ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 826 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 312 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 445 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 826 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 03 يوليو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -284، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 26.56‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 19.99‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 002 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 765 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 43.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 04 يوليو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 826
المشتركون
-1424 ساعات
-827 أيام
-28430 أيام
أرشيف المشاركات
Тула вокзалында бир ханым Лев Толстойды әпиўайы хызметши деп ойлап, оннан вагонға енди ғана шығып кеткен бир адамды шақырып к
Тула вокзалында бир ханым Лев Толстойды әпиўайы хызметши деп ойлап, оннан вагонға енди ғана шығып кеткен бир адамды шақырып келиўин буйырды. — Жан иним, жуўыр, оны қайтарып кел. Хызметиң ушын ақша беремен, — депти ол. Толстой өтиништи орынлайды ҳәм бес тыйынлық тыйын (пятачок) пенен сыйлықланады. Бирақ әтираптан: «Қараңлар, Толстой! Бул Толстой ғой!» деген даўыслар естилгенде, ханым таңырқап қалады. Ол өз қәтесин түсинип, жазыўшыдан қысынып кеширим сорай баслайды. Лев Николаевич болса, оны қысынбаўға  шақырып, былай депти: — Сиз ҳеш уўайымламаң, бул бес тыйынды мен бәрибир қайтарып бермеймен — мен оны мийнет етип таптым. «Царицынский вестник», 1910-жыл. https://t.me/ibratli_sozler 👉  https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Даўытбай Қайпов. @ibratli_sozler

         Енеси болса наўқас. Айдана еле жас, деп ойлады.        Бала дайы атасының үйинде өсе берди. Бақшаға барды. Жети жасқа толғаннан кейин мектепке барды. Айдана да жумысқа орналасты.          Өмир бир орында тура бере ме?!  Айдананың анасы азырақ  наўқасланып жүрип, көп узамай қайтыс болды. Енди үйдиң пүткил тирлиги Айданаға қалды.  Улына ғамхорлық етиўи керек. Әкеси де қартайды. Өзи жумысқа барып келеди. Үйиндеги ҳәмме жумыс бир өзине қарап тур. Баяғы минез минез бе?!  Айдана оннан бетер ашыўшақ болып кетти.  Бар ашыўын әкесинен алады. Оның ашшы сөзлерине шыдай алмай, Таўмурат аға тез - тез аўырып қалатуғын болды. Күнде үйиниң алдында "Тез жәрдем" машинасы турғаны. Әке жүреги өз перзентинен еситкен аўыр сөзлерди көтере алмады.          "Тез жәрдем"  Таўмурат ағаны емлеўханаға алып кетти. Ол емлеўханада жатып, неге Айдана бундай тили ашшы болып өскенин ой елегинен өткере баслады.       "Эҳ, ахмақ басым-ай! Ҳәмме қателик өзимнен екен ғой.  Неге Айдананы  соншама ерке өсирдим.  Оған да басқа балаларым сыяқлы,  меҳирди де, тәрбияны да  бирдей берип өсиргенимде, ҳәзиргидей ийт болып, өзимди таламас еди  ғой. Турмысқа шыққан жериңде тастай батып, суўдай сиңип жасай бер. Шыққан қыз шийден тысқары деп қайтарып жибермегеним үлкен қателик болған екен.. Қыз бала жат журтлық екенин билсем де неге оны анасының үйге шақырыўына жол қойдым екен?!.  Оған берген артықша меҳрим - оны зәҳәрге айландырып қойған екен ғой", деп, қатты күйинди.       Емлеўханада узақ жатып, Таўмурат аға қайтыс болды.       "Үйренген әдет қала ма?..."   Айдана енди ашыўын алатын басқа ҳеш ким болмаған соң,  өзиниң баласынан алатын болды. Жоқ жерден айып таўып, қолына түскен нәрсени ылақтырып, үйин қырып болады.  Есейип қалған ер бала оған қашанғы шыдасын!. Ол тоғызыншы класты питкерди де , қазақстандағы дайыларына кетип қалды. Сол жақта оқып, үйленип, биротала үйли-жайлы болып кетти. Анасынан хабар алғысы да келмейди.          Үйинде жалғыз қалған Айдананың соңғы күнлери қан басымы көтерилетуғын болып жүр. Бир күнлери үш-төрт күнге шекем  ол үйинен шықпай қалды. Не болды екен аманлық па екен деп,  қаўетерленген қоңсылары үйине кирсе, Айдана полда жатыр. Қан басымы көтерилип, мурнынан қан кеткен. "Тез жәрдем" шақырыўға да шамасы келмеген.  Сол жатқаннан аяқ-қолы ислемей, орнынан тура алмай, еле жатырған екен. Қоңсылары "Тез жәрдем" шақырды. Оның жағдайын көрген шыпакерлер емлеўханаға алып кетпеди. Себеби, пайдасы жоқ. Аўырыўын өтлестирип алған. Дәри жазып бергени менен үйинде  оған қарасатуғын  адам жоқ.       Көз-көрген қоңсылары Айдананың туўысқанларына қоңыраў етти.  Қарындасының хабарын еситкен әжағалары жумысларынан рухсат алып, бир-еки күнге ғана келип кетти. Содан кейин,  әке-шешесиниң көзин көрген қоңсыларына тапсырып, өзлери үйлерине қайтып кетти.        Мине, содан бери бир жыл өтти. Айдана үйинде жалғыз өзи төсекке байланып жатыр. Таң атқаннан қас қарайғанша тас төбеге қарап жатады да қояды. Ўақытты да, сәнени де, қайсы ай, қайсы мезгил екенин де шатастырып алды.  Бир үйдиң ишинде жалғыз өзинен басқа тири жан жоқ. Арасында қоңсылары келип, бир кесе аўқат әкелип, ишкизип кетеди. Басқа ўақытта күни-түни жалғыз өзи. Одан хабар алыўға бир туўысқаны келмейди.         "Жалғызлық бир қудайға ғана жарасқан", дейди ғой. Мүмкин, Айдана өзиниң ис-ҳәрекетлерине есап берип атырған шығар. Мүмкин, өзин ҳәдден зыят еркелетип өсирген аке-шешесин айыплап атырған шығар. Ямаса, әжаға болып қарындасына тәртип бермеген туўысқанларын гинәлап атыр ма екен?..          Оның ишки жан дүньясында қандай пикирлер бар екенин тәнҳә бир өзинен басқа бир қудайға  ғана мәлим еди...  Адам пендеси жоқ,  ҳүўиллеген үйдиң иши,  "сени жутаман", дейди.       Сонша туўысқаны - туўғаны болып турып, Айдана мәңгиликке жалғыз қалды.       Эҳ, жалғызлық, жалғызлық...      Бундай күнди ҳеш кимниң басына бермесин!..  ✍Қуўанышбаева Гүлайым https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: ЖАЛҒЫЗЛЫҚ        Бул дүньяға кимлер келип, кимлер  кетпеген. Не бир патшалар да, ханлар да, батырлар да, көсемлер де, шешенлер де өз заманында жасап,  күни келгенде бул дүньяны тәрк етти.      Таўмурат аға отыз жылдан аслам ўақыт заводта директор болды. Анасы оны сол завод ушын туўғандай, завод оның екинши үйи сыяқлы еди. Оның ҳаялы  Дәригүл де узақ жыллардан бери балалар бақшасының баслығы. Балалар бақшасын өз үйиндей көреди. Бақша хызметкерлери де өз үйиниң адамларындай болып кеткен.        Таўмурат ағаның шаңарағында үш улы ҳәм Айдана атлы бир қызы бар. Үш улдан кейинги қыз болған соң, Айдана қатты ерке өсти. Оның айтқаны айтқан, дегени деген. Ол не айтса - сол орынланыўы керек. Болмаса, үйде үлкен қырғын болады. Ата-анасы бәрқулла үлкен қалаларға, курортларға барса кийимниң жақсысын, тағыншақ ҳәм сумкалардың сулыўын Айданаға әкеп береди. Айдана мектепте досларының арасында да үйдеги қылығын көрсетип үйренген. Еки бирдей баслықтың қызы. Ол не ислесе де "жарасады".      