cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

Саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими

Бул каналдың тийкаргы максети 1.Исбилерменлердиң нызамлы ҳуқықлары ҳәм мәплерип қорғаў 2.Миллий өнимнин экспортын қоллап-қуўатлаў 3.Сырт ел инвестицияларын енгизиў болып табылады.

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
499
Obunachilar
Ma'lumot yo'q24 soatlar
Ma'lumot yo'q7 kunlar
Ma'lumot yo'q30 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

❗️ ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! ✅ Хабарыӊыз бар, усы жылдыӊ 9-февраль күни Президентимиз тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳǝм халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-66-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында Республикамызда искерлик жүритиўши исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер берилмекте. 📌 Атап айтқанда, 2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасында: •  Киши бизнести қоллап-қуўатлаў комплекс дәстүрин әмелге асырыў ушын Бизнести раўажландырыў банкыныӊ кредит ресурслары есабынан 320 млрд сум қаржы ажыратылады; •  «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жылдыӊ 10-ноябрь күнги ПП-193-санлы Пәрманына тийкар, социяллық салық тѳлеўшилер ѳзин-ѳзи бәнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши қәдем» банк пластик карталары арқалы 5 миллион сумға шекем муғдарда, бир жыл мүддетке шекем микроқарызлар усыныў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 60 млрд қаржы бағдарланады; тәртип бойынша исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын 50 млрд сум қаржы ажыратылады; •  2024-жылда киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик санаат зоналары инфрадүзилис объектлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанындағы Исбилерменлик инфрадүзилисин раўажландырыў фонды қаржылары есабынан 5 млрд сум ажыратылады. ➡️ Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда Министрлиги ҳәм Саўда-санаат Палатасыныӊ усыныслары тийкарында: •  Қарақалпақстан Республикасыныӊ аймақлық шегаралары ишинде инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорт орынын басатуғын ислеп шығарыўды шѳлкемлестириў бойынша инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған кәрханаларға «Нѳкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы дәрежеси бериледи; •  Инвестиция мәжбүриятларын орынламаған «Нѳкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшылары менен инвестиция питимлерин бийкарлаў, тоқтатып турыў ҳәм оларды «Нѳкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы дәрежесинен айырыў тек ғана суд тәртибинде әмелге асырылады. ➡️  Қарар менен толық танысыў ✅ Республикамыз исбилерменлерин ѳз нәўбетинде Президент қарарында белгиленген жеӊилликлерден ѳз ўакытында нәтийжели пайдаланып, бизнес искерлигин еле де раўажландырыўға шақарамыз! Сондай-ақ,бул бағдарда Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы барлық ўақытта исбилерменлер ушын жәрдемге тайын екенлигин мәлим етип билдиремиз! Мүрәжат ушын телефонлар: ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 ☎️ +998(61) 222-00-58 🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
↗️↗️↗️↗️↗️ ❗️ ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! ❓Сиз санаат, аўыл хожалығы, шарўашылық, ислеп шығарыў, хызмет кѳрсетиў ямаса басқа тараўда искерлик жүритесиз ҳәм Сиз тәрептен ислеп шығарылған ѳнимлерди сатыў ушын әмелий жәрдем зәрүрме? ✔️ Бул бағдарда Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Сиз ушын әмелий жәрдем бериўге барқулла тайын екенлигин мәлим етип билдиремиз! Яғный, Сиз ѳз ѳнимлериӊизди онлайн базарда https://smart-market.uz/ платформасы арқалы тез ўақыт ишинде, жоқары баҳада сатып, мол дәрамат таба аласыз! 🟦 https://smart-market.uz/ платформасы шаӊарақлық исбилерменликти раўажландырыўға бағдарланған саўда системасы болып, онда барлық ири ислеп шығарыўшылар, кѳтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм басқа да шѳлкемлер ушын ѳз ѳнимлерин ҳәм хызметлерин еркин сатыў имкәнияты бар.
Бул платформаныӊ абзаллық тәрепи сонда
– қысқа ўақыт ишинде кѳп қарыйдардыӊ итибарын тарта аласыз ҳәм бухгалтерия ҳүжжетлерин электрон кѳринисте аӊсат рәсмийлестире аласыз. Буныӊ нәтийжесинде ҳәм ўақытыӊыз, ҳәм қаржыӊыз тежелиўине тийкар болады.
