ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 817 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 312 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 445 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 817 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 03 يوليو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -284، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 26.56‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 19.99‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 002 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 765 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 43.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 04 يوليو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 817
المشتركون
-1424 ساعات
-827 أيام
-28430 أيام
أرشيف المشاركات
#салт_дәстүр БАЗАРЛЫҚ БЕРИЎ        Халық салт-дәстүрлериниң қуўантқанға "сүйинши" бериў, кийимге "пайғазы бериў", нәрестеге, жаңа түскен келинге "көримлик бериў" дәстүрлериниң қатарында балаға, жақынларына  <<БАЗАРЛЫҚ БЕРИЎ>> дәстүри де орын алған.       БАЗАРЛЫҚ~дәстүр. Жақсы көриўдиң, сыйласықтың көриниси ҳәм естелик ретинде берилетуғын сыйлықтың түри.        <<Базарлық>> сөзи атынан көринип турғанындай базардан алып келинген зат, буйым. Базарлыққа қәлеген буйым ямаса жеўге болатуғын шийринликлер, тамақлық затлар, мийўе-жемислерди  сыйлаўға болады. Сыйласықтың бул түри адамлардың, әсиресе, кишкене балалардың кеўлин  көтериў, қуўантыў ушын бериледи. Бул дәстүр халықтың пайда болыўы менен бирге киятырған салт түри. Ерте заманларда саўда орынлары көп болмаған, тек үлкен қалаларда ғана болып, ол жердеги базарларда басқа еллерден алып келинген затлар менен саўда-сатлық ислери алып барылған. Аўыллардан қалаларға барып саўда ислеў   ҳәр ўақытта, белгили бир мәўсимлерде болып турғанлықтан, базаршыны пүткил аўыл жолына қарап күтип, алып келетуғын затларын  ҳәўеслик пенен күткен.  Базаршы қолдан келгенинше балаларды, жақынларын, танысларын қуўандырыў ушын базарлық әкелип сыйлаған.  Мине, усылайынша базарлық әкелиў, базарлық бериў дәстүрге айланып, бул дәстүр ҳәзирги ўақытта да жаңаланған түринде күнделикли турмысымызда қолланылады.         Базарлықты тек базарға барған адам емес, алыс жерге жолаўшылап кеткен, басқа елге, қалаға барып келген адамлар да әкелип, жақынларына, дос-яранларына сыйлық етип беретуғын болған. Жол сапарынан келгенде базарлық әкелиў ~адамлар арасындағы бир-бирине деген меҳирбанлық, жақсы мүнәсибетлердиң көриниси, сол себепли сыйлыққа берилген заттың, мийўе -жемислердиң үлкен-кишилигине, арзан-қымбатына ямаса азы-көплигине қарамайды, ең баслысы, ядқа алып, кеўил билдиргенине ырзашылық пайда етеди. Базарлық әкелиў ўақыт өте келе түрлери көбейип, жаңаланыў басқышларынан өтти. Ҳәзирги ўақытта базарлаў адамлар ушын жаңалық, әўесек емес. Солайда, базардан базарлық әкелиў өзиниң әҳмийетин жойытқан жоқ. Ҳәзирги ўақытта алыс қалаларға, шет еллерге сапарлаў, туристлик саяхатқа барыў, сол елдиң сувенирлеринен, символикалық буйымларынан базарлық ретинде әкелип, жақынларына сыйлаў, естеликке бериў--базарлықтың заманагөй түрлерине киреди.          Ата--ананың ҳалынан хабар алыў, оларды зыяратлаў ең баслы ўазыйпамыз. Ата-анамызға бос бармай базардан олардың тисине жумсақ тағамлар: тақан, ийжан, печенье ҳәм т.б.  алыў, ямаса орамал, кийимлерди базарлыққа алып барыў да базарлықтың ең жақсы үлгилериниң бири. .....