Айдананың әжағалары үйленди. Бирақ, Айдана жеңгелерин оңыстырмады. Жеңгелери оған жағынып, тек бир күн ғана  сыйысыды. Одан артық оларға бул үйде орын жоқ. (Бул Айдананың "ишки тәртиби" еди).        Әжағалары қашанғы ҳаяллары менен ажырасып жүреди?! Олар да өз шаңарағында бала-шағасы менен жасағысы келеди. Ҳаялларын алып келген менен, еркетай қарындасы күнин көрсетпейтуғыны белгили. Содан кейин   олар ҳаяллары менен кийим-кеншеклерин алып, үйден шығып кетти. Ҳәр қайсысы өзлерине қолайлы жерден үйли-жайлы болып, жасап атыр. Әке-шешесиниң үйине көп келе бермейди де.           Айдана да бой жетти. Мектепти тамамлады. Бирақ жоқары оқыў орнына кире алмады. Нөкистеги кәсиплик билим бериў мектебинде оқып жүрип, сол коллежде оқыйтуғын  өзиниң  аўылласына турмысқа шықты. Айдана турмыстың қандай болатуғынын ойлап та отырмады. Турмысқа шықты деген аты ғана болмаса, ол бәрқулла анасының үйинде болады. Себеби, оның келин болып түскен шаңарағы - күн көриси орташа адамлар еди.  Енеси көптен бери наўқас. Атасы пенсионер. Бул үйде Айдананы  өзиниң анасындай әширепилеп отыратуғын адам жоқ.  Өз анасы Дәригүл апа қызына күнделикли ишип-жейтуғын аўқатларын бақшада ислеўши қыз- келиншеклерден берип жиберип отырады. Айдана кешки аўқатты миннетли түрде төркининен жеп қайтады. Анасы да ҳар күни: "Әйдөкжан, келип аўқат жеп кет", деп шақырады да отырады. Әкеси Таўмурат аға да қызының хожалыққа ийкеми жоқ екенин жақсы биледи. Айдана, сирә, асханаға кирип, қазан асып көрип пе?!  Ана үйде оған:   "келин болып үйде аўқат писирмедиң", деп атырған ҳеш ким жоқ. Себеби қайын журты Айдананың ерке өскен қыз екенин жақсы биледи. Тек, балалар өзлери оңысып жүрсе болды деп еркине қойды.           Күнлер усылайынша өте берди. Бир күни Айдананың бойына питти. Енди ол аўқатқа қарағысы келмей, кеўили басқаша нәрселерди күседи. Оның жағдайын түсинген Дәригүл апа: "Әйдөкжан, үйде бола бер. Мен саған күнделикли жегиң келген затларыңды әкеп берип тураман", деди. Бул усыныс Айданаға, әлбетте, мақул болды. Оған Таўмурат аға да қарсы болмады.   Сол күннен баслап, Айдана әкесиниң үйинде жасай берди. Күнде кеште оны алып кетиўге күйеўи келеди. Бирақ, Айдана ол үйге барғысы келмейди. Себеби қайын атасының үйи өз әкесиниң  үйиндей емес, әлбетте.          Ўақыт өте берди.  Айдананың өз  әкесиниң үйинде жасап атырғанына да бир айға шамаласты. Бир күнлери "келинди алып кетейин", деп Айдананың қайын атасы келди. Бул ўақытта Айдана  әлле қашан ол үйден суўысқан еди...          Ата-анасы да  бир аўыз:  "қызым, енди сен бир үйдиң келинисең. Сол үйдиң ыссысына шыдап, суўығына көниўиң керек. Не болса да өмирлик жолдасың менен бирге көр",, деген сөзди айтпады.         Соны менен, Айдананың босанатуғын ўақыты да шамаласты. Күйеўи изинен келсе, Таўмурат аға ишке киргизбей, қайтарып жибереди.        Айдана босанды, ул перзентли болды.  Оның күйеўи менен некеси болмаған соң,  бала анасының атына ҳүждетлестирилди. Дәригүл апа оны туўыў үйинен шығарып, өз үйине әкелди. Қудалары менен арасы суўысып кетти. Қызы менен ақлығын ол жаққа жиберген менен, оларға ким қарасады.

