүмкин. — ❗️Абитуриентлар диққатига! 2024-2025 ўқув йили учун my.uzbmb.uz сайтида рўйхатдан ўтиш жараёнида қуйидагиларга эътибор қаратиш лозим: ➖ абитуриентлар 5 июндан 25 июнга қадар (25 июнь куни ҳам) тест синови топшириш учун рўйхатдан ўтади. Бунда абитуриентлар фақат тест синови топшириладиган фанлар мажмуаси, таълим тили ва тест топшириш ҳудудини танлайди холос; ➖ агар кириш имтиҳонлари таркибида касбий (ижодий) имтиҳон бўлса, ушбу имтиҳонни топширадиган давлат олий таълим муассасасини танлайди. Бунда айнан ўзи кирмоқчи бўлган ОТМда ижодий имтиҳон топшириш шарт эмас. Масалан, кимдир Ўзбекистон журналистика ва оммавий коммуникация университетига кирмоқчи бўлса, унда ижодий имтиҳонни исталган ҳудудда, айтайлик Бухоро ёки Андижонда топширса ҳам бўлади; тест топшириш ҳудуди қисмида Сўх ва Денов тумани ҳам бор. Яъни Сўх туманидагилар Фарғона шаҳрига, Денов ҳамда унинг атрофидаги туманлар Термиз шаҳрига келиши шарт эмас; ➖ аввалги йилларда битирганлар тестга кириш учун 170 минг сўм миқдорида тўлов қилиши лозим. Тўловни 25 июнгача бўлиб тўлаш ҳам мумкин, ундан кечикса, тестга киритилмайди;фикри ўзгариб қолган абитуриент 25 июнгача қайта ариза топширса ҳам бўлади. 25 июндан кейин аризани ўзгартиришга рухсат берилмайди; Имтиҳонлар июль–август ойларида ўтказилади. ❗️ОТМларда қандай йўналишлар борлиги ва ҳар бирининг ўтиш баллари билан @mandat_javobbot орқали танишиш мумкин. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
إظهار الكل...
👍 7
Photo unavailableShow in Telegram
Бир массивте еки объекттиң қаржылары талан-тараж болған
Суд мәжилисинде судланыўшылардың, пуқаралық даўагер ҳәм гүўалардың көрсетпелери, мәмлекетлик айыплаўшының ҳәм адвокаттың пикирлери, тәреплердиң жарыс ҳәм судланыўшылардың соңғы сөзлери тыңланып, оларға ҳуқықый баҳа берилди.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/199593.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
إظهار الكل...
👍 5
05:05
Video unavailableShow in Telegram
▪️ #аудиомақала
⁉️ Балықшылар арасында кең тарқалған «Михайлдың ўақты» ҳаққында не билесиз? Буны газетамыздың хабаршысы Жумагүл Ембергенованың мақаласы арқалы билип аласыз. Егер сиз жумыс процесинде болсаңыз ямаса мақаланы оқыў имканияты болмаса, оны аудио форматта тыңлаўыңыз мүмкин. ▪️ Бизди бақлап барыўда даўам етиң. 📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi
إظهار الكل...