Базарға киремен базарлық сайлап, Анама қай бири унар деп ойлап, Пулым жеткенинше саўаман жайлап, Өмирим анамнан мәңги қарыздар. "Муздай..."деп унатпас қымбат таўарды, Әпиўайы түрин излеп табайын, Нан, набат, сөк, тақан, және не қалды?! Күйдирилген сары майдан алайын!       (Алтынгүл Өтениязова. "Анамды көрмеге баражақ күним").       Базарлық бериў ҳаққында турмыста ҳәр түрли үлгилеринен мысаллар келтирип көрсете бериўге болады. Мәселен, келинди төркинлетип келгенде, қудалардың үйине себеби менен қыдырып барып келгенде:--- "аман саў барып келдиңиз бе, барған жерлериңиз саў ма?"--деп келген қоңсыларға да "қудалардан базарлық, аўыз тийе қойың",--деп бир уўыс берилген конфет, печеньелер де базарлық болып есапланады.         Базарлық бериў~қолда барыңды үлестирип, төкпе-шашпалық етип  шектен шыққан сақыйлық емес, ал керисинше, адамлардың бир-бирине деген ысық кеўилин билдиретуғын, сыйласық ҳәм ақ кеўиллиликтиң белгиси, тәрбиялық мазмуны күшли дәстүр. Адамлар арасындағы қарым-қатнасықтың беккемлениўине, сыйласықтың  күшейиўине, айырым жағдайларда ағайиншилик, дослық қатнасықларына сызат түскенде бириктириўине себепши боларлық дәстүр. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Ийне ушындай жақсылық. Бир ғəриптиң қəбирине жарық дүньядан уш тарнау түсип келипти. Ғəрип ҳайран болып, АЛЛАҒА  жүгинип: - Эй, Жаратқан Ийем, бул қандай мөжиза? Тарнаулардан мен нени кутейин? - Сауап ... - Қандай сауап? - Биринен еккен терегиң ҳəм жаратқан бағларыңнан сауап аққай. - Оҳ, қəнекей, өмирим бинə болып бир нəл көгерткен болсам. Сондай екен, бул тарнаудан үмит жоқ. - Екиншисинен зурриятларыңнан сауап келгей. - Эххх, бул мəрҳаматыңыздан да бийнесиппен. Жарық дүньядан бийперзент өттим. Артымнан дуўа жиберетуғын ҳеш кимим жоқ. - Үшиншисинен салған көпирлериңниң, қазған салмаларыңның, қурған медреселериң хəм мектеплериңнен, дигирманларыңнан сауап келгей. - Уаҳ, қаншелли маңлайым сор екен. Ең болмағанда бир ғана салма қазбаппан, оҳ əттең. Ғəрип сондай деп пушайман шегип турған екен, үшинши тарнаудан шақылдап шербет төгиле баслапты. Ғəрип тағы Аллаға жүгинип: - Эй, ҳəмме затты билип-көрип турыушы Зат, бул қандай марҳамат болды? Мен қулыңды буншама сыйладың? - Тири  ўақтыңда көпир қурып атырғанларға еки дана ыссы нан менен бир дүмше шай берген едиң . Сол исиң көпир қурғанлар қатарында көрилген еди. Енди сол көпир бузылып қалмағанша саған сауап келип турғай . «Бир мысқалша жақсылық умытылмағай» дегени сол болса керек... https://t.me/ibratli_sozler

Қарақалпақ нақыл-мақаллары Жас ўақытта көргениң болмаса, Үлкейгенде кисилигиң болмайды. Шырада майың болмаса, Пилик оған не дәркар. Сабақлы ис сәти менен. Кеўилсизден көзсиз бала туўады. Ийтти сүйек пенен урсаң қаңсыламас. Жатқанның үстине турған келмесин. Ар-сары қонақ аштан өлер. Қоңсың жаман болса, Көшип қутыларсаң. Малың жаман болса, Сатып қутыларсаң. Ҳаялың жаман болса, Қәйтип қутыларсаң!? Дәўир кең болған менен, Ўақыт тар. Ҳәркимниң мөлшерли, Машқаласы бар. Жаманға жағынғаша, Жатта жаман қаршынды ақтар. Асыққан менен ис питпес, Асықпай азанғы астан ишип кет. Кисиниң кийими киршил, Кисиниң аты тершил. Ас жақсысы қартады, Ол да негизине тартады. Қоңсың мынаў болса, Бармай ақ қояйық, Асқаның май гүртик болса, Келмей-ақ қояйық. Жаман адамға мал питсе, Қасына қоңсы қондырмас.  https://t.me/ibratli_sozler

СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН Бирадар, берилмиш саўалым Сизге, Кеўлиңде от бар ма урғандай жүзге, Ҳаўаз қос, аяқ қос, қолың соз бизге, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Ел-халық туйғысыдур ең ағла сезим, Инсан жарасығы сабыр ҳәм төзим, Жасап Ана-Ўатан қасында өзиң, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Батырлардың даңқы, ханлардың тахты, Тек те, журты менен олардың бахты, Саўаптың да бардур өлшенер ўақты, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Адамды сөз, желден бузылар таў-тас, Кетилер қайтыўды билмеген алмас, Гүл өз мәўсиминде, соң көрки қалмас, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Өмирлер ырысқалы әўел-ҳа жерден, Мәртлик те муқаддес жайға көгерген, Адам болып жасап Қудайы берген, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Жақсы адамларға қул киби жаллан, Ҳақлық жығар қанша болсаң да палўан, Жемис ағашындай мол мийўа салған, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Өмир инсан ушын аз неге мәўлет, Ҳәрким хош айтысар жеткенде нәўбет. Биреўден сөз қалар, биреўден дәўлет, Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Жүректе атқызып халықшыллық таңды, Туўған топыраққа кепсерлеп жанды, Келешекке пүтин бериң Ўатанды– Сизден мийрас болып жақсылық қалсын. Х.Дәўлетназаров “Ашық болып жасаң” китабынан (225-б) Нөкис. “Билим” 2011. Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

#ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ: СЫБАҒА ҲӘМ СЫБАЛҒЫ, СЫРАЛҒЫ. СЫБАҒА~дәстүр. Қарақалпақ халқының турмысында басқа салт-дәстүрлери қатарында ерте дәўирлерден бери қәлиплескен дәстүрлердиң бири. Сыбағаның келип шығыўы төмендегише:       1.  Сыбаға--Қурбан ҳайтына, ямаса қысқы азық ғамлаў мақсетинде соғым сойылғанда ҳүрметли қонаққа, жақын ағайин-туўысқанға арнап қәдели мүшелерден берилетуғын пайы. Бундай ўақытларда аўыл адамлары, қоңсы-қобалар да бир-бирине сойылған малдан пай берип, сыбаға берген. Ағайин-туўысқанларға жақынларынан сыбаға келген ўақытта қоңсы-қобаларын, жақын жердеги ағайинлерин сыбаға жеўге шақырған. Сыбағаның ыдысын бос қайтармай, ылайықлы сыйлығын салып қайтарады.        Сыбаға берип жиберерде сол адамның орны, қәдир қымбатына қарай тийисли мүшелерди орнына қарай таңлап берип жибереди.          Мысалы, аўыл ақсақалы, ямаса сол әўладтың жасы үлкен адамларына, қудаларға, елдеги жолы уллы  адамларға сыбаға бергенде миннетли түрде бас, жамбас ҳәм омыртқа сыяқлы мүшелер берип жибериледи.      2.   Қурбан ҳайтында мал сойылғанда, ямаса белгили бир себеплерге байланыслы мал сойылғанда келе алмай қалған жасы үлкен адамлардың сыбағасы берип жибериў мүмкиншилиги болмай қалғанда ҳәм ҳүрметли қонаққа, өзлериниң жақын-жуўығына арнап сақлаған мал гөшиниң қәдели мүшелери де СЫБАҒА деп аталады.  Егер  ол қонақ соңынан келсе: ~Ҳайтлықтан сыбағаңды жеп кет,--деп сыйлы мүшелерден  асып, пайын жегизип жибериўге ҳәрекет еткен. Бунда келген қонақтың орны, жолына қарай сақлап қойылған қәдели мүшелер асып бериледи. Келген қонақ өз орнына қарай қәдели мүшелерден тийисли сыбағасы берилмесе ол үйди сынап, өкпесин айтып кетиўге ҳақысы бар.        Сыбағаны көбинесе жасы кишилер жасы үлкенлерге берип отырған.        Сыбағаның ҳаслы мәниси тәрбиялық  сыпатқа ийе болып, жасы үлкен менен жасы кишилер арасындағы, аўыллас қоңсы--қобалар арасындағы, ағайин, туўысқанлар арасындағы бир-биреўге деген иззет, ҳүрмет, мийирманлық, адамгершиликли сыйласық, ғамхорлыққа тийкарланған.   