ДЕСЕМ?.. Хожа Ахмет Яссауий жолына Өзи қәлеп жердиң астын мәкан тутып, Кеўлинде Ҳақ, бармақлары тәспи сытып, Халық аҳ шексе, ол қайты-қурым жутып, Өлмей турып өмир жолы питти десем! Нәкаслықты көрмейин де, күймейин деп, Намәртлерге алтын басын иймейин деп, Кеткен екен нәпси тонын киймейин деп, Жалған болар, әрманына жетти десем! Пайғамбардай салтанаты – сәни менен, Көкиректе шайыршылық кәни менен, Көзи тири, геўдесинде жаны менен, Недур, өзин дәрт отына тутты десем! Аяқ алып жүргизбеген урлық-тарлық, Ул-қыз бенен қоса туўған муңлық-зарлық, Бул дуньялық ислерден ўаз кешип барлық, Тек те, басын шайқай-шайқай кетти десем! Жоқ-жуқаның жалтақлығын көрмеў ушын, Қәнәәтсиз нәпсиге жол бермеў ушын, Өзгелер деп өзин-өзи тергеў ушын, Ҳақ пәрманын жер астында күтти десем!.. Мутәжине жеткереалмас пулын санап, Бул жоқшылық аш ийт киби жалақ-жулақ, Заман қайда баратыр, заң қандай Я Рәбб?.. Қарапайым халыққа қабақ шытты десем! Жараспас па, татыў ерли-зайып болса, Зурьяд зәрур!.. Туўар... Әттең, майып болса? Буның ушын сорлыларда айып болса... Рам тыйығы жан липасын сөтти десем!? Наҳақлық ой-сезимлерин таплар екен, Кеп-кең дүнья усындайда тап-тар екен, Жер үстин тәрк еткенинде гәп бар екен... Яссауийди неге ғамгүн етти десем!? Х.Дәўлетназаров “Ашық болып жасаң” китабынан (363-б) Нөкис. “Билим” 2011. Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

‎ҚОСЫҚЛАРҒА ҚУСАЙМАН ‎ ‎Бул зәминде бәҳәр қалар бөртик жарып, ‎Келе берер талай-талай қыслардан соң. ‎Көзиң ашық болса ғана әлем жарық, ‎Келмеспен топырақ ишре баслардан соң... ‎ ‎Ҳәр бәҳәрде өпепеклер қосық айтар, ‎Лекин тыңлаў несип етпес бир күн маған... ‎Ҳәр бәҳәрде дизбеклесип ғазлар қайтар, ‎Бәҳәр менен мәңги қалмақ бәри жалған... ‎ ‎Көнлигеди барлығыда менсизликке, ‎Бәҳәр сулыў менсиз сирә өзгермейди. ‎Рухым сиңер қосық пенен түпсизликке, ‎Бул әлемде жоқлығым ҳеш сезилмейди... ‎ ‎Гүлзарларда қосық жасар бәҳәр менен, ‎Кеўил тарым шертиледи нама менен. ‎Бул барлықты жоқлық пенен зәҳәрлеген, ‎Мен келемен мың жылдан соң шама менен... ‎ ‎Қосығымда шыжбайланған сүўретим бар, ‎Қосықларым ишлеринде жасайман мен. ‎Билсеңизлер сезимлерге қәўметим тар, ‎Адам емес қосықларға қусайман мен... ‎ ‎(архивтен) ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз: ‎@Kramov_Abatbay_poeziya https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қәбиристанға барғанда... Ата-бабаларымыз дана инсанлар болып, олардың: "Аш қалсаң базарға бар, Тойып кетсең мазарға бар" - деген нақылында терең мәни бар. Мазарға барғанда адам басқа машқалаларын умытып, билип билмей қылған гүналары ушын Алла алдында тәўбеге келеди. Тәўсилмейтуғын дуньялық жумысларынан қашықласқандай болады. Бүгин бул дүньядан өткен жақынларымызды зыярат қылыў ушын иним екеўимиз қәбиристанға бардық. Үлкен үйде қалған жеңгемниң қайтыс болғанына да үш ай болыпты. Өмирлик жолдасынан еки ул, еки қызын таслап