Ѳнимлериӊиз ҳәм хызметлериӊиздиӊ электрон каталогын https://smart-market.uz/ системасына интеграция етиў арқалы, Сиз айына 1 трлн.сум сап пайда келтиретуғын қарыйдарлардыӊ итибарын тарта аласыз. ➡️ Егер де, Сизди https://smart-market.uz/ платформасы қызықтырып атырған болса ҳәм бул системаға ѳнимиӊизди реклама етип, сатыў ушын әмелий жәрдем зәрүр болса Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасына мүрәжат етиўиӊиз мүмкин! 🤝 Биз Сизди қоллап-қуўатлаймыз! Байланыс ушын телефонлар: 📞 +998(61) 222-15-02; 📞 +998(61) 222-05-95; 📞 +998(93) 614-14-29 📍 Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). 🗺 ЛОКАЦИЯ 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Yutube
Hammasini ko'rsatish...
📣 ДЫҚҚАТ! ДАҒАЗА! 📣 📣 ҲҮРМЕТЛИ МӘКЕМЕ, ШѲЛКЕМ БАСШЫЛАРЫ ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️ Егер де, Сизиӊ шѳлкемиӊиз тәрепинен кеӊ аудиторияға ийе мәжилислер, қызықлы семинарлар, халық-аралық ушырасыўлар ҳәм басқа да рәсмий илажлар шѳлкемлестириўиӊиз керек болса, Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ есиклери Сиз ушын ҳәмийше ашық екенлигин мәлим етип билдиремиз! 📌 Яғный, рәсмий илажлар шѳлкемлестириў ушын Басқармамыздыӊ мәжилислер залыныӊ аудиториясы 100-150 адам сыйымлылыққа ийе. 📱 Буннан тысқары, залымызда заманагѳй «LED» экран жайласқан болып, онда Сизиӊ шѳлкемиӊиз тәрепинен таярланған кѳринислер, видеороликлерди сәўлелендирип барыўыӊыз мүмкин. ‼️ Сондай-ақ, ѳзиниӊ жеке брэндине ийе Исбилерменлик субъектлери тәрепинен ислеп шығарылған товарлар рекламасын «LED» экран арқалы жәриялаў ушын биз бенен биргеликте шериклик байланысларын орнатыўға ҳәм шәртнамалар дүзиўге шақырамыз! Байланыс ушын телефонлар: 📞 +998(61) 222-15-02; 📞 +998(61) 222-05-95; 📞 +998(93) 614-14-29 📍 Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). 🗺 ЛОКАЦИЯ 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Yutube
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️ 2024 – жылдың  апрель-май айларында Қытай Халық Республикасының Гуанчжоу қаласында шөлкемлестирилип атырған "CANTON" көргизбе-ярмаркасы төмендеги белгиленген сәнелерде болып өтетуғынлығын хабарлаймыз! 📆 2024-жылдың 15-19-апрель күнлери: - Электроника ҳәм хожалық техникалары; - Машинасазлық; - Жақтыландырыў; - Техникалық үскенелер ҳәм әсбаплар; - Автомобиллер, мотоцикллар, велосипедлер ҳәм оларға арналған қосымша бөлеклер; - Қурылыс ҳәм пардозлаў материаллары; - Сантехника ҳәм ванналар; - Химиялық өнимлер; - Энергетика; - Қурылыс ҳәм аўыл хожалығы машиналары. 📆 2024-жылдың 23-27-апрель күнлери; - Үй хожалығы буйымлары; - Мебель ҳәм декорация; - Сыйлықлар ҳәм сувенирлер; - Үй ҳайўанлары ушын товарлар; - Косметика ҳәм гигиена қураллары; - Балалар ушын ойыншықлар. 📆 2024-жылдың 1-5-май күнлери; - таўар ҳәм материяллар; - аяқ кийимлер ҳәм сумкалар; - Тоқымашылық өнимлери; - Офис ҳәм жумыс жүргизиў буйымлары; - Спорт, туризм ушын үскене ҳәм товарлар; - Медициналық өнимлер; - Азық-ауқат өнимлерин қайта ислеў ҳәм қадақлаў үскенелери. ✔️ Усы илажда қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы яки төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына  болады: ☎️ +998 (91) 388-33-97 ☎️ +998 (61) 222-15-02 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_ChamberTelegram 🌐  InstagramFacebook 📹 Yutube
Hammasini ko'rsatish...