3. Қудайы қонақ та жол-жөнекей өзи қонатуғын үйде сыбағам бар деп келеди. Оны бийтаныс екен деп барған үйи салғырт қарамастан, барын қазанға салып, "Қырықтың бири Қыдыр" деп, мүмкиншилиги болғанынша гөштиң қәдели мүшелерин асып күткен. СЫБАҒА~атлық. Үлес, пай. "Адам адамнан кем болмайды, тек сыбағасы артық болады" ("Мәспатша" дәстанынан) "Тапсыраўға тапсырдым, сыбағам да мол болды" (Т. Қайыпбергенов)           Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық, 6-том. Нөкис, "Қарақалпақстан",2023,379-бет.       4.  Ҳәзирги ўақытлары да "сыбаға" сөзи өз мәнисин жойытқан жоқ. Бул сөз тек мал сойылғанда жақынларға, кеўил жетерлерге үлесин берип жибериўде қолланылып қалмастан, басқа да жағдайларға байланыслы,  мәселен, "тойдан пайын берип жибериў", "пайын қойыў", "тийисли сыбағасын үлестириў", "үлесин қалдырыў",--сыяқлы сөзлердиң тийкарғы мәнилери де усы "сыбаға" мәнисин береди. Мыс: Тойдан сыбағасын жеди. [К.Аралбаев].               Қудалыққа шақырылғанда, кетерде "қудағай пай"--деп сойылған малдың алдыңғы бир қолын [алдыңғы еки аяқтың биреўин саны менен қоса тутасқан жерине дейин кесип алынады] дәстүрханға арнайы орап салып жибереди. Бул аты "қудағай пай" болғғаны менен, келгеннен соң қоңсылас, аўыллас ҳаялларды шақырып, сол бир қолды асып жегизеди. Сонлықтан, бул "қудалықтан келген сыбаға" ретинде қоңсылардың пайы болып есапланады. 5. СЫБАҒА~ бул сөз тилимизде аўыспалы мәнилерде де көбирек  қолланылады. Мәселен, "дәкки бериў, сазайын  бериў сыяқлы мәнилерде қолланылып:---"тийисли жазасын алды", "меннен еситетуғынын еситип, тийисли сыбағасын алды",--деген аўыспалы мәнилерди аңлатады. Шахзода Алламуратова каналынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler

"Қазағым" Гулдасте Курбанбаева https://t.me/jurektegisirlarim

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! АЛЛАХ бəршемизди қəдирлейтуғын хəм жақсылық тилейтуғын жақсы инсанларға жолдас
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! АЛЛАХ бəршемизди қəдирлейтуғын хəм жақсылық тилейтуғын жақсы инсанларға жолдас етсин ! Мийнетимизди жемисли, ырысқымызды кең қылсын ! Хəрбир исимизди берекетли етсин ! Аппақ таңның пайызы шаңарағыңызға нур болып келсин ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ӘДЕПНАМА Әй перзент! Әўеле душпан арттырмаўға ҳәрекет ет. Нәбада бир адам душпаның екенин билсең, мейли ашық, мейли жасырын түрде оның әндицшесинен, ҳәрекетинен бәрҳа хабардар болып тур, ғапыл қалма. Оған өзиңди әззи ҳәм қорқақ етип көрсетпе.   Әй перзент, ашыўың келип турған ўақытта өзиңди бас. Әстерек ҳәм мүләймлилик пенен сөйле. Биреўдиң жүзине ашық айта алмаған сөзиңди ол жоқ ўақта айтып, сыриынан ғыйбат етип жүрме. Ҳәргиз еки жүзли, турақсыз болма. Еки жүзли аламнан жырақ бол. Жалахор адамнан абайоы бол, себеби жалахордың бир саатта бузған исин, бир жылда дп дүзетип болмайды. Ҳер қандай уллы ҳәм ҳүрметли болсаңда, өзиңнен пәсирек адам менен урыспа. Фисогурс  (Пифагор) ҳәким айтыпты:    Бәлелерден қутылыўды қелесең, он исти есиңде тут:        Өзиңнен зор адам менен урыспа, Қопал адам менен айтысып, жулыспа, Күншил адам менен мәжилисте болмп Надам алам менен жақ жарыстырма, Сыналмаған адам менен дос болма, Өтирикши адамға жантаспа ҳасла Бахыл алам менен сәўбетлес болма, Ҳаяллар менен бир жерде көп отырма, Шарап ишпе, қызба қызғаншақ пенен. Абыройыңнан журдай болғың келмесе, сырыңды биреўге айтпаз Әй перзент, биреў сениң айыбыңды, кемшилигиңди айтса қабыл етип, кемшилигиңди дүзетиўге ҳәрекет қыл. Саған итияжын айтып келген адамды ҳеш бир кемситпе, бәлким жәрдем етип, оны зәрүрияттан қутқар. Өзиңнен кишилерге жақсы қаинас жаса, оларға меҳрийбан бол. Себеби, кишилер сениң егинзарлығыңдур. Барлық исиң олардың жәрдеми менен питеди. Егер егинзарлығың ўайран болса, тиришилигиң қыйыншылық пенен өтеди.