аманатын тапсырды. Жатқан жери жарық, топырағы торқа болсын. Биреў ерте, биреў кеш кетеди. Ҳәрким маңлайына жазылған өмирди жасайды. Қәбиристанға киргеннен адамда өзгеше сезим пайда болады. Үлкен-киши қәбирлер, қулпы таслардағы кеўил билдириўши сөзлер, марҳум ҳәм марҳумалардың жасап өткен жыллары инсанды ерксиз ойландырып, көзин жасқа толтырады. Айрымлары, жылларына қарасам дым жас кеткен. Жүриминиң болғаны шығар деп қоямыз. Қулпы таслардағы сүўретлерине қарасаң, мениң жақыным емеспекен зыяратқа келген деп телмирип қарап турғандай сезиледи. Ырасында да, көпшилик зыяратқа 9-май Еслеў күнине туўрылап барады. Бирақ, ол күни қәбиристанда аяқ басатуғын жер қалмайды. Қәбирлер арасынан өтип баратырып бир жақын инсаны шығып қалса сәлемлесип, сорасып турады. Бул жағдайды дурыс деп ойламайман. Ол дуньяға кеткен жақынларымызға тири инсанлардың тийетуғын пайдасы: зыяратқа келип турыў, қәбир әтирапының тазалығы ҳәм оларды тек жақсы ойлар менен еслеў. Оннан артық көмегимиз тиймейди. Балалығымда атам менен зыяратқа келгенимде, ата, мына қәбир неге үлкен онда жатқан адамның бойы неше метр, узынба? деп сораў беретуғын едим. Өйткени, мен қәбирдиң үлкен кишилигин солай түсингенмен. Енди билсем адамлар жағдайынан келип шығып қәбирлерди өзлери қәлеген көринисте ислейди екен. Гейбир қәбирлерге қарасам жасалма жасыл шөплер төселген, қасында отыратуғын орынлықлары бар, ҳәрқыйлы гүллер илдирилген, ал гейбиреўлерине қарасам қулпы тасындағы жазыўлары ағарып өшип кеткен, айрымларында арнаўлы белги қойылып қоршаланбаған. Тийе берсин жайы жәннетте болсын атам да өлмесинен алдын қәбириниң қай жерде болыўын айтатуғын еди. Атамдай болып алдыннан қәбир орнын белгилеп қоятуғынлары да болатуғын екен. Олардың барлығы Алланың алдында теңдей бенделери есапланады. Дүньядан өтип кеткеннен кейин тири ўақтында көрсетпеген меҳирин бериўдиң не пайдасы бар. Ҳәмме нәрсениң, ҳәттеки адамның да қәдири жоқлығында, келмеске кеткенде билинеди. Бирақ, ол ўақытта кеш болады. Бир рәўаятта оқып едим, шелпек писириў жақсы әдет болып, дүньядан өткен жақынларымыз ушын жаўынлы күнде шертек ўазыйпасын өтейди екен. Жети Шелпек таратыў да жақсы пәзийлет есапланады. Солай екен, бул бес күнлик дүньяда бир-биримизге азар бермей жақынларымыздың қәдирине барында жетип жүрейик. Бир күни ҳәр биримиздиң күлимлеп турған сүўретимиз қулпы тасларда телмирип туратуғынын базда қыялымыздан өткерип турайық! Жаңабаева Надыра Тахтакөпир районы. Қаратерең МПЖ. https://t.me/ibratli_sozler

"Сен күлип кеттиң" https://t.me/ibratli_sozler