Repost from N/a
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ РЕСПУБЛИКАМЫЗ ТУРҒЫНЛАРЫ! 📣 ✅ Ѳзиӊизге белгили, аўыл хожалығы тараўында еӊ сапалы органикалық ѳним бул – биогумус есапланады. ❗️ Егер де, Сиз қыйтақ жериӊиздиӊ ѳнимдар болыўын ҳәм егинлериӊиздиӊ мол ҳасыл бериўин қәлесеӊиз биогумус ѳниминен пайдаланып кѳриўиӊизди мәсләҳәт беремиз. Бизден сапалы ҳәм арзан биогумус ѳнимин таба аласыз! ➡️ Биз Сизге усынып атырған биогумус ѳниминиӊ абзаллық тәреплери:
Ѳнимимиз басқа органикалық элементлерге салыстырмалы 4-8 есе нәтийжели; •  Топырақ ѳнимдарлығын 15-25 % ке арттырады; •  Жердиӊ микро флораларына унамлы тәсир кѳрсетеди; •  Микро органикалық азықлық муғдарын арттырады; •  Ығаллылықты жақсы сақлайды; •  Ѳсимликлердиӊ ѳсиў қәбилетин 11-24 % ке арттырады; •  Еӊ баслысы ҳасыл 2-3 ҳәпте алдын тайын болып, писип жетилиседи.
Мағлыўмат ушын телефонлар: ☎️ +998 (97) -788-29-25 ☎️ +998 (97) -789-29-25 🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 🌐 Telegram 🌐 Instagram 🌐 Facebook 🌐 Yutube
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Исбилерменлик искерлигин баҳалаў бойынша жаӊа система енгизилмекте Ҳүрметли исбилерменлер! Хабарыӊыз бар, тез арада исбилерменлердиӊ турақлылық рейтинги бойынша жаӊа система енгизиледи. Яғный, исбилерменлердиң искерлиги 23 критерия ҳәм  4 категорияға ажратылып баҳаланады. Бул арқалы ҳәр бир исбилермен өз орыны ҳәм баҳасын реал ўақытта билип барыўы мүмкин болады. Рейтинги жоқары исбилерменлер ушын барлық салық тексериўлери бийкар етиледи. Қосылған қун салығы суммасы бир күнде ал, басқа салық түрлери бойынша артықша төлем үш күнде қайтарып бериледи. Товарларды импорт етиўде ҳәм сатыўда қосылған қун салығын бажыхана ҳәм салық шөлкемлеринде өз-ара есапқа алыў мүмкиншилиги жаратылады. Аукционда алынған мәмлекет активлери ҳәм жер участкалары суммасын бөлип төлеў мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем узайтырылады. Бунда кеминде 15 % муғдарында басланғыш төлемди әмелге асырғанда, қалған суммаға жыллық процентлер есапланбайды. «Исбилерменлердиң турақлылық рейтинги» арқалы Республикамыздыӊ барлық исбилерменлери жоқары нәтийже кѳрсете алады деп исенемиз Казбек Артыков ! Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы. Каналға ағза болыў: @Kar24Uz
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 🔹 Усы жылдың 22-26-январь күни Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының баслығы Д.Вахабов басшылығындағы делегация қатнасында Белоруссия  Республикасында бизнес ушырасыўлар ҳәм илажлар болып ѳтетуғынлығын хабарлаймыз! Илаж шеңберинде Белоруссия  Республикасының ўәлаятларында искерлик жүритиўши ири завод ҳәм кәрханаларға барып тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, Минск қаласында В2В ушырасыўлары арқалы Белоруссиялы исбилерменлер менен бирге ислесиў бағдарында шәртнамалар дүзиў имкәниятына ийе боласыз. ❗️Усы илажда қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы яки төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына  болады: ☎️ +998 (91) 388-33-97 ☎️ +998 (61) 222-15-02 🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 🌐 Telegram 🌐 Instagram 🌐 Facebook
Hammasini ko'rsatish...