34.14 MB
👍 4
Photo unavailableShow in Telegram
Хабарландырыў! Усы жылдың 7-июнь күни саат 10:00 ден 18:00 ге шекемги аралықта «Өзбекстан» фидериниң 10 кВ ҳаўа тармағында киши оӊлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы Тахтакөпир районы «Қараой» АПЖ ҳәм «Өзбекстан» МПЖ аймағын электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады. Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 5
#Көшпели_қабыллаў Бүгин Тахтакөпир районы аймағындағы 17-санлы Балалар ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ҳәм де исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын шешиў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилди. Қабыллаўға райондағы бир қатар исбилерменлер менен пуқаралар қатнасып, күнделикли турмысында ҳәм исбилерменлик жумысларында ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди. Көшпели қабыллаў даўамында коммуналлық хызметлер, саўда ҳәм турмыслық хызметлерден пайдаланған ўақтында ҳуқықлары бузылған пуқаралардан көплеп мүрәжатлар билдирилип, бир қатар мүрәжатлар унамлы шешилди ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлары қадағалаўға алынды. Буннан соң, тараў басшылары тәрепинен пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў бойынша оларға ҳуқықый түсиниклер берилди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 11
Тахтакөпир районында «Халықты жер силкиниўде ҳәрекет етиўге таярлаў ҳәптелиги» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте Бүгин Тахтакөпир районындағы 3-санлы мектепте «Халықты жер силкиниўде ҳәрекет етиўге таярлаў ҳәптелиги» шеңберинде районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими хизметкерлериниң қатнасыўында оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинар даўамында районлық Айрықша жағдайлар бөлими баслығы А.Икрамов тәрепинен жер силкиниў жүз берместен алдын, жер силкиниў жүз бергенде ҳәм де жер силкиниўден соң әмелге асырылатуғын ҳәрекетлер түсиндирилип өтилди ҳәм де семинар қатнасыўшыларына жер силкиниў жағдайлары сәўлелендирилген видеороликлер қойып берилди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 13
Қарақалпақстанлы исбилермен “Ѳзбекстан – Германия” бизнес форумында қатнасып атыр Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстанлы исбилерменлердиӊ Қытай, Белоруссия, Туркия, Россия, Германия, Түркменстан, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлерде шѳлкемлестирилген халық-аралық бизнес – форумларға, кѳргизбелерге, ярмаркаларға ҳәм исбилерменлик шеӊбериндеги бизнес илажларға қатнасыўына жақыннан жәрдем берилип атырғанлығы ҳаққында айтып ѳткен едик. Усындай халық-аралық илажларға исбилерменлердиӊ турақлы рәўиште қатнасыўы – елимизде ислеп шығарыў кѳлеминиӊ артыўына, шет елли исбилерменлер менен шериклик байланысларыныӊ беккемлениўине түртки болып атыр. Әйне күнлерде Ташкент қаласында “Ѳзбекстан – Германия” бизнес форумы болып ѳтпекте. Илажда Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ усынысы тийкарында Тахтакѳпир районында жумыс алып барыўшы "GOOD SALT PRODUCTION" ЖШЖ ти директоры Асқархон Иномхўжаевтыӊ қатнасыўы тәмийинленди. Илажда А.Иномхўжаев Германиялы исбилерменлер ҳәм инвесторлар менен сѳйлесиўлер алып бармақта.
- Соӊғы жылларда Қарақалпақстанлы исбилерменлердиӊ де Германия мәмлекети менен шериклик байланыслары беккемленип атыр. Тахтакѳпир районында жумыс алып барыўшы кәрханамызда ислеп шығарылған ас дузын Германияға экспорт етип келмектемиз. Алдағы ўақытларда кәрханамыздың ислеп шығарыў қуўатлылығын арттырып, экспорт потенциалын еле де кеӊейтиўди режелестирип атырмыз –дейди исбилермен Асқархон Иномхўжаев.
🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Youtube
إظهار الكل...
👍 10 1🔥 1
«Атакөл» АПЖ аймағына алып барыўшы автомобил жолында оңлаў жумыслары алып барылмақта Тахтакөпир районында усы жылдың биринши ярымында «Ашық бюджет» порталы арқалы даўыс бериў жолы менен жеңимпаз деп табылған усыныслар бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Усы тийкарда, «Taxiatosh Yo'llardan Muntazam Foydalanish» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына алып барыўшы 4N19е Мақпалкөл ДФХ автомобил жолының 1,4 км аралығында асфальт жайыў ушын таярлаў жумыслары алып барылмақта. Қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын басламалы бюджет қоры қаржылары есабынан 1 млрд. 360 млн.сўм муғдарында қаржы ажыратылған. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
إظهار الكل...
👍 19
08:30
Video unavailableShow in Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Макка шаҳрида бўлиб турган Мусулмонлар идораси раиси, муфтий шайх Нуриддин Холиқназар билан телефон орқали мулоқот қилди Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
إظهار الكل...
IMG_3714.MP444.76 MB
👍 3