-Апа, отыра бериң, адамды жыллы орнынан қозғамай!Таксиге миниўиңиз керек еди, қәлеген орныңызда отырыыып, ҳәз етип бара бересиз! Қыз шаңқ етти. Жигит енди қызға нәзер таслады. Шашты жайып таслаған. Қолдың алақанындай очки тағып алыпты. Қолында  қызыл түсли үлкен телефоны бар екен. Ҳаял илажсыз гүйбеңлеп артқа өтти... Биреўдиң қол телефоны шырылдады. -Алло! Мен, Зуляман! Маршруткадағы екинши қыз телефоннан жайдақ әңгимеге көшти. -Мен өзим барып ала берейин, аўзына урып, тисин сындырып қолына  беремен. Үндемеген сайын, төбеме минийиип баратыр. Төримде жатып алып, анасына мениң  жатқан-турғанымды, ишкен-жегенимди бәрин  жеткереди екен дә! Гәп шамасынан буның келиншек екенин, бийкеши үйинде жатып оқыйтуғынын, келиншектиң көп уйықлайтуғынын, оны анасына  айтқаны түсиникли болды. Жигит жағасын услағанын билмей қалды, гилең маңлайға уратуғынлар буған тап боларма?! Қыз атаўлыға қарамастай кеўли қалды. ,,Бул турыстан  қуў бойдақ болатыным аттан анық!" Жигит қызға қарағысыз кейпиятқа түсти. ,,Қызлар не боп баратыр ай!" Ажағасының үйине келсе, үйде ҳешким жоқ. Бәри жумыста. Қурылыстағы ,,старшийға" телефон соқты. -Бүгин дем аласыз. Ертең азаннан баслап жумысты  баслаймыз. Мен ҳәзир үйдиң хожейни менен керек-жарақты алып, ертеңге таярлаймыз деген жуўап алды. Қарап отырыўды еп көрмеген  жигит далаға шықты. Складты бир шетинен тәртипке келтирди. Ҳәммесин тындырып, үйге кирип атырса  жеңгеси ,,Мырзаға үкеңлер бағшада қалып қойыпты, биреўдиң тойға кийетуғын көйлегин бола алмай атырман, өзин аларсаң"  деп телефоннан хабарлағаны  ушын, еки көшениң аржағындағы жеке меншик бағшаға жол алды. Расында да жумыстың қызығы менен үкелерин умытып кетипти, барса булардан басқа ҳешким  жоқ. Өримдей ғана жас тәрбияшы  қыз кишкенесин көтерип, үлкенин изине ертип, буның алдынан шықты. -Ағай, мине балларыңыз, булар шоқ екен, мениң шаршағаным  шығып кетти. Бүгин биринши жумыс күним еди. Жигит ҳешнәрсе демеди. Ишине  бир нәрсени түйди. ,,Тап усы қызды аламан!" Жигиттиң жүреги "дыз" еткен еди... Оралхан Сапарова https://t.me/ibratli_sozler

#Гүрриң 📖 УШЫРАСЫЎ                       *** Жигиттиң жасы нақ жигирма жетиде. Бүгин азанда анасынан тапсырма болды. -Болды, жетер енди , өмир бойы қуў бойдақ болғың келмесе үйлен. Кеўлиңе жаққан қыз болса, айт. Барайық, сорастырайық, адамлардың ислеген ислерин бизлер де ислейик. Жесир ҳаял болсам да сениң тойыңды бере алғандай шамам бар, оның үстине мен қыз сорап барсам" ата-анасы болмағыр адамлар, оларға қыз берип болмайды, дейтуғындай жийеркенишли атағымыз жоқ! Анасы кесип айтты. Муғаллим болған хаял, азырақ қатыгезлиги де бар. Жумыс тапсырып, кейин қадағалайтуғын әдети және  бар. Болмасаше? Әкеси аўырып, төсек тартып көп жатты. Әлпешлеп бақты, докторға қаратты. Айналдырған аўырыў алмай коймады... Әкеси қайтыс болғанда булар шыпырласып қала берди. Булар бесеў еди. Үлкен ажағасы Ташкентте оқыды. Оқыудан бос ўақытлары мәрдикарға барып, пул таўып, өзинен кишкене еки қарындасын Ташкентте оқытты. Бул төртиншиси. Қызларды узатыў, ажағасын  үйлендириў, өзинен кишкене инисин тәрбиялаў тәшўишлерин анасы менен тең көтерди. Кишкенелигинен өнерли болды. Қолынан ҳәмме нәрсе келеди. Шөккишти усласа, шөккишти ойнатады. Адамлардай