Басқарма тәрепинен  “Жаңа жыл қайырқомлық аукционы” шөлкемлестирилди Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Жаңа жыл қайырқомлық аукционы» шөлкемлестирилди. Аукционда Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшылары, қәнийгелери ҳәм исбилерменлик субъектлер қатнасты. Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет - Нөкис қаласындағы «Мириўбет» үй-интернатының тәрбияланыўшылары болған имкәнияты шекленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Аукцион шеңберинде «Мириўбет» үй-интернаты тәрбияланыўшыларының өткир таланты менен жаратылған өнерментшилик буйымлары, тоқымашылық ҳәм тигиншилик өнимлери, пластик буйымлардан исленген композициялары сыяқлы 40 қа шамалас қол мийнетлери аукционға қойылды. Қол мийнети менен қурамалы усылда исленген "Жолбарыс" картинасы ең жоқары баҳада сатылды. Буннан соң, аукционнан  жыйналған қаржылар толығы менен "Мириўбет" үй-интернатының есап-бетине өткерилип берилди. Мағлыўмат ушын: "Қайырқомлық аукционы" Басқарма тәрепинен жыл басынан берли екинши мәрте шөлкемлестирилип атыр. Дәслепки шөлкемлестирилген усындай қайырқомлық ислери усы жылдың 31-август сәнесинде өткерилген еди. 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Hammasini ko'rsatish...
Ѳрт ақыбетинде келип шыққан сынаўлы күнлер... ❗️Ассалаўма әлейкум ҳүрметли пуқаралар ҳәм Республикамыз турғынлары! Усы жылдыӊ 12-декабрь күни түнги саат 23:00 лер әтирапында Қоӊырат районыныӊ “Жиӊишке” МПЖ аймағында жасаўшы напақадағы апамыз Қудайбергенова Аққанша апаныӊ үйинде тилсиз жаў - ѳрт келип шықты. Келип шыққан ѳрт ақыбетинде үй ишиндеги барлық хожалық буйымлары, ҳүжжетлери жанып күлге айланды. Шаӊарақ ағзалары ѳрттен аман алып шығылды. Әйне ўақытта олар жақынлары ҳәм туўысқанларыныӊ үйлеринде жасап атыр. Қыраўлы қыс айында тосаттан келген бул сынаўлы күнлерден мәрдана ѳтип алыўы ушын Аққанша апаныӊ шаӊарағына қолдан келгенинше жақыннан жәрдем бериўиӊизди ҳәм бул мағлыўматты барлық телеграм топарларға максимал рәўиште тарқатыўыӊызды сораймыз! Байланыс ушын телефон номерлер: +998 (93) 845-11-24 Уракбаев Қуўанышбай (Аққанша апаныӊ баласы) (Аққанша апаныӊ ақлығыныӊ атына ашылған пластик карта номерлери) ✅ 9860 1201 8807 7313 Сәрсенбаев  Жанполат
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
ДҮНЬЯНЫ ЖАҚСЫЛЫҚ ҚУТҚАРАДЫ! ▪️▪️▪️▪️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Республикамызда ғалабалық түрде "Меҳир ҳәрекети" жойбарына старт берилди. Жойбардыӊ тийкарғы мақсети – Республикамыздыӊ жәрдемге мүтәж ҳәм де кем тәмийинленген халық қатламының қыс мәўсиминен қәўип-қәтерсиз шығыўын тәмийинлеп, оларға жақыннан жәрдем бериўден ибарат. Солай екен, Республикамызда искерлик жүритиўши исбилерменлерди ҳәм заманласларымызды “Меҳир ҳәрекети” жойбарында Биз бенен бирге белсендилик кѳрсетиўге шақырамыз! Жойбар арқалы Сиз кѳп балалы, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаӊарақларға азық-аўқат, кийим-кеншек, үй хожалығы буйымларын саўға етиў арқалы ҳәм имкәниятыӊыз шеӊберинде материаллық жақтан басқа да жәрдемлерди кѳрсетиўиӊиз мүмкин. Сизиӊ бүгинги көмегиӊиз ҳәм саўаплы ислериӊиз жәрдемге мүтәж инсанлардыӊ кеўиллерине және бир мәрте нур уласыўға түртки болары сѳзсиз! “Меҳир ҳәрекети” жойбарында өз үлесимди қосаман деген исбилерменлик субъектлерин ҳәм елимиз пуқараларын тѳмендеги телефон номерлерине қоӊыраў етип байланысыўын сораймыз: ☎️+998(61) 222-15-02 ☎️+998(61) 222-05-95 ☎️+998 (93) 614-14-29 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Hammasini ko'rsatish...
👍 1
Boshqa reja tanlang

Joriy rejangiz faqat 5 ta kanal uchun analitika imkoniyatini beradi. Ko'proq olish uchun, iltimos, boshqa reja tanlang.