Дос ҳәм душпаныңа мириўбетли бол. Ҳәммениң алғысына миясар болыўды қәлесең мийримлилик жолын тут. Көкиреги ҳақ адам жарқын қуяшқа, үндемес адам болса, қара бултқа қусайлы. Бири жүрегиңди рәўшан етсе, бири зимистан етеди.   Тил, мисли сондай  нәзик бир,  музыкалы әспабтай, ақыллы адамлар  оннан жағымлы ҳәм сыйқырлы ҳаўаз шығарып адам қәлбин өзлерине тартады,ал наданлар болса унамсыз ҳаўаз шығарып адам нервинде ойнайлы.    "Өмир ҳәм турмыс әлеми" нен https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

#Жүрегиңиз_неше_мәрте_соғады Жүрек соғыўы (пульс) нормада қанша болыўы кереклигин билесизбе? • Жаңа туўылған нәрестеде 110-170 мәрте • 1 жасқа шекем болған балалар ушын  102-162 мәрте • 1-2 жас — 94-155 мәрте • 4-6 жас —86-126 мәрте • 6-8 жас —78-118 мәрте • 8-10 жас — 68-108 мәрте • 10-12 жас — 60-100 мәрте • 12-15 жас — 55-95 мәрте • 50 жасқа шекем—60-80 мәрте • 50-60 жас — 65-85 мәрте • 60-80 жас — 70-90 мәрте Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👉https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Қудамдалы   халықпыз Қарақалпақ- туўған елим. Шилле сууға жууған жерим. Усы журттың перзентимен, Түркий зибан ана тилим. Он төрт урыў... дәрья бойы, Ат шаптырып өтер тойы. Палуанлары гүрес тутса, Шадлықхана қыры, ойы. Тил билгенлер ел биледи. Ел билгенлер мол биледи, Ушырма гәп шеберлери, Дәлкек атын желдиреди. Журттың бәри ғарға тамыр, Бирин-бири жазбай  таныр. Ауылы аралас болса Қойы қораласдур ақыр. Той бар жерде мырза болар, Болар қайын, мырзағалар. Айта алмай турған атын, Келинлерден ырза олар. Лаққылары әсте-әсте, Кириседи дәсме-дәске. Мурынында батпан самал, Қайтайын демес сәл пәске. Қууақылық қайдан десең, Тухымында болған шешен. "Уа-ха-ха"ға тутар болса, Қолдан тұсип кетер кесең. Қызлары көп бүлбил зибан, Таң қалыушы болмаң буған Қосық айтса "Маржан көл"диң, Ақ қууындай сыңсылаған. Қызлардан ең ержүреги, Отауға шай келтиреди... Жутынысқан Жигитлерди, Назы менен өлтиреди. Елдиң қызы, улы олар, Мерекениң гүли олар. Қайсы журттан дуз татса да, Халқымыздың тили олар! ✍ Гүлистан Реймова https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Гулдасте Курбанбаева "Туўған жер". Таңғы музыкалы сәлем. Бәршеге хош кейпият тилеймиз. Таңғы шайыңыз дәмли болсын 💐💐💐 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

#ғәзийне 📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар. Бағды қуртсаң балаңа қәўип, Елди жаманласаң өзине қәўип. Қарақалпақ байдың баласы едик, Теңликке көнсек те, кемликке көнбеймиз. Қус қанаты менен, Адам елаты менен. Кемликке – камал, Менменге – заўал. Жүйрикке – томар. Кимде ким халыққа қысым қылса, Барып-барып өзи-ақ қудайдан табар. Жери байдың ели бай. Ҳәр қасқалдақ өзиниң батпағын мақтайды . Телпек кийгенниң ары бир, Кемеге мингенниң жаны бир Аспанға ушсаң, қанатың менен, Жерге түсерсең қуйрығың менен. Қамқа тонның қәдирин, Жамылып жатқан қарт билер. Ел-халықтың қәдирин, Жекке жүрген мәрт билер. Бақа – көлинде, Ҳәрким туўған елинде. Аўылласың ким болса, Аталасың сол болады. Ел ағасыз болмайды, Суў сағасыз болмайды. Жаў түби – ел, Жаз түби – кешиў. Халық айтса қалып айтпайды. Аз ғана елге аға болма, Аз ғана асқа бөлиўши болма. Бүлинген елден бүлдирги алма. Кең кийим тозбайды, Кеңесли ел азбайды. Халық сөзи – теңиз толқыны . 📖 https://t.me/ibratli_sozler