болып алыстан да арбаламады, жақыннан дорбаласа да жетип атыр. Аўысып, төгилип қалмаса да ,,биреўден илгери, биреўден кейин" жағдай бар. Ташкентте оқыған ажағасы да пысық. Ҳәмме ығылған Нөкиске бой таслады, жер план алды, биримлеп питкерди, екеўин қосты... ҳәзир бес бөлме жайды Нөкистиң шетиреги-аў деп жүрип питкерип алды. Келиншеги тигинши. Еки улы бар. Ажағасының жайының питиўине буның үлеси көп. Ажағасы кирейде турды, бул сол питер-питпес  жайдың бир  бөлмесинде турып ақ, жоралары менен бир бригад болып жумыс иследи. Қолдан-қолға тиймейтуғын бул жигитлер шәҳәрдиң мине мен деген яшыулкенлердиң үйлерин фундаменттен баслап ,,подключ" тапсырған. Ишпейди, шекпейди, биреўдиң затына ,,көз алартпайды" Келисим солай. Мине, сөйтип жүргенде жасы жигирма жетиге келип қалыпты. Анасы ежеледи. -Нашар танығандай жасқа келдиң. Қызға мынаған бар, балама мынаны ал демедим. Өмирлик жолдас таңлаў, базарға барып, мал алыў саўдасы емес, ендиги базар сатып жиберермен дейтин. Бир өмир бир көпшикке бас қоясаң ақыр. Алла деп, көкирегиңди хаққа берип шықсаң бәрине ерисесең балам. Буның да жақсы көргени болған. Ол  питип кеткен ески жара. Еслегиси келмеди. Бүгин күн түнерип тур. Азанда бир ашылғандай  болып еди. Арасында силпи таслап, я жаўарын, я жаўмасын билмей турған ҳаўа райына  қарап жолға шыққысы да келмей  тур еди. Бүгинги исти ертеңге қоймайтуғын  пысық минезине басты да, тәўекелге салып  далаға шықты. Жигит шәҳәрге жол алды. Енди дөгерекке жигит көзи менен қарай баслады. Үлкен асфальтқа жетиўи мәттәл, Нөкис-Шымбай ,,Газелине" минип алды. Жигиттиң машынға миниўине қарап турғандай  жаўын себелеп, жаўып баслады. Айнаға урған жаўынды  тамашалаған  болды, бирден көзи алдында отырған еки қызға ериксиз көзи түсти. Жас шамасы жигирмадан  өткен, бираз естиярлы. Қолларында телефон. Көзлерин телефоннан алмас, арасында күлипте қояды. Артындағы  еки қыздың даўсы қулағына жақпаса да тыңлаўға мәжбүр болды. ,,Тандыршыққай! Ҳәлегим соннан қалып! Телефонын таўып алып, жаман сөздиң бәрин жаздым, мениң ким екенимди билип атырма?(Түсингени, еки қыз бир жигитке таласып атыр) Енди қайтып сол жигитке жырбаңласаң, көшеңе барып абырайыңды төгип кетемен, шашыңнан жулып интернетке шығараман дедим, десе достысы: -Менде жигитимниң әжапасы менен урысып қалдым, жигитиме әжапасы ,,ондай қызды алмайсаң "деп шәрт қойыпты, барып урыстым ғой! Нөкиске жеткенше жигит ойланып барды. ,,Қызларға не болған өзи?" Жигит ойланаман дегенше  Нөкиске келди. Тәбиятта адамның минезиндей  аўмалы төкпели аў. Бағанағы қуйып  атырған жаўыннан наўа жоқ. Күн жарқырап ашылып тур. Желдей есип турған бир ,,Дамасқа" минип алды. Туўры арқаға өтти, алдыға ғарры-қуртаң минер дегени, және усы маршруттың ақырына шекем барады. Қызықтың үлкенин   ,,Дамаста" көрди. Жолда турған кейўаны  жастағы ҳаял маршруткаға минип атырып, алдыда отырған қыздан орнын бериўди өтиниш етти.

#Рәўият 📙 Бахыттың орны қай жерде? Бир күни Қыдыр ата жолда киятырып Бахытты ушыратып қалыпты: - Ҳәй, Бахыт, мен ел ишин аралайман, бендениң тилегин Аллатаалаға жеткиземен. Бирақ, қайсы үйге кирсемде, елдиң бәри "бахыт берсин", " бахытлы болайық", "бахыт қайдасаң" деп излеп атады. Уллы Алла сени Адамға жолдас болсын, өмириниң көрки болсын деп жаратты.  Шиш пайғамбар дәслеп үй салғанда төрине жайғасып едиң. Халқымыз " Түйе ау‌наған жерде түк қалады, қонақ отырған жерде қут қалады" деп, саған қол жеткизиу‌ ушын қонақ шақырып, мийман күтиу‌ге таласатуғын еди. Бирақ турмыста бахытлы инсанларда көп, бахытсыз бийшараларда жетерли. Сен ҳәр кимниң қолына түсе бермейтуғын бир ғайып қусы сияқлысаң. Сениң орның қайда өзи шырағым. Кимлерге қонасаң, кимлерге буйырмай кетип қаласаң? - дейди. Сонда Бахыт: - Сорау‌ың орынлы, Қыдыр баба,- деп әдеп көрсетип сәлемлеседи. - Мен, ең әу‌ели исиниң берекеси жоқ, сөзиниң мағанасы жоқ адамға бармайман. Ата-анасын сыйламайтуғын, оларға хызмет етип, жанын қыйнамайтуғын наданлар менен жулдызым қарсы. Еки жүзли жигит пенен әдепсиз қыздан, ата-енесин қәдирлемеген келиннен алпыс қәдем алыс жүремен. Әсиресе, Аллаға зикир айтпайтуғын, ийманын душпаннан қорғамайтуғын, қоңсы хақысын жеу‌ден қорқпайтуғын адамлар менен Қудайым жолымды ушырастырмасын деп күнине нешше мың мәрте тилек тилеймен, - депти. Тыңлап турған Қыдыр ата және сорапты: - Ал енди қайда турасаң, орның қайда?  Кимниң шаңарағына шадлық әкелип, кимниң басына бағ болып қонасаң? - дейди. Сонда Бахыт иркилместен: - Мениң ең жақсы көретуғыным - ата-анасына шын кеу‌илден жуу‌ырып хызмет ететуғын, ау‌ызбиршилик пенен дослықты беккем услайтуғын адамлар. Өзгени көре алмау‌дан, биреу‌диң кемшилигин айта бермейтуғын инсанларды излеп жүремен. Алланың исмлерин ядлаған, ҳадалдан басқа жемеген хақ кеу‌ил адамлар менен тез табысаман. Сәҳәрде турып сәрлик ишип, ораза услайтуғын мусылман бенде менен тез тил табысаман. Тынышлықты сүйип, берекели өмирди излейтуғынлар менен тиллеспей турыпта табысаман, - деген екен. Қыдыр ата қуу‌анып: - Ендигиден былай сен қонған адамға менде дарыйман,- деген екен. Халық арасында" Бағ қонып Қызыр дарыған" деген сөз усыдан қалған деседи. 📝📝📝 @ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Berdaq_Qalbaev--Baxitli_o'mir_www.Emuz.uz.mp33.64 MB

Қайырлы түн әзизлер! -Умытқанларды Есле... -Жоғалттыңба? Изле... -Сағындыңба? Айт... -Өкпелеттиңбе? Кеширим сора... -Сени өкп
Қайырлы түн әзизлер! -Умытқанларды Есле... -Жоғалттыңба? Изле... -Сағындыңба?  Айт... -Өкпелеттиңбе? Кеширим сора... -Сени өкпелеттиме? Кешир... -Себеби өмир жүдә қысқа... Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы-берекет  несийип  етиўин тилеймиз... Аман жатып турың әзизлер! Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

Кеш жарық әзизлер. Бәршеңизден миннетдармыз.. Бүгинги ойынымызда белсендилик көрсеткен заманласларымызға рахметимиз шексиз. Сизлерге саўлық-саламатлық, ийгиликли ислериңизге раўаж тилеймиз. "Ибратлы сөзлер" администрациясы. 🙏🙏🙏🙏 https://t.me/